Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-январьдағы ПП- 5630-санлы «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң структуралық дүзилмеси 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги орайлық аппаратының дүзилмеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң (кейинги орынларда-Агентлик) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 432, соның ишинде, Агентликтиң орайлық аппараты-109 етип белгиленсин.
Агентлик директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:
зәрүр жағдайларда, басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде Агентлик орайлық аппаратының тастыйықланған дүзилмесине өзгерислер киргизиў;
Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық аймақлық басқармаларының дүзилмелерин тастыйықлаў;
Агентликтиң аймақлық басқармаларының басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын тастыйықлаў;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы бюджеттен тысқары Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформациялаў ҳәм меншиклестириў қоры (кейинги орынларда-Қор) қаржылары есабынан мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеген ҳалда тартыў;
Қордың қаржылары есабынан Агентлик хызметкерлерине тийкарғы ийелеп турған лаўазымлары бойынша лаўазым айлықлары (тариф ставкалары)на, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа төлемлерге қарамастан, үстеме ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлерди белгилеў;
Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын шәртнама тийкарында тартылатуғын тәжирийбели сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртлерин халықаралық әмелият ҳәм базар шараятларынан келип шыққан ҳалда белгилеў.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық басқармаларын тәмийинлеў бойынша қәрежетлердиң қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
- а) Агентлик:
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң (кейинги орынларда-Мәмлекетлик бәсеки комитети) барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм мәмлекетлик, соның ишинде, сырт елдеги активлерди басқарыў, меншиклестириў илажларын әмелге асырыў (соның ишинде, мәмлекетлик үлеслерин сатыў), мәмлекетлик активлерди ижараға бериў, хожалық жәмийетлерин финанслық жақтан жақсылаў, банкротлық, баҳалаў жумысында мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм мүлкин баҳалаў стандартларын тастыйықлаў бойынша ҳуқықый мийрасхор болып есапланатуғыны;
«Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайы» МУКтиң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
өз ўәкилликлерин еркин түрде ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларынан еркин түрде алып баратуғыны және өз жумысында тиккелей Өзбекстан Республикасы Бас министри ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынатуғыны ҳәм есап беретуғыны;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў тараўында министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластыратуғыны;
Өзбекстан Республикасының «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы және «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы нызамларына муўапық хожалық жәмийетлериниң устав капиталында өзине берилген мәмлекетлик акция пакетлери (үлес) бойынша акционер (шөлкемлестириўши ҳәм қатнасыўшы) ҳуқықын әмелге асыратуғыны;
Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен саўдаларға қойылған объектлер бойынша сатыўшы функциясын атқаратуғыны. Онда Мәмлекетлик бәсеки комитети қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен саўда шәртлери ҳәм түрлери өзгериссиз қалдырылатуғыны, объектлерди саўдадан шығарыў, қайта баҳалаў және қайтадан саўдаға қойыў талап етилмейтуғыны;
мәмлекетлик үлес қатнасындағы хожалық жәмийетлериниң (кейинги орынларда-хожалық жәмийетлери) ағымдағы жумысына араласпаған ҳалда өзине жүкленген ўазыйпаларды тек корпоратив басқарыў усылларын қоллана отырып, орынланыўын тәмийинлейтуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетине ҳәр жылы есап бериў жылынан кейинги жылдың 1-октябринен кешиктирмей Агентлик жумысы, соның ишинде, хожалық жәмийетлериниң жумысында стратегиялық өзгерислердиң нәтийжелери ҳаққында есабат усынатуғыны;
б) Агентлик директоры, оның биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны, статусы, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша тийисли рәўиште министр, министрдиң биринши орынбасары ҳәм орынбасарына теңлестирилетуғыны;
в) Агентлик директоры, оның биринши орынбасары, орынбасарлары ҳәм Агентлик хызметкерлери белгиленген тәртипте хожалық жәмийетлери бақлаў кеңеси ағзалығына сайланыў ҳуқықына ийе екенлиги;
г) Агентликтиң аймақлық басқармаларының басшыларын лаўазымға тайынлаў Агентликтиң директоры тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
д) Агентлик хызметкерлерине сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитети хызметкерлери ушын нәзерде тутылған медициналық жәрдем көрсетиў тәртиби сақланып қалынатуғыны;
е) Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторын Агентликте қолланыўда билимлендириў дәрежесиниң минимал бөлими бойынша сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлаған тийисли бағдардағы қәнигелерге байланыслы жумысқа қабыл етиўде, жумысшылардың кәсиплери бойынша қәнигелик дәрежелерин белгилеўде, бурынғысынан басқаша тәризде, усыныслық өзгешелигине ийе екенлиги;
ж) Мәмлекетлик бәсеки комитети қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен ол ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен бурын берилген лицензиялар, ҳуқық бериўши, рухсатнама ҳүжжетлери ҳәм алдын олар тәрепинен қабыл етилген қарарлар өз күшин сақлап қалатуғыны ҳәм оларды бийкарлаў ямаса өзгертиў талап етилмейтуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
2019-жылдың 1-апрелинен хожалық жәмийетлериниң бақлаў кеңеси (банклер кеңеси) қурамы ҳәм атқарыў уйымы ағзаларын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен тастыйықлаў, сондай-ақ, оларды мәмлекетлик уйымлардың басшылары ямаса басшы орынбасарларына теңлестириў әмелияты бийкар етиледи;
2019-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик уйымлардың басшылары ямаса басшы орынбасарлары, Агентлик буған кирмейди, оларда корпоратив басқарыў қәнигелик аттестаты бар болғанда мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың бақлаў кеңеси ағзалығына мәмлекетлик үлеси бойынша сайланыўы мүмкин;
хожалық жәмийетлериниң бақлаў кеңеси (банклер кеңеси) қурамы мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ямаса олардың лаўазымлы шахслары менен келисилместен акционерлердиң улыўма мәжилиси қарары менен тастыйықланады;
хожалық жәмийетиниң атқарыў уйымы (басшы ҳәм басшының орынбасарлары) таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы, соның ишинде, сырт ел қәнигелери арасынан таңлап алынады ҳәм мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ямаса олардың лаўазымлы шахслары менен келисилместен акционерлердиң улыўма мәжилиси яки бақлаў кеңесиниң қарары менен тайынланады;
келешекте хожалық жәмийетлериниң устав капиталында (фондында) қәлиплесетуғын, акционердиң (шөлкемлестириўшиниң) ҳуқықлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелери тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик үлеси Агентликке бериледи;
келешекте хожалық жәмийетлериниң устав капиталында қәлиплесетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер тәрепинен акционер (шөлкемлестириўши) ҳуқықлары әмелге асырылатуғын мәмлекетлик үлеси Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериледи;
бурын мәмлекетлик акцияларды исенимли басқарыўға инвестиция активлери бойынша исенимли басқарыўшыларға бериў бойынша дүзилген келисимлер олардың әмел етиў мүддети жуўмақланғанға шекем бурын қол қойылған шәртлер тийкарында Агентлик тәрепинен қосымша келисимлерди дүзиў жолы менен қайта рәсмийлестириледи;
хожалық жәмийетлери мийнет ҳақы муғдарын, басқарыў ҳәм техник хызметкерлер бирлигин, автотранспорт қуралларының санын белгилеў және нызам ҳүжжетлерине муўапық хожалық басқарыў уйымлары ушын өз алдына тәртип орнатылған мәселелер бойынша қарарларды еркин түрде қабыл етеди.
- Хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик үлеслер-3-қосымшаға муўапық Агентликке берилсин.
Агентлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик үлеси бар хожалық жәмийетлерин хатлаўдан өткерсин.
Хатлаў нәтийжесинде анықланатуғын ҳәм усы қарардың 3-қосымшасына киргизилмеген, акционердиң (шөлкемлестириўшиниң) ҳуқықлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер тәрепинен әмелге асырылатуғын хожалық жәмийетлериниң устав капиталы (фонды)ндағы мәмлекетлик үлеси Агентликке берилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2019-жылға мөлшерленген Агентлик қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер параметрлерине усы қарар талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин;
Агентликке хызмет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 12, соның ишинде, 9 жеке бириктирилген хызмет жеңил автомобильлерин сақлаўға лимит белгилесин;
Агентликтиң тийкарланған есап-санақларынан келип шығып, админстративлик имаратларды оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў мақсетинде зәрүр үскенелер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлсеин.
- Агентлик еки ай мүддетте «Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайы» МУКтиң белиленген тәртипте Агентлик қурамына қосылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Баҳалы қағазлар орайлық депозитариясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәмлекетлик бәсеки комитети және оның аймақлық уйымларының сапластырылыўы мүнәсибети менен тийислилиги бойынша мәмлекетлик бажларды ҳәм басқа түрдеги жыйымларды өндирмеген ҳалда:
Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармаларына көшпес мүлк ҳәм басқа да мүлк объектлерине ҳуқықтың қайта дизимнен өткерилиўин;
Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармалары қарамағына өтетуғын автотранспорт қуралларының Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги уйымларында қайта дизимнен өткерилиўин;
мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) бойынша акционер (шөлкемлестириўши ҳәм қатнасыўшы) функциялары менен ҳуқықлары Агентликке өткенлиги мүнәсибети менен хожалық жәмийетлери шөлкемлестириў ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислер ҳәм қосымшалардың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
- Агентлик Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында өтиниш киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлер дизимине киргизилсин.
- Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармалары өзине жүкленген ўәкилликлерге муўапық судларға көрип шығыўы ушын киргизилетуғын даўалар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилсин.
- Агентлик Ташкент қаласы, Ә.Темур көшеси, 6-жай мәнзилине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте Агентликтиң аймақлық басқармаларын сапластырылған Мәмлекетлик бәсеки комитети аймақлық уйымларының ҳәзирги жайласыўы бойынша имаратларға жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине Агентлик, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте мәмлекетлик активлерди исбилерменлерге сатыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың көлемин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Агентлик Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
а) 2019-жыл 1-апрельге шекем:
хожалық жәмийетлериниң бақлаў кеңеслери ҳәм атқарыў уйымларының ағзаларын тастыйықлаў, сондай-ақ, атқарыў уйымларының ағзаларын мәмлекетлик уйымлардың басшылары ямаса басшы орынбасарларына теңлестириў ҳаққында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди бийкарлаў бойынша усынысларды;
алдынғы сырт ел әмелиятын есапқа алған ҳалда, мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың жумысына бақлаў кеңеслери ҳәм қадағалаў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўды, корпоратив басқарыўдың халықаралық қағыйдаларын нәзерде тутатуғын корпоратив басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў бойынша «Жол картасын»;
б) еки ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳаққындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы бюджеттен тысқары Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформациялаў ҳәм меншиклестириў қоры қаржыларын қәлиплестириў және олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында қарар жойбарын;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 14-январь