Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм реформалаў, оны әмелге асырыў бойынша заманагөй, нәтийжели қатнас пенен механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, инвестициялық процесслерди жеделлестириў ҳәм улыўмалық исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Әмелге асырылып атырған илажлар, бәринен бурын, экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын жедел раўажландырыўды ҳәм модернизациялаўды, санаат ислеп шығарылыўды комплексли диверсификациялаў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Жедел инвестициялық сиясатты даўам еттириў, әмелдеги ислеп шығарыўшыларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў ҳәм жаңа жоқары технологиялы ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў бойынша стратегиялық ҳәм үлкен әҳмийетке ийе болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын инвестицияларды, соның ишинде,тиккелей сырт ел инвестицияларын жедел тартыў және нәтийжели ис-ҳәрекетлерди жыйнаў ҳәм бар ресурслардан мақсетке муўапық пайдаланыў, сондай-ақ, оның тийкарында халықтың бәнтлигин, олардың турмыс дәрежеси менен сапасының арттырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен Қаржы министрлиги, мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте ислеп шығылған, төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасы:
2019-жылда капитал қойылмалардың тийкарғы параметрлери 1-қосышаға муўапық;
2019-жылда социаллық, турақ жай, инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасының объектлерин иске қосыў прогнозы 2-қосымшаға муўапық;
2019-жылда объектлер ҳәм ислеп шығарыў қуўатлықларын иске қосыў мәнзилли бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын, 2019-жылда объектлерди қурыў ҳәм оларды реконструкциялаў мәнзилли бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық;
б) орайластырылған инвестициялар есабынан қаржыландырылатуғын:
2019-жылда мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, сондай-ақ, техникалар сатып алыўдың мәнзилли бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық;
2019-жылда автомобиль жоллары, көпирлер ҳәм жол өткеллерин қурыў және реконструкциялаў, сондай-ақ, объектлерди үскенелеў ҳәм техникалар сатып алыўдың мәнзилли бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық;
2019-жылда жоқары билимлендириў мәкемелери, қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, медициналық, илимий-изертлеў, улыўма билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў мәнзилли бағдарламалары 7, 7а, 7б, 7в, 7г, 7д ҳәм 7е-қосымшаларға муўапық;
2019-жылда ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация структураларының объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў мәнзилли бағдарламасы 8-қосымшаға муўапық;
2019-жылда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жойбарларды қаржыландырыўды шөлкемлестирген ҳалда Аралбойы регионын раўажландырыў мәнзилли бағдарламасы 9-қосымшаға муўапық;
в) 2019-жылда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик кепиллик пенен сырт ел кредитлерин тартқан ҳалда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли бағдарламасы 10-қосымшаға муўапық;
г) 2019-жылда Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржыларын тартқан ҳалда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли бағдарламасы 11-қосымшаға муўапық;
д) 2019-жылда тармақ инвестициялық жойбарлар шеңберинде инвестицияларды өзлестириў жыйма мәнзилли бағдарламасы 12-қосымшаға муўапық;
е) орайластырылмаған инвестициялар есабынан қаржыландырылатуғын:
2019-жылда тиккелей сырт ел инвестициялары менен кредитлерин тартқан ҳалда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли бағдарламасы 13-қосымшаға муўапық;
2019-жылда тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда әмелге асырылатуғын аймақлық инвестициялық жойбарлардың мәнзилли бағдарламасы 14-қосымшаға муўапық;
ж) төмендегилер:
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаўды жеделлестириў талап етилетуғын инвестициялық жойбарлардың дизими 15-қосымшаға муўапық;
2019-жылда көрип шығылатуғын перспективалы инвестициялық ҳәм инфраструктуралық тармақ жойбарларының дизими 16-қосымшаға муўапық;
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлери ислеп шығылатуғын және тастыйықланатуғын, қурылысы ҳәм реконструкцияланыўы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан қаржыландырылыўы нәзерде тутылып атырған объектлердиң дизими 17-қосымшаға муўапық;
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлери ислеп шығылатуғын ҳәм тастыйықланатуғын, орайластырылған инвестициялар есабынан қаржыландырылыўы нәзерде тутылып атырған социаллық тараў объектлериниң дизими 18-қосымшаға муўапық макқуллансын.
3.жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериў нәтийжелери бойынша жойбарлар (объектлер) бойынша дизимлерге ҳәм капитал қойылмалардың лимитлерине (қунына) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў мәселелери комплексли басшысының қарарлары менен анықлық ҳәм дүзетиўлер киргизилиўи мүмкин екенлиги;
жойбарлар (объектлер) бойынша тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларына тийкарланып киргизилетуғыны;
қурылыс және тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў процесслерине тийисли ўәкилликке ийе болмаған шахслардың араласыўына жол қойылмайтуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорына (кейинги орынларда – Раўажланыў қоры) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың қаржыларын өткериў усы қарар менен мақулланған мәнзилли бағдарламаларға киргизилген жойбарларды қаржыландырыў ушын бурын ажыратылған қаржылардың жумсалғанлығы Раўажландырыў қоры тәрепинен тастыйықланыўына қарап әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржылар Раўажланыў қорына қаржыландырыў кестеси тийкарында өз ўақтында өткерилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети және Өзбекстан Республикасы президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте тартылып атырған кредитлердиң гиреў тәмийнаты ушын Өзбекстан Республикасы сыртқы қарызларының ҳәм мәмлекетлик кепилликлери суммасының шекленген көлеми нормаларын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, Қарақалпақстан Республкасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери – усы қарар менен мақулланған мәнзилли бағдарламаларға киргизилген жойбарлардың буйыртпашылары (кейинги орынларда – жойбарлардың буйыртпашылары):
еки ҳәпте мүддетте – жылдан жылға өтип киятырған жойбарларды қаржыландырыў дәреклери менен көлемлерин қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўдың календарь кестелери менен үзликсиз избе-изликте анықластырған ҳалда, олар бойынша 2019-жылға мөлшерленген қурылыслардың мәнзилли дизиминиң ислеп шығылыўын және Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине ҳәм қаржы министрлигине усынылыўын;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте үш ҳәпте мүддетте – орайластырылған инвестициялар есабынан қаржыландырылатуғын, 2019-жылда жаңадан басланатуғын жойбарлар бойынша жойбар ҳүжжетлерин тастыйықлаў жумыслары жуўмақланыўын;
еки ай мүддетте тастыйықланғакн жойбарлаў ҳүжжетлери тийкарында – тендер (таңлаў) ҳүжжетлериниң комплексли экспертизадан өткерилиўин, белгиленген тәртипте жаңа басланатуғын жойбарлар бойынша сатып алыў тәртип-қағыйдаларының жуўмақланыўын ҳәм тендер (таңлаў) жеңимпазлары менен бөлип алып ислеў шәртнамаларының дүзилиўин;
сатып алыў тәртип-қағыйдалары жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте – жаңадан басланатуғын жойбарлар бойынша қурылыслардың жуўмақлаўшы мәнзилли дизимлери келисиў ушын Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине ҳәм Қаржы министрлигине усынылыўын;
еки ҳәпте мүддетте – усы қарардың 10, 11, 12, 13 ҳәм 14-қосымшаларына киргизилген жойбарларды әмелге асырыўдың комплексли тармақ кестелери Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине усынылыўын;
бир ай мүддетте – усы қарардың 15-қосымшасына киргизилген жойбарлар бойынша жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў бойынша «жол карталары» Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келискен ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын усынылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
республика қалалары менен қалалық посёлкаларының ислеп шығарылған ҳәм бүгинги күнге шекем тастыйықланбаған бас режелериниң жойбарлары олардың тийкарғы қағыйдалары ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлерине негизленгенлиги көз-қарасынан үйренип шығылыўын;
қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў тәртибин, оларды ислеп шығыў менен байланыслы илажларды қаржыландырыў механизимлерин жетилистириў, сондай-ақ, жеке жойбарлаў-излеў шөлкемлери жумысын хошаметлеў, усы тараўға инновациялық шешимлерди ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў бойынша усыныслар таярланыўын;
ажыратылып атырған қаржылар нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, жол инфраструктурасы ҳәм улыўма тармақты раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик-жеке шерикликтиң заманагөй механизмлерин енгизиўди инабатқа алған ҳалда, автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў, реконструкция етиў, оңлаў ҳәм сақлаў тараўындағы жумысларды еле де жетилистириў, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылыўын тәмийинленсин.
- Министрликлер, мәкемелер, хожалық басқарыўы уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларына:
Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестиция бағдарына киргизилген жойбарлар бойынша қурылыс-монтажлаў жумыслары өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы, қаржылардың толық көлемде өзлестирилиўин және объектлер ҳәм ислеп шығарыў қуўатлылығы белгиленген мүддетлерде иске түсирилиўин тәмийинлеў;
бул қарардың 17 ҳәм 18-қосымшаларға киргизилген жойбарлар бойынша жойбарлар алды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин 2019-жылда ислеп шығыў, экспертизадан өткериў ҳәм тастыйықлаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
9.Раўажландырыў қоры бақлаў кеңеси жойбарлар буйыртпашылар менен биргеликте:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң унамлы шешимлери бар болған ҳалда, 2019-жылдың 6 ҳәм 9 айлығы жуўмақлары бойынша капитал қойылмалардың тежеп қалынған яки пайдаланылмаған лимитлерди, биринши гезекте, Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестиция бағдарына киргизилген тийисли аймақтағы суў тәмийнаты, канализация системасы, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў бойынша жойбарларды қаржыландырыўға мақсетли бағдарлаған ҳалда белгиленген тәртипте қайта бөлистириўди;
ҳәр шеректе есабат дәўиринен кейинги айдың 10-сәнесине шекем қарар менен мақулланған мәнзилли бағдарларға киргизилген жойбарларды қаржыландырыў жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Министрлер Кабинетине усыныс етиўди;
зәрүр жағдайларда, сатып алыў тәртип-қағыйдалары жуўмақланғаннан кейин Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестиция бағдары нәзерде тутылған қаржылардың әмелде өзлестирилиўин есапқа алған ҳалда ҳәм капитал қойылмалардың параметрлери шеңберинде қурылыслардың мәнзилли бағдарларына анықластырыў ҳәм дүзетиўлер киргизиўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте усы қарар менен мақулланған мәнзилли бағдарламаларға киргизилген жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша системалы таллаў және мониторинг өткерилиўи және ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мағлыўматлар киргизилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмурадовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 19-декабрь