Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология миллий системасын буннан былай да раўажландырыў, исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аймақларда исбилерменлик басламалары менен жойбарларын жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 11-сентябрьдеги ПҚ-3939-санлы қарарына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик) 2019-жыл 1-январьдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртипти орнатыў усыныслары мақуллансын:

Халықаралық лабораторияларды аккредитациялаў шөлкеми (ILAC) ҳәм Халықаралық аккредитациялаў форумы (IAF) толық ағзалары болып есапланған мәмлекетлердиң сертификатластырыў уйымлары тәрепинен берилген муўапықлық сертификатлары ямаса сынақ баянламаларын усынылғанда устав капиталында мәмлекетлик үлеси 50 проценттен көп муғдарда болмаған исбилерменлик субъектлери (еркин экономикалық зоналардың қатнасыўшылары буған кирмейди) өз ислеп шығарыў талаплары ушын алып киретуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын қәнигелескен ҳәм аўыл хожалығы техникасы, технологиялық үскенелер ҳәм олардың комплектлеўши және аўысық бөлеклери, сондай-ақ, мәжбүрий сертификатланыўы зәрүр болған өним ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын азық-аўқатлық емес шийки зат, материаллар менен буйымлар мәжбүрий сертификатластырыўдан азат етиледи;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен өз ислеп шығарыў талаплары ушын алып кирилетуғын өлшеў қуралларына муўапықлық сертификатын бермеген ҳалда оны бажыхана ҳүжжетлери рәсмийлестирилген күннен баслап еки ай даўамында орнатылған тәртипте алыў шәрти менен бажыхана ҳүжжетлерин рәсмийлестириўге жол қойылады

Миллий өлшеў эталонлары ҳәм миллий метрология институтлары тәрепинен берилетуғын калибрлеў ҳәм өлшеў сертификатларын өз-ара тән алыў ҳаққындағы келисимди (CIPM MRA) қол қойылған еллердиң Миллий метрология уйымлары тәрепинен рәсмийлестирилген әмелдеги калибрлеў (ямаса тексериў) сертификатлары берилгенде өз талаплары ушын технологиялық процесслерде пайдаланылатуғын импорт бойынша алып кирилетуғын өлшеў қуралларын метрологиялық аттестациялаў (түрин тастыйықлаў) әпиўайыластырылған тәртипте, бир күн мүддетте тән алыў тәртиплери жолы менен әмелге асырылады.

  1. усы қарардың 1-бәнтинде көрсетилген әпиўайыластырылған тәртипте алып кирилетуғын товарлардың техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың мақсетли жумсалыўына ислеп шығарыў талаплары ушын алып кирилип атырған исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахслары жуўапкер болып есапланатуғыны;

усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған әпиўайыластырылған тәртип, мәмлекетлик бажыхана уйымларына (соның ишинде, үшинши шахслар тәрепинен) товарлар оларды ислеп шығарыў талаплары ушын алып кирип атырған исбилерменлик субъекти тәрепинен оларды ислдеп шығарыў талаплары ушын мақсетли жумсалыўы ҳаққындағы мәжбүриятлары, сондай-ақ, орнатылған тәртипте бажыхана ҳүжжетлери рәсмийлестирилген күннен баслап еки ай даўамында өлшеў қуралларын сертификатластырыў әмелге асырылыўы нәзерде тутылған кепиллик хатының берилиўи шәрти менен қолланылатуғыны;

мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары, бажыхана ҳүжжетлери рәсмийлестирилгеннен соң үш күн мүддетте усы қарарадың  1-бәнтине муўапық әпиўайыластырылған тәртипте алып кирилген товарлардың импорты ҳаққында уйымлараралық мәлимлеме алмасыў қуралы арқалы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине ҳәм Агентликке мағлыўмат беретуғыны;

усы қарардың  1-бәнтинде нәзерде тутылған әпиўайыластырылған тәртипте алып кирилетуғын товарлардан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа да уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сапа менеджменти системаларын енгизген ҳәм миллий аккредитация системасында аккредитацияланған сынақ лабораторияларынан пайдаланатуғын исбилерменлик субъектлерине олар тәрепинен Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылатуғын өнимниң муўапықлығын декларация жолы менен тастыйықлаў ҳуқықы берилсин.
  2. Төмендегилер:

2019-2020-жылларда техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология системаларын және де раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

29 улыўмалық ҳәм 13 арнаўлы техникалық регламентлердиң ислеп шығылыўын нәзерде тутатуғын 2019-2021-жылларда техникалық регламентлерди ислеп шығыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

бейимлесиў дәрежесин 47 процентке жеткериўди нәзерде тутатуғын 2019-2021-жылларда стандартластырыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди халықаралық талаплар менен бейимлестириў мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

сынақ ҳәм өлшеў базасын жетилистириў бойынша жойбарлар дизими 4-қсымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилерге жеке жуўапкершилик жүкленсин:

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа – «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатылыўы ушын;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отажоновқа – Техникалық регламентлерди ислеп шығыў бағдарламасының өз ўақтында, толық ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын;

Агентлик бас директоры Д.Н.Саттаровқа – стандартластырыў бойынша нормативлик ҳүжжетлердиң бейимлесиў дәрежесин белгиленген мақсетли көрсеткишлерге, соның ишинде, 2023-жылға шекем 80 процентке жеткериў, Агентлик системасы шөлкемлериниң нәтийжели ислеўи, республиканың барлық аймақларында сынаў лабораторияларының кең тармағын, соның ишинде, жеке меншик сынаў лабораториялары бар болмаған орынларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаратыў ҳәм модернизациялаўды тәмийинлеў ушын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Б.Азимовқа – шегара бажыхана постларында қадағалаў тәртиплерин орынлаўда санитариялық-эпидемиологиялық, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаў уйымлары жумысының нәтийжели ҳәм оператив муўапықластырылыўын тәмийинлеў ушын.

  1. Министрликлер, уйымлар, хожалық бирлеспелери – усы қарардың 2-қосымшасында көрсетилген техникалық регламентлерди ислеп шығарыўшылар бир ҳәпте мүддетте эксперт кеңеслерин қәлиплестирсин ҳәм техникалық регламентлер ислеп шығыў бойынша тармақ кестелерин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
  2. 2019-жыл 1-январьдан:

5-қосымшада келтирилген дизимге муўапық алып кирилетуғын тутыныў товарларын мәжбүрий сертификатлаў тек Агентлик системасындағы сертификатластырыў уйымлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Аккредитация орайы тәрепинен, жаңадан аккредитацияланған басқа сертификатластырыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

муўапықлық сертификатларын рәсмийлестириўде тәкирарланатуғын сынақлардың өткерилиўи қадаған етилетуғыны ҳәм сертификатларды бериўде, уйымлық бойсыныўға қарамастан, белгиленген тәртипте аккредитацияланған лабораториялар тәрепинен өткерилген сынақлардың унамлы нәтийжелери тийкар етип алынатуғыны белгилеп қойылсын.

Агентлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги қасындағы Аккредитация орайы еки ай мүддетте сертификатластырыў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўдың нәтийжели механизмин шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын және турақлы жаңаланатуғын санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм фитосанитариялық жағдайы мақул емес болған мәмлекетлердиң дизимине киретуғын еллерден санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм фитосанитариялық қадағалаўдан өткерилиўи зәрүр болған өнимлердиң алып кирилиўи тастыйықлансын.
  2. Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте санитариялық-эпидемиологиялық, ветеринариялық ҳәм фитосанитариялық қадағалаў шегара хызметлериниң жумысын сын көзқарастан үйрениў нәтийжелери бойынша олар тәрепинен қадағалаў функцияларының орынланыўын жетилистириў, нәтийжелилиги менен оперативлигин арттырыў бойынша усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасының «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында» ғы нызамына муўапық техникалық регламентлерге әмел етиў барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын мәжбүрий екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Техникалық регламентлердиң әмелге киргизилиўи менен усы техникалық регламентлер менен қәўипсизлигине мәжбүрий талаплар қойылатуғын өнимлерди сертификатластырыў мәжбүрий түрге ийе болатуғыны белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы стандартластырыў ҳәм метрология басқармаларын сапластырған ҳалда «Өзстандарт» агентлиги жанында Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызамшылық талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:

техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызам бузылыўларының алдын алыў ҳәм профилактикалаўды әмелге асырыў;

техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология мәселелеринде исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў;

техникалық регламентлер, стандартластырыў бойынша нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўи, өлшем бирликлериниң бирдейлиги менен исенимлилигин тәмийинлеў,  мәжбүрий сертификатластырыў қағыйдалары талапларының орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў.

Департамент юридикалық шахс болып есапланатуғыны, оның жумысы үстинен улыўмалық басшылық ҳәм қадағалаў Агентлик тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Агентликтиң Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў илимий-изертлеў институты ҳәм «Мәлимлеме-мағлыўмат орайы» мәмлекетлик кәрханасы тийкарында «Өзстандарт» агентлиги жанындағы Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институты стандартластырыў бойынша тармақ техникалық комитетлердиң жумысын муўапықластырыў, стандартластырыў бойынша нормативлик ҳүжжетлерди, соның ишинде, шәртнама тийкарында хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм басқа шөлкемлердиң арзалары бойынша ислеп шығыў және реализациялаў, сондай-ақ, техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша базалық шөлкем етип белгиленсин.

Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институтының хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли лаўазымлары бойынша хызметкерлер ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылсын.

Агентлик бир ай мүддетте, Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институтының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер:

«Өзстандарт» агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 6-қосымшаға муўапық;

«Өзстандарт» агентлиги орайлық аппаратының структурасы 7-қосымшаға муўапық;

Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызамшылықтың талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў департаментиниң структурасы 8-қосымшаға муўапық;

Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызамшылықтың талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы инспекторларының шекленген саны 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Агентлик басқарма хызметкерлериниң шекленген саны 153, соның ишинде, орайлық аппаратты-69 етип белгиленсин.

  1. Агентликтиң Бас директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

зәрүрлик болғанда – басқарма хызметкерлериниң белгиленген штат саны шеңберинде Агентлик аппараты ҳәм оның төменги шөлкемлериниң структурасына өзгерислер киргизиў;

қаржылық имканиятлардан келип шығып, өз қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын, төменги шөлкемлер басқарма хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў;

Министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер техникалық комитетлериниң қәнигелерин, алдынғы жойбарлаў институтлары, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң қәнигелерин тартыў, сондай-ақ, жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин жумысқа қабыл етиў ҳәм оларға еркин алмасылатуғын валютада мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер муғдарларын белгилеў;

өз хызмет миннетлемелерин ҳақықый ҳәм нәтийжели орынлап атырған, Агентлик ҳәм департаменттиң жоқары қәнигели, интакер жумысшыларына Агентлик қасындағы Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыўды раўажландырыў арнаўлы қорының қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеў қорының еки есе муғдарына шекем қосымша ҳақы төлеў.

Агентликке сапасыз ҳәм адамлар өмири, саламатлығы, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлки, қоршаған орталық ушын қәўипли болған өнимлерди алып кириў, ислеп шығарыў ҳәм сатыў қәўпиниң мониторингин жүргизиў ўазыйпасы жүкленсин.

  1. Төмендегилер Агентлик жумысы нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлери етип белгиленсин:

Агентлик бөлимлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын қанаатландыратуғын баҳалаўшы арза ийелери, сондай-ақ, олардың ис-ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен шағымлардың саны;

интерактив түрде хызметлер көрсетиў ушын келип түсип атырған мүрәжатлар саны;

қабыл етилген ҳәм қайта көрип шығылған техникалық регламентлер менен стандартлардың саны, соның ишинде, халықаралық талапларды инабатқа алған ҳалда;

сапасыз ҳәм қәўипли болған өнимлерди алып кириў, ислеп шығарыў ҳәм сатыў қәўпиниң мониторинги бойынша жумыслардың нәтийжелилиги;

техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызам бузылыўларының алдын алыў ҳәм профилактикалаў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги.

  1. Агентлик бир ай мүддетте төмендегилер бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын:

уйымның жаңа логотипи ҳәм парқлаў белгилериниң жаратылыўын нәзерде тутқан ҳалда имиджин жақсылаў;

көрсетилетуғын хызметлер дәрежесин арттырыў мақсетинде төменги шөлкемлердиң жумысын баҳалаў әмелиятын енгизиў;

өнимдарлықты баҳалаў нәтийжелери, соның ишинде, коррупциялық факторлардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында ғалаба хабар қураллары менен социаллық тармақларда мәлимлемелерди системалы жарытып барыў.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Олий суды, Орайлық банки, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статиска комитети ҳәм басқа уйымлардың статистикалық мәлимлемелери мәжбүрий жөнетпелердиң реестрине киргизилсин.
  2. Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўындағы нызам бузылыўы ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўин нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Сыртқы саўда министрлиги, Экономика министрлиги, Агентлик ҳәм басқа министрлик және уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда сапа миллий инфраструктурасын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 28-апрельдеги ПҚ-2935-санлы қарарына 10-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  5. Агентлик, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

Министрлик ҳәм уйымлар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Э.М.Ғаниевлерге жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-декабрь