Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология тараўларында структуралық реформаларды тереңлестириў, тараўды халықаралық стандартларға сәйкес келтриў, стандартлардан кеңнен пайдаланыў орталығын жаратыў, муўапықлылықты баҳалаў процесслерине заманагөй усылларды енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатлаў агентлиги негизинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (кейинги орынларда – Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги) шөлкемлестирилсин.
- Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги:
техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм метрология тараўларында мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны;
өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма мәжбүрий болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиўге ҳақылы екенлиги белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
санитария-эпидемиологиялық жуўмақ мәжбүрий тәртипте алыныўы зәрүр болған азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине муўапықлық сертификатын алыў ықтыярлы түрде әмелге асырылады. Онда, бул өнимлерди таярлаўшылар (ислеп шығарыўшылар), жеткерип бериўшилер ҳәм сатыўшылар олардың техникалық регламентлер ҳәм стандартлар менен белгиленген мәжбүрий талапларға муўапықлығын тәмийинлеў ушын жуўапкер есапланады;
2021-жыл 1-сентябрьден айырым түрдеги қәўиплилик дәрежеси жоқары болмаған өнимлердиң муўапықлығын баҳалаў муўапықлықты декларациялаў жолы менен әмелге асырылады. Онда, муўапықлықты декларациялаў техникалық регламент талаплары тийкарында өнимниң толық сынаўлары өткерилгеннен соң унамлы сынақ нәтийжелерине бола дүзилетуғын сынаў баянатлары тийкарында муўапықлық сертификаты берилмеген ҳалда әмелге асырылады;
халықаралық ILAC/IAF шөлкемлериниң ағзасы есапланған аккредитация уйымы тәрепинен аккредитацияланған Өзбекстан Республикасы резидентлери – муўапықлықты баҳалаў уйымларына миллий аккредитациядан өтпеген ҳалда, аккредитация шеңбери ҳаққында «Өзбекстан аккредитация орайы»МКны хабардар етип, муўапықлықты баҳалаўға байланыслы жумысларды орынлаўға руқсат бериледи. Онда, рәсмийлестирилген муўапықлықты баҳалаў ҳүжжетлеринде ILAC/IAF шөлкемлериниң тән алыў белгилери көрсетилиўи ҳәм бул ҳүжжетлер олардың рәсмий веб-сайтларында жайластырылыўы муўапықлықты баҳалаў уйымлары тәрепинен тәмийинлениўи шәрт.
- 2021-жыл 1-ноябрьден баслап импорт етиўшилерге қолайлылық жаратыў және ишки базарға сапалы ҳәм қәўипсиз өнимлердиң кирип келиўин тәмийинлеў мақсетинде:
а) қәўиплилик дәрежеси жоқары болған айырым түрдеги өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткергеннен соң республика аймағына еркин айланысқа шығарыў (физикалық тәреплердиң өз зәрүрликлери ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген нормалар шеңберинде алып келинген өнимлери буған кирмейди) тәртиби енгизиледи. Онда:
республика аймағына алып келинип атырған усы түрдеги өнимлердиң техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер бул өнимлер бажыхана аймағына келиўинен кеминде 15 күн алдын бажыхана электрон бағдарламасына жайластырылыўы шәрт;
өнимлерди «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режимине өткериў мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасының резиденти есапланған аккредитацияланған муўапықлықты баҳалаў уйымлары тәрепинен рәсмийлестирилген тийисли муўапықлықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер тийкарынла әмелге асырылады;
б) қәўиплилик дәрежеси жоқары болмаған айырым түрдеги өнимлерди Өзбекстан Республикасының резиденти есапланған аккредитацияланған муўапықлықты баҳалаў уйымларында муўапықлық сертификатын (әмел етиў мүддетине қарамастан) бир мәрте рәсмийлестирген ҳалда жигирма төрт ай даўамында импорт етиўге руқсат етиледи. Онда:
бул тәртип муўапықлық сертификатында көрсетилген ислеп шығарыўшының өним түрлерине әмел етеди;
импорт етиўшиниң өнимлер муўапықлығы ҳаққындағы декларациясы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен өнимди «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режимине өткериў ушын тийкар болады;
усы әпиўайылыстырылған тәртипте алып кирилетуғын товарлардың техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын тәмийинлеў ушын бул товарларды алып кирип атырған исбилерменлик субъектлери жуўапкер есапланады;
в) республикаға алып келинетуғын өнимлердиң техникалық регламентлер, стандартлар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен белгиленген талапларға муўапықлығы үстинен қадағалаў Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ямаса оның структурасындағы ўәкилликли шөлкем тәрепинен қәўип-қәтерлер таллаўы тийкарында әмелге асырылады;
г) техникалық регламентлер, стандартлар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен белгиленген мәжбүрий талапларға муўапық емес деп табылған өнимлердиң дизимин жүргизиў Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ямаса оның структурасындағы ўәкилликли шөлкем тәрепинен әмелге асырылады. Онда, дизимге киргизилген өнимлерди, дизимге алынған күннен баслап 6 ай мүддетке шекем дизимнен шығарыў, муўапық емес деп табылған тийисли өнимди ислеп шығарыўшы (оның рәсмий ўәкили) тәрепинен Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, еркин айланысқа шығарыў қадаған етиледи.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Техникалық жақтан тәртипке салыў агенлигиниң:
шөлкем стандартлары категориясына киретуғын стандартластырыўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлерди мәмлекетлик дизимнен өткериўди бийкар етиў;
министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлар тәрепинен шөлкем стандартларын экспертизадан өткериў жумысларын ҳақы алмастан әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Онда, шөлкем стандартларында белгиленетуғын көрсеткишлер (талаплар) Өзбекстан Республикасында әмелде болған тийисли өнимлерге байланыслы стандартлар талапларынан төмен болған жағдайларда, бул шөлкем стандартларына тийкарланып өним муўапықлығын тастыйықлаўға жол қойылмайды.
- Жергиликли муўапықлықты баҳалаў уйымларында өнимниң сырт мәмлекетлердиң стандартларына муўапықлығын баҳалаў ушын сырт мәмлекетлер стандартларының Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи талап етилмейди.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги 2021-жыл 1-июльге шекем техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиў тәртибин халықаралық талаплар тийкарында әпиўайыластырыў бойынша нызамшылыққа өзгерислер киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Жаңадан қабыл етилип атырған халықаралық стандартларды ҳәм техникалық регламентлерди енгизиў, қолланыў және техникалық жақтан тәртипке салыў талапларына әмел етилмеген жағдайлар бойынша киргизилген усыныс хатлар кәрхана ҳәм тармақ басшыларының айлық, шереклик ҳәм жыллық хошаметлеў нормаларын қәлиплестириў де инабатқа алынсын.
- Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте еки ай мүддетте кәрханаларды техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы менен қамтып алыў дәрежесин 2021-жылы 20 процентке ҳәм 2022-жылы 40 процентке жеткериў бойынша илажларды тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-августтағы ПП-6042-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Хүкиметлик комиссия Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкиметлик комиссия (кейинги орынларда – Ҳүкиметлик комиссия) етип қайта аталсын.
Ҳүкиметлик комиссияның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарарлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны белгиленсин.
- Ҳүкиметлик комиссияға сыртқы саўданы техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
халықаралық стандартларды ҳәм техникалық регламентлерди енгизиў, қолланыў және техникалық жақтан тәртипке салыў талапларына әмел етиў дәрежесинен келип шыққан ҳалда, кәрхана ҳәм тармақ басшыларын хошаметлеў ямаса нормативлик илажлар көрип барыў;
техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығы тастыйықланыўы мәжбүрий болған өнимлердиң дизимлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
қәўиплилик дәрежеси жоқары болған айырым түрдеги өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў және бундай өнимлердиң дизимин тастыйықлаў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
жергиликли кәрханалардың халықаралық стандартларды сатып алыў ҳәм енгизиў менен байланыслы қәрежетлерин қаплаў тәртибин тастыйықлаў;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм оның жергиликли структурасына киретуғын уйымлық шөлкемниң хызметкерлери ушын қосымша (мийнетке ҳақы төлеў системасында нәзерде тутылған төлемлеринен тысқары) төлемлерди белгилеў.
Ҳүкиметлик комиссияның мәжилислеринде техникалық жақтан тәртипке салыў системасын және де раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлардың орынланыўы ҳәр шеректе додаланып барылсын.
- 2021-жыл 1-сентябрьден баслап техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология тараўларында жүз берилген ҳуқықбузарлықлар ушын:
а) өнимлерге нызамшылық ҳүжжетлеринде ҳәм техникалық регламентлерде белгиленген мәжбүрий талапларға ислеп шығарыўшы ямаса алып кириўши тәрепинен әмел етилмеген жағдайларда юридикалық тәреплерге:
ҳуқықбузарлықлық ескертиўден соң биринши мәрте жүз бергенде – реализацияланған өним баҳасының 50 процентине шекемги муғдарда финанслық жәрийма;
бул ҳуқықбузарлықлар жүз берген күннен баслап бир жыл даўамында қайтадан жүз бергенде – реализацияланған өним баҳасының 100 процентине шекемги муғдарда финанслық жәрийма;
б) нызамшылық ҳүжжетлери, техникалық регламентлер, стандартластырыўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлердиң мәжбүрий талаплары, метрология, сертификатластырыў ҳәм муўапықлықты баҳалаў қағыйдалары бузылған жағдайларда мәпдар шахсларға:
ҳуқықбузарлық ескертиўден соң биринши мәрте жүз бергенде – базалық есаплаў муғдарының 40 есесине шекемги муғдарда ҳәкимшилик жәрийма;
усындай ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта жүз бергенде – базалық есаплаў муғдарының 80 есесине шекемги муғдарда ҳәкимшилик жәрийма көринисиндеги тәсир илажлары белгиленсин.
Онда, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм техникалық регламентлерде белгиленген мәжбүрий талапларға муўапық емес деп табылған өнимлер еркин айланыстан шығарылыўы ҳәм жоқ етилиўи зәрүр. Финанслық жәрийманың төлениўи усы талаптың орынланыўынан азат етилмейди.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм Жоқарғы суд бенен биргеликте Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм басқа да нызамларға усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2021-жылы сапа миллий инфраструктурасын раўажландырыў бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер:
қурылыс министри Б.Закировқа – курылыс материаллары, қурылыс индустриясы, соның ишинде, жойбарлаў ҳәм конструкциялаў бойынша;
аўыл хожалғы министри Ж.Ходжаевқа – аўыл хожалығы өнимлери, аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникасы бойынша;
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Максудовқа – медициналық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў және қоршаған орталықты патасланыўдан ҳәм басқа да зыянлы тәсирлерден қорғаў бойынша;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Гулямовқа – үскене ҳәм буйымлардың санаат ҳәм пайдаланыў қәўипсизлиги бойынша техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы мәжбүрий талаплардың орынланыўын, өнимлердиң қәўипсизлигин ҳәм муўапықлығын тастыйықлаўды шөлкемлестириў және тәмийинлеў жүкленсин.
- Төмендегилерге:
инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасарлары А.Воитов, Л.Қудратов ҳәм Б.Абидовқа – техникалық жақтан тәртипке салыў тараўын халықаралық стандартлар, соның ишинде, Жәҳән саўда шөлкеми, Евразия экономикалық аўқамы, Европа Аўқамы ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Долсық Аўқамының әмелияты тийкарында жетилистириў ушын сырт ел шериклерин ҳәм инвестицияларын тартыў бойынша;
Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Азимовқа – шегара бажыхана постларында қадағалаў тәртиплерин орынлаўда санитариялық-эпидемиологиялық, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаў уйымлары жумысының нәтийжели ҳәм оператив муўапықластырылыўын тәмийинлеў, өнимлерди техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алдыннан бажыхана электрон бағдарламасына жайластырылмаған өнимлерди республика аймағына алып киргизилиўине жол қоймаў бойынша;
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги бас директорына – техникалық жақтан тәртипке салыў системасы, соның ишинде, нызамшылық, техникалық регламентлер ҳәм нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўда кәрханаларға теориялық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў бойынша;
Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң баслығы Б.Юсупалиевқа – мәжбүрий тәртипте санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ алыныўы зәрүр болған азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери үстинен нәтийжели қадағалаўды тәмийинлеў, қәўипли азық-аўқат өнимлерин еркин айланысқа шығарыўдың алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте:
бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарар жойбарын киргизсин;
2021-жыл 1-авугстқа шекем қәўиплилик дәрежеси жоқары болған айырым түрдеги өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў, қәўиплилик дәрежеси жоқары болмаған айырым түрдеги өнимлерди алып кириўде олардың муўапықлығын баҳалаў, муўапықлықты декларациялаў, сондай-ақ, техникалық регламентлер ҳәм стандартлар талапларына муўапық емес деп табылған өнимлердиң дизимин жүргизиў, оларды еркин айланыстан шығарыў ҳәм жоқ етиў тәртиплерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
2021-жылдың ақырына шекем барлық система шөлкемлеринде 8!9 37001 халықаралық стандартларға тийкарланып, коррупцияға қарсы менеджмент системаларын енгизиў ҳәм сертификатластырыўды тәмийинлесин;
еки ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
18 Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 2-июнь