Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-июньдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-6240-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине (кейинги орынларда – Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги) төмендеги қосымша ўәкилликлер берилсин:
жуўапкер уйымлар тәрепинен халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлердиң жедел енгизилиўин муўапықластырып барыў;
өнимлерге нызамшылық ҳүжжетлеринде ҳәм техникалық регламентлерде белгиленген мәжбүрий талапларды бузғанлықта айыплы болған таярлаўшылар (ислеп шығарыўшылар), сатыўшылар ҳәм орынлаўшыларға финанслық санкцияларды қолланыў бойынша судқа мүрәжат етиў;
кәрханаларда техникалық регламент ҳәм стандартлар талапларына әмел етпегени ушын кәрхана ҳәм тармақ басшыларына усыныслар киргизиў;
техникалық регламентлер, стандартлар ҳәм нызамшылықта белгиленген мәжбүрий талапларға муўапық деп табылған өнимлер ҳаққындағы мағлаўматларды улыўмаластырыў ҳәм реестрин жүргизиў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Аймақларда санаат тармақлары кесиминде 2021-2023-жыллары шөлкемлестрилетуғын сынаў лабораторияларының мәнзилли дизими 3-қосымшаға муўапық;
Тармақлар ҳәм жергиликли кәрханаларда стандартластырыў, өнимниң сапасын тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳәм есабатларды тыңлап барыў схемасы 4.1 ҳәм 4.2-қосымшаларға муўапық;
Тармақлар ҳәм санаат кәрханаларында 2021-2022-жыллары техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў ҳәм метрология тараўларында жумыс ислеп атырған қәнигелердиң маманлығын арттырыў реже-кестеси 5-қосымшаға муўапық;
Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, муўапықлығын баҳалаў, аккредитация ҳәм метрология тараўын раўажландырыўдың тийкарғы индакаторларының дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Санаат тармақлары басшылары усы қарардың 3- ҳәм 4.1- қосымшаларында нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы бойынша есабатларды ҳәр айда Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкиметлик комиссиясға (кейинги орынларда – Ҳүкиметлик комиссия) киргизип барсын.
Ҳүкиметлик комиссия усы қарардың 6-қосымшасында келтирилген техникалық жақтан тәртипке салыў, стандарластырыў, муўапықлықты баҳалаў, аккредитация ҳәм метрология тараўын раўажландырыўдың тийкарғы индикаторлары дизими бойынша ҳәр жыллық көрсеткишлерди тастыйықласын ҳәм орынланыўы бойынша Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң есабатын тыңлап барсын.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрине:
зәрүр жағдайларда, Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң ҳәм оның системасындағы басқа да шөлкемлердиң структурасына басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;
зәрүр жағдайларда, Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қосымша штат бирликлерин ажыратыў;
мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда, тар шеңбердеги қәнигелерди шәртнама тийкарында Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине жумысқа тартыў ҳуқықы берилсин.
- Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги «Өзстандарт» агентлигиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандарластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўында мәмлекетлик қадағалаў департаменти хызметкерлери мийнетке ҳақы төлеў шәртлерине муўапық Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги орайлық аппаратының хызметкерлерине теңлестирилетуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң бас директоры Министрлер Кабинети тәрепинен инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң усынысы тийкарында тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги бас директорының орынбасарлары және оның қурамындағы система шөлкемлериниң басшылары агентлик бас директорының усынысына тийкарланып инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги бас директорының статусы, мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлери бойынша министрдиң биринши орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги бас директорының биринши орынбасары лаўазымына еки жумысты қатара ислеў тийкарында Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги хызметкерин тайынлаўға руқсат етилетуғыны;
Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талаплары бузылғанлығы ушын финанслық ҳәм ҳәкимшилик жәриймалар Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң арнаўлы қорына толық өткерилетуғыны ҳәм бул қаржылардың 50 проценттен аз болмаған бөлеги жергиликли кәрханалар тәрепинен халықаралық стандартларды сатып алыў ҳәм енгизиўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын қаратылатуғыны белгиленсин.
- Муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациядан өткериў жумысына халықаралық тәжирийбеге тийкарланған ҳалда ериклилик түс бериў ҳәм қағыйдасын әпиўайыластырыў мақсетинде:
аккредитациядан өтиўге буйыртпа бериўде сынаў лабораторияларының аккредитация тараўына сыртқы тексериў өзгешеликлерин (инструментал ҳәм органолептик таллаўлардан тысқары) киргизиў талабы бийкар етиледи;
муўапықлықты баҳалаў уйымларының хызметкерлерин сапа бойынша эксперт-аудиторлыққа аттестациядан өткериў ҳәм сертификатластырыў мәжбүрий талаплары бийкар етиледи;
нызамшылық ҳүжжетлеринде муўапықлықты баҳалаў хызметлерин көрсетиў ушын бирден-бир уйымларды белгилеўге (қорғаныў ҳәм мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетлеринен тысқары) жол қойылмайды.
- Төмендегилерге:
Стандартлар институтына халықаралық стандартластырыў шөлкемлери ҳәм сырт еллердиң стандартластырыў уйымларының қағыйдалары ҳәм шәртнмаларына муўапық, халықаралық ҳәм сырт ел стандартларын республикамызда тарқатыўға ҳәм бул шөлкемлерге төлемлерди төлеп бериўге;
Стандартлар институты ҳәм Миллий метрология институтына илимий-техникалық жойбарлар басшылығына илимий дәрежеге ийе хызметкерлерди (илим кандидатлары, философия докторлары (PhD), илим докторлары (DSc) пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында тартыўға руқсат берилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң стандартластырыў, муўапықлықты баҳалаў, аккредитация ҳәм метрология тараўында жумыс ислеўши хызметкерлерге айлық мийнет ҳақы төлениўинде, тийисли бағдар бойынша 7-қосымшада келтирилген халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң билим дәрежесин тастыйықлаўшы сертификатына ийе болғанда оның әмел етилиў дәўиринде, бирақ 2 жылдан көп болмаған мүддет даўамында, айлық мийнет ҳақысына – 20 процент, эксперт сыпатында дизимге алынғанда айлық мийнет ҳақысына – 40 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеў системасын енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сатып алынатуғын эталонлар дизими 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қаржы министрлиги Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде усы қарардың 8-қосымшасында дизимге алынған жылларда эталонлар ҳәм жоқары анықлықтағы өлшеў қуралларын сатып алыў ушын зәрүр болған қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем стандартлардың жалпы ишки өнимниң өсиўине ҳәм сыртқы саўда айланысына унамлы тәсирин баҳалаў бойынша методикалық қолланбаны сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда ислеп шықсын.
- Өзбекстан Республикасының жыллық инвестиция бағдарламаларын қәлиплестириўде, республикамызда сынаў имканиятлары жоқ болған бағдарлар бойынша, өзлестирилип атырған жаңа өнимлердиң халықаралық талапларға муўапықлығын тастыйықлаўды тәмийинлейтуғын сынаў лабораторияларын шөлкемлестириўди инвестициялық жойбарлары шеңберинде ямаса айрықша жойбар сыпатында инабатқа алыў әмелияты енгизилсин.
- Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги:
а) 2021-жыл 1-августқа шекем стандарластырыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди халықаралық стандартлар менен жаңалаўды толық жуўмақласын. Онда, өндирис кәрханаларына 2023-жыл 1-январьға шекем жаңа стандартларға өтиў мүддети белгиленсин ҳәм әмелдеги стандартлардан пайдаланыўға руқсат берилсин;
б) 2021-жыл 1-ноябрьге шекем инсан факторын азайтыў мақсетинде Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерди мәлимлеме-коммуникация технологиялары арқалы толық автоматластырыў илажларын көрсин;
в) сырт еллердиң техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында жумыс алып барыўшы жетекши шөлкемлеринде Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм оның система шөлкемлериниң қәнигелерин оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырып барыў бойынша нәтийжели системаны енгизсин;
г) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳаққындағы ҳәм Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўында мәмлекетлик қадағалаў департаменти ҳаққындағы реже жойбарларын;
Өзбекстан Республикасының «Өним ҳәм хызметлерди сертификатластырыў ҳаққында»ғы, «Муўапықлықты баҳалаў ҳаққында»ғы ҳәм «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын, сондай-ақ, жаңа редакциядағы «Стандартластырыў ҳаққында»ғы ҳәм «Муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациядан өткериў ҳаққында»ғы нызам жойбарларын киргизсин;
д) санаат тармақларында шөлкемлестирилетуғын лабораторияларды халықаралық аккредитациядан өткериўге жәрдемлессин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 9-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 2-июнь