Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан халқының бай тарийхы ҳәм мәдениятын сәўлелендириўши сийрек ушырасатуғын мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўды күшейтиў, тараўды санластырыў, инновациялық раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, дүньяның алдыңғы тәжирийбелерин нәтийжели қолланыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6199-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Туризм ҳәм спорт министрлиги жанында Мәдений мийрас агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармаларының шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
а) материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўында:
материаллық мәдений мийрас объетлерин анықлаў, есапқа алыў, қорғаў, үгит-нәсиятлаў, мәмлекетлик реестр, электрон каталоги, паспорты ҳәм мәмлекетлик кадастрын жүргизиў, қорғалатуғын шегараларын белгилеў және тараўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
материаллық мәдений мийрас объетлеринен ақылға уғрас пайдаланыў, соның ишинде, оларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў, тараўды санластырыў ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлеринде сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў, буйыртпашы функциясын орынлаў, үзликсиз түрде илимий-техникалық қадағалаў, тарийхый-мәдений экспертиза ҳәм жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң тарийхый-мәдений баҳалылыққа тәсири бойынша экспертизасын әмелге асырыў;
б) музейлер тараўында:
миллий музей фондының мәмлекетлик каталогин жүргизиў, музей экспонатларын ҳәм музей коллекцияларын миллий музей фондының қурамына киргизиў, оннан шығарыў, универсал ҳуқықый мийрасхорлық тәртибинде ямаса басқа да усылда бир шахстан екинши шахсқа өткериў және тараўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
музейлердиң жумысын муўапықластырыў, раўажландырыў, музей хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, қайта таярлаў, аттестациядан өткериў, музейлердиң категорияларын белгилеў, миллий музей фондының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм музей экспонатлары және музей коллекцияларын үйрениў, ғалаба ен жайдырыў, реставрациялаў ҳәм сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў;
в) айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақлар тараўында:
айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақларды қорғаў, олардың паспорты, басқарыў режелери, режими, қорғалатуғын шегараларын белгилеў, усы аймақлар ҳәм тарийхый мәҳәллелердиң тарийхый-мәдений баҳалылығы, бийбаҳалығы, тарийхый ландшафты ҳәм өзине тәнлигин сақлап қалыў;
тарийхый орынларды Улыўма жер жүзилик мийрас дизимине киргизиўге усыныс етиў, Улыўма жер жүзилик мәдений ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаў ҳаққындағы конвенция талаплары, ЮНЕСКО, улыўма жер жүзилик мийрас орайы, Улыўма жер жүзилик мийрас комитети усынысларының мәмлекет аймағында орынланыўын қадағалаў;
г) археология тараўында:
археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, муўапықластырыў, қадағалаў, археологиялық изертлеў ушын руқсатнама бериў, илимий есабатты экспертизадан өткериў ҳәм оның сақланыўын тәмийинлеў;
Археологиялық экспонатлардың мәмлекетлик каталогин жүргизиў, археологиялық табылмалардың мәмлекетке тапсырылыўын шөлкемлестириў және илим, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелерине бириктирип қойыў ҳәм қарамағынан шығарыў;
археологиялық мийрас объектлерин қорғаў, бүлиниў жағдайындағы археологиялық объектлерде жеделлик пенен изертлеў өткерилиўин тәмийинлеў, археологиялық объектлерди консервациялаў, музейлестириў және археологиялық парклерди жаратыў;
д) елимиз ҳәм сырт елдеги мәдений байлықлар тараўында:
мәдений байлықларды қорғаў, соның ишинде, олардың Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылыўы ҳәм оның аймағына алып кирилиўи бойынша сертификат бериў ҳәм реализациялаўды муўапықластырыў, мәдений байлықларды көркемлик экспертизасынан өткериў, олардың категориясын анықлаў, мәмлекелик реестрин жүргизиў, тараўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
елимиздиң тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы сырт елдеги мәдений байлықларды анықлаў, олардың толық мағлыўматлар базасын жаратыў, турақлы жаңалап барыў және тийкарғы яки көширме нусқалары, фото ҳәм видеокөринислерди елимизге алып келиў;
илимий үйрениў тийкарында алынған илимий мағлыўматлар ҳәм оларды таллаў нәтийжелерине байланыслы библиографиялық топламлар, каталоглар, китап-альбомлар, мәлимлеме бюллетенлери ҳәм басқа да баспа өнимлерин ҳәр қыйлы тиллерде басып шығарыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен жарытыў, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиў.
- Агентлик:
материаллық мәдений мийрас, музейлер, археология, мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны;
өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, басқа да шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болып есапланатуғыны;
тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қоймаў ямаса нызам бузылыўларын сапластырыў ҳаққында тийислисинше жазба түрде ескертиўлер ҳәм орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер беретуғыны;
нызам бузылыў жағдайларын, оларға имканият беретуғын себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў және айыпкер лаўазымлы шахсларға тийисли илажлар көриў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс хатлары киргизетуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳәм материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери жайласқан елатлы пунктлердиң бас режелери Агентлик пенен келисилиўи мәжбүрий болып есапланады;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлеринде, айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақларда, Улыўма жер жүзилик мийрас дизимине киргизилген аймақларда ҳәм олардың қорғалатуғын шегараларында объектлерди қурыў, бузыў ҳәм абаданластырыў жумысларының жойбарлары Агентлик пенен мәжбүрий тәртипте келисиледи. Онда, Улыўма жер жүзилик мийрас дизимине киргизилген аймақлар (объектлер) бойынша жойбарлар Агентлик тәрепинен ЮНЕСКО жумыслары бойынша Миллий комиссия арқалы ЮНЕСКОның Улыўма жер жүзилик мийрасы менен келисиледи;
материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлериниң мәмлекетлик реестри Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;
мәмлекетлик көшпес мүлк болып есапланған материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бириктириў Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында әмелге асырылады;
материаллық мәдений мийрас объектине жеткерилип атырған зыян ҳаққындағы жағдай бойынша хабардар болған ўақыттан баслап мәмлекетлик қадағалаўдың дәслепки нәтийжелери 24 саат ишинде Агентликтиң рәсмий сайты арқалы жәмийетшиликке мәлим етилиўи шәрт;
сақлаўға байланыслы жумысларды режелестириў ҳәм әмелге асырыўдың барлық басқышларын илимий-техникалық изертлеў ушын ҳәр бир объекттиң өзине тәнлиги ҳәм жағдайынан келип шығып, Илимий-техникалық изертлеў топарлары дүзиледи, сақлаўға байланыслы жумыслардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде топар ағзаларының мийнетине ҳақы төлеў нәзерде тутылады;
Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сақлаўға байланыслы жумыслар әмелге асырылатуғын материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлериниң мәнзилли дизими Илимий-техникалық изертлеў топарлары ҳәм Агентликтиң Илимий-эксперт кеңесиниң унамлы жуўмақлары тийкарында Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри тәрепинен тастыйықланады;
сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў ушын Илимий-техниалық изертлеў топарлары ҳәм Илимий-эксперт кеңесиниң унамлы жуўмақларына тийкарланып Агентлик тәрепинен берилген руқсатнама болыўы шәрт, бул қағыйдаға әмел етпеген жағдайда берилген руқсатнама ҳақыйқый болып есапланбайды;
Илимий-эксперт кеңеси ҳәм Илимий-техникалық изертлеў топарлары ағзаларына мәмлекетлик суд экспертлери ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелер қолланылады. Илимий-эксперт кеңесиниң жуўмағы Агентлик ушын мәжбүрий болып есапланады.
- Төмендегилер:
Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлиги орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 65 тен ибарат болған структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармалары (кейинги орынларда – аймақлық басқармалар) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 145 етип белгиленсин.
Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық басқармалардың структураларына қосымша 30 штат бирлиги мәмлекетлик музейлер хызметкерлериниң санын оптималластырыў есабынан ажыратылатуғыны белгиленсин.
Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Адуҳакимов мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик музейлер хызметкерлери санының оптималластырылыўын инабатқа алып, мәмлекетлик музейлердиң штатлар кестесиниң белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Туризм ҳәм спорт министрине:
Агентликтиң орайлық аппараты, аймақлық басқармалар, Агентлик системасындағы басқа да шөлкемлердиң структурасына басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны ҳәм мийнет фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;
аймақлық басқармалардың структуралары ҳәм режелерин тастыйықлаў, сондай-ақ, оларда басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў ҳуқықы берилсин.
- Агентлик директорының статусы мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызмет көрсетиў шараятларына бола туризм ҳәм спорт министриниң биринши орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Агентлик директоры ҳәм оның орынбасарлары туризм ҳәм спорт министриниң усыныс хатына тийкарланып Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан босатылатуғыны;
Агентлик хызметкери сыпатындағы мийнет стажы басқа мәмлекетлик уйымларға, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымларға жумысқа өтиў ўақтында гезектеги әскерий ҳәм арнаўлы атақлар алыў, сондай-ақ, әскерий ҳәм арнаўлы атақлар алыў ушын үстемелер ҳәм узақ мүддетли хызмет ушын қосымша ҳақылар есаплаў ушын мийнет стажына қосып есапланатуғыны;
материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлеринде сақлаўға байланыслы жумысларды режелестириў, әмелге асырыў, муўапықластырыў ҳәм илимий-техникалық қадағалаў 3 қосымшаға муўапық схема бойынша әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Агентликтиң бюджеттен тысқары Мәдений мийрас қорын (кейинги орынларда – Қор) қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Агентлик, оның аймақлық басқармалары ҳәм мәмлекетлик музей-қорықханаларына тийисли материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин ижараға бериўден түскен қаржылардың 90 процент муғдары;
мәмлекетлик мүлки болған басқа да шөлкемлерге тийисли материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин ижараға бериў ҳәм билетлер сатылыўынан түскен пул қаржыларының 50 процент муғдары;
музей-қорықханаларда билетлердиң сатылыўынан түскен пул қаржыларының 50 процент муғдары ҳәм мәмлекетлик музейлерде билетлер сатылыўынан түскен пул қаржыларының 10 процент муғдары;
мәдений байлықларды көркемлик экспертизадан өткериў, реализациялаў ушын мәмлекетлик хызмет көрсетиў, алып шығыў ҳуқықын бериўши сертификат, Миллий музей фондының мәмлекетлик каталогинде музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық бериў және оның қурамынан музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларын шығарыў ушын төлемлер;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик кадастрға киргизиў ҳәм шығарыў, тарийхый-мәдений аймақтың паспортын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў, елатлы пунктлер бас режелериниң жойбарларын көрип шығыў ҳәм оларға жуўмақ бериў ушын төлемлер;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин сақлаўға байланыслы жумыслар ушын руқсатнама ҳәм лицензия бериў, илимий-техникалық қадағалаў, сондай-ақ, тарийхый-мәдений ҳәм жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң тийисли экспертизалары, реставратор-усталарға маманлық сертификаты бериў ушын төлемлер;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери, айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақларда, Улыўма жер жүзилик мийрас дизимине киргизилген аймақлар ҳәм олардың қорғалатуғын шегараларында жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация ҳәм басқа да хожалық жумысларын өткериўге байланыслы жойбарлар, мийрасқа болған тәсирин баҳалаў есабатларын көрип шығыў ушын төлемлер;
материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны және набыт етиў, бузыў ямаса оларға зыян жеткерилгенлиги ушын төленетуғын жәриймалар, сондай-ақ, мәмлекетлик мүлк болып есапланған материаллық мәдений мийрас объектлерине жеткерилген зыянды қаплаў бойынша қаржылар;
ўәкилликли уйымлар тәрепинен Агентлик, оның системасындағы шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик музейлер, музей-қорықханаларының жумысын, сондай-ақ, материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлеринде сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыўды тексериў нәтийжелери бойынша анықланған нызамсыз жумсалған бюджет қаржыларының, талан-тараж, растраталар, кемис шығыўлар суммаларының Мәмлекетлик бюджетке қаратылатуғын бөлеги;
Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар, халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт еллердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдемлесиў қаржылары, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да түсимлер.
- Қордың қаржылары:
материаллық мәдений мийрас объектлерин, соның ишинде, археологиялық мийрас объектлери, мәдений байлықлар және музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын қорғаў, консервациялаў, реставрациялаў, оңлаў, ҳәзирги заманда пайдаланыўға бейимлестириў, сондай-ақ, олар менен байланыслы илимий ҳәм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў және өндирис жумысларын әмелге асырыў;
материаллық мәдений мийрас объектлериниң мәмлекетлик кадастрын, археологиялық табылмалары, миллий музей фондының мәмлекетлик каталоглары ҳәм паспортларын жүргизиў, музейлердиң жумысы ҳәм археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў жумысларын шөлкемлестириў;
айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақлар, Улыўма жер жүзилик мийрас дизимине киргизилген аймақлар ҳәм тарийхый мәҳәллелерди қорғаў;
Агентлик ҳәм аймақлық басқармалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, электрон хызметлерди раўажландырыў ҳәм санластырыў, тараўда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларға нәтийжели қарсы гүресиў бойынша жумысларды шөлкемлестириў;
экспертлерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелери, Илимий-эксперт кеңеси, Илимий-техникалық изертлеў топарлары ағзаларының мийнетине ҳақы төлеў, жәмийетши инспекторлар Агентлик жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша қәнигелерди пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында тартыў;
нызашылық ҳүжжетлери менен белгиленген Агентлик жумысы менен байланыслы басқа да илажларды әмелге асырыў ушын жумсалатуғыны белгиленсин.
Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
- Төмендегилер:
2021-2022-жыллары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, музейлердиң жумысын раўажландырыў ҳәм тараўды санластырыў бойынша «жол картасы» 4-қосымшаға муўапық;
2021-2022-жыллары материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлерин қайта тарийхый-мәдений экспертизадан өткериў, олардың санластырылған паспорты ҳәм каталогын ислеп шығыўдың мақсетли көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлеринниң қорғалатуғын шегараларын белгилеў ҳәм санластырыўдың мақсетли көрсеткишлери 6-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары мәмлекетлик музейлердеги музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларын электрон идентификациялаў мақсетли көрсеткишлери 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы қарар менен тастыйықланған мақсетли көрсеткишлер 2021-жылы Қор ҳәм мәдений мийрас объектлерин сақлаў ушын ажыратылған Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны, 2022-2023-жыллары Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Агентлик, Илимлер академиясы, Қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги менен биргеликте ҳәр ярым жылдың жуўмағында өз аймақларында жайласқан материаллық мәдений мийрас объектлерин ҳәм мәдений байлықларды анықлаў, есапқа алыў, қорғаў, сақлаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыў жағдайы ҳаққында халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине мәлимлеме берип барсын.
Министрлер Кабинети ҳәр шеректе усы қарар менен тастыйықланған «жол картасы» ҳәм мақсетли көрсеткишлердиң толық орынланыўын сын көзқарастан таллап Агентлик, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларының жумысына баҳа берип барсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық материаллық мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлер тараўындағы мәмлекетлик хызметлер 8-қосымшаға муўапық 2023-жыл 1-январьдан баслап электрон түрде көрсетиледи. Онда, бул дизимге киргизилген мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде:
Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ямаса арза бериўшиниң өзи тиккелей Агентликтиң тийисли структурасына мүрәжат етиў тәртиби енгизиледи. Арза бериўшиниң өзи тиккелей мүрәжат еткенде оның мүрәжаты агентлик хызметкери тәрепинен арнаўлы электрон системада дизимнен өткерилиўи шәрт;
мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлерди электрон түрде әмелге асырыў арқалы квитанция талап етиў бийкар етиледи;
Агентликтиң жуўапкер хызметкерлери ҳәм пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында тартылған қәнигелер, экспертлер тәрепинен тийисли көшпес мүлк ҳәм көшетуғын затлар жеке экспертизадан өткериледи;
экспертиза өткерилетуғын мәнзил, ўақыт ҳәм мағлыўмат ушын телефон номерлери және мәмлекетлик хызмет көрсетиў нәтийжеси ҳаққында СМС жибериў арқалы арза бериўши хабардар етиледи;
мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR – код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы бериледи.
- Материаллық мәдений мийрас объектлери, музей, спорт комплекслери ҳәм басқа да көргизбе объектлери (кейинги орынларда – көргизбе объектлери):
дизими Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги ПП-6199-санлы Пәрманы менен дүзилген Туризм, спорт, мәдений мийрас, транспорт логистикасы ҳәм хызметлер тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик және санластырыўды раўажландырыў мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен тастыйықланатуғыны;
дизимге киргизилген көргизбе объектлерине кириў-шығыў орынларында 2021-жыл 1-октябрьге шекем электрон турникетлер ямаса келиўшилерди автоматикалық есапқа алыўға мөлшерленген басқа да үскенелер «Санластырыў ҳәм автоматластырыў орайы» МУК тәрепинен, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында орнатылатуғынлығы және олар тийисли бирден-бир электрон системаға интеграцияланыўы шәрт екенлиги белгиленсин.
2022-жыл 1-январьдан баслап көргизбе объектлериниң дизимине киргизилген көргизбе объектлеринде билетлер саўдасын тийисли бирден-бир электрон системаға интеграцияламаған жағдайда әмелге асырыў қадағалаў-касса техникасын ҳәм есап-санақ терминалларын қолланыў тәртибин бузыў деп баҳаланады.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдухакимов) еки ай мүддетте:
системаға интеграцияланыўы зәрүр болған көргизбе объектлериниң дизимин қәлиплестирсин ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған дизимниң жәрияланыўын тәмийинлесин;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4068-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-октябрь ҳәм 2022-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 19-июнь