Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2023-жыл 30-апрельде өткерилген референдумда улыўма халықлық даўыс бериў арқалы Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы қабыл етилгенлиги Жаңа Өзбекстанды қурыўдың конституциялық тийкарларын беккемлеўге хызмет етти.
Жаңа редакциядағы Конституцияға муўапық өткерилген президентлик сайлаўы және бир мәрте жәмийетимиздиң сиясий жетиклиги, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларды халқымыз толық қоллап-қуўатлағанынан дәрек бермекте.
Соның менен бирге, жаңаланған конституциялық-ҳуқықый шараятларда мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы бағдарларын жетилистириў ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў талап етилмекте.
Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерк-ықрарын жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық имканиятларды жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң әҳмийетли буўынына айланған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде:
- Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмийетшилик додалаўының нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан-2030» стратегиясы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
«Өзбекстан-2030» стратегиясындағы төмендеги тийкарғы идеялар сәўлелендирилгенлиги инабатқа алынсын:
турақлы экономикалық өсиў арқалы дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарынан орын алыў;
халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў;
халық ушын қолайлы экологиялық шараятларды жаратыў;
халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў;
мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин кепилликли тәмийинлеў.
- Төмендегилер:
«Өзбекстан-2030» стратегиясын әмелге асырыў ҳәм оның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ең әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленсин, сондай-ақ, бул бойынша олардың биринши басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин;
«Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ҳәм әмелге асырылыўы даўам етип атырған, өз әҳмийетин жойтпаған барлық мақсетлерге ерисиў ҳәм әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленсин.
- «Өзбекстан-2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Республикалық комиссия (А.Арипов)ға:
а) «Өзбекстан-2030» стратегиясының толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, оны әмелге асырыў бойынша тийисли жыллық бағдарламаларды таярлаў ҳәм орынланыўын муўапықластырыў;
б) «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңбериндеги реформалар бойынша илажлардың халық тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тийкарында сапалы әмелге асырылыўы, белгиленген көрсеткишлерге ерисилиўин қадағалап, нәтийжеси бойынша ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизилиўин тәмийинлеў;
в) еки ай мүддетте:
Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының орынларда әмелге асырылыўы нәтийжелери сын көзқарастан үйренилиўин;
халық арасында Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў нәтийжелериниң кеңнен додаланыўын, пуқаралардың бул мәселе бойынша усыныслары системаластырылған ҳалда талланыўын;
өткерилген үйрениўлер нәтийжесине бола, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды жүзеге шығарыўға тосқынлық етип атырған системалы факторларды анықлаў ҳәм «Өзбекстан-2030» стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде олардың алдын алыў бойынша анық илажлар көрилиўин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслерине «Өзбекстан-2030» стратегиясының аймақлар кесиминде орынланыўы бойынша министрлик ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлери басшыларының мәлимлемесин ҳәр шеректе тыңлаў ҳәм сын көзқарастан додалап барыў усыныс етилсин.
- «Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳәм оны орынлаў бойынша әмелий илажлардың орынланыўы, тийисли мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ҳәм олар шеңберинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң өз ўақтында ислеп шығылыўы үстинен қадағалаўды төмендеги тәртипте әмелге асырыў белгиленсин:
а) Әдиллик министрлиги Есап палатасы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте «Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳәм оны тийисли жылларда әмелге асырыў бойынша илажлар орынланыўын системалы мониторинг етип, оның нәтийжелерин ҳәр айда Республикалық комиссияға киргизип барады;
б) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслери өз аймақларында «Өзбекстан-2030» стратегиясы орынланыўының тийисли жылларда аймақлар кесиминде әмелге асырылыўы бойынша ҳәр шеректе қадағалаў илажларын өткереди;
в) Министрлер Кабинети ҳәр айда «Өзбекстан-2030» стратегиясы әмелге асырылыўын Бас министрдиң орынбасарлары жанында сын көзқарастан көрип шығыўды тәмийинлейди, ҳәр шеректе Ҳүкимет мәжилислеринде додалап барады сондай-ақ, өз ўақтында ҳәм толық орынланбаған илажлар бойынша Ҳүкимет ағзаларына, соның ишинде, министрлерге тийисли илажлар көреди ҳәм ҳәр ярым жылда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына «Өзбекстан-2030» стратегиясы әмелге асырылыўы бойынша есабат береди.
- Министрлер Кабинети (А.Арипов) бир ай мүддетте:
«Өзбекстан-2030» стратегиясын 2023-2024-жыллары аймақлар кесиминде әмелге асырыў илажлары бойынша Ҳүкимет қарарларының қабыл етилиўин;
«Өзбекстан-2030» стратегиясындағы бағдар ҳәм мақсетлерден келип шыққан ҳалда Бас министрдиң орынбасарларына бириктирилген тармақ ҳәм тараўлар кесиминде анық ўазыйпалар белгилениўин тәмийинлесин.
- Әдиллик министрлиги жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўы, келисилиўи, жәмийетшилик додалаўына қойылыўына әмелий жәрдем көрсетип барсын.
- «Өзбекстан-2030» стратегиясы – халық стратегиясы» сүрени астында белгиленген реформалардың избе-из, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыў мақсетинде «Раўажланыў стратегиясы» орайы:
Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте «Өзбекстан-2030» стратегиясы орынланыўының тәмийинлениў дәрежеси, онда белгиленген реформалардың сапалы әмелге асырылыўын халық тәрепинен ҳәр бир мақсет ҳәм ондағы көрсеткишлер кесиминде баҳалаў, олар бойынша өз пикирлерин қалдырыў ҳәм басламалар билдириў имканиятын жаратыўшы онлайн порталды иске қоссын;
ҳәр айда баҳалаў нәтийжелери ҳәм халықтан келип түсетуғын пикир-усынысларды улыўмаластырып, Республикалық комиссияға берип барсын;
2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (Ж.Қўчқоров) пенен биргеликте ҳәр жылы «Өзбекстан-2030» стратегиясының Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Турақлы раўажланыў мақсетлери»не муўапық әмелге асырылыўы бойынша таллаўды жәмийетшилик пенен биргеликте өткериў ҳәм нәтийжелерин жәриялап барыў системасын жолға қойсын;
«Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳәм оны тийисли жылларда әмелге асырыў бойынша илажлардың орынланыўы жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-аналитикалық шолыўларды таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тартқатыўды тәмийинлесин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
«Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын ҳәм оның мазмун-мәниси жәмийетшиликке жеткерилиўин;
«Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлардың орынланыўы ҳәм белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў жағдайы бойынша халыққа әдил ҳәм толық мағлыўмат жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр ярым жылда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Республикалық комиссияға жүкленсин.
Әмелге асырылған илажлар ҳаққында ҳәр жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 11-сентябрь