Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-158-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясында төмендеги тийкарғы бағдарлар белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў;
турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў;
суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;
нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў;
«қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйетуғын мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў.
- «Өзбекстан –2030» стратегиясының ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдары шеңберинде:
а) 2024-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшыларына белок, витамин ҳәм минераллар менен байытылған сүт, йод пенен тойындырылған нан өнимлериниң берилиўи жолға қойылсын;
Хорезм ўәлаятының Қошкөпир ҳәм Ханқа районларында эксперимент тәризинде, барлық баслаўыш класс оқыўшылары билимлендириў планшетлери менен тәмийинленсин, келешекте бул тәжирийбе республиканың барлық аймақларында басқышпа-басқыш енгизилсин;
банклердиң мәмлекетлик улыўма орта билим бериў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын миллий валютада ажыратылатуғын, баҳасы 20 миллиард сумға шекемги кредитлер бойынша, процентлик ставканың Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ оның 1,5 есесинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсация бериў әмелияты жолға қойылсын;
б) 2023-2024-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мәкемелериниң кәсип-өнер ийеси болыў нийетиндеги 10-класс оқыўшылары ушын тийисли аймақларда талап жоқары болған кәсип өнерлерге үйретиў курслары енгизилсин.
Онда, дәслепки басқышта бул тәртип зәрүр кадрлар потенциалы ҳәм материаллық-техникалық базасына ийе болған ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен белгиленген улыўма орта билим бериў мәкемелеринде енгизилсин;
в) 2023-2024-оқыў жылынан баслап Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын «таяныш мектеп» етип белгиленсин.
Онда, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң муғаллимлери «таяныш мектеплер» тәрепинен жаңа билимлендириў бағдарламалары, сабақ өтиўдиң алдынғы методикалары ҳәм оқыўшының билимин баҳалаўдың заманагөй усылларына үйретиледи.
- 2024-жыл 1-январьдан баслап:
онкогематологиялық кеселликлерге шатылған балалар ушын Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы ҳәм Балалар миллий медицина орайында гемотопоэтикалық жилик майының өзек клеткалары трансплатациясы әмелияты енгизилетуғыны;
вирусли гепатиттиң «С» түри менен кеселленген наўқасларды ҳәм гемотопоэтикалық жилик майы өзек клеткалары трансплатациясы менен емлениўге мүтәж онкологиялық кеселликлерге шатылған балаларды толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлеў жолға қойылатуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) 2023-жыл 1-октябрьден баслап аўыр турмыслық жағдайға түскен ямаса түсиў қәўпи жоқары болған ҳәр бир шаңарақ бойынша өз алдына «социаллық хызмет иси»н жүргизиў тәртиби әмелиятқа енгизиледи. Онда, бул шаңарақларда шараятты жақсылаў, оларға емлеў, дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў, перзентлерин мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлерине жайластырыў, материаллық жәрдем бериў сыяқлы социаллық хызметлер көрсетиў нәзерде тутылады;
б) 2024-жыл 1-январьдан баслап:
Ташкент қаласының медициналық мәкемелеринде мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер көлеми ҳәм дәри-дәрмақ қураллары дизимин әмелиятқа киргизиўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш енгизиледи;
майыплығы болған шахсларды протез-ортопедия буйымлары, реабилитация ҳәм дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеў жумыслары «ваучер» системасы тийкарында басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Онда, майыплығы болған товар ҳәм хызметлерди өзлери таңлаған жеткерип бериўшиден сатып алыў имканияты жаратылады ҳәм олардың қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
- Ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, оларға өз имканиятын толық жүзеге шығарыў ушын қосымша шараятларды жаратыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қайта кәсипке таярлаў қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў тәртиби енгизилсин.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдары бойынша:
2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық;
2023-2024-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 1а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими 1б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў бағдары шеңберинде:
а) 2023-жыл 1-октябрьден баслап исбилерменлик субъектлерине муғдары 10 миллион сумнан жоқары болған салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын, егер исбилерменлик субъекти ҳуқықбузарлықтан бас тартса, финанслық санкцияларды тек ғана суд тәртибинде қолланыў әмелияты жолға қойылсын;
б) 2024-жыл 1-январьдан баслап:
аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге өнимди қамсызландырыўда қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти муғдарында субсидия бериў тәртиби енгизилсин;
«Излениў ҳәм раўажланыў» (4&D) орайлары ушын олар шөлкемлестирилген күннен баслап 3 жыл мүддетке мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша есапланған сумма муғдарының 1 процентин төлеў, олардың хызметкерлери ушын социаллық салық ставкасын 1 процент муғдарда есаплаў тәртиби енгизилсин;
мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған шөлкемлер тәрепинен ҳәр жылы әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар баҳасының кеминде 5 процентин облигациялар шығарыў арқалы қаржыландырыў тәртиби енгизилсин.
- 2024-жыл 1-январьдан баслап физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қосымша қун салығын толық қайтарып бериў системасы төмендегилер есабынан кеңейтилсин:
сырт елли туристлерге – Өзбекстан халықаралық аэропортларында Өзбекстан аймағында сатып алынған ҳәм «5ax f433» системасы бойынша рәсмийлестирилген өнимлер ушын;
тур-операторларға – сырт елли контрагентлер менен шәртнамалар шеңберинде көрсетилген экспорт хызметлери ушын.
- Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:
Өзбекстанда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын ислеп шығыў қорын шөлкемлестириў ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары сыпатында энергетика, коммунал хожалығы, транспорт, экология, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының ҳүжжетлерин сапалы ислеп шығыўды белгилеў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларынан келип шығатуғын мәмлекеттиң тиккелей ҳәм шәртли миннетлемелерин мониторинг етиў, басқарыў ҳәм тәртипке салыў системасын әмелиятқа енгизиў;
Мәмлекетлик бюджет жойбарын қәлиплестириў ҳәм орынланыўы бойынша есабатларда бюджет қәрежетлериниң турақлы раўажланыў миллий мақсетлерине муўапықлығы ҳәм климаттың өзгериўине тәсирин көрсетип барыў (маркировкалаў) механизмлерин енгизиў.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ж.Қўчқоров):
а) еки ҳәпте мүддетте:
халықаралық финанс институтларын тартқан ҳалда Өзбекстанда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын ислеп шығыў қорының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбары;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларынан пайда болыўы мүмкин болған мәмлекеттиң миннетлемелерин басқарыў ҳәм тәртипке салыў механизмлерин белгилейтуғын Ҳүкимет қарары жойбары;
б) 2024-жыл 1-январьға шекем Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң турақлы раўажланыў миллий мақсетлерине муўапықлығы ҳәм климаттың өзгериўине тәсирин көрсетип барыў (маркировкалаў) механизмлерин енгизиў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарының киргизилиўин тәмийинлесин.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў бағдары бойынша:
2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық;
2023-2024-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 2а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары дизими 2б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдары шеңберинде:
а) 2023-жыл 1-ноябрьден баслап:
унамлы экологиялық эспертиза шешимин алмаған объектлерге байланыслы қаржыландырыў, кредитлеў ҳәм басқа да қаржы операцияларын тоқтатып турыў механизми енгизилсин;
экологиялық ҳуқықбузарлық ислегенлерге зыянды қаплаў менен бир қатарда, зыян жеткерилген тәбият объектин тиклеў ҳәм оның белгили мүддет даўамында қорғалыўын тәмийинлеў миннетлемеси жүкленсин;
б) суў ресурсларын қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап:
республиканың узақ мүддетли суў балансы прогнозын жүргизиў, соның ишинде, оны ҳәр жылы жаңалаў ҳәм суў ресурсларын үнемлеў бағдарламаларын қабыллаў әмелияты жолға қойылсын;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының, кейин ала болса, басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларының аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын кредитлер 10 процент ставкада (процент ставкаларын субсидиялаў есабынан) ажыратылыўы тәмийинленсин;
в) атмосфераға зыянлы тасландықлар көлемин азайтыў мақсетинде халықаралық «карбон маркет» системасы шеңберинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер тәрепинен қурылатуғын жасыл майданларды шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин тартқан грант қаржылары есабынан компенсациялаў әмелияты жолға қойылсын.
Онда, қурылған жасыл майданлар (жайлаўларды от-жемлик егинлер менен, аўыл хожалығы жерлерин тереклер менен қаплаў) бойынша компенсациялар ыссыхана газлерин зыянсызландырыў дәрежесине сәйкес түрде ажыратылады.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдары бойынша;
2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық:
2023-2024-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 3а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими 3б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў бағдары шеңберинде:
а) мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде халыққа және де қолайлықлар жаратыў ҳәм артықша сергизданлықты сапластырыў мақсетинде:
2024-жыл 1-январьдан баслап халыққа жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде, соның ишинде, автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериўде автомототранспорт қуралының алды-сатты шәртнамалары ҳәм басқа да нотариал тастыйықланған келисимлерин «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасынан алыў әмелияты жолға қойылсын ҳәм арза бериўшилерден бул ҳүжжетлерди талап етиў қадаған етилсин;
2024-жыл 1-марттан баслап нотариал уйымға келместен, соның ишинде, сырт елден турып мүлктен пайдаланыўға байланыслы келисимлерди (мүлк ҳуқықын басқа шахсқа өткериўден тысқары) электрон санлы қолтаңбадан пайдаланып, видеоконференцбайланыс арқалы рәсмийлестириў тәртиби жолға қойылсын;
б) 2024-жыл 1-январьдан баслап басқышпа-басқыш барлық қала ҳәм районларда «Жергиликли бюджет» системасы енгизилсин.
Онда, районлық ҳәм қалалық бюджетлерге түсетеуғын салық түсимлериниң бир бөлеги мәҳәллелердиң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорларына қаратылатуғыны белгиленсин;
в) басламалы бюджет әмелиятын ҳәм мәҳәллелердиң финанслық еркинлигин және де кеңейтиў мақсетинде 2024-жылы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилетуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 10 триллион сум, соннан «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары ушын кеминде 4 триллион сум қаратылсын;
г) 2024-жылдың ақырына шекем нызамда белгиленген тийкарларда оператив-излеў ҳәм тергеў ҳәрекетлерине санкция бериў мәселесин айрықша судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығыў тәртиби енгизилсин;
д) исбилерменлик тараўында жуўапкершиликти және де либералластырыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап:
биринши рет жынаятқа қол урған шахсты, егер ол суд мәсләҳәтлесиўге киргенге шекем салықлар ҳәм жыйымлар, соның ишинде, пенялар ҳәм басқа да финанслық санкциялар тәризинде мәмлекетке жеткерилген зыянның орнын толық қапласа жуўапкершиликтен азат етиў;
исбилерменлик субъектлерине қозғатылған ҳәр бир жынаят иси бойынша тергеў ҳәм суд процесинде тийисли лаўазымлы шахс жынаят иси материалларын ис жүргизиўге қабыл еткен ўақыттан баслап исбилерменди қорғаўға Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, сондай-ақ, исбилерменлик субъектиниң ағзасы есапланған басқа да шөлкемди жәмийет қорғаўшысы сыпатында тартыў (хабар бериў) тәртиби енгизилсин;
е) 2024-жыл 1-январьдан баслап елатлы пунктлерде барлық жаңадан қурылып атығран еки ҳәм оннан аслам полосалы автомобиль жолларында пиядалар өтиў коридорларын светофорлар менен толық үскенелеў мәжбүрий етип белгиленсин.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў бағдары бойынша:
2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық;
2023-2024-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 4а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими 4б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйетуғын мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдары шеңберинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте усы жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң ушырасыўы жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин.
- «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйетуғын мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдары бойынша:
2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси 5-қосымшаға муўапық;
2023-2024-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 5а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими 5б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
«Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылы әмелге асырыў нәтийжелериниң ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын және оның мазмун-мәнисиниң жәмийетшиликке түсиндирилиўин;
«Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған барлық илажлардың орынланыўы ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы шешим ҳәм толық мағлыўмат халыққа жеделлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын турақлы түрде додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 11-сентябрь