Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикамызда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, қусшылықты раўажландырыў ҳәм тармақтың от-жем базасын және де беккемлеў және қусшылық бағдарындағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және «Паррандасаноат» ассоциациясының 2021-жыл 1-июньнен баслап қосымша қун салығы төлеўшиси болған қусшылық хожалықларына – өз хожалықларында жетистирилип, реализацияланған туқымның ҳәр бир данасы ушын 50 сум және қус гөшиниң ҳәр бир килограммы ушын 1 000 сум муғдарында республикалық бюджеттен субсидия ажыратыў усынысы мақуллансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық;
а) коммерциялық банклер тәрепинен 2025-жыл 1-январьға шекем төмендегилер ушын ажыратылып атырған кредит бойынша Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан:
аралас жем ҳәм қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўшы киши исбилерменлик субъектлерине айланыс қаржыларды толықтырыў ушын коммерциялық банк тәрепинен ажыратылатуғын 10 миллиард сумға шекемги кредит процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан, бирақ 8 процентлик пунктинен артық болмаған бөлеги;
қусшылық жойбарларын әмелге асырыў ушын коммерциялық банк тәрепинен ажыратылатуғын 10 миллиард сумға шекемги кредит процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан, бирақ 8 процентлик пунктинен артық болмаған бөлеги қаплап бериледи;
б) қусхана ҳәм музлатқышларды өз ишине алған қусларды сойыўға мөлшерленген заманагөй комплексти (кейинги орынларда – заманагөй комплекс) иске қосқан исбилерменлик субъектине жойбар баҳасы 40 миллиард сумнан артпайтуғын бөлегиниң 10 проценти муғдарында Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан субсидия бериледи.
Онда, усы бәнттиң «б» киши бәнтинде белгиленген субсидия төлеми 1-қосымшаға муўапық аймақларда шөлкемлестирилетуғын санитария ҳәм экология талапларына, соның ишинде, ISO 22000 НАССР стандартына жуўап беретуғын дәслепки 14 заманагөй комплекске олар иске қосылғаннан соң бериледи.
- Усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған компенсация төлемлерин қаплаў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан 15 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржы Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына өткерип берилсин.
- Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан қусшылық жойбарларын қаржыландырыў ушын 85 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржы «Микрокредитбанк» АТБға бағдарлансын. Онда,
1-басқышта – 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар 2021-жыл 1-июльге шекем, соннан 15 миллион АҚШ доллары «Микрокредитбанк»АТБның устав капиталын арттырыў ушын;
2-басқышта – 35 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар, 1-басқыш қаржыларының жумсалыўы нәтийжелилигин баҳалаў нәтийжелери бойынша Шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў Республика кеңесиниң қарарына тийкарланып бағдарланады.
Усы қаржылардың 70 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги бөлеги исбилерменлик субъектлерине Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында кредитлер бериў ушын «Микрокредитбанк» АТБға 7 жыл мүддетке 3 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункттен төмен процент ставкада ажыратылады.
- а) «Микрокредитбанк» АТБға бағдарланатуғын мақсетли қаржылар төмендегилерди қаржыландырыў ушын ажыратылатуғыны:
бийдай, мәкке, соя дәни ҳәм шроты, айбағар шроты сыяқлы от-жем өнимлерин ең арзан болған жыйын-терим дәўирлеринде резервке алынатуғыны;
қусшылық хожалықлары ҳәм от-жем өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларда бар қуўатлықларды толық иске қосыў ушын 24 айға шекемги мүддетке айланыс қаржы ажыратылатуғыны ҳәм модернизацияланатуғыны;
б) «Микрокредитбанк» АТБға бағдарланатуғын мақсетли қаржылар есабынан басқа да коммерциялық банклер арқалы исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредитлер де қаржыландырылыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.
- 2021-жыл 1-июльден баслап 2024-жыл 1-июльге шекемги тийкарғы жумыс түри қусшылық болған исбилерменлик субъектлери ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша пайда салығы (коммерциялық банклерде жайластырылған қаржылардын алынған процентлерден тысқары), мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 50 процент муғдарында қолланылатуғыны;
2022-жыл 1-июльге шекем туқым, қус гөши ҳәм өнимлерин экспорт етиўши және соя дәнин импорт етиўши исбилерменлик субъектлери (олардың ўәкилликли ўәкиллери)не автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлерин 50 процентке шекем муғдарда компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны;
«Паррандасаноат» ассоциациясына ағза кәрханалар тәрепинен сырт мәмлекетлерден қусшылық тараўының экспертлери менен қәнигелерин тартыў қәрежетлери және олардың 6 айлық мийнет ҳақысы муғдарының 50 проценти, бирақ айына 1 мың АҚШ доллары эквивалентинен артпаған бөлеги қаплап берилетуғыны. Онда, усы қәрежетлер ушын Министрлер Кабинетиниң жер қоры есабынан 5 миллиард сум қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети басшысының қусшылық мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы енгизилсин.
«Паррандасаноат» ассоциациясының баслығы бир ўақыттың өзинде Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының қусшылық мәселелери бойынша биринши орынбасары есапланатуғыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем 2-қосымшаға муўапық қус өнимлерин жетистириўдиң прогноз көрсеткишлерин орынлаў илажларын көрсин.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажаландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм басқа да тийисли уйымлар менен биргеликте 2021-жылдың 1-декабрине шекем ветеринария-санитария талапларының халықаралық тәжирийбесине тийкарланып қусшылық кәрханаларын технологиялық жойбарластырыў нормаларын ислеп шықсын ҳәм 2022-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестирилип атырған қусшылық жойбарларының усы нормаларға әмел еткен ҳалда әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және «Паррандасаноат» ассоциациясы бир ай мүддеттте қусшылық тармағына сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша жойбар усынысларын ислеп шықсын ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем раўажланған сырт мәмлекетлердеги исбилерменлик субъектлери менен биргеликте республикада нәсилшилик ҳәм от-жем бағдарында жойбарлар әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ташкент қаласы, Чиланзар районы, 20-квартал, 35а-жайында жайласқан Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты жанындағы бурынғы Ташкент транспорт кәсип-өнер колледжиниң имаратлары менен объектлерин тийисли аймағы (тийкарғы қураллары) менен биргеликте Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Ташкент филиалына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Қыйтақ жер хожалықларында қуслардың дәстүрий ҳәм кеселликлерге шыдамлы нәсили менен түрлерин бағыўды системалы жолға қойыў мақсетинде Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институтына төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
жоқары өним беретуғын үй қусларының репродуктивлик падаларын қәлиплестириў;
нәсилли мәйек инкубациясын жолға қойыў ҳәм қустың нәсиллерин сынақтан өткериў ҳәм жетилистириў;
жеке қыйтақ жер хожалықларына сәйкес, ықшам бағыў технологияларын ҳәм органикалық от-жемлердиң түрлерин жаратыў;
халықта қус бағыў ҳәм органикалық өним жетистириў көнликпелерин қәлиплестириў.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институтында базалық қаржыландырыў шәртлери тийкарында жумыс алып баратуғын 4 штат бирлигинен ибарат «Қусшылық селекциясы ҳәм технологиясы» бөлимин шөлкемлестирсин.
- «Паррандасаноат» ассоциациясы Ташкент қаласы, Киши айланба жолы көшеси, 21-«А» турақ жай мәнзилине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- «Өздәнөнимлери» АК басқарыў уйымының Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Халықаралық финанс институтларының қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыў топарларын «Өздәнөнимлери» АКға тийисли болған Ташкент қаласы, Мирабад районы, Шахрисабз көшеси, 36- жайда жайласқан имаратта бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте жетистирилген ҳәм реализацияланған қус гөши ҳәм мәйеги ушын субсидиялар ажыратыў тәртибин тастыйықласын.
- Қусшылықты раўажландырыў ҳәм қусшылық бағдарындағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Норқобилов, қаржы министри Т.А.Ишметов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ш.М.Ғаниев ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,