Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Туризм тармағын раўажландырыў, соның ишинде, бүгинги күн стандартларына ҳәм талапларына жуўап беретуғын заманагөй мийманханалар ҳәм усындай жайластырыў қуралларын (кейинги орынларда – мийманханалар) қурыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, республикада мийманхана хожалығын раўажландырыўға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында туризмди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2019-жыл 5-январьдағы ПП-5611-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында мийманханалар қурыўдың мақсетли параметрлери 1-қосымшаға муўапық;

мийманханалар шөлкемлестириў бойынша перспективалы инвестициялық жойбарлардың дизими 2-қосымшаға муўапық;

заманагөй мәлимлеме технологиялары енгизилетуғын мәденият объектлери менен мәкемелериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәденият объектлери ҳәм мәкемелеринде заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) 4-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

мәденият объектлеринде ҳәм мәкемелеринде заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша минимал талапларды белгилеў;

еки ай мүддетте исбелерменлик субъектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мәденият объектлеринде  ҳәм мәкемелеринде заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша ең жақсы усынысларын таңлап алыў ҳәм олар менен шәртнамалар дүзилиўин тәмийинлеў;

2019-жыл 1-июльге шекем 3-қосымшада көрсетилген мәденият объектлеринде  ҳәм мәкемелеринде заманагөй мәлимлеме технологияларын орнатыўды тәмийинлеў.

  1. Сондай механизмлер енгизилсин, оларға муўапық:

а) мийманхана қурыў ушын ажыратылған жер участкасы қурылысы тамамланғаннан соң инвесторға мүлк ҳуқықы тийкарында сатылыўы мүмкин, материаллық-мәдений мийрас объектлериниң аймағы ҳәм қорғалатуғын зонасы және аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жер участкалары буған кирмейди;

б) 3 жулдызлы категория ушын 50 бөлмеден кем болмаған ҳәм 4 жулдызлы категория ушын 100 бөлмеден кем болмаған бөлмелер фондына ийе мийманхана 2022-жыл 1-январьға шекем пайдаланыўға тапсырылған жағдайда, мийманхана категориясы тастыйықланғаннан соң жаңа мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын инвесторлар қәрежетлериниң бир бөлеги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бюджет) қаржылары есабынан қапланады. Бунда, инвесторлардың қәрежетлериниң бир бөлегин мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыў муғдары қосымша түрде шөлкемлестирилип атырған бөлмелер саны 50 мыңға жеткенге шекем келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлерин тастыйықлаў процесинде усы муғдарды ҳәр жылы индексация еткен ҳалда:

3 жулдызлы категорияға ийе мийманханалардағы ҳәр бир бөлме ушын 40 миллион сум;

4 жулдызлы категорияға ийе мийманханалардағы ҳәр бир бөлме ушын 65 миллион сумды қурайды.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Жаңа мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын инвесторлардың қәрежетлерин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыў тәртиби ҳаққындағы Режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Дүньяның белгили ҳәм абырайлы мийманхана брендлеринен (мийманхана брендлериниң топ-50 рейтингине бола) пайдаланыў бойынша Өзбекстан Республикасы резидентлери болған шөлкемлер ушын роялти франсчайзинг ҳаққындағы шәртнама күшке кирген ўақыттан баслап үш жыл ишинде Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан төмендеги көлемде бир бөлеги қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын:

дәслепки 50 (елиў) 3 жулдызлы категорияға ийе мийманхана – ҳәр бир мийманхананың  бир бөлмеси ушын жыллық 200 АҚШ доллары эквивалентинде;

дәслепки 30 (отыз) 4 жулдызлы  категорияға ийе мийманхана – ҳәр бир мийманхананың бир бөлмеси ушын жыллық 400 АҚШ доллары эквивалентинде.

Бунда шөлкемлер ушын роялтиди қаржыландырыўдың улыўма көлеми зыяты менен 10 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең болады.

  1. Нызамшылыққа муўапық мийманхана хызметлери жасаў орны (прописка), пуқаралық, физикалық тәреплердиң туўысқанлық ямаса неке қатнасықлары, сондай-ақ, жеке турмыслық ҳуқықын шеклейтуғын басқа да факторларға қарамастан көрсетилиўи зәрүрлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Хостеллерди мийман үйлери ҳәм хостеллер реестирине орнатылған тәртипте киргизиў талабын белгилеген ҳалда хостеллердиң мийманхана хызметин мәжбүрий сертификациялаў талабы бийкар етилетуғыны;

аймағында туризм инфраструктурасы объектлери, соның ишинде, жайластырыў қураллары жайласқан ямаса қурылатуғын материаллық мәдений мийрас объектлери отыз жылға, бирақ он жылдан кем болмаған мүддетке ижараға берилетуғыны, бунда ижарашылар бес жыллық ижара ҳақына тең муғдарды өзлери жайласқан материаллық мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў ҳәм консервациялаўға қаратыў және материаллық мәдений мийрас объектлерин сақлаў қағыйдаларына әмел етиў шәрти менен дәслепки бес жыл ушын ижара ҳақы төлеўден азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры киши исбилерменлик субъектлерине туризм инфраструктурасы объектлерин, мийманханалар ҳәм санитариялық-гигиеналық шақапшалар қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша жойбарларды қаржыландырыў ушын ажыратылған коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация береди.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги туризм жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде 2019-2021-жыллар даўамында ҳәр жылы 1-февральға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қўуатлаў мәмлекетлик қорына 5 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги пул қаржыларын өткерип барсын.
  2. Исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, тармақлы жойбарлар тийкарында заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшаларды қурыў ушын 80-100 квадрат метр өлшемде жер участкаларын электрон аукционға қоймай алыў ушын Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң өтинишине бола исбилерменлик үстинлик ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте олардың тийкарында мийманаханлар шөлкемлестириў ушын пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизимин қәлиплестирсин;

еки ҳәпте мүддетте тийисли аймақта қурылып ҳәм реконструкцияланып атырған мийманханаларды инвентаризациядан өткерсин;

бир ай мүддетте өткерилген инвентаризация ҳәм үйрениўлердиң жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисе отырып усы қарардың 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған мақсетли көрсеткишлерге муўапық, жер участкаларын ажыратыў ҳәм пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлери базасында мийманхана шөлкемлестириў айлық тармақлық кестелерин тастыйықласын.

бир ай мүддетте мийманханалар қурыў ушын ажыратылып атырған жер участкалары ҳәм пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизимин, оларға инженерлик коммуникацияларының жетип барыў дәрежесинен келип шығып категорияларға (толық, бир бөлеги тәмийинленген ҳәм инженерлик коммуникациялар бар болмаған) ажыратқан ҳалда қәлиплестириўди және оны Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасының мәлимлеме майданларында ҳәм сайтларында жайластырылыўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте жер участкалары ҳәм мәмлекетлик мүлк объектлериниң презентациясын (планшет) таярлаўды, жойбарлардың дизимин толық мағлыўматы менен ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң сайтына («invest.gov.uz») орналастырыўды тәмийинлесин;

инвесторлар тәрепинен мийманхана қурыў ушын жер участкалары ҳәм мәмлекетлик мүлк объектлериниң«E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданында аукционға қойылыўын тәмийинлесин;

ҳәр шеректе сатылмаған жер участкалары ҳәм мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизимине оларды инвесторлар ушын тартымлы басқа жер участкаларына алмастырыў арқалы өзгерислер киргизип барсын;

ҳәр жылы хостеллер ҳәм мийман үйлерин шөлкемлестириў бағдарламасын тастыйықлаў және Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте қалалар ҳәм елатлы пунктлерди раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда республиканың ҳәр бир ири қаласында хостеллер ҳәм мийман үйлери тармағы бар болыўын нәзерде тутсын;

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте инвесторларды излеўди әмелге асырсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине еки жыл даўамында инвесторлар тәрепинен заманагөй талапларға жуўап беретуғын, санитариялық-гигиеналық шақапшаларға ийе саўда орайлары ҳәм туризм инфраструктуралық объектлериниң бирден-бир тармағын қурыў, бунда оларды биринши гезекте көп барылатуғын туризмди көрсетиў объектлери ҳәм туризм маршрутлары өтетуғын автомагистральлардың бойында жайластырыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Бухара, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимликлери Мәденият министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы ЮНЕСКО ислери бойынша Миллий комиссия менен биргеликте Бухара, Самарқанд, Шаҳрисабз ҳәм Хийўа қалаларының тарийхый ҳәм қорғалатуғын аймақларында режелестирилген имаратлар менен объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша жумысларды ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мийрасы орайы менен алдын ала келиссин.
  2. Төмендегилерге:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлерине – мийманханалар қурыў ушын жер участкаларын өз ўақтында ажыратыў, инвесторлардың арзасына тийкарланып оларды зәрүр инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы  ҳәкимлериниң инвестициялар бойынша орынбасарларына – Өзбекстан Республикасының  сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары менен биргеликте сырт ел инвесторларын излеў ҳәм тартыў, сондай-ақ, оларға Өзбекстан Республикасы аймағында тийисли инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың барлық басқышларында әмелий жәрдем бериўди нәтийжели тәғмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 13. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа – жергиликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мийманхана қурылысы ушын жер майданларын өз ўақтында ажыратылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатылыўын тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа – коммерциялық банклер тәрепинен кредит қаржыларының өз ўақтында ажыратылыўы, инвестицияларды тартыў ҳәм инвестиция мәселелери бойынша ҳәким орынбасарлары жумысының нәтийжелилиги үстинен қадағалаў орнатыў ўазыйпасы жүкленсин.

  1. 14. Белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық 2022-жылдың 1-январына шекем алып кирилетуғын туристлер келетуғын орынларға орнатылатуғын антивандал санитариялық-гигиеналық шақапшалар, сондай-ақ, материаллық мәдений мийрас объектлери, музейлер, театрлар, галереялар ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ушын мөлшерленген әсбап-үскенелер, буйымлар, турникетлер, программалық тәмийнат, төлем – мағлыўмат алыў терминаллары, видеобақлаў системалары бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.

Мәмлекетлик салық комитети Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте усы қарар шеңберинде алып кирилетуғын товарлардан мақсетли пайдаланыў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.

Товарлардан мақсетсиз пайдаланылған жағдайда жеңилликлер берилиўи мүнәсибети менен төленбеген бажыхана төлемлери суммасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген финанслық санкциялар қолланылған ҳалда мәмлекетлик бюджетке өндирип алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 15. Төмендегилер:

а) мийманханалар алыўы керек болған:

мийманханаға тийисли болған ҳәм оның ишинде жайласқан ямаса оған тийисли болған алкоголь өнимлерин (бар, мини-бар, кафе, ресторан) сатыў менен шуғылланатуғын ҳәр бир усақлап сатыў орынлары ҳәм улыўма аўқатланыў объектлери (бар, мини-бар, кафе, ресторан) ушын өз алдына рухсат гүўалығы;

аэропорттан, темир жол/автожол вокзалларынан мийманханаға ҳәм оннан қайтыўға, сондай-ақ, туризм объектлерине өзиниң ижарашыларына транспорт хызметлерин көрсетиў ушын лицензия;

б) қала ҳәм қалалараралық жолаўшы тасыўшы исбелерменлик субъектлеринен жергиликли ҳәм сырт ел пуқараларына мәмлекет бойлап турақлы емес, қалалараралық жолыўшы тасыў ушын тийисли лицензияға ийе автобус ямаса киши автобус хызметлерин көрсетиў ушын лицензия алыў талаплары бийкар етилсин.

  1. 16. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлерине социаллық реклама шәрти менен мәмлекеттиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға байланыслы сыртқы реклама жайластырылыўы ушын ҳәр бир районда үшеўден кем болмаған, қалаларда бесеўден кем болмаған орынлар ажыратылыўын ҳәм қурылыўын тәмийинлесин.
  2. 17. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери, басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жылдың 1-февралына шекем фото ҳәм видеокөриниске алыў мүмкин болмаған объектлер, жәмийетлик орынлар ҳәм аймақлардың дизимин тастыйықласын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги тастыйықланған дизимге муўапық 2019-жылдың 1-мартына шекем фото ҳәм видеокөриниске алыў қадаған етилген тийисли көрсеткиш белгилерди еки ҳәм оннан артық (инглис, рус ҳәм басқа да) тиллерде орнатылыўын тәмийинлесин. Бунда, тийисли көрсеткиш белгилери болмаған жағдайда фото ҳәм видеокөриниске алыўға тосқынлық етилмейди.

  1. 18. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги бир ай мүддетте мәденият объектлери менен мәкемелерине кириў билети баҳаларын белгилеў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. 19. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. 2 Министрликлер менен уйымлар бир ай мүддетте қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин усы қарарға муўапықластырсын.
  4. 21. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 5-январь