Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт етиў көлемлерин көбейтиў, жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, аўыл хожалығына инновациалық технологияларды енгизиў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, ҳақыйқый жағдай таллап көрилгенде мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм сырт еллерге экспорт етиўде ыссыхана хожалықларының потенциалынан толық пайдаланыўға тосқынлық етип атырған машқалалар сақланып қалып атырғанынан дәрек бермекте.

Атап айтқанда, ыссыхана комплекслерин ислеп шығарыў бойынша заманагөй қуўатлықларының жоқ екенлиги жергиликли ислеп шығарыўшыларды үскенелерди сырт елден алып келиўге мәжбүр етпекте, бул болса оларға сервис хызметлерин көрсетиў менен байланыслы машқалаларға және үлкен муғдарда күш ҳәм қаржы жумсаўға себеп болмақта.

Заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги механизмлери нәтийжелилигиниң төменлиги мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, усы тараўға инвестицияларды тартыў бойынша бизнес жойбарларды кең көлемде әмелге асырыўға тосқынлық етпекте.

Ыссыханаларда жетистирилетуғын аўыл хожалығы егинлериниң туқымлық метариалларын жетистириў жолға қойылмағанлығы олардың сырт елден импорт етиўге алып келмекте.

Ресурс ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларға тийкарланған ыссыхана хожалықларын жедел раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў, тиккелей сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, тараўды маман кадрлар менен тәмийинлеў ҳәм мийўе-овощ өнимлери экспортының көлемлерин арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасында ыссыхана хожалығын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў, таярлаў, сайлаў, калибрлеў, қадақлаў ҳәм экспорт етиўдиң пүткил шынжырын өз ишине алатуғын мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўдың кластер түрин, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында енгизиў;

энергияның альтернатив дәреклерин, энергияның нәтийжели ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланған ҳалда заманагөй иссыхана комплекслерин жаратыў;

ыссыхана комплекслерин олар жайласқан аймақтың өзине тән қәсийетлери, топырақ-ықлым шараятлары, жетистирилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң түрлери, тутас инфраструктура ҳәм логистика объектлери, аймақлардың энергия ресурслары менен тәмийинлениў дәрежеси ҳәм ыссыхана хожалығы нәтийжелилигине тәсир ететуғын басқа да факторларды есапқа алған ҳалда жайластырыў;

базар конъюнктурасын таллап шығыў тийкарында ҳәм аўыл хожалығы егинлерин жетистириўдиң заманагөй усылларын қолланған халда ислеп шығарылып атырған экологиялық таза мийўе-овощ өнимлериниң түрлерин кеңейтиў;

импорт етиўши мәмлекетлер менен тығыз байланыслар орнатыў ҳәм экспорт етилип атырған өнимлердиң сапасын жақсылаў жолы менен мийўе-овощ өнимлери экспортының географиясын кеңейтиў ҳәм көлемин көбейтиў;

усы қарар талаплары тийкарында ыссыхана хожалығы тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, мийнет базарында усы бағдардағы маман қәнигелерге болған талапты толық қанаатландырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте Заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў бойынша перспективалы жойбарлардың дизими 1-қосымшаға муўапық қәлиплестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте жанылғы жағыў жолы менен ыссылық ямаса электр энергиясын ислеп шығарыўшы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер (Усы қарарға 2-қосымшада келтирилген кәрханаларды қосқан ҳалда) реестриниң қәлиплестирилиўин;

бир ай мүддетте жанылғы жағыў жолы менен ыссылық ямаса электр энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханалар (биринши гезекте, мәмлекетлик үлеси 51 процент ҳәм оннан жоқары болған), мәкемелер менен шөлкемлерге тутас аймақларда заманагөй ыссыхана комплекслериниң жайластырылыўын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында тәмийинлесин.

  1. Тутас аймақларында, биринши гезекте, заманагөй ыссыхана комплекслерин жайластырыў режелестирилип атырған экономика тармақлары кәрханаларының дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа көрсетилген дизимге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Аймақларда заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириўге көмеклесиў бойынша жумысшы топарлар (кейинги орынларда – жумысшы топарлар) шөлкемлестирилсин ҳәм олардың үлгидеги қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер жумысшы топарлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында заманагөй ыссыхана комплекслерин жайластырыў ушын жанылғы жағыў жолы менен ыссылық ямаса электр энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханаларға, мәкемелер менен шөлкемлерге тутас аймақларда жайласқан бос жер майданларын анықлаў;

заманагөй ыссыхана комплекслерин тез пәтлерде шөлкемлестириўде, олардың толық жумысын жолға қойыўда исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-техникалық көмеклесиў.

Жумысшы топарлардың басшылары:

20 күн мүддетте хатлаў нәтийжелери тийкарында келешекте заманагөй ыссыхана комплекслерин жайластырыў мақсетинде жанылғы жағыў жолы менен ыссылық ямаса электр энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханаларға, мәкемелер менен шөлкемлерге тутас аймақларда жайласқан анық жер участкаларының дизимин қәлиплестирсин;

анықланған жер участкаларының нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў бойынша миннетлемелерди көрсеткен ҳалда электрон саўдаларға қойылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги және Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң 2019-жылда заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў бойынша жойбарларды қаржыландырыў, соның ишинде, усы қарарадың 1-қосымшасында келтирилген жойбарларды әмелге асырыў ушын Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры, басқа да халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлери қаржы шөлкемлериниң кредит линиялары есабынан 200 миллион АҚШ долларынан аз болмаған көлемде қаржылар тартыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (Ж.А.Қўчқоров, С.Р.Холмуродов) еки ҳәпте мүддетте, соның ишинде, усы қарарадың  1-қосымшасында келтирилген заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў бойынша жойбарларды қаржыландырыўда қатнасатуғын  коммерциялық банклерди анықласын және жойбарлардың рентабельлигин ҳәм экономикалық нәтийжелилигин таллаў тийкарында оларды әмелге асырыўдың тармақ кестелерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. 2019-2020-жылларда заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў бойынша жойбарлардың саны ҳәм оларды әмелге асырыў ушын талап етилетуғын валюта көлемине қарамастан, коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылып атырған кредитлер бойынша процентлерди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан қаплап бериўдиң төмендеги тәртиби қолланылатуғыны белгилеп қойылсын:

айланыс қаржыларын толтырыўға (туқымгершилик, нәл, минерал төгинлер, өсимликлерди қорғаўдың химиялық қураллары, көмир, көмир брикети, суйық ҳәм жанылғының басқа да түрлери ҳәм басқаларды сатып алыўға) ажыратылып атырған кредитлер бойынша коммерциялық банк тәрепинен белгиленген процент ставкасының 25 проценти муғдарында, бирақ 5 процентли пункттен артпаған дәрежеде;

энергияның альтернатив дәреклеринен (көмир, көмир брикети суйық ҳәм жанылғының басқа түрлеринен), энергияның нәтийжели ҳәм энергия үнемлеўши технологияларынан пайдаланған ҳалда заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў ушын ажыратылып атырған кредитлер бойынша коммерциялық банк тәрепинен белгиленген процент ставкасының 50 проценти  муғдарында, бирақ 10 процентли пункттен артпаған дәрежеде.

Қаржы министрлиги заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылып атырған кредитлер бойынша процентлерди қаплаў ушын зәрүр болған қаржыларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына 2019-2020-жыллар даўамында орнатылған тәртипте ажыратсын.

  1. Юридикалық шахслар 2021-жыл 1-январьға шекем:

заманагөй ыссыхана комплекслери, олардың комплектлеўши бөлеклери ҳәм гофрланған картон ыдыс ислеп шығарыўда пайда салығы, бирден-бир социаллық төлем ҳәм қосымша қун салығынан азат етилсин, босап қалған қаржылар өндиристи техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеўге, модернизациялаўға ҳәм раўажландырыўға мақсетли жумсалсын;

заманагөй ыссыхана комплекслери ҳәм гофрланған картон ыдыс  ислеп шығарыў ушын талап етилетуғын ҳәм белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскене, шийки зат ҳәм материаллар, аўысық бөлеклер менен комплектлеўши буйымлар ушын бажыхана төлемлеринен азат етилсин (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары).

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының мәмлекетлик-жеке меншик шәртлери тийкарында аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын жетистириў бойынша Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында туқымгершилик кластерлерин (кейинги орынларда – туқымгершилик кластерлери) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте жаратылып атырған туқымгершилик кластерлериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкимет қарарларын қабыл етсин, онда олардың усы қарар менен белгиленип атырған тийкарғы ўазыйпалары менен жумыс бағдарларын есапқа алған ҳалда төмендегилердиң анықланыўын нәзерде тутсын:

туқымгершилик кластерлери жайластырылатуғын анық жер майданлары;

туқымгершилик кластерлери жумысын қаржыландырыў дәреклери;

қаржылардың көлемин көрсеткен ҳалда туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў ушын қаржы киргизиўге таяр болған потенциаллы инвесторлар;

туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери;

туқымгершилик кластерлери жумысының нәтийжелилиги мониторингин жүргизиў механизмлери.

  1. Төмендегилер туқымгершилик кластерлериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетлик ҳәм халықаралық стандартлар талапларына муўапық, соның ишинде, қорғалған майданларда, гидропоника ҳәм аэропоника технологияларын қолланған ҳалда техникалық, дән, собықлы дән, овощ, палыз ҳәм басқа да егинлердиң туқымларын жетистириў, таярлаў ҳәм сатыў;

жергиликли ҳәм сырт ел селекция түрлериниң бар коллекциясы тийкарында зүрәәтлилиги ҳәм сапасы жоқары, зыянкеслер менен кеселликлерге шыдамлы, қосымша қуны жоқары болған бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыўға бағдарланған аўыл хожалығы егинлериниң түрлери менен гибрид туқымларын жетистириў системасын жаратыў;

аўыл хожалығы егинлериниң жаңа түрлерин ҳәм гибрид туқымларын жаратыў бойынша илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери менен биргеликте изертлеўлер алып барыўға көмеклесиў;

туқымгершилик тараўында кадрлардың қәнигелигин арттырыўда аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға ҳәм билимлендириў мәкемелерине шәртнамалар тийкарында әмелий жәрдем көрсетиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги:

а) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының сапаны қадағалаў лабораториясы тийкарында Туқым сапасын қадағалаў бойынша халықаралық ассоциациядан (ISTA) аккредитациядан өткерилетуғын, Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан лаборатория әмелиятының халықаралық стандартлары (GLP)  бойынша заманагөй жоқары технологиялы үскенелер менен тәмийинленген аўыл хожалығы егинлери туқымларының түр, генетика ҳәм егиў сапа көрсеткишлерин баҳалаў бойынша лаборатория шөлкемлестирилиўин;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы Туқым сапасын қадағалаў бойынша халықаралық ассоциацияға (ISTA)  ағза сыпатында киргизилиўин тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар көрсин.

б) Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы менен биргеликте:

дәслепки материаллар менен донорлар топланыўын, таңланыўын үйрениў, сондай-ақ, бар генетикалық ресурслар ҳәм заманагөй селекция методларын қолланыў тийкарында ыссыхана хожалықлары ушын дүнья базарының талапларына сай келетуғын, мазалы овощ егинлериниң зүрәәтлилиги жоқары жаңа түрлерин ҳәм гибрид туқымларын жаратсын;

2019-жылдан баслап жетистириўдиң гидропоника усылы қолланылатуғын ыссыхана комплекслери ушын овощ егинлериниң зүрәәтлилиги ҳәм сапасы жоқары болған, транспортта тасыўға мөлшерленген, дүнья базарының талапларына сай келетуғын түрлерин ҳәм гибрид туқымларын жаратыў бойынша 5 жыллық дәўир ушын илимий жойбарлардың республикалық грант таңлаўларын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Самарқанд ўәлаяты Самарқанд районында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында юридикалық шахс статусына ийе болған аўыл хожалығы мәлимлеме-мәсләҳәт орайын (экстеншн орайын) (кейинги орынларда – орай) шөлкемлестириў бойынша дәслепки жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда орай шөлкемлестирилиўин, жайластырылыўын ҳәм жумысының нәтийжели жолға қойылыўын тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

а) орай жумысының тийкарғы бағдарлары етип:

аўыл хожалығы товарларын ислеп шығарыўшыларға мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў;

аўыл хожалығы тараўындағы инновациялық қолланбаларды ҳәм алдынғы тәжирийбени өзлестириўде және енгизиўде аўыл хожалығы товарларын ислеп шығарыўшыларға көмеклесиў;

контингентке аўыл хожалығы тараўындағы инновациялық қолланбаларды ҳәм алдынғы тәжирийбени үйретиў мақсетинде семинар, тренинг, конференция ҳәм басқа да илажларды (соның ишинде, «дала күнлери») өткериў;

аўыл хожалығы тараўына қәнигелескен илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери менен биргеликте өндириске енгизиў ушын таяр илимий қолланбалар ҳаққында мағлыўматлар базасын жаратыў;

б) орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип:

жумыс тараўы бойынша шәртнама тийкарында орынланған жумыс ҳәм көрсетилген хызметлерден түсимлер;

халықаралық қаржы институтлары менен сырт ел шөлкемлериниң грантлары ҳәм кредитлери;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық илажлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги 2019-жылдың ақырына шекем дәслепки жойбар нәтийжелерин талласын ҳәм нәтийжелери бойынша унамлы тәжирийбени басқа аймақларда енгизиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2019/2020 оқыў жылынан баслап «Ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў», «Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў», «Өсимликлерди қорғаў» қәнигеликлери бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталарын кеминде 2 есе арттырыў ҳаққында усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем Өсимликлер миллий генофондының ыссыхана комплекслери ушын аўыл хожалығы егинлериниң түрлери менен байытылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жылдың 1-мартына шекем ыссыхана хожалықларының бирден-бир мағлыўматлар базасының толық ислеўин ҳәм оларда ислеп шығарылған мийўе-овощ өнимлериниң системалы есабының жүргизилиўин өз қаржылары есабынан тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер каратнтини мәмлекетлик инспекциясы Сыртқы ислер министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте мийўе-овощ өнимлериниң экспортын жолға қойыў ушын усы өнимлерди импорт етиўши еллердиң, биринши гезекте, Қытай, Ҳиндстан, Корея Республикасы ҳәм Японияның карантин рухсатын алыўда системалы тийкарда көмеклесиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети мийўе-овощ өнимлериниң экспортына тосқынлық етип атырған мәселелерди тез шешиў илажларын, соның ишинде, сөйлесиўлер өткериў жолы менен әмелге асырсын.

  1. «Өзэлтехсанаат» АК Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем ыссыхана комплекслери ушын циркуляциялық, тартыўшы вентиляторлар ҳәм басқа да үскенелер, әсбап ҳәм қураллар ислеп шығарыўды локализациялаў бойынша илажлар көрсин.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ыссыхана комплекслери ушын зәрүр болған үскенелер, әсбаплар ҳәм механизмлер дизимин «Өзэлтехсанаат» акционерлик компаниясына усынылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ыссыхана комплекслерине талап етилетуғын үскенелер, әсбаплар ҳәм механизмлер ислеп шығарыў ушын «Өзэлтехсанат» АК тәрепинен усыныс етилген жойбар ҳүжжетлери тийкарында сырт ел инвесторларын тартсын.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа – аймақларда  заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириўге байланыслы илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, халықаралық қаржы институтлары менен шөлкемлериниң қаржыларын тартыў, сондай-ақ, заманагөй ыссыхана комплекслеринде мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў тараўына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм потенциаллы инвесторларды излеў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм жумысшы топарлардың жумысын нәтийжели муўапықластырыў;

Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдураҳмоновқа – туқымгершиликтиң заманагөй системасын қәлиплестириў, дәслепки туқымгершилик, жаңа ҳәм перспективалы түрлерди сынаў менен шуғылланыўшы туқымгершилик кластерлерин, илимий-изертлеў мәкемелерин ҳәм басқа да кәрханалардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Б.Т.Юсуповқа – ыссыхана хожалығы тараўында исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўде исбилерменлик субъектлерине мәлимлеме-мәсләҳәтлер менен көмеклесиў, орайдың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, ҳәкимлер менен биргеликте усы қарардың  1-бәнтинде  нәзерде тутылған илажларды нәтийжели әмелге асырыў ушын;

«Өзэлтехсанаат» АК басқармасы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.А.Абдуллаевқа – ыссыхана комплекслери ушын үскенелер, әсбеплар ҳәм механимзлер ислеп шығарылыўын жолға қойыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 20-ноябрь