USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин және де күшейтиў, соның ишинде, қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў жағдайларына пүткиллей жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, қыйнаўдың ерте алдын алыў, оған байланыслы мүрәжатларды оператив түрде қалыс көрип шығыў, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынларға мониторинг сапарларын турақлы әмелге асырыў бойынша нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыў жумысларын даўам еттириў керек.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы, сондай-ақ, БМШтың устав уйымлары ҳәм шәртнамалық комитетлериниң усынысларын есапқа алған ҳалда қыйнаўдың алдын алыў бойынша миллий превентивлик механизмлерди жетилистириў, «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў (кейинги орынларда – қыйнаў) жағдайларын анықлаў және олардың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленсин:

қыйнаў жағдайларын анықлаў және олардың алдын алыў системасын халықаралық ҳуқықтың инсан ҳуқықлары тараўындағы улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормаларына муўапықластырыў;

ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар тәрепинен инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтларға жиберилген мүрәжатлардың мәкеме ҳәкимшилиги тәрепинен көзден өткергенин ҳәм қабыл етиўшиге жеделлик пенен жиберилиўин қатаң тәмийинлеў;

қыйнаў жағдайлары ҳаққындағы мүрәжатлардың оператив ҳәм қалыс көрип шығылыўы ҳәм айыпкер шахслардың сөзсиз жуўапкершиликке тартылыўы механизмин жетилистириў;

қыйнаўдан жәбирленгенлерге социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық жәрдем көрсетилиўин және оларға жеткерилген зыянның компенсацияланыўын тәмийинлеў;

қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў жумысына пуқаралық жәмийети институтларын кеңнен тартыў және олардың мәмлекетлик уйымлар менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў;

қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша жумыс нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматларды кең жәмийетшиликке жеткериў;

қыйнаўдың алдын алыў бағдарында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң миллий институтлары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў.

  1. Олий Мажлис палаталары, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:

а) Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) (кейинги орынларда – Омбудсман) жанындағы эксперт топары негизинде Омбудсман жанындағы Қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша жәмийетшилик топарларын (кейинги орынларда – Жәмийетшилик топарлары) шөлкемлестириў ҳәм олардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилерди белгилеў:

гауптвахта, арнаўлы қабыллаўхана, ўақтынша сақлаў қамақханасы, тергеў қамақханасы, жазаны орынлаў мәкемеси, нормативлик бөлим, мәжбүрий емлеў мәкемелеринде (кейинги орынларда – ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынлар) қыйнаўдың алдын алыў бойынша мониторинг сапарларын турақлы түрде әмелге асырыў;

ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын жерлерде сақлаў шараятларын үйрениў және олар бойынша мәлимлемелерди жәмийетшиликке жәриялап барыў;

қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм оларды жедел сапластырыў бойынша талапларды тийисли мәмлекетлик уйымға усыныў;

қыйнаў жағдайлары ҳаққындағы мүрәжатларды көрип шығыўда қатнасыў;

қыйнаў жағдайларын экспертлик баҳалаў мәселелери бойынша методикалық усыныслар ислеп шығыў;

қыйнаўдан жәбирленгенлерге социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық жәрдем көрсетилиўинде қатнасыў;

қыйнаў қәўпиниң алдын алыў ҳәм бул тараўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

б) Жәмийетшилик топарлары қурамына Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайдың экспертлери, медицина хызметкерлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллерин тартыў ҳәм онда олардың мониторинг сапарларын әмелге асырыў ушын кәсиплик маманлығы ҳәм әмелий билимлерге ийе болыўын ҳәм гендер теңлигиниң тәмийинлениўин есапқа алыў;

в) Омбудсман тәрепинен ҳәр жылы 15-мартқа шекем Олий Мажлис палаталарына қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў жағдайларының алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша баянатты усыныў ҳәм оны ғалаба хабар қуралларында жәриялаў әмелиятын жолға қойыў.

  1. ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынлардың ҳәкимшилиги Жәмийетшилик топарларына ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар менен иркинишсиз ҳәм бөлек ушырасыўы ҳәм сәўбетлесиўи, сондай-ақ, тийисли ҳүжжетлер менен танысыўы ушын зәрүр шараятларды тәмийинлейтуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынлардың ҳәкимшилиги Жәмийетшилик топарлардың жумысын әмелге асырыўға жәрдемлесетуғыны;

Жәмийетшилик топарлары ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мониторинг сапарлары өткерилетуғын мәкемениң ҳәкимшилигине жүкленетуғыны;

Жәмийетшилик топарлардың ағзалары нызамшылыққа қайшы келетуғын ҳәрекет еткен жағдайда мониторинг сапарлары өткерилип атырған мәкеме ҳәкимшилигиниң басшысы бул ҳаққында Омбудсманды жазба түрде хабардар ететуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

а) ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынларға жайластырылған шахслардың бирден-бир электрон реестрин жүргизиў әмелияты жолға қойылсын.

Онда, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахсты қабыллаўға тийкар болған ҳүжжет нусқасы ҳәм усы шахс ҳаққындағы мағлыўматлар шахс ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын жерлерге жайластырылған ўақыттан баслап олардың ҳәкимшилиги тәрепинен жедел бирден-бир электрон реестрге киргизип барылады ҳәм суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм Омбудсман ушын усы мағлыўматлар менен танысыў имканияты жаратылады.

Ишки ислер министрлиги 2021-жыл 1-декабрьге шекем ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын жерлерге жайластырылған шахслардың бирден-бир электрон реестрин қәлиплестириў тәртибин ислеп шықсын ҳәм нәтийжели жолға қойылыўын тәмийинлесин;

б) ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар тәрепинен қыйнаўлар бойынша әмелдеги нызамшылық талапларынан келип шыққан ҳалда адвокатқа ямаса жақын туўысқанға телефон арқалы мүрәжат етиў әмелияты жетилистирилсин.

Ишки ислер министрлиги 2021-жыл 1-ноябрьге шекем  усы мәселени нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.

  1. Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай:

Омбудсман ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте БМШтың «Қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыўға қарсы Конвенциясы Факультатив протоколы»на (Нью-Йорк, 2002-жыл 18-декабрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы мәселеси бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

Қаржы министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте үш ай мүддетте қыйнаўдан жәбирленген шахсларға жеткерилген зыянды компенсациялаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

2021-жыл 1-октябрьден баслап Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте оператив-излеў, тергеўге шекемги тексериў, сорастырыў, дәслепки тергеў жумысын әмелге асыратуғын уйымлар ҳәм жазаны орынлаў мәкемелериниң хызметкерлери ушын қыйнаўға қарсы гүресиў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Бас прокуратура, Омбудсман, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай 2021-жыл 1-декабрьге шекем Жынаят кодексинде қыйнаў ушын жуўапкершилик белгилейтуғын нормаларды БМШтың «Қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыўға қарсы Конвенциясы» (Нью-Йорк, 1984-жыл 10-декабрь) талапларына муўапықластырыў мақсетинде нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшаларды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын.
  2. Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети қыйнаў жағдайлары бойынша, соның ишинде, Жәмийетшилик топарлар тәрепинен анықланған ҳәр қандай нызамның бузылыў жағдайлары бойынша жеделлик пенен нызамлы илажлардың көрилиўин тәмийинлесин.
  3. Олий Мажлис палаталарына:

Жәмийетшилик топарларды қәлиплестириў, жумысты шөлкемлестириў ҳәм мониторинг өткериў тәртибин нәзерде тутатуғын нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў;

Омбудсманның қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша жумыс көлеминиң артыўын есапқа алып, Омбудсман Секретариаты структурасында басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын қайта көрип шығыў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында кеңнен түсиндирилиўин, Жәмийетшилик топарларының жумысы ҳәм мониторинг сапарларының турақлы сәўлендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-июнь