Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Елимизде жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсетке ерисиў жолында тийкарғы сүйенишимиз болған жигерли жасларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў, оларға барлық тараўларда өз қәбилети ҳәм потенциалын толық көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар жаратып бериў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып есапланады.

Әсиресе, улыўма орта, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлап, еркин турмысқа қәдем қойып атырған ул-қызларды мүнәсип жумыс ҳәм дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, оларға заманагөй кәсип-өнерлер, IT-технологияларды үйретиў, исбилерменликке кеңнен тартыў, жаслардың бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған кең қамтыўлы илажлар әмелге асырылмақта.

Тек ғана 2021-жылдың өткен дәўиринде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа системасы болып есапланған «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар бағдарламалары» тийкарында 430 мың жигит қыздың турмыслық машқалаларын шешиў ушын 300 миллиард сум қаржы қаратылғаны, 92 мыңнан аслам жаслардың исбилерменлик жойбарлары ушын 2,3 триллион сум жеңиллетилген кредитлер, аўыллық жерлерде жасап атырған 230 мыңнан аслам жасларға дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын 61 мың гектар жер майданының ажыратылғаны бул бағдардағы жумыслардың көлеми күн сайын кеңейип баратырғанын көрсетеди.

Быйыл 30-июнь күни болып өткен Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумында алға қойылған жаңа баслама ҳәм идеяларды әмелге асырыў және «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-жыл август айында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги ҳәр бир перзенти ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлериниң басшылары – «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги болған перзентлериниң санынан келип шығып, төлем ведомостларының қәлиплестирилиўин және район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери арқалы оларға материаллық жәрдем пулларының өз ўақтында ҳәм мәнзилли жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған перзентлерине 2021/2022 оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын төлемли-конракттың толық суммасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи;

«Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген шаңарақлардың перзентлери және «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға турмыс қурып атырғанында өз шаңарағында қосымша турақ жай қурыўы ушын 33 миллион сумға шекемги гиреўсиз кредит ажыратылады;

жас шаңарақлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде ипотека бағдарламасы шеңберинде басланғыш төлем ҳәм процент төлемлери бойынша қосымша  2 мың жас шаңараққа турақ жай сатып алыўы ушын субсидия ажыратылады.

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап республикамыздағы жоқары оқыў мәкемелеринде төлемли-контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын орайлық банктиң тийкарғы процент ставкасы муғдарында ҳәм оқыў мүддети тамам болғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетте  қайтарыў шәртлери тийкарында тәлим кредитлериниң берилетуғыны белгиленсин.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Орайлық банк (М.Б.Нурмуратов) және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў  министрлиги (А.Х.Тошқулов) менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте тәлим кредитлерин бериў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) еки ай мүддетте:

жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқыў ушын коммерциялық банклерден алынған тәлим кредитлерин қаплаўға бағдарланған физикалық тәреплердиң салық салынатуғын мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматларына  салық жеңилликлери қолланылыўын;

жас шаңарақ тәрепинен алынған ипотека кредитлерин ҳәм олар бойынша есапланған процентлерди ерли-зайып ямаса олардан бириниң жасы белгиленген жастан өткенине шекем ҳәр бир салық дәўири даўамында тийисли муғдарда қаплаўға бағдарланған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етилиўин нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары 500 лик дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерин (бакалавриат, магистратура) тамамлаған ямаса оларда илимий дәреже (PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа да илимий дәреже) алған жас қәнигелердиң лаўазым мийнет ҳақысына Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 1-қосымшаға муўапық қосымша  үстемелер төлеп барыў  тәртиби енгизилсин.

Абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары  500 лик дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен анықланатуғыны ҳәм оның рәсмий веб-сайтына жайластырылатуғыны және ғалаба хабар қуралларында жәрияланатуғыны;

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен айлық үстемелер қолланылатуғын  тәлим бағдарлары, тар қәнигеликлер және мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер дизиминиң қәлиплестирилетуғыны;

айлық үстемелер 2021-жыл 1-октябрьден баслап Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, жумыс бериўши ҳәм жас қәниге менен 3 жылға шекемги  мүддетке дүзилген  шәртнама тийкарында  жас қәнигениң лаўазым мийнет ҳақысына  қосымша түрде ҳәр айда төлеп барылатуғыны белгиленсин.

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап Ташкент қаласында Жаслар бизнес мектеби, 2022-жылдан баслап барлық аймақларда оның филиаллары шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Жаслар бизнес мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

елимиз ҳәм сырт еллердиң жетекши исбилермен ҳәм бизнес жүргизиўшилерин тартқан ҳалда, жасларға исбилерменлик жумысы даўамында  жақсы нәтийжелерге ерисиў ҳәм бизнес жүргизиўде қәўип-қәтерлерден қорғаныў усылларын үйретиў;

исбилерменликке қызыққан жасларды бизнес ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў, оларда заманагөй бизнес жүргизиў көнликпелерин қәлиплестириў, мотивациялық бизнес-семинарлар ҳәм тренинглер шөлкемлестириў.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Жаслар бизнес мектебиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етсин.

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап жаслардың «Бизнеске биринши қәдем»стартап идеялары таңлаўларын шөлкемлестириў және ҳәр бир район ҳәм қалада кеминде үш жеңимпазға грантлар бериў әмелияты енгизилсин.

Ең жақсы жойбарлардың ҳәр бири ушын базалық есаплаў муғдарының 200 есесине шекемги  грант қаржыларының берилетуғыны ҳәм олар 2022-2023жыллары Мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум  муғдарында қосымша ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Ж.А.Кучкаров), Инновациялық раўажланыў министри (И.Ю.Абдураҳмонов), Қаржы министрлиги (Ж.И.Абруев), Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев):

бир ай мүддетте стартап идеялары таңлаўларын ашық-айдын шөлкемлестириў, жойбарларды баҳалаў өлшемлерин ҳәм оларды әмелге асырыўды муўапықластырыў тәртибин тастыйықласын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери менен биргеликте стартап идеялардың әмелге асырылыўына жәрдемлессин.

  1. «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖға жаслардың жаңа идеялар тийкарында ислеп шығылған инновациялық, стартап ҳәм бизнес жойбарларын қаржыландырыў ўазыйпасы жүкленсин.

Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖға усы бәнтте белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын 100 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарында 7 жыл мүддетке 3 жыл жеңиллетилген дәўирди өз ишине алған ҳалда, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент бәнтке төмен етип бериледи.

  1. Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Х.Тошқулов) Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (У.Н.Ташкенбаев) менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылынан басқышпа-басқыш улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәлимлеме технологиялары сабақлары Кембридж бағдарламасы тийкарында өткерилиўин және оқытыўшылардың усы бағдарлама тийкарында қайта таярланаўын тәмийинлесин.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Садиков)  2021-жылдың ақырына шекем барлық улыўма орта билимлендириў мектеплерин жоқары тезликтеги Интернетке жалғаў жумысларын толық жуўмақласын.

10.Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

жаслар тәрепинен көтерилген усыныс ҳәм басламалар, машқалалар және мәселелердиң шешими бойынша ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы жаслар күни алдынан Ҳүкиметлик бағдарлама,  сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район ҳәм қала ҳәкимлериниң айрықша аймақлық бағдарламалары қабыл етиледи;

Бул бағдарламалар жаслардың билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи, олар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятын жаратыў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған комплексли илажлардан  ибарат болады.

Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жылдан баслап ҳәр жылы 1-июньге шекем усы бәнтте көрсетилген Ҳүкиметлик бағдарламаның жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин, сондай-ақ, аймақлық бағдарламалардың қабыл етилиўин шөлкемлестирсин.

  1. Олий Мажлис Сенатына:

а) жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:

усы қарардың 10-бәнтинде белгиленген Ҳүкиметлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды өз ўақтында ислеп шығыўы, тастыйықланыўы ҳәм толық әмелге асырылыўы бойынша  тәсиршең парламентлик қадағалаўды орнатыў, бул бағдарда халық депутатлары Кеңеслериниң жумысын муўапықластырыў;

жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўы бойынша рейтинг системасын енгизиў;

белсенди ҳәм интакер жаслар арасынан жаңа әўлад резерв кадрларын қәлиплестириў;

халық депутатлары Кеңеслеринде «Жаслар парламенти ўәкиллери мектеби»н шөлкемлестириў;

б) Олий Мажлис Нызамшылық палатасы менен биргеликте:

жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға жуўапкер болған басшылардың Олий Мажлис палаталары ҳәм тийисли халық депутатлары Кеңеслерине  есап берип барыў тәртибин енгизиў;

«Биз парламентте жасларды қоллап-қуўатлаймыз» басламасын әмелге асырыў;

халық депутатлары Кеңеслериниң усынысы тийкарында жас, пидайы, уллы мақсетке умтылыўшаң жасларды Олий Мажлистиң  Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенатының ағзаларына бириктириў усыныс етилсин.

  1. Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги (О.А.Хасанов) Олий Мажлис Сенаты тәрепинен қәлиплестирилген жаңа әўлад резерв кадрларын Миллий кадрлар резервине киргизсин және олардың басшылық лаўазымларына тийкарғы талабан сыпатында усыныс етилиўин тәмийинлесин.
  2. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап аймақларда жасларды турақлы спорт пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде Олимпиада ҳәм Паралимпиада және Азия ҳәм Параазия ойынлары, жәҳән, Азия ҳәм республикалық чемпионатларда кейинги 5 жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери (1-3-орын) болған спортшы-тренерлерге, сондай-ақ, алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс ислейтуғын спортшы-тренерлерге:

спорт дөгереклерин шөлкемлестириў ушын район ҳәм қалаларда бос турған мәмлекетлик мүлк болып есапланған имарат ҳәм объектлер электрон саўдалар өткермеген ҳалда, усы объектке байланыслы  белгиленген   ең кем ижара төлеми ставкасының 50 проценти муғдарында ижара берилетуғыны;

спорт дөгереклерин шөлкемлестириў ушын спорт  инвентарлары, әсбап-үскенелерин сатып алыў ушын бюджет қаржылары есабынан субсидиялар ажыратылатуғыны;

кеминде 100 жастың турақлы спорт пенен шуғылланыўын шөлкемлестирген жағдайда жергиликли бюджет қаржылары есабынан базалық есаплаў мауғдарының 10 есесинен  аз болмаған муғдарда ҳәр айлық төлем енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап ҳәр жылы жасларға бағышланған көркем шығармалар авторларын хошаметлеў мақсетинде «Балалар ҳәм жаслар ушын ең жақсы китап» таңлаўын шөлкемлестирсин.

Таңлаўда жеңимпаз деп табылған авторларға биринши орын ушын – 100 миллион сум,  екинши орын ушын – 75 миллион сум, үшинши орын ушын – 50 миллион сум сыйлықлаў қаржыларының ажыратылатуғыны белгиленсин.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) сыйлықларды төлеўге байланыслы қәрежетлерди 2021-жылы Жаслар ислери агентлигине ажыратылған қаржылар есабынан әмелге асырылыўын және 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тараўында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында, толық көлемде ҳәм сапалы орынланыўы ушын  жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.Саъдуллаев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында  2021-жылдың 31-декабрь күнине шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 13-июль