Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Өткен дәўир ишинде елимиздиң пуқаралық авиациясын раўажландырыў, соның ишинде, ҳаўа кемелери паркин жаңалаў, пәрўазлардың жоқары дәрежедеги қәўипсизлигин тәмийинлеў, аэропортлар инфраструктурасын, ҳаўа ҳәрекетин басқарыў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, дүнья авиақатнаўлар базарында елимиз пуқаралық авиациясының бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ҳәм бул тараўға инвестицияларды жедел тартыў ушын елимиздиң пуқаралық авиациясында структуралық реформаларды әмелге асырыўды даўам еттириўге тосқынлық етип атырған бир қатар системалы кемшиликлер сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, өзинде де мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў функцияларын ҳәм коммерциялық жумысына байланыслы функцияларды жәмлестирген басқарыўдың ескирген ҳәм жабық системасы тармақ кәрханаларында менеджменттиң заманагөй системасын енгизиў, олардың финанслық турақлылығы менен рентабеллигин тәмийинлеў имканиятын бермей атыр.
Пуқаралық авиатасыўлардың, соның ишинде, жер үстиндеги инфраструктурадан пайдаланыўдың ҳәдден тысқары монополластырылғанлығы усы тараўда хызметлер көрсетиўдиң дүнья дәрежесинен бир қанша артта қалып кетиўине, сондай-ақ, елимиздеги аэропортлардың рентабелли емеслигине себеп болды.
Пуқаралық авиация тараўындағы басқарыўдың заманагөй түрлери менен усылларын жедел енгизиў, тармақтағы кәрханаларды дүнья тенденцияларына ҳәм стандартларына муўапық қайта дүзиў, авиатасыўлар базарында бәсекини раўажландырыў ҳәм тармаққа инвестицияларды белсене тартыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясын (кейинги орынларда-«Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК) қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Ол:
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК дирекциясының, сондай-ақ, «Ушыў комплекси», «Ҳаўа байланыслары бас агентлиги» ҳәм «Өзавиатехтәмийнат» материаллық-техникалық тәмийнат комплекси» мәмлекетлик унитар кәрханаларының тийкарында «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийетин (кейинги орынларда- «Uzbekistan Airways» АЖ) шөлкемлестириў;
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК тың қурамына киретуғын мәмлекетлик унитар кәрханаларды 1-қосымшаға муўапық жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерге айландырыў;
«Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетин (кейинги орынларда- «Uzbekistan Airports» АЖ) 2-қосымшаға муўапық оған хожалық жәмийетлериниң устав қорларындағы мәмлекетлик үлести өткериў жолы менен шөлкемлестириў;
«Арнаўлы авиация жумыслары авиакомпаниясы» МУК тийкарында «Uzbekistan Helicopters» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестириў;
«Өзаэронавигация» орайы» мәмлекетлик кәрханасын (кейинги орынларда- «Өзаэронавигация» МК) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ықтыярына өткериў арқалы әмелге асырылады.
2.Төмендегилер:
а) «Uzbekistan Airways» АЖның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
соның ишинде, пәрўазлардың жаңа бағдарларын өзлестирген ҳәм географиясын кеңейткен ҳалда ҳаўа кемелери паркинен нәтийжели пайдаланыў;
өндирис процесслерин басқарыўдың заманагөй системалары ҳәм технологияларын енгизиў, сондай-ақ, авиапаркти модернизациялаў, технологиялық қайта үскенелеў ҳәм жаңалаў;
ҳаўа кемелери бортында жолаўшыларға көрсетилетуғын сервис хызметлери, соның ишинде, сырт ел авиакомпанияларының авиация техникасына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оны оңлаў жумысларының сапасын арттырыў;
компанияның бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мақсетинде жолаўшылар, жүклер, почта ҳәм багаж тасыў тараўында бейимлесиўши тариф сиясатын алып барыў;
бәринен бурын, тиккелей сырт ел инвестицияларын, соның ишинде, акциялар ҳәм корпоратив облигациялар шығарыў арқалы тартыў;
пәрўазларды әмелге асырыўда жоқары дәрежедеги қәўипсизликти, сондай-ақ, ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў сапасын тәмийинлеў;
авиакомпанияны халықаралық авиатасыўшылар жәмийетшилигине интеграциялаў, авиатасыўлар тараўында регионаллық жетекши дәрежесине ерисиў.
б) «Uzbekistan Airports» АЖның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
аэропортларды узақ мүддетли раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
аэропортлар инфраструктурасын жетилистириў ушын, соның ишинде, аэропортларды басқарыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм жетекши халықаралық компаниялар менен бирге ислесиў механизмлеринен пайдаланған ҳалда инвестицияларды тартыў;
авиатасыўшылар жолаўшыларына аэропортларда жоқары дәрежеде хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў, олар ушын зәрүр болған барлық қолайлы шараятларды жаратыў;
аэропортлар тийисли хызметлериниң нәтийжели жумысын тәмийинлеў, жолаўшылар, жүклер, почта ҳәм багажға хызмет көрсетиў процессин оптималластырыў;
аэродромларды пәрўазларға өз ўақтында ҳәм сапалы таярлаў, пәрўазлардың турақлылығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў, аэродромларды сақлаў ҳәм оңлаўдың заманагөй методларын енгизиў;
ҳаўа кемелерине жанылғы қуйыў ҳәм хызмет көрсетиў ушын пайдаланылатуғын жанылғы ҳәм басқа да жанылғы-майлаў материалларын үзиликсиз тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың сапасын қатаң қадағалаў;
аэропортларда саўда, аўқатланыў, жолаўшыларға банк ҳәм басқа да хызметлерди көрсететуғын заманагөй объектлер тармағын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында кеңейтиў.
- «Uzbekistan Airways» АЖ Жәҳән банки топарын ҳәм басқа да халықаралық мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда, активлердиң авиакомпания рентабеллигин тәмийинлейтуғын оптимал дүзилмесин есапқа алған ҳалда өз жумысының турақлы бизнес–модели ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- «Uzbekistan Airways» АЖ шәртнамалар, ҳуқықлар ҳәм миннетлемелер бойынша «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК дирекциясының, «Ушыў комплекси», «Ҳаўа байланыслары бас агентлиги» ҳәм «Өзавиатехтәмийнат» материаллық-техникалық тәмийнат комплекси» мәмлекетлик унитар кәрханаларының ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
шөлкемлестирилип атырылған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер шәртнамалар, ҳуқықлар ҳәм миннетлемелер бойынша тийисли түрде қайта дүзилетуғын мәмлекетлик кәрханалардың ҳуқықый мийрасхорлары болып есапланатуғыны;
«Өзаэронавигация» МК шәртнамалар, ҳуқықлар ҳәм миннетлемелер бойынша «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАКтың аэронавигация мәселелери бөлиминде ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
«Uzbekistan Airways» АЖ устав капиталы қайта дүзилетуғын «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК дирекциясының, «Ушыў комплекси», «Ҳаўа байланыслары бас агентлиги» ҳәм «Өзавиатехтәмийнат» материаллық-тәмийнат комплекси» мәмлекетлик унитар кәрханаларының мүлкин қалдық қуны бойынша өткериў, сондай-ақ, шөлкемлестирилетуғын «Uzbekistan Helicopters», «Uzbekistan Air technics», «Оқыў-шынығыў орайы» ҳәм «Кетринг» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериндеги мәмлекетлик үлесин номинал баҳа бойынша өткериў есабынан қәлиплестирилетуғыны;
«Uzbekistan Airports» АЖ устав капиталы усы Пәрманның 2-қосымшасында көрсетилген кәрханалардың устав капиталындағы номинал баҳа бойынша өткерип берилетуғын мәмлекетлик үлеслери есабынан қәлиплестирилетуғыны;
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм қайта шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик унитар кәрханаларының нызам ҳүжжетлерине муўапық меншиклестирилмеген мүлки қайта шөлкемлестирилетуғын ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын кәрханаларға ийелик етиў ҳуқықысыз бийпул пайдаланыў ушын өткерип берилетуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинетиниң Аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм коммуналлық тараў, экология, қоршаған орталықты қорғаў, транспорт, капитал қурылыс ҳәм қурылыс индустриясы мәселелери бойынша мәлимлеме-таллаў департаменти дүзилмесинде 7 штат бирлигинен ибарат қурамда авиация тармағын реформалаў мәселелери бойынша сектор дүзилсин, оған төмендегилерди өз ишине алған Өзбекстан Республикасының пуқаралық авиациясын раўажландырыў сиясатын ислеп шығыўды муўапықластырыў ўазыйпалары жүкленсин:
жергиликли ҳәм сырт ел тасыўшыларының миллий ҳаўа қатнаўлары базарына кириў қағыйдалары:
аэропортлар инфраструктурасын ҳәм аэронавигациялық хызмет көрсетиўди раўажландырыў бағдарламасы;
мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы зәрүр болған субсидияланатуғын авиажөнелислерди таңлаў сиясаты;
аэропортлар хызметлерин көрсетиўде жеке меншик сектордың қатнасыўын ҳәм бәсеки орталығын тәмийинлеўге байланыслы механизмлер;
аэропортлардың авиация ҳәм авиация емес хызметлериниң баҳаларын тәртипке салыў;
пуқаралық авиация тараўында тутыныўшыларды ҳәм қоршаған орталықты қорғаў илажлары;
халықаралық авиация тасыўлары тараўында халықаралық шәртнамалар дүзиў ҳәм олардың шәртлериниң орынланыўын тәмийинлеў илажлары.
- «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАКты қайта шөлкемлестириўге байланыслы комплексли илажлар әмелге асырыўды муўапықластырыў ҳәм әмелий жәрдемлесиў бойынша жумысшы комиссия (кейинги орынларда – Жумысшы комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Жумысшы комиссия (А.Н.Арипов):
а) еки ҳәпте мүддетте «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм оның қурамына киретуғын мәмлекетлик кәрханаларды қайта шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин тастыйықласын, онда ҳәр бир илаж өткерилетуғын анық мүддетлерди ҳәм жуўапкер шахсларды көрсетсин;
б) 2019-жыл 15-январьға шекемги мүддетте транспорт тармағын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын тәртипке салыўға байланыслы барлық комплексли мәселелер ушын жуўап беретуғын Транспорт министрлигин дүзиў бойынша усыныс киргизсин;
в) 2019-жыл 1-майға шекемги мүддетте «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың:
қайта шөлкемлестирилетуғын ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын кәрханалардың устав капиталына (қорына) өткерилетуғын;
нызам ҳүжжетлерине муўапық меншиклестирилмейтуғын және қайта шөлкемлестирилетуғын ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын кәрханаларға ийелик етиў ҳуқықысыз бийпул пайдаланыў ушын өткерилетуғын мүлкиниң дизимин тастыйықласын;
г) 2019-жыл 1-июньге шекемги мүддетте бирликтеги компаниялардың, соның ишинде, кем бюджетли авиакомпаниялар (лоукостерлер) ҳәм коммерциялық авиациясының хызметлерин көрсететуғын кәрханалардың жумысы ушын қосымша шараятлар жаратыў, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда қосымша шараятлар жаратыў бойынша илажларды көрсин.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасының бас министри А.Н.Ариповқа – «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАКты қайта шөлкемлестириў бойынша комплексли илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, сондай-ақ, усы Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын муўапықластырыў ушын;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа – авиатасыўлар базарын басқышпа-басқыш еркинлестириў илажларын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы пуқаралық авиациясын басқарыўдың жаңа тармақ сиясатын ислеп шығыў ушын;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа – потенциалы инвесторларды излеў ҳәм авиация транспорты тараўына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ушын;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа – мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында авиация транспорты тараўында жойбарларды әмелге асырыў механизмлериниң сапалы ислеп шығылыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК пенен биргеликте Жумысшы комиссия тәрепинен усы Пәрманның 6-бәнтинде көрсетилген дизимлер тастыйықланғанынан соң алты ай мүддетте «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханаларды қайта шөлкемлестириў, сондай-ақ, олардың устав капиталларын қәлиплестириў бойынша жумыслардың ақырына жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Жәҳән банки топары арасында Авиация транспортын реформалаў ҳәм усы тараўға инвестицияларды тартыўға байланыслы узақ мүддетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға жәрдемлесиў ҳаққындағы келисимниң дүзилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 1-майға шекемги мүддетте Жәҳән банки топары тәрепинен өткерилген жумыслардың жуўмақлары бойынша 2019-2030-жылларда авиация транспорты тараўын реформалаў ҳәм аэропортларды раўажландырыўға жеке меншик, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў бойынша «Жол картасы»н тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм «Uzbekistan Airports» АЖ Жәҳән банки топарын тартқан ҳалда:
2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жойбарлар әмелге асырылатуғын аэропорт ямаса аэропортлар топарының анықланыўын;
2020-жыл 1-январьға шекемги мүддетте таңланған аэропорт ямаса аэропортлар топарында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жойбарларды әмелге асырыў ушын таңлаўлар өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң төмендегилер ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
а) Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясына (кейинги орынларда – Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы):
ҳаўа кемелери эксплуатантларына бир мәрте пәрўазларды әмелге асырыў;
аэродром әтирапындағы пәрўазлар қәўипсизлигине қәўип туўдырыўы мүмкин болған жумысты әмелге асырыў ушын рухсатнамалар бериўге байланыслы ўәкилликлерди өткериў;
б) Жумысшы комиссия тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге муўапық, «Арнаўлы авиация жумыслары авиакомпаниясы» МУК тәрепинен пайдаланылып атырған АН-2 ҳаўа кемелерин ҳәм тийисли авиация мүлкин қалдық қуны бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлерине өткериў;
в) «Өзаэронавигация» мәмлекетлик кәрханасына Өзбекстан Республикасының космослық аймақтан транзит пайдаланыўда көрсетилген аэронавигация хызметлери ушын сырт ел авиакомпанияларының кешиктирилген дебитор қарыздарлығын аэронавигация хызметлериниң көрсетилгени тастыйықланған ўақыттан баслап 12 ай даўамында өндириў ҳуқықын бериў.
- Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының шөлкемлестириў дүзилмеси ҳәм басқарыў хызметкерлериниң шекленген штатларының саны 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Усы пәрманға муўапық дүзилетуғын хожалық жәмийетлери (кейинги орынларда – хожалық жәмийетлери) атқарыў уйымларының ағзалары жетекши авиакомпанияларда үлкен тәжирийбеге ҳәм корпоратив басқарыў, менеджмент және қаржы тараўында зәрүр маманлыққа ийе болған қәнигелер, соның ишинде, сырт ел пуқаралары арасынан таңлап алынатуғыны;
усы Пәрманға муўапық шөлкемлестирилетуғын акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларындағы мәмлекетлик акциялар пакети бойынша акционердиң ҳуқықларын Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети әмелге асыратуғыны;
усы Пәрманға муўапық өткерилетуғын ҳәм қабыл етилетуғын мүлктиң қуны салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплап шығыўда салық салынатуғын объект болып есапланбайтуғыны;
2020-жылдан баслап хожалық жәмийетлериниң финанслық есабаты халықаралық стандартлар тийкарында қәлиплестирилетуғыны, жетекши халықаралық аудиторлық шөлкемлерди тартқан ҳалда жыллық еркин сыртқы аудиттен өткерилиўи зәрүр екенлиги белгилеп қойылсын.
- Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлигиниң 2019-жыл 1-январьдан баслап юридикалық шахсты шөлкемлестирмей Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясын раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор)шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
а) төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери болып есапланатуғыны:
нызам ҳүжжетлерине муўапық пуллы хызметлер көрсетиўден, соның ишинде, аэродром әтирапындағы пәрўазлар қәўипсизлигине қәўип туўдырыў мүмкин болған жумысты әмелге асырыўға рухсатнамалар бериўден түсетуғын қаржылар суммасының 100 проценти;
ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислегени ушын Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекция хызметкерлери тәрепинен салынатуғын жәриймалар суммасының 80 проценти;
«Өзаэронавигация» МК сап пайдасының 5 проценти;
авиация қәўипсизлиги ушын өндирилетуғын жыйымлар суммасының 3 проценти;
халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорларының грантлары ҳәм кредитлери;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
б) Қордың қаржыларынан тек ғана:
Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясын материаллық-техникалық тәмийинлеў, соның ишинде, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;
Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекция хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, социаллық қорғаў, оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў;
жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша сырт еллер, халықаралық шөлкемлер делегацияларының Өзбекстан Республикасына сапарларын шөлкемлестириў;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да илажлар ушын пайдаланылады.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
2019-жыл 1-майға шекемги мүддетте сырт ел кредитлери (қарызлар) бойынша «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК дирекциясының ақшалай миннетлемелери бойынша Өзбекстан Республикасының бурын усынылған мәмлекетлик кепилликлерин қайта рәсмийлестирсин;
2019-жыл 1-июньге шекемги мүддетте аэропортларды раўажландырыў және ҳаўадағы ҳәрекетлерди басқарыў ушын бурын тартылған кредитлерди «Uzbekistan Airports» ҳәм «Өзаэронавигация» МКға қайта рәсмийлестирсин;
2019-жыл 1-майға шекемги мүддетте шегирмелердиң бейимлесиўши системасын нәзерде тутқан ҳалда Өзбекстан Республикасының резидент авиакомпанияларына айырым навигация ҳәм аэропорт хызметлерин көрсетиў ушын бирден-бир ставкалар менен жыйымларды тастыйықласын;
2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте ретабельлиги төмен ишки бағдарлар бойынша тасыўларды әмелге асыратуғын авиакомпаниялар ушын зыянлар орнын қаплаўды қаржыландырыўдың турақлы механизмин қәлиплестириўге байланыслы усынысларды киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Әдиллик министрлиги, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
сыртқы билим алған пуқаралық авиация қәнигелериниң мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетлерди нострификациялаўға рухсат бериў;
алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў, соның ишинде, ислеп шығарыўшылардың сертификатларын тән алыўды есапқа алған ҳалда ҳаўа кемелери менен авиадвигательлерге техникалық хызмет көрсетиў және оларды оңлаў ушын алып кирилетуғын комплектлеўши буйымлар, аўысық бөлеклер, детальларды сертификатлаў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша усыныслар киргизсин.
- Төмендегилерге:
а) Өзбекстан Республикасының резидент авиакомпанияларына Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы системасы(IATA Clearing House) ҳәм өз-ара есап-санақлардың басқа халықаралық системалары арқалы есап-санақларды әмелге асырыўға;
б) «Өзаэронавигация» мәмлекетлик кәрханасына Европа аэронавигация қәўипсизлигин тәмийинлеў шөлкеми (EUROCONTROL) арқалы сырт ел компанияларының Өзбекстан Республикасы космослық аймағынан транзит пайдаланыўда көрсетилген аэронавигация хызметлери ушын өз-ара есап-санақларды әмелге асырыўға рухсат берилсин.
- «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханаларға берилген жеңилликлер ҳәм преференциялар усы Пәрманға муўапық дүзилетуғын хожалық жәмийетлерине қолланылсын.
- Өзбекстан Республикасының резидент авикомпаниялары белгиленген тәртипте дүзилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасына алып кирилетуғын:
самолётлар (ТИФ ТН бойынша коды 8802, 8803 ҳәм 8805), соның ишинде, алып кирилген ўақытта ислеп шығарылғанына 10 жылдан көп болмаған самолётлар;
жәҳән брендлериниң жолаўшыларға хызмет көрсетиў ушын ғана пайдаланылатуғын сервис инвентары ҳәм алкоголь ишимликлери ушын 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилсин (бажыхана рәсмийлестириўи ушын өндирилетуғын төлемлер буған кирмейди).
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети:
шөлкемлестирилетуғын ҳәм дүзилетуғын кәрханалардың автотранспорт қураллары;
қайта шөлкемлестирилетуғын ҳәм дүзилетуғын кәрханалардың көшпес мүлкине байланыслы кадастр ҳүжжетлери;
қайта шөлкемлестирилетуғын кәрханалардың ийелик ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар мәмлекет тәрепинен дизимге алыныўын жыйымлар ҳәм бажылар өндирмей тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
а) еки ай мүддетте:
ҳаўа кемелериниң эксплуатантларына бир мәрте пәрўазлар ушын рухсатнамалар бериў;
Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясын раўажландырыў қорының қаржыларынан пайдаланыў;
Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының хызметкерлерин үш еселик тариф коэффициентин енгизиўди нәзерде тутатуғын материаллық хошаметлеў тәртибин тастыйықласын;
б) үш ай мүддетте:
корпоратив басқарыў ҳәм пуқаралық авиация тараўындағы еркин, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда «Uzbekistan Airways» АЖ ҳәм«Uzbekistan Airports» АЖ атқарыў уйымлары шөлкемлестириўшилик дүзилмелериниң, сондай-ақ, бақлаўшылар кеңеслери қурамларының тастыйықланыўын тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пуқаралық авиация тараўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға байланыслы жумысларды көрип шығыў менен байланыслы функцияларды мәмлекетлик уйымларға өткериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрициясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 27-ноябрь