Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң жарқын дөретиўшилиги, кең көлемли дөретиўшилик, илимий-әмелий жумысы менен халқымыз мәнаўиятын арттырыў, мәмлекетимизде илим, билимлендириў, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, жасларымызды ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен

Аңсатбаев Нажиматдин  – Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы режиссёрлық ҳәм актёрлық шеберлиги кафедрасының профессоры

Халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалы ҳәм мәнаўиятын арттырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бағдарында ерисип атырған жоқары нәтийжелери, елимиздиң раўажланыўын тәмийинлеў, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик, социаллық-руўхый турақлылықты беккемлеў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын төмендегилер сыйлықлансын:

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен

Мадреимов Полат Шамшетович – «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң бас балетмейстери

«Дўстлик» ордени менен

Абдиев Алланазар Идирейсович – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы

Назарымбетов Базарбай Матжанович – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының вокал артисти

Өтепбергенова Бийбираба – Қарақалпақстан Республикасы Халық сазлары оркестриниң қосықшысы

«Шуҳрат» медалы менен

Жиемуратова Гөззал Даўлетияровна – «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң аяқ ойыншысы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 26-август