Өзбекстан Республикасы Президентиниң
б и й л и г и
Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде өткерилип атырған реформалар елимиздиң ғәрезсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, турақлы раўажланыўын ҳәм халқымыздың тынышлығын буннан былай да исенимли қорғаўды тәмийинлеў имканын бермекте.
Миллий армия жәмийетимиздиң ажыралмас бөлегине және өсип киятырған жас әўлад ҳәм әскерий хызметкерлерди ўатанпәрўарлық руўхында тәрбиялаў, олардың белсенди позициясын беккемлеў, мәмлекетимиздиң келешеги ушын пуқаралық жуўапкершилик сезимин арттырыўға хызмет ететуғын жетекши институтына айланбақта.
Бүгинги күнде Ўатанды қорғаў жасы, тараўы ҳәм кәсибине қарамастан ҳәр бир пуқараның ҳақыйқый мақтанышлы парызы ҳәм әйне усы себепли республикадағы Ўатан қорғаўшылары күни байрамын белгилеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин мүнәсип күтип алыў ҳәм оны улыўма халықлық байрам сыпатында кеңнен белгилеў, халықта миллий армиядан мақтаныў ҳәм оған болған исеним сезимин арттырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўды тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериўге бағышланған ўатанпәрўарлық айлығын 2018-жыл 15-декабрьден 2019-жыл 15-январьға шекем өткериў бойынша илажлар Бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
Ўатан қорғаўшылары күнининң кеңнен белгилениўин тәмийинлеў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң биринши гезектеги ўазыйпаларынан бири және Өзбекстан Республикасы ҳәр бир пуқарасынының мақтанышлы парызы деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жумысшы топар әскерий-админстративлик секторлар менен биргеликте:
Бағдарламада белгилеп берилген байрам илажларын «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» деген улыўма идея астында шөлкемлестириў жоқары дәрежеде әмелге асырылыўын;
байрам илажларына кең халық қатламларын, әсиресе, жасларды тарта отырып, шөлкемлескенлик пенен таярлық көриў ҳәм сапалы өткериў мәселелеринде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң аймақларда жайласқан әскерий бөлим ҳәм мәкемелер менен жақыннан бирге ислесиўин;
мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары тәрепинен өзлери билим алған жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде «Мәртлик ҳәм ерлик» темаларында сабақлар өткерилиўин;
жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, Ўатанымыздың гүллеп-раўажланыўында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң орнын және Ўатан қорғаўшылары күни байрамының пуқаларымыз турмысында тутқан әҳмийетин Өзбекстанда жасайтуғын ҳәр бир адамға ҳәм ҳәр бир шаңараққа жеткериўди тәмийинлесин.
- Әскерий-административлик сектор башылары:
Бағдарламада белгиленген илажларды орынларда өткериў бойынша ўазыйпаларды оларға жүклеген ҳалда Ўатан қорғаўшылары күнине таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша аймақлық шөлкемлестириў комитетлерин дүзсин және оларға басшылық етсин;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы және Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған салтанатлы мәжилисте, концерт бағдарламларын ҳәм басқа да байрам илажларын өткериў графиклерин ислеп шықсын және өткерилип атырған илажларға халықтың барлық қатламлары ўәкиллери, жаслар, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қатнасыўын тәмийинлесин;
мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлар, өз кәсибиниң шебери атағы ушын өткерилген таңлаўдың республикалық басқышы жеңимпазлары және жаўынгерлик-хызмет бабында жоқары нәтийжелерди қолға киргизген әскерий хызметкерлерди қутлықлаў бойынша салтанатлы байрам илажларын өткерсин;
Әскерий-ўатанпәрўарлық бағдарында ең жақсы мәҳәлле, ең жақсы «Жасорат» клубы, ең жақсы әскерий бөлимниң Өзбекстан Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм ең жақсы басланғыш шақырыўға шекемги таярлық оқытыўшысы таңлаўларының өткерилиўин ҳәм жеңимпазлардың хошаметлениўин тәмийинлесин;
көшелер, майданлар ҳәм салтанатлы илажлар өткерилетуғын орынлардың Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы және Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған плакат ҳәм стендлер менен байрамға сай безелиўин, сондай-ақ, мәденият ҳәм дем алыў бағларында темаға байланыслы көргизбе ҳәм экспозициялар таярланыўын шөлкемлестирсин;
тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўға бағдарланған илажларды әмелге асырыўды даўам еттирсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамы, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм «Өзбеккино» миллий агентлиги Әмир Темур, Жалаладдин Мангуберди, Заҳриддин Муҳаммад Бабур сыяқлы уллы сәркарда ҳәм бабаларымызды, сондай-ақ, қаҳарманлық ислеген ҳәр қыйлы қәнигеликлердеги әскерий хызметкерлер менен заманласларымызды жоқары Ўатанпәрўарлық, пидайылық ҳәм садықлықларды ашып беретуғын, руўҳландыратуғын қосықлар ҳәм намалар, кино, театр ҳәм сүўретлеў өнери шығармаларын таярлаў ҳәм көрсетиў илажларын жеделлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Ең алдыңғы сержант», «Ең алдыңғы топар командири», «Ең алдыңғы взвод командири», «Ең алдыңғы батальон командири», «Ең алдыңғы бригада командири», «Ең алдыңғы қосылма», «Ең алдыңғы жоқары әскерий билимлендириў мәкемеси» ҳәм «Ең алдыңғы қорғаныў ислери басқармасы» номинациялары бойынша өз кәсибиниң шебери атағына өткерилген республикалық таңлаў жуўмақларын шығарсын.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы менен биргеликте салтанатлы илажлар өткерилетуғын орынлардағы жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлесин.
- Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте өткерилип атырған байрам илажларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин, Қураллы Күшлерди реформалаў бағдарында қолға киргизилген табыслар, сондай-ақ, армиядағы әскерий хызметтиң абырайын арттырыўға қаратылған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў мәселелерине бағышланған мақалалар, дүркин телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлер Бағдарламаны әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерди ҳәр жылы ажыратылатуғын бюджет қаржылары, бюджеттен тысқары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржыландырыў дәреклериниң есабынан әмелге асырсын.
- Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-декабрь