Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Респубикада кең түрдеги сапалы тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлери (кейинги орынларда тоқымашылық өними деп аталады) ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў, оның ислеп шығарылыўын жергиликлилестириўди тереңлестириў, сондай-ақ, жергиликли өндирисшилердиң экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Өткен дәўир ишинде тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын (кейинги орынларда тоқымашылық санааты деп аталады) раўажландырыў ушын зәрүр ҳуқықый база ҳәм қолайлы шараятлар қәлиплестирилди.
Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлерде елимиздиң тоқымашылық санаатының избе-из раўажланыўына тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар анықланды, атап айтқанда:
бириншиден, тармақтың жетерли потенциалына қарамастан, жоқары қосымша қунға ийе таяр өнимди ислеп шығарыўда үйлесикли технологиялық шынжырдың жоқ екенлиги себепли 2017-жылдың биринши ярым жыллығында ислеп шығарылып атырған тоқымашылық өнимлериниң республиканың жалпы ишки өниминдеги үлеси тек ғана 4,6 процентти қурады.
екиншиден, тоқымашылық санаатының басқарыў системасы тармақтың заманагөй раўажланыў тенденцияларына жуўап бермейди, бул болса шешилмеген машқалалардың топланып қалыўына алып келмекте ҳәм оның жедел модернизацияланыўына тосқынлық етпекте;
үшиншиден, миллий стандартлар ҳәм тоқымашылық өнимлерин сынаў бойынша лабораторияларды халықаралық стандартлар және талапларға сәйкес келтириў жумысларының қанаатландырарсыз екенлиги, сондай-ақ, сапа менеджменти заманагөй системаларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екенлиги жергилкли өнимлерди ири шет ел саўда базарларына шығарыўға, экспорт потенциалын арттырыўға ҳәм өнимлердиң сапасына және қәўипсизлигине болған исенимди жетилистириўге тосқынлық етпекте;
төртиншиден, тармаққа заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў дәрежеси бар машқалаларды системалы талқылаў ҳәм тоқымашылық санаатын раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын белгилеў ушын шараят жаратпай атыр;
бесиншиден, шийки зат ҳәм өндирислик ресурслардың ақылға уғрас емес түрде бөлистирилиўи, логистика ҳәм инженерлик инфраструктурасын шөлкемлестириўдеги кемшиликлер өндирис қуўатлылықларының анағурлым бөлегиниң тоқтап қалыўына, экономикалық жоғалтыўларға ҳәм ақыбетинде өнимлердиң өзине түсер баҳасы артыўына, сондай-ақ, өндирис рентабельлигиниң төменлеўине алып келмекте;
алтыншыдан, тоқымашылық ярым таяр өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиўдиң турақлы үстинлик етиўи, жоқары қосымша қунға ийе таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм дүнья базарларында мүнәсип бәсекилесиўге уқыплы болған миллий брендлерди қәлиплестириўдиң жетерли дәрежеде емеслиги тоқымашылық санааты кәрханаларының дәраматларын арттырыў имканиятын бермей атыр;
жетиншиден, кадрлар таярлаў системасы тоқымашылық санаатының реал талапларына жуўап бермейди, тармақты раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша оқытыўдың инновациялық бағдарларын енгизиў ҳәм илимий-изертлеўлерди тереңлестириў бойынша халықаралық бирге ислесиў жолға қойылмаған.
Республика тоқымашылық санаатының жедел раўажланыўын тәмийинлеў, жоқары сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы таяр өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, оны ири шет ел базарларына және де алға илгерилетиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Төмендегилер Өзбекистан Республикасы тоқымашылық санаатын буннан былай да реформалаўдың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
бириншиден, тоқымашылық санаатының экономикадағы үлесин арттырыў, елимизде ислеп шығарылып атырған тоқымашылық өнимлериниң, бәринен бурын, жоқары қосымша қунға ийе бәсекиге шыдамлы тоқымашылық өнимлерин жоқары технологиялық өндириске қайта бағдарлаў арқалы көлемин және сапасын арттырыў;
екиншиден, тоқымашылық санаатының басқарыў системасын алдынғы менеджмент технологиялары, тармақ кәрханаларына ҳәр тәреплеме жәрдем бериў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың, соның ишинде, олардың раўажланыўына тосқынлық ететуғын машқалаларды шешиўде нәтийжели түрлерин енгизген ҳалда түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;
үшиншиден, тоқымашылық санаты саласындағы стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын халықаралық талаплар менен стандартларға сәйкес келтириў, сондай-ақ, өнимлерди сынаў лабораторияларын модернизациялаў ҳәм аккредитациядан өткериў арқалы және де жетилистириў;
төртиншиден, тармаққа тоқымашылық өнимлери жергиликли ҳәм шет ел базарларының жағдайы және раўажланыў тенденциялары ҳаққындағы исенимли ҳәм өз ўақтында мәлимлемелер алыўды тәмийинлеў имканиятын беретуғын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, тармақты раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын анықлаў мақсетинде оны системалы ҳәм комплексли талқылаў;
бесиншиден, пахта шийки затын жетистириўден баслап, оны дәслепки қайта ислеў, өнимди пахта тазалаў кәрханаларында кейинги қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе таяр тоқымашылық өнимин шығарыў басқышына шекемги өндиристи интеграциялаўды нәзерде тутатуғын раўажланыўдың кластер моделин әмелге асырыў;
алтыншыдан, шийки зат ресурслары бөлистирилиўи тең салмақлылығын ҳәм шөлкемлестирилип атырған тармақ кәрханаларының логистика ҳәм инженерлик инфраструктурасын раўажландырыў менен өз-ара тығыз байланыста, соның ишинде, көп функциялы транспорт-логистика хабларын қурыў, жүклерди жеткериўдиң оптимал бағдарларын және жолларын таңлаў, сондай-ақ, транспортта жүк тасыў тарифлерин оптималластырыў арқалы жайласыўын тәмийинлеў;
жетиншиден, жоқары сапалы таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспортын кеңейтиў, миллий берндлерди дүнья базарларына алып шығыў мақсетинде өндирис процесине алдынғы инновациялық технологияларды, ноу-хау, дизайнерлик қолланбаларды кеңнен енгизиў, фурнитура ҳәм аксессуарлардың заманагөй үлгилерин ислеп шығарыўды жергиликлилестириў;
сегизиншиден, талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша бағдарларды кеңейткен ҳалда тоқымашалық санааты ушын кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын тармақтың заманагөй раўажланыў тенденцияларын есапқа алған ҳалда қайта көрип шығыў, илимий-изертлеў жумысын, сондай-ақ, усы салада халықаралық бирге ислесиўди жеделлестириў.
- Өзбекистан Республикасында тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын жедел раўажландырыў «Жол картасы» (кейинги орынларда «Жол картасы» деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўына жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.
- 2018-жылы пахта зүрәәтинен баслап, эксперимент тәртибинде жергиликли тоқымашылық санааты кәрханалары тәрепинен тиккелей фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы өндирисшилеринен (кейинги орынларда фермер хожалықлары деп аталады) пахта шийки затын жетистириўге буйыртпа етиў ҳәм аванс бериў, соның ишинде, төмендеги шәртлерди нәзерде тутатуғын система енгизилсин:
сатып алынатуғын пахта сорты ҳәм көлеми, оны жеткерип бериў мүддетлери менен тәртиби фермер хожалығы ҳәм тоқымашылық санааты кәрханасы арасында дүзилетуғын шәртнамада белгиленеди;
пахта шийки затын дәслепки қайта ислеў пахта тазалаў кәрханасы тәрепинен қайта ислеў тийкарында ямаса тоқымашылық кәраханасы тәрепинен жеке меншик яки ижараға алынған пахта тазалаў кәрханасында әмелге асырылады;
тоқымашылық санааты кәрханалары фермер хожалықларының қәрежетлерин (шигит, минерал төгинлер, жанылғы-майлаў материаллары, өсимликлерди химиялық қорғаў қураллары, мийнет ҳақыны төлеў ҳәм көрсетилген хызметлерге ҳақы төлеў қәрежетлери, басқа да жумсалатуғын қәрежетлер) дүзилген шәртнама баҳасының кеминде 60 процентин аванс бериў жолы менен қаржыландырыўды әмелге асырады;
тоқымашылық санааты кәрханалары тәрепинен сатып алынатуғын пахта шийки затының баҳасы фермер хожалықларының ҳақыйқый қәрежетлерин ҳәм рентабельлигин талқылаўдан келип шығып, шәртнама тийкарында белгиленеди ҳәм мәмлекеттиң зәрүрликлери ушын орнатылған баҳалардан төмен болмаўы тийис;
тоқымашылық санааты кәрханалары алынған шигитти шәртнама тийкарында май кәрханаларына, қосымша өнимлерди (линт, өли пахта) басқа тутыныўшыларға реализация етеди;
тоқымашылық санааты кәрханалары тәрепинен сатып алынған пахта шийки затынан тек ғана оны соңын ала терең қайта ислеў ушын пайдаланылады.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:
2018-жыл 10-январьға шекемги мүддетте тиккелей тоқымашылық санааты кәрханалары, сондай-ақ, пахта-тоқымашылық кластерлери қатнасыўшылары менен пахта шийки затын жетистириўге буйыртпа етиў ҳәм аванс бериў системасына киргизилип атырған экспертиментти есапқа алған халда, пахта шийки затын жетистириўге ҳәм жеткерип бериўге контрактация шәртнамаларының фермер хожалықлары менен орнатылған тәртипте қайта дүзилиўин;
2018-жыл 15-январьға шекемги мүддетте тиккелей тоқымашылық санааты кәрханалары менен пахта шийки затын жетистириўге буйыртпа етиў ҳәм аванс бериўдиң киргизилип атырған системасын есапқа алған ҳалда, пахта шийки затын жетистириўге ҳәм жеткерип бериўге контрактация шәртнамалары фермер хожалықлары менен қайта дүзилиўинен келип шығып, эксперимент өткериў ушын аймақлар ҳәм жер участкалары майданларының белгилениўин;
тиккелей тоқымашылық санааты кәрханалары менен пахта шийки затын жетистириўге шәртнама дүзген фермер хожалықларын анықлаўды есапқа алған ҳалда, 2018-жыл 1-февральға шекемги мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыныўы ҳәм аўыл хожалығын техника менен тәмийинлеўди мақсетли қаржыландырыў қорының дәраматлары ҳәм қәрежетлери балансы қәлиплестирилиўин;
2018-жыл 15-январьға шекемги мүддетте 2018-жыл зүрәәтиниң пахта шийки заты ушын мәмлекетлик сатып алыў баҳасы белгилениўин;
қайта дүзилген шәртнамаларды есапқа алған ҳалда, 2018-жыл 20-январьға шекемги мүддетте тиккелей тоқымашылық санааты кәраханалары, сондай-ақ, пахта-тоқымашылық кластерлери қатнасыўшылары менен пахта шийки затын жетистириўге ҳәм жеткерип бериўге контрактация шәртнамалары менен қамтып алынбаған фермер хожалықлары кесиминде 2018-жыл зүрәәтиниң пахта шийки заты егилиўи ушын «Өзпахтасанаат» АЖ буйыртпасының көлеми анықланыўын тәмийинлесин.
- Тоқымашылық санааты кәраханалары, «Өзбекжеңилсанаат» АЖ акционерлериниң улыўма мәжилиси, Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:
Өзбекистан тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханалары ассоциациясын (кейинги орынларда «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы деп аталады) шөлкемлестириў;
«Өзбекжеңилсанаат» АЖ ны оның мүлклерин ҳәм мәмлекетке тийисли басқа да қаржыларын, сондай-ақ, дебитор қарыздарлығын кейин ала «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына бийғәрез өткериў арқалы сапластырыў;
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы структурасында системалы машқалаларды сапластырыў, маркетинг инновацияларын жедел енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, заманагөй тенденцияларды есапқа алған халда тармақты раўажландырыў перспективалы ҳәм тийкарғы бағдарларын анықлаўды тәмийинлейтуғын мәсләҳәт уйымы – Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханалары кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер:
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ағзалары тоқымашылық санааты кәрханалары ҳәм шөлкемлери есапланатуғыны;
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының ағымдағы тәмийнатын ҳәм жумысын қаржыландырыў ассоциациясы ағзаларының төлемлери ҳәм ажыратпалары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы баслығы ҳәм оның орынбасарлары ассоциация ағзалары улыўма мәжилисиниң қарары менен сайланатуғыны;
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы баслығы бир ўақыттың өзинде Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты Қәўендерлик кеңеси баслығының орынбасары болып есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
шийки затты қайта ислеў, жоқары қосымша қунға ийе таяр өнимди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў бойынша бирден-бир комплекс сыпатында, соның ишинде, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, тоқымашылық өнимлериниң ишки және сыртқы базарларында изертлеўлер өткериў тийкарында тармақты турақлы раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;
тоқымашылық санааты саласындағы стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын халықаралық талаплар менен стандартларға сәйкес келтириў, сондай-ақ, өнимлерди сынаў лабораторияларын модернизациялаў ҳәм аккредитациядан өткериў арқалы жетилистириў бойынша комплексли илажлар көриў;
тоқымашылық санааты кәрханаларының жумысына инновациялық технологиялар, соның ишинде, дизайнерлик қолланбалар, ноу-хау, сапа менеджменти системалары ҳәм заманагөй маркетинг хызметлери кеңнен енгизилиўин тәмийинлеў;
ишки базарды жоқары сапалы жергиликли тоқымашылық өнимлери менен толтырыў ҳәм оның экспорт географиясын, соның ишинде, ҳәр қыйлы мәлимлеме ресурсларында және елимиздеги ҳәм шет елдеги көргизбе илажларында миллий брендлерди бағдарлаўды алға қойыў ҳәм тоқымашылық санааты кәрханаларының потенциалын көрсетиў арқалы кеңейтиў бойынша системалы комплексли илажларды әмелге асырыў;
тоқымашылық санаатына шет ел инвестицияларын, соның ишинде, логистика ҳәм инженерлик инфраструктураны жетилистириў мақсетинде жедел тартыў;
тоқымашылық санааты кәрханаларын, пахта-тоқымашылық кластерлерин аймақлар потенциалының және де раўажланыў перспективаларынан, шийки зат базасы, инфраструктурасы, мийнет ресурслары ҳәм базарлардың бар екенлигинен келип шығып жайластырыўға көмеклесиў;
тармақтың заманагөй раўажланыў тенденцияларын есапқа алған ҳалда тоқымашылық санааты саласында кадрларға болған реал талапты ҳәм оларды таярлаўдың перспективалы бағдарларын анықлаў, қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириўде қатнасыў, усы салада илимий-изертлеў жумысларын тереңлестириў;
тармақтың жедел раўажланыўы ҳәм тоқымашылық санааты кәрханаларының турақлы жумыс ислеўине тосқынлық ететуғын системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў, усы саладағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
- «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы атқарыўшы аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Пахта-тоқымашылық кластерлерин орта мүддетли перспективада раўажландырыў концепциясы жойбарын ислеп шығыў бойынша жумысшы комиссия (кейинши орынларда Жумысшы комиссия деп аталады) 3-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Жумысшы комиссия Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында пахта-тоқымашылық кластерлери шөлкемлестирилиўиниң барысын үйрениў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Пахта-тоқымашылық кластерлерин орта мүддетли перспективада раўажландырыў концепциясы жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
тоқымашылық санааты кәрханаларының өндирислик қуўатлылықларынан келип шығып аймақларда пахта-тоқымашылық кластерлерин жайластырыў тәртибин, оларды қәлиплестириў мүддетлерин ҳәм басқышларын белгилеў;
пахта-тоқымашылық кластери қатнасыўшыларына жер, суў ҳәм басқа да ресурслардан нәтийжели және ақылға уғрас пайдаланыўды есапқа алған ҳалда, дифференцияланған салық жеңилликлерин қолланыў имканияты;
шөлкемлестириўшилик-хожалық қатнасықларының түрлери, тийкарғы компанияның пахта-тоқымашылық кластери қатнасыўшылары алдындағы миннетлемелери;
аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдың кластер моделин шөлкемлестириў бойынша алдынғы шет ел тәжирийбесин системалы талқылаў ҳәм енгизиў;
пахта шийки затына мәмлекеттиң буйыртпасын басқышпа-басқыш қысқартыўды тәмийинлейтуғын жеке меншик капитал ҳәм шет ел инвестицияларын тартыў есабынан аўыл хожалығында қаржы қатнасықларын жақсылаўға тәсир етиў перспективаларын баҳалаў;
аўыл хожалығы ҳәм басқа да қосымша өнимлер ислеп шығарыўдың (шарўашылық, ыссыхана хожалықлары ҳәм басқалар) қайта ислеў тармақларының раўажланыўына тәсирин талқылаў.
- Тоқымашылық санааты кәрханалары – «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ағзалары:
2021-жыл 1-январьға шекемги мүддетте тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ушын зәрүр болған ҳәм республикада ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша импорт етилетуғын пахта, жасалма ҳәм сентетикалық талшық, жүн, шийки зат ҳәм басқа да материаллар ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына мәмлекетлик бажыны төлемеген халда ассоциация ағзаларының мәплерин гөзлей отырып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң қарарлары, сол уйымлардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы берилсин.
- «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына төлемлер ҳәм ажыратпалар салық базасынан шығарылсын.
- «Өзстандарт» агентлиги Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-февральға шекемги мүддетте тоқымашылық санааты саласында, соның ишинде, бар халықаралық аккредитацияға ийе лабораториялардың санын көбейтиў, тоқымашылық санааты миллий стандартларын халықаралық стандарларға жедел ҳәм толық муўапықластырыўды тәмийинлеў, тоқымашылық санааты кәрханаларында заманагөй сапа менеджменти системасын енгизиўди нәзерде тутатғын стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған комплексли илажларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Экономика министрлиги, «Өзпахтасанаат» АЖ менен биргеликте 2018-жыл 1-февральға шекемги мүддетте жергиликли пахта талшығын сатыў ушын, соның ишинде, басқа да еллер – жетистириўшилердиң пахта көлемлерин тартыўды нәзерде тутқан ҳалда қәнигелестирилген электрон саўда майданларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тоқымашылық санааты ушын республикада ислеп шығарылмайтуғын аксессуарлар, фурнитуралар, бояўлар ҳәм химиялық қураллардың турақлы жумыс ислейтуғын ярмаркасын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы буйыртпалары бойынша тоқымашылық санааты кәрханалары тәрепинен тартылып атырған шет ел қәнигелерине кириў визаларын рәсмийлестириўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының буйыртпалары бойынша тоқымышалық санааты кәрханалары тәрепинен тартылып атырған шет ел қәнигелерине мәмлекетлик бажы өндирилмей көп мәртелик визалар рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддети созылыўын, сондай-ақ, оларды ўақтынша прописка етиўди, турған орны бойынша есапқа алыўды ҳәм олардың созылыўын тәмийинлесин.
- «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы Ташкент қаласы, Яккасарой районы, А.Авлоний көшеси, 20-жай мәнзили бойынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында орналастырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2002-жыл 1-июльдеги «Республика жеңил санаатын басқарыўды жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-3102-санлы Пәрманы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги Әдиллик, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрликлери ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары З.Т.Мирзаев, Н.С.Отажонов ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 14-декабрь
* * *
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына
Т Ү С И Н И К
Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын (кейинги орынларда тоқымашалық санааты деп аталады) модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў сыртқы базарларда талап жоқары болған ислеп шығарылып атырған таяр бәсекиге шыдамлы өнимлердиң көлемин ҳәм түрлерин кеңейтиў, пахта шийки затын жетистириў ҳәм қайта ислеў нәтийжелилигин ҳәм рентабельлигин арттырыўдың ең әҳмийетли шәрти болып табылады.
Соны есапқа алған ҳалда, елимизде бул саланы буннан былай да раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажлар избе-из турмысқа енгизилмекте. Атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-декабрьдеги ПҚ-2687-санлы қарары менен 2017-2019-жылларда тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы тастыйықланған.
Бүгинги күнде республикада 7 мыңға шамалас кәрхана жумыс алып барып атырған жоқары өндирислик потенциалға ийе болған тоқымашылық тармағы қәлиплестирилди. 1,4 миллион тонна көлемдеги пахта талшығын ислеп шығарыў қуўатлылықлары жаратылды, соның 60 процентке шамаласынан жергиликли тоқымашылық кәрханаларының талапларын қанаатландырыў ушын пайдаланылмақта.
Бәринен бурын, таяр өним ислеп шығарыўды жолға қойыў, тармақты басқарыўды шөлкемлестириў, ресурслар менен өндирислик қуўатлықларының бөлистирилиўи, кадрлар маманлығының жоқары емеслиги менен байланыслы системалы машқалалардың бар екени пахта шийки затын жетистириўдиң төмен рентабеллигине ҳәм оны қайта ислеўге, таяр өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиўдиң жеткиликли дәрежеде емеслигине алып келмекте.
Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрман бар машқалаларды шешиў, сондай-ақ, жоқары сапалы тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм оны дүнья базарларына алып шығыў бойынша биринши гезектеги илажлар комплексин белгилеп берди.
Бул ҳүжжет пенен тоқымашылық санаатын буннан былай да реформалаўдың төмендеги әҳмийетли бағдарлары белгиленди, атап айтқанда:
– тоқымашылық санаатының экономикадағы үлесин арттырыў, елимизде ислеп шығарылып атырған тоқымашылық өнимлериниң көлеми менен сапасын жетилистириў;
– тоқымашылық санаатының басқарыў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;
– тоқымашылық санааты саласында стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын буннан былай да жетилистириў;
– тармаққа алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;
– тоқымашылық санаатын раўажландырыўдың кластер моделин әмелге асырыў;
– логистика ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў менен өз-ара байланыслы шийки зат ресурслары бөлистирилиўиниң ҳәм шөлкемлестирилип атырған тармақлық кәрханалары орналасыўының тең салмақлығын тәмийинлеў;
– өндирислик процесске алдынғы инновациялық технологияларды, ноу-хау, дизайнерлик қолланбаларды кеңнен енгизиў, фурнитура ҳәм аксессуарлардың заманагөй үлигилерин ислеп шығарыўды жергиликлилестириў;
– тоқымашылық санааты ушын кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў.
Бул Пәрман экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсир етиўди буннан былай да қысқартыў ҳәм басқарыўдың базар механизмлерин кеңейтиўди нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-сентябрьдеги ПП-5185-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем есапланатуғынын атап өтиў керек.
Атап айтқанда, Пәрман менен басқарыў ҳәм кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, өндиристи, тоқымашылық санаатының технологиялық процесин модернизациялаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, сыртқы экономикалық жумысты жеделлестириў, тоқымашылық санаатына халықаралық стандартларды енгизиў бойынша 20 дан аслам илажлардан ибарат болған Өзбекистан Республикасында тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын жедел раўажландырыў «Жол картасы» тастыйықланды.
Пахта шийки затын ислеп шығарыўды шөлкемлестириўде жақсы бәсекилик орталығын раўажландырыў ҳәм базар механизмлерин енгизиў мақсетинде Пәрман менен эксперимент өткериў нәзерде тутылған болып, оның шеңберинде биринши мәрте жергиликли тоқымашылық санааты кәрханалары тәрепинен фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы өндирисшилеринен пахта шийки затына тиккелей буйыртпа бериў системасын енгизиў режелестирилди.
Бүгинги күнге шекем жергиликли тоқымашылық кәрханалары пахта талшығын экспорт баҳалар бойынша монопол жеткерип бериўши – «Өзпахтасанаатэкспорт» ХКдан сатып алыўға мәжбүр еди. Бул тәртип тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўдың рентабельлигин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын төменлеткен.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң басламасы менен әмелге енгизилип атырған экспериментке муўапық, тоқымашылық санааты кәрханалары фермер хожалықларының пахта шийки затын жетистириў бойынша тийкарғы қәрежетлериниң дүзилген шәртнама баҳасының кеминде 60 процентин аванс бериў жолы менен қаржыландырыўды әмелге асырады. Онда кәрханаларға жеткерип берилген пахта шийки затынан тек ғана кейинала терең қайта ислеў ҳәм таяр бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў мақсетинде пайдаланылады.
Буннан тысқары, Мәмлекетимиз басшысы өзиниң Пәрманында тоқымашылық санааты кәрханалары, «Өзбекжеңилсанаат» АЖ акционерлери мәжилисиниң ҳәм бир қатар ведомстволардың «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлады. Онда мәмлекеттиң тәртипке салыў ҳәм хожалық функцияларын өз ишине алған «Өзбекжеңилсанаат» АЖ сапластырылады.
Бул ассоциацияға республика тоқымашылық тармағын турақлы раўажландырыў бойынша кең шеңбердеги ўазыйпалар жүкленди.
Тараўды басқарыў системасы тоқымашылық санаатын раўажландырыўдың заманагөй тенденцияларына жуўап бермеўи, өндирисшилерди қоллап-қуўатлай алмаўы усы қарардың қабыл етилиўин талап етти. Мәселен, «Өзбекжеңилсанаат» АЖ қурамына 436 кәрхана киреди, бул болса олардың улыўма санының тек ғана 6 процентин қурайды. Бул жәмийеттиң жумысы тийкарынан статистиканы жыйнаў, ҳәр қыйлы мәжилислер өткериў, көргизбелерди шөлкемлестириўге қаратылған. Оның шөлкемлестириўшилик түри де акционерлик жәмийетиниң ҳуқықый жайдағына сәйкес келмейди.
Шет еллердиң тәжирийбеси соны көрсетеди, тоқымашылық санаатын раўажландырыўдың нәтийжели түрлеринен бири кластерлерди шөлкемлестириў болып есапланады. Бул модель пахта шийки затын жетистириў, дәслепки қайта ислеў, өнимди пахта тазалаў кәрханаларында кейинги қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды өз ишине алған бирден-бир өндирис циклын шөлкемлестириўди нәзерде тутады.
Усыннан келип шығып, арнаўлы Жумысшы комиссияға Пахта-тоқымашылық кластерлерин орта мүддетли перспективада раўажландырыў концепциясының жойбарын, сондай кластерлерди Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында шөлкемлестириў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда ислеп шығыў тапсырылды.
Соның менен бир қатарда, Пәрман менен тоқымашылық санааты кәрханаларын қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар, соның ишинде, бажыхана төлемлерин төлеў бойынша жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.
Өнимлерди сынақтан өткериў бойынша лабораториялардың төмен нәтийжелилиги, олардың көпшилигинде халықаралық аккредитацияның жоқ екени жергиликли тоқымашылық санааты өндирисшилериниң сыртқы базарларға шығыўына тосқынлық етпекте. Бул машқалаларды шешиў ушын тоқымашылық санааты саласында стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын жетилистириў, соның ишинде, халықаралық стандартларды енгизиў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў нәзерде тутылды.
Улыўма алғанда, Мәмлекетимиз басшысы Пәрманының әмелге асырылыўы:
– тармақтың басқарыў системасын жетилистириў, өндиристи, баҳаларды қәлиплестириў ҳәм пахтаны сатыў процесине базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў;
– пахта экспортының көлемин барған сайын қысқартыў ҳәм ишки базарда оны терең қайта ислеўдиң өсимин тәмийинлеў;
– елимизде ислеп шығарылмайтуғын шийки затты материалларды ислеп шығарыўды, соның ишинде, өнимниң айрықша түрлерин жергиликлилестириў арқалы хошаметлеў;
– технологиялық ҳәм маркетинг инновацияларын кеңнен енгизиў;
– мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлеринен пайдаланған ҳалда тоқымашылық комплекслерин қурыў;
– халықаралық аккредитацияға ийе жергиликли лабораториялардың санын көбейтиў, тоқымашылық санааты миллий стандартларын халықаралық стандартларға сәйкес келтириў есабынан тоқымашылық санаатының жедел раўажланыўын тәмийинлейди.