Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Елимизде админстративлик тәртиплерден өтиўди әпиўайыластырыў, халықтың турмыс сапасын арттырыў, инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған электрон ҳүкиметти, соның ишинде, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бағдарында избе-из илажлар көрилмекте.
Соның менен бирге, санластырыўджы тәмийинлеўге ҳәм санлы экономикаға өтиўге тосқынлық етип атырған шешилмеген машқалалар менен кемшиликлер сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, мәмлекетлик мәлимлеме системаларын раўажландырыўдың бирден-бир принциплери ислеп шығылмаған, бул тараўдағы исбилерменлер болса өз-ара ҳәм басқа да мәлимлеме системалары менен үзликсиз байланыспаған ҳалда әмелге асырылмақта.
«Электрон ҳүкимет» системасының инфраструктурасы зәрүр дәрежеде раўажланбай атыр, бул мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде ҳәм уйымлараралық электрон бирге ислесиўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кең қолланыўға өз тәсирин көрсетпекте.
«Электрон ҳүкимет» системасын енгизиўде тәсиршең муўапықластырыў ҳәм бирден-бир технологиялық қатнастың жоқ екенлиги ресурслардың ақылға уғрас емес пайдаланылыўына алып келмекте және илажлардың нәтийжелилигин төменлетпекте.
Санлы экономиканы раўажландырыў, «Электрон ҳүкимет» системасының енгизилиўин тәмийинлеў, халық, бизнес ҳәм мәмлекет арасында нәтийжели өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў ушын қосымша шараят жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында санлы экономиканы раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 3-июльдеги ПҚ-3832-санлы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) санлы экономиканы енгизиў ҳәм раўажландырыў тараўында ўәкилликли уйым етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў санлы экономиканың ажыралмас структуралық бөлими болып есапланатуғыны;
Агентлик электрон ҳүкимет тараўындағы және мәмлекетлик басқарыўда мәлимлеме системаларын енгизиўде ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны, бул тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў және мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ушын жуўапкер екенлиги;
Агентликтиң электрон ҳүкимет тараўында, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыўда мәлимлеме системаларын енгизиў бойынша өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл еткен қарарларының орынланыўын тәмийинлеў республиканың барлық министрликлери, уйымлары ҳәм шөлкемлери ушын мәжбүрий болып есапланатуғыны;
мәмлекетлик басқарыўда мәлимлеме системаларын ресурсларын ҳәм басқа да программалық өнимлерди жаратыў және енгизиў бойынша жойбарлар, сондай-ақ, ондай жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Агенликте экспертизадан өткерилиўи шәрт екенлиги;
Агентлик санлы экономиканы енгизиў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанслық шөлкемлери менен тиккелей өз-ара бирге ислесиў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте:
ҳәзирги күнде «Электрон ҳүкимет» системасы шеңберинде әмелге асырылып атырған уйымлараралық ҳәм уйымлық мәлимлеме системаларын, мағлыўматлар базаларын, программалық өнимлерди жаратыў ҳәм енгизиў жойбарларының және мәлимлеме-коммуникация тараўындағы басқа да жойбарлардың (кейинги орынларда – жойбарлар) әмелге асырылыўын ҳәм қаржыландырылыўын тоқтатып қойсын;
бир ай мүддетте жойбарларды толық хатлаўдан өткерсин ҳәм жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша Агентликке мәлимлеме киргизсин.
- Агентлик:
а) 2019-жыл 1-апрельге шекем әмелге асырылып атырған жойбарлардың сын көзқарастан көрип шығылыўын ҳәм мақсетке муўапық, әҳмийетли, республикамызда санлы экономиканы раўажландырыў мақсетлери менен ўазыйпаларына сай келетуғын жойбарлардың даўам еттирилиўин тәмийинлесин;
б) 2019-жыл 1-майға шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў концепциясы жойбарының ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына киргизилиўин тәмийинлесин:
электрон ҳүкиметтиң мәмлекет, халық ҳәм бизнестиң нәтийжели өз-ара бирге ислесиўин, сондай-ақ, дүньяның санлы мәканына интеграцияласыўын тәмийинлеў бойынша бирден-бир миллий система сыпатындағы мақсетли әҳмийетин белгилеў;
«Электрон ҳүкимет» системасының қурамы менен дүзилмесин, оны жаратыў шәртлери ҳәм архитектурасының концептуаллық тийкарларын, соның ишинде, шөлкемлестириўшилик, функционаллық, техникалық структурасын, сондай-ақ, тийкарғы санлы активлердиң дизимин анық белгилеў;
электрон ҳүкиметти жаратыўдың тийкарғы принциплери менен функционал ўазыйпаларын, электрон ҳүкимет имканиятларынан пайдаланған ҳалда санлы трансформацияға ерисиўдиң анық көрсеткишлери менен индикаторларын белгилеў;
электрон ҳүкиметти жаратыўдың ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларын, соның ишинде, санлы трансформация процесслерин изертлеў методологиясына, олардың өз-ара муўапықлығына, мәлимлеме тараўында бирге ислесиў, мағлыўматлар алмасыў протоколлары менен форматының өз-ара сәйкеслигине байланыслы илажларды белгилеў;
жеке мағлыўматларды қорғаў бойынша талапларды есапқа алған ҳалда мәлимлемени жыйнаў, қайта ислеў, топлаў, сақлаў ҳәм жеткерип бериўде мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў;
«Электрон ҳүкимет» системасын жаратыў ҳәм енгизиў бойынша жойбарды әмелге асырыў механизмлери менен басқышларын нәзерде тутыў;
«Электрон ҳүкимет» системасын енгизиўде оның нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыўды тәмийинлейтуғын, соның ишинде, жойбарлар бойынша бирден-бир миллий дистрибьюторды шөлкемлестириў арқалы бир тутас процести (ислеп шығыў, жойбарластырыў, келисиў, жойбарлар бойынша товарлар, жумыслар, хызметлер сатып алыў, сондай-ақ, оларды пайдаланыўға тапсырыўдың бирден-бир системасын) қурыў;
Агентлик тийкарында басланғыш жойбар сыпатында электрон санлы таңба инфраструктурасының жаңа үлгидеги элементин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Санлы экономиканы раўажландырыў мақсетинде санлы инфраструктураны буннан былай да модернизациялаў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 21-ноябрьдеги ПҚ-4022-санлы қарарына муўапық Агентлик тәрепинен «Санлы исеним» санлы экономиканы раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры менен биргеликте барлық мәмлекетлик хызметлер тек ғана оператордың мағлыўматларды қайта ислеў орайлары арқалы көрсетилиўин тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын 2019-2021-жылларда «Universal Mobile Systems» ЖШЖин раўажландырыў концепциясы ислеп шығылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Агентлик мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жылдың 1-майына шекем мағлыўматларға ислеў бериў орайларына болған талап ҳәм олардың жайласыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм уйымлық мәлимлеме системаларын жедел интеграцияласыўының шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 18-апрельдеги ПҚ-3673-санлы қарарына муўапық Агентлик тәрепинен байланыстың, соның ишинде, сырт елде болыў ўақтында, сырлылығы, оперативлиги, қәўипсизлиги ҳәм телекоммуникация хызметлерине жумсалатуғын бюджет қаржыларының үнемлениўин тәмийинлейтуғын ҳүкиметлик мобиль байланыс системасын (кейинги орынларда – система) иске қосыў, сынаў ҳәм оннан тәжирийбе сыпатында пайдаланыў жумыслары орынланды.
2019-жыл 1-апрельден баслап бул система мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларының хызметкерлери ушын өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда пайдаланылыўы мәжбүрий болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Агентлик Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларының өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда системадан пайдаланыўы мәжбүрий болған хызметкерлериниң дизимин Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында жойбарлаў басқармасының системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 24-июльдеги ПП-5120-санлы Пәрманына муўапық жаратылатуғын Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасы Агентлик тәрепинен тастыйықланатуғын дизим бойынша усы системаның барлық қатнасыўшылары тәрепинен пайдаланатуғыны мәжбүрий болып есапланатуғын белгилеп қойылсын.
Дизимге киргизилген министрликлер ҳәм уйымлар ҳуқық ийелериниң тийисли лицензияларысыз программалық өнимлерден пайдаланыўға жол қоймай, мағлыўматлардың белгиленген протоколы бойынша платформа форматында усынылыўын ҳәм системаға киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң байланыс пенен тәмийинлеўге 2018-жылғы ҳәм 2019-жылға мөлшерленген қәрежетлери ҳаққында министрлик ҳәм уйымлар кесиминдеги мәлимлемени Агентликке усынсын;
усы Пәрманнан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң халықаралық байланысы ушын 2019-жылға мөлшерленген қәрежетлериниң қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;
ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде усы Пәрманды әмелге асырыў шеңбериндеги илажларды қаржыландырыўға қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентлик пенен биргеликте:
бир ҳәпте мүддетте – «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланыў мақсетинде пайдаланыўшылардың мәжбүрий тәртипте идентификцияланыўын нәзерде тутқан ҳалда Интернет тармағынан сымсыз пайдаланыў бойынша ғалабалық нуқталар ҳаққындағы нызам жойбарын;
бир ай мүддетте – усы Пәрманның талапларын есапқа алған ҳалда Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң электрон ҳүкимет тараўындағы ўәкилликлерин, сондай-ақ, оның структурасын қайта көрип шығыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети еки ай мүддетте «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў шеңберинде товарлар киргизиў ушын айрықша бажыхана қоймаханасының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Агентлик Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Агентлик директорының биринши орынбасары Д.Р.Лиге жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-декабрь