Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өсимликлерди зыянкес организмлерден исенимли қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдеги «Республикада өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6262-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2021-2024-жылларда өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги орайлық аппаратының структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Ўәлаятлар өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў басқармаларының үлги структурасы 4а-қосымшаға муўапық;

Ташкент қалалық Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў басқармасының структурасы 4б-қосымшаға муўапық;

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў бойынша район (қала)лық бөлимлердиң үлги структурасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық келисимлер бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланады.
  2. Агентликтиң өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл етилген қарарлар министрликлер, уйымлар, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм пуқаралар ушын миннетли болып есапланады.
  3. Агентликтиң бас директоры Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Агентликке төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

өсимликлер карантини, оны қорғаў ҳәм агрохимия тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў;

топырақ агрохимиялық анализлерди өткериў ҳәм аўыл хожалығына жеткерип берилетуғын барлық түрдеги минерал ҳәм микробиологиялық төгинлердиң сапасын қадағалаў, топырақ ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң қурамындағы пестицид, нитрат ҳәм аўыр металл дузларының қалдықларын атыз шараятында радиологиялық-токсикологиялық анализлерден өткериў;

өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаўда прогноз системасын жетилистириў, зыянлы организмлерге қарсы гүресиўдиң үйлескен нәтийжели усылларын белгилеў ҳәм орынланыўын қадағалаў, мониторинг алып барыў, экономикалық зыян жеткериўи мүмкин болған зыянлы организмлердиң республика аймағына кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў ҳәм жоқ етиў;

Өсимликлер клиникалары ҳәм биолабораториялар системасын раўажландырыў және олардың жумысын муўапықластырыў;

өсимликлерди қорғаўдың химиялық ҳәм биологиялық қураллары ҳәм минерал ҳәм микробиологиялық төгинлердиң биологиялық нәтийжелилиги бойынша сынақларды шөлкемлестириў ҳәм дизимнен өткериў, аўыл хожалығында химияластырыў ҳәм биологиялық қураллардан пайдаланыў тараўында нормативлик, регламент ҳәм стандартлар ислеп шығыў ҳәм химияластырыў және биологиялық қураллар реализациясы менен шуғылланатуғын субъектлердиң жумысын муўапықластырыў;

фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеўде илимий, методикалық ҳәм билимлендириў потенциалын раўажландырыў, заманагөй инновациялық шешимлер, режелестириў ҳәм басқарыў усылларын енгизиў, алдынғы сырт ел технологиялары ҳәм жумыс усылларын енгизиўде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, тараўда кадрларды системалы қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў.

  1. Агентлик, Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖларды сапластырыў бойынша Республикалық комиссияның төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) сапластырылып атырған «Ўзагрокимёҳимоя» АЖның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы:

шигиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызметин «Ўзагрокимёҳимоя» АЖның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин азайтыў есабынан Агентликке өткериў;

тут гүбелегине қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны бериў ўазыйпасын Жипекшилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетине жүклеў;

б) Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының Өсимликлер карантини системасын раўажландырыў қоры негизинде Агентликтиң Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў системасын раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) қайта шөлкемлестириў;

в) Агентликтиң системасында:

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы системасындағы Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы системасындағы Өсимликлер карантини илимий-изертлеў орайы негизинде Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты (кейинги орынларда – Илимий-изертлеў институты) ҳәм оның регионаллық филиаллары;

Илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Самарқанд, Ферғана, Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы филиаллары;

«Агрохимия станцияси» ЖШЖ ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң негизинде Республикалық агрохимиялық анализ орайы (кейинги орынларда – Орай) ҳәм оның аймақлық бөлимлери;

«Республикалық оқыў-өндирислик биолабораториясы» ЖШЖ ҳәм «Республика «Биосифат» орайлық лабораториясы» ЖШЖ негизинде «Биосифат» республикалық орайын шөлкемлестириў;

Онда «Агрохимия станциясы» ЖШЖ ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң, «Республика «Биосифат» орайлық лабораториясы» ЖШЖ ҳәм «Республикалық оқыў-өндирислик биолабораториясы» ЖШЖның үлеси толық Агентликке өткериледи;

г) «Агрохимия станциясы» ЖШЖ аймақлық филиалларының лабораторияларын модернизациялаў мақсетинде сатып алынған заманагөй лаборатория әсбап-үскенелерин аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлардың устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин азайтыў есабынан Республикалық агрохимиялық анализ орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң балансына бериў.

  1. 2021-жыл 1-августтан баслап Илимий-изертлеў институты ҳәм оның регионаллық филиаллары хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, имарат ҳәм объектлерди сақлаў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў, сондай-ақ, ағымдағы қәрежетлерди қаплаў Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

Илимий-изертлеў институты ҳәм оның регионаллық филиалларына ажыратылған ханаларды зәрүр сыртқы инженерлик коммуникациялары ҳәм инфраструктурасына жалғаў, ири оңлаў ҳәм реконструкциялаў және материаллық-техникалық базасын беккемлеў, лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў жумыслары Қор ҳәм халықаралық грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;

Илимий-изертлеў институты ҳәм оның регионаллық филиалларының хызметкерлерине Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылатуғыны;

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Илимий-изертлеў институты ҳәм оның регионаллық филиалларын сақлаў қәрежетлери 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Агентликке ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Илимий-изертлеў институты, Орай ҳәм «Биосифат» республикалық орай мәмлекетлик мәкемеси түриндеги юридикалық тәреплер есапланатуғыны;

Илимий-изертлеў институты ҳәм оның регионаллық филиаллары, Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлери, «Биосифат» республикалық орайы, Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызметлери республикалық бюджеттен, Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлардың нәтийжелери тийкарында ажыратылатуғын грантлар, илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў ушын шәртнамалардан түсим, халықаралық финанс институтларының грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклерден қаржыландырылатуғыны;

усы қарардың 8-бәнтине муўапық шөлкемлестирилген мәкемелердиң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша усы мәкемелердиң дүзилиўи ушын тийкар етип алынған шөлкемлердиң ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

а) Агентликтиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Қордың қаржылары;

сырт ел (халықаралық) финанс институтлары ҳәм басқа да сырт елли донорлардың техникалық жәрдем қураллары ҳәм грантлары;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

импорт ҳәм транзит карантин рухсатнамалары, халықаралық, ишки ҳәм реэкспорт фитосанитариялық сертификатлар, транспорт бирлигин ашыў ҳәм карантин тексериўиниң актин рәсмийлестирилиўден алынатуғын төлемлер;

өсимликлерди қорғаўда қолланылатуғын химиялық қураллар, минерал ҳәм органикалық төгинлерди сақлаў, реализациялаўды лицензиялаўдан алынатуғын төлемлер;

көрсетилген лабораториялық таллаўлар хызмети ушын алынатуғын төлемлер;

зыянсызландырыў (фумигация) жумысларын өткериў бойынша көрсетилген хызметлер ушын алынатуғын төлемлер;

биолабораториялардың жумысы ушын берилетуғын техникалық рухсатнама ҳәм биоөнимниң сапасы бойынша сертификатлар ушын алынатуғын төлемлер;

химиялық ҳәм биологиялық қорғаў қуралларының биологиялық нәтийжелилиги бойынша өткерилетуғын сынақлар ушын алынатуғын төлемлер;

ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын нызамшылыққа муўапық өндирилетуғын жәриймалар;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржылары Агентликке жүкленген ўазыйпалар ҳәм функцияларды шешиў, илимий-изертлеў жумысларын қаржыландырыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, қәнигелерди қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, Агентликтиң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик ҳәм оның системасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған шөлкемлердиң штат бирликлери ҳәм басқа да қәрежетлерин қаплаўға қосымша түрде талап етилетуғын қаржылар Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жылдың параметрлеринде зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм айрықша жағдайларда өнимди сақлап қалыўды тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан қаплансын.
  2. Өсимликлерди қорғаўдың тутас системасы жаратылып атырғаны ҳәм усы системаның жумысы биринши гезекте өсимликлер зыянкеслери ҳәм кеселликлери тарқалыўының алдын алыўға қаратылғанын есапқа алып, зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм айрықша жағдайларда өнимди сақлап қалыўды тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Агентлик ушын 50 миллиард сум қаржы нәзерде тутылсын.
  3. 2021-жылдың 1-августынан баслап Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден Қорға келип түсетуғын мәмлекетлик бажы ҳәм жыйым көринисиндеги түсимлердиң 25 процентинен аслам болмаған муғдары Агентлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын бағдарлансын.
  4. Агентлик бас директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

басқарма хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның төменги шөлкемлериниң структурасына өзгерислер киргизиў;

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў басқармалары, Агентликке уйымлық бойсынатуғын шөлкемлердиң режелери менен структураларын, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң санын тастыйықлаў;

өндирис зәрүрлиги ҳәм жумыс жүкленген келип шығып Қордың қаржылары есабынан қосымша штат бирликлерин енгизиў;

бойсыныўдағы уйымлардың режесин тастыйықлаў;

маман жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелерди жумысқа жаллаў.

  1. Агентликке, оған жүклетилген ўазыйпаларды орынлаў ушын агродронларды Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитети арқалы алып кириў ҳәм Транспорт министрлиги жанындағы Пуқаралық авиация агентлиги тәрепинен олардан пайдаланыў ҳуқықы берилсин.

Агентлик тәрепинен зәрүр ҳүжжетлер усынылған күннен баслап Транспорт министрлиги жанындағы Пуқаралық авиация агентлиги үш күн мүддетте агродронларды иске қосыў ушын рухсатнама берсин.

  1. Агентлик:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлық ҳәм ири қалаларында ҳәм Ташкент қаласының барлық районларында саяманлы ҳәм мийўели тереклер, путалар ҳәм гүллерди зыянлы организмлерден қорғаўда айрықша қадағалаўды әмелге асырсын;

бир ай мүддетте Республикалық агрохимиялық таллаў орайы, Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызметлери, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты ҳәм «Биосифат» республикалық орай структураларын тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери бир ай мүддетте:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлық ҳәм ири қалаларында ҳәм Ташкент қаласында мәмлекетлик унитар кәрханасы түринде Саяманлы ҳәм мийўели тереклер, путалар ҳәм гүллерди зыянлы организмлерден қорғаў орайын төмендеги ўазыйпалар жүкленген ҳалда шөлкемлестириў илажларын көрсин;

саяманлы ҳәм мийўели тереклер, путалар ҳәм гүллерди зыянлы организмлерден қорғаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын;

саяманлы ҳәм мийўели тереклер, путалар ҳәм гүллерди зыянлы организмлерден қорғаў бойынша препаратлар ҳәм минерал төгинлердиң резервлерин қәлиплестирсин.

  1. Төмендегилер:

Агентликтиң орайлық аппараты Ташкент қаласы, Мирабад районы, Нөкис көшеси, 77а-жай;

Илимий-изертлеў институты ҳәм «Биосифат» республикалық орайы Ташкент ўәлаяты, Қибрай районы, Бабур көшеси, 4-жай;

Орай Ташкент ўәлаяты, Қибрай районы, Бабур көшеси, 8-жай мәнзиллери бойынша жайластырылсын.

  1. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Агентликке жүкленген қадағалаў механизмлерин жетилистириў мақсетинде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер ҳәм қосымшаларды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын белгиленген тәртипте Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң бас директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 15-июль.