Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде соңғы жылларда халықты, биринши гезекте, аўыл халқын сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумыслар исленди.

Суў ҳәм канализация тармақларын, атап айтқанда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде қурыў және реконструкциялаў жойбары избе-из әмелге асырылмақта.

Бирақ бул бағдарда  көрилип атырған илажларға қарамастан ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўында белгиленген илажларды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар шешилмей атырған машқалалар еле бар.

Соның ишинде, ишимлик суўынан пайдаланыўды есапқа алыў әспаблары, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм канализация системасының объектлерине байланыслы зәрүр барлық мәлимлемени «онлайн» режиминде киргизиў, сақлаў, турақлы жаңалаў және мониторинг етиўди тәмийинлейтуғын бирден-бир системаның жоқлығы суўды зая етиў ҳәм ислеп шығарыў менен байланыслы болмаған қәрежетлер көбейип кетип атырғанының себеплеринен бири есапланады.

Суў тәмийнатының тармақлары ҳәм имаратларынан нәтийжесиз пайдаланып атырғаны, сондай-ақ, орынлардағы тийкарғы фондларды модернизациялаў етиў ҳәм жаңалаў жойбарларының исенимли қаржыландырылмай атырғаны үскене және техникалардың, әсиресе, аўыллық жерлерде тез бузылып қалыўына себеп болмақта.

Елатлы пунктлер канализация системаларын қурыў ҳәм қурылып атырған көп квартиралы турақ жайларды оларға жалғаў мәселесине жетерли дәрежеде итибар берилмей атыр.

Заманагөй басқарыў түрлери ҳәм усылларының жетерлише енгизилмегени, кадрлар потенциалының төменлиги суў тәмийнаты және канализация объектлерин нәтийжели басқарыў ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеў имканиятын бермей атыр.

Суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўындағы хызметлердиң сапасын, тармақ кәрханалары жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, тиккелей, ең алды менен, сырт ел инвестицияларын тартыў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў тийкарында исенимли қаржыландырыў дәреклерин шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларын, соның ишинде,  мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында басқарыў және олардан пайдаланыў тараўында алдыңғы сырт ел тәжирийбесин басқышпа-басқыш енгизиў;

суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўында есапқа алыў және мониторинг етиўди тәмийнлейтуғын заманагөй мәлимлеме ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, республикамыздағы барлық тутыныўшыларды ишимлик суўын есапқа алатуғын заманагөй әспаблар менен тәмийинлеў;

турақ жай комплекслерин қурыўда санитариялық талапларды, соның ишинде,  жергиликли тазалаў имаратларын қолланыў арқалы тәмийинлеў мақсетинде канализация объектлерин ишимлик суўы тәмийнаты объектлери менен биргеликте жойбарластырыў, қурыў және реконструкциялаў;

ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм сатыў қәрежетлерин өзи толық қаплаўын тәмийинлейтуғын, суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин басқарыў және олардан пайдаланыўға жеке меншик секторды тартыў имканиятын беретуғын жаңа тариф сиясатын ислеп шығыў арқалы суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларының қаржылық турақлылығын беккемлеў;

суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўының қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў системасын алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да уйымлар менен биргеликте халықаралық мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда, төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2020-2024-жылларда Өзбекстан Республикасында суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўын раўажландырыў концепциясының ( кейинги орынларда – Концепция) жойбарын 2019-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўының жағдайы ҳәм оны раўажландырыў бағдарларын комплексли таллаў;

халықты ишимлик суўы ҳәм канализация хызметлери менен тәмийинлеўдиң мақсетли көрсеткишлери;

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўына жеке меншик секторды тартыў;

алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм инновациялық шешимлер, сондай-ақ, ишимлик суўын есаплаўдың заманагөй әспабларын енгизиў.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги еки ай мүддетте халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң техникалық жәрдеминиң қаржылары есабынан Концепция жойбарын ислеп шығыў жумысларын қаржыландырыўдың анық дәреклерин анықласын.

  1. Төмендегилер:

2019-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети шеңберинде орайластырылған капитал қойылмалардың лимитлери есабынан әмелге асырылатуғын суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаўдың мәнзилли бағдарламасы ҳәм тармақ кестелери 1.1-1.15-қосымшаларға муўапық;

2019-жылда халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс институтларының қатнасыўында әмелге асырылатуғын суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаўдың мәнзилли бағдарламасы ҳәм тармақ кестеси 2.1-2.2.-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. Жәҳән банкиниң 2017-жыл февраль айында өткерилген миссиясының нәтийжелерине бола, Жәҳән банки Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 28-августтағы ПҚ-1610-санлы қарары менен тастыйықланған, Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўындағы «Сырдәрья ўәлаятының Боёвут, Ховос, Мирзаобод, Сардоба ҳәм Оқолтин районлары орайларының ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң суў тәмийнатын жақсылаў» жойбары бойынша 4869- UZ-санлы кредитти жабыў мүддети 2019-жыл 30-июньге шекем создырылыўының тастыйқланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң жойбарды әмелге асырыў мүддетин 2019-жыл 30-июньге шекем создырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасының резидентлери болмаған шахслар төмендеги жойбарлар шеңберинде юридикалық шахслардың жумыслары ҳәм хызметлер көрсетиўден табылған дәраматынан алынатуғын пайда салығынан азат етилсин:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 16-апрельдеги ПҚ-1324-санлы қарары менен тастыйықланған «Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларының район орайларын тутастырған ҳалда Дамхўжа аймақлараралық суў қубырын модернизациялаў. Термиз қаласының канализация системасын реконструкциялаў» жойбары;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 30-июльдеги ПҚ-1378-санлы қарары менен тастыйықланған «Қоқан ҳәм Әндижан қалаларының суў тәмийнаты ҳәм канализация системасын және Ферғана, Марғилан қалалары ҳәм Риштон районы орайының суў тәмийнаты системасын реконструкциялаў» жойбары.

  1. Салық жеңилликлерин бериў нәтийжесинде босап қалатуғын қаржылардың суммасы Өзбекстан Республикасының усы қарарадың 5-бәнтинде нәзерде тутылған жойбарларды әмелге асырыўға қосқан үлеси екенлиги белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы «Таза ишимлик суўы» қоры Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын раўажландырыў қорына (кейинги орынларда – Қор) айландырылсын ҳәм оған канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаў бағдарламалары менен жойбарларын қаржыландырыў бойынша қосымша ўазыйпалар жүкленсин.

Қордың 248,1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы дәслепки капиталы төмендеги дәреклер есабынан қәлиплестирилсин:

2019-жылғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети шеңберинде суў тәмийнаты ҳәм канализация тармақларын қурыў және модернизациялаўға жумсалатуғын капитал қойылмалардан – 131,8 АҚШ доллары эквивалентинде;

халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң жеңиллетилген кредитлеринен – 95,6 миллион АҚШ доллары муғдарында;

2019-жыл басында белгиленетуғын Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар бюджетлери, Ташкент қаласы бюджети қаржыларының бос қалдықларынан – 20,7 миллион АҚШ доллары эквивалентинде.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети 2019-жыл 1-апрельге шекем суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаў жумысларын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтларының заёмларын тартыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаўды қаржыландырыўға комплексли қатнас системасын нәзерде тутқан ҳалда, Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы режени бир ай мүддетте тастыйықласын;

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаў жойбарларын Қордың Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасында ғазнашылық жеке есап бети арқалы қаржыландырыўға рухсат берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

еки ай мүддетте сырт ел мәсләҳәтшилерин тартқан ҳалда, Ташкент қаласы суў тәмийнаты ҳәм канализация системасын модернизациялаў және басқарыў жойбарын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырыў илажларын көрсин;

2019-жыл 1-апрельге шекем Әндижан, Наманган, Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында Швейцария Конфедерациясы Ҳүкиметиниң грантлары қатнасында әмелге асырылған тәжирийбе жойбарлары  тийкарында суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин басқарыў және олардан пайдаланыўдың тәжирийбеден өткерилген усы түрлерин басқа аўыллық елатлы пунктлерде де қолланыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2019-жыл 1-июльге шекем Самарқанд, Бухара, Наманган ҳәм Қаршы қалаларында суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шәртлери тийкарында басқарыўға бериў бойынша зәрүр ҳүжжетлерди таярласын ҳәм  таңлаў өткерсин.

  1. Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда канализация-тазалаў имаратларында пайда болған балшықлардан мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында нәтийжели пайдаланыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында шәртнама дүзген юридикалық шахслар тийисли шәртнамаға қол қойылған сәнеден баслап 3 жыл мүддетке:

бирден-бир социаллық төлемнен басқа барлық түрдеги салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди;

республикамызда ислеп шығарылмайтуғын ҳәм белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша үскенелер, комплектлеўши буйымлар, аўысық бөлеклер ҳәм материалларды алып келиўде бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) төлеўден азат етилсин.

  1. Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-апрелге шекем суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери ушын тәртипке салынатуғын баҳаларды (тарифлерди) қәлиплестириў, декларация етиў (тастыйықлаў) ҳәм белгилеў тәртиби ҳаққындағы режениң жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин ҳәм усы режеде тутыныўшылар ушын тарифлердиң хызмет көрсетиўдиң өзине түсер баҳасын толық қаплайтуғыны, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларын раўажландырыў және модернизациялаў қәрежетлерин есапқа алыў имканиятын беретуғын тәртип нәзерде тутылсын.
  2. Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги келеси жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын қәлиплестириўде суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўында халықаралық финанс институтлары және сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң қатнасында әмелге асырылатуғын жйобарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыўға бағдарланатуғын бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери суў резервлериниң тәмийинленген дебети бар болғанда, тәбийғый және жасалма суў бассейнлеринен суў ресурсларын суў тәмийнаты ҳәм канализация қәрханаларына тийкарғы тәртипте жеткерип берсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети:

усы қарар менен тастыйықланған 2019-жылғы мәнзилли бағдарламаға киргизилген қалалар, район орайлары ҳәм аўыллық елатлы пунктлерди суў менен тәмийинлеў ушын суў резервлерин анықлаў бойынша гидрогеологиялық жумыслар;

3-қосымшаға муўапық 2020-жылға мөлшерленген ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системаларын қурыў және реконструкциялаў бағдарламасы шеңбериндеги гидрогеологиялық жумыслардың орынланыўын тәмийинлесин.

  1. Гидрогеологиялық жумысларды өткермей ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитетиниң жер асты ишимлик суўлары бар екенлиги ҳаққындағы тийисли шешимин алмай суў тәмийнаты объектлерин қурыў қадаған етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:

канализация хызметлери ушын тарифлерге муғдары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен аймақлық қаржы уйымлары менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын арнаўлы үстеме пулын  белгилеў;

Қордың қаржылары есабынан 2019-жыл ҳәм келеси жылларда суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин қурыў және реконструкциялаў бойынша мәнзилли бағдарламаларды муўапықластырыў ҳәм орынлаўды тәмийинлеў ушын төрт аймақлараралық филиаллар негизинде елимиздиң барлық аймақларында (Ташкент қаласынан тысқары) «Суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы» МУКтың аймақлық басқармаларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

а) канализация хызметлери ушын тарифлерге арнаўлы үстеме пул суммасы:

мақсетли түсим болып есапланатуғыны ҳәм барлық түрдеги салықлар және басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаўда салық салынатуғын базаға киргизилмейтуғыны, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларының қаржылық нәтийжелери ҳаққындағы есабатта сәўлелендирилмейтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигиниң Турақ жай коммуналлық хожалығын раўажландырыў қорының қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреги болып есапланатуғыны;

б) 2019-жылдың 1-январынан баслап, қоршаған орталықты патасландырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында шығындыларды жайластырыў ушын компенсация төлемлериниң канализация изейкешлерине тийисли бөлек Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен өндирилетуғыны және төмендеги түрде бөлистирилетуғыны белгиленсин:

74 проценти – Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигиниң Турақ жай коммуналлық хожалығын раўажландырыў қорына;

26 проценти –  Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети және Бас прокуратура менен биргеликте еки ай мүддетте ақаба суўлар нормадан артық тасланыўын есапқа алыў системасы, төлеўшилер толық қамтып алынғаны, сондай-ақ, белгиленген жыйым муғдарларын сын көзқарастан талласын және усы тараўдағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириўге байланыслы усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги:

а) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте:

2019-жыл 1-июньге шекем 2019-2021-жылларда ишимлик суўын есапқа алыўдың заманагөй әсбапларын ҳәм тийисли үскенелерди сатып алыўдың қаржыландырыў дәреклерин анықласын;

2019-жыл 1-июльге шекем елатлы пунктлер ҳәм суў тәмийнаты объектлери кесиминде 2019-2021-жылларда ишимлик суўын есапқа алыўдың заманагөй әсбапларын орнатыў графиклериниң тастыйықланыўын тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем:

суў тәмийнаты ҳәм канализация системалары объектлерин модернизациялаў, нәтийжели басқарыў және олардан пайдаланыў, соның ишинде, жергиликли тазалаў имаратларын үскенелеў бойынша инвестициялық жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырыў ушын усыныслардың таярланыўын;

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин, соның ишинде аўыллық елатлы пунктлердеги жергиликли тазалаў қурылмаларын басқарыў және оларға хызмет көрсетиўге қәнигели жеке меншик оператор кормпанияларды (меншик шериклерди) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында кейин ала тартыў мақсетинде олар менен сөйлесиўлер өткерилиўин ҳәм олардың ашық-айдын дизиминиң қәлиплестирилиўин тәмийинлесин;

в) Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қурылыс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларының кадрларын таярлаў, қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлерин көрсетиў тараўында кадрлар таярлаўға қәнигелестирилген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң филалларын (қоспа факультетлер) ашыўы ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

г) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Қурылыс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте:

суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлеринен пайдаланыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамларын дүзиў тәртиби ҳаққындағы режениң жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин және онда суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы тийисли келисимлерде белгиленген дәрежеде төмен болмаған тарифлердиң қәлиплестирилиўин нәзерде тутсын;

суў тәмийнаты ҳәм канализацияның, соның ишинде, аўыллық жерлердеги системаларында хызмет көрсетиў бойынша нормативлик ҳүжжетлер менен жеке меншик оператор компанияларды (меншик шериклерди) таңлаў механизмин, шәртнама ҳәм келисимлердиң үлги жойбарларын, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлерде көрсетилетуғын техникалық ҳәм қаржылық көрсеткишлер, сондай-ақ, олардың жумысының нәтийжелилик көрсеткишлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

д) Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадстр бойынша мәмлекетлик комитети, инвестициялар борйынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте суў тәмийнаты ҳәм канализация системасының объектлерине байланыслы барлық зәрүр мәлимлемени киргизиў, сақлаў, турақлы жаңалаў және мониторинг етиўди тәмийинлейтуғын бирден-бир геомәлимлеме системасын енгизиў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа – усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўди қатаң қадағалаў;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа – халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң тартылатуғын қаржыларының өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, потенциаллы инвесторларды табыў және суў тәмийнаты ҳәм канализация тарыўына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарыЖ.А.Қўчқоровқа – усы қарарда нәзерде тутылған жойбарлардың өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўындағы жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырыў механизмлериниң сапалы ислеп шығылыўы;

Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги М.Х.Солиевке – усы қарарда нәзерде тутылған объектлер жойбар ҳүжжетлериниң өз ўақтында ислеп шығылыўын, келисилиўин ҳәм тастыйықланыўын, олардың қурылысы менен иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша  жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 21. Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. 22. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Г.К.Саидоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 30-ноябрь