Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде өткен жыл даўамында руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларын пайдаланыўға бериўдиң тәртип-қағыйдаларын жеңиллетиў ҳәм экономиканың руда емес шийки зат базасын раўажландырыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, руда емес пайдалы қазылмалардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўде бир қатар машқалалар бар болып, булар жер участкаларын ажыратыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң жер асты участкаларын пайдаланыўға бериўге байланыслы нормаларға муўапық емеслиги, қазып  алыў ҳәм қайта ислеўде моральлық жақтан ескирген, мүддети жуўмақланған техника ҳәм үскенелерден пайдаланылып атырғаны, кәнлер ҳәм перспективалы майданлар туўралы исбилерменлик субъектлерин хабардар етиў ҳәм оларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў дәрежесинниң төмен екенлигинде көринбекте.

Тек ғана усы жылдың сентябрь-ноябрь айларында өткерилген үйрениўлерде  186 субъект тәрепинен тийисли лицензия алмай 26,7 миллиард сумлық руда емес пайдалы қазылмалар нызамсыз қазып алынған жағдайлар анықланды, сондай-ақ, лицензия шәртлерине әмел етпеген ҳәм жер асты участкаларынан нәтийжесиз пайдаланған 23 субъекттиң жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы мүддетинен бурын бийкар етилип, 55,6 миллион куб метр ҳәм 3,4 миллион тонна пайдалы қазылмалар резерви мәмлекет балансына қайтарылды.

Руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларын пайдаланыўға бериўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қазып алыў ҳәм қайта ислеў процесслеринде алдыңғы технологияларды кеңнен қолланыў және тараўға потенциаллы инвесторларды тартыў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап:

министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен пайдалы қазылмалардың резервлери мәмлекеттиң балансында есапқа алынған кәнлер ҳәм перспективалы майданлар жайласқан жер участкаларын бериўде (реализациялаўда) жер фонды категориясына қарамастан, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң унамлы жуўмағы алынатуғыны;

руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия тийкарында жер астынан пайдаланыўшының мүрәжатына бола, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тийисли жер участкаларын он күннен аспаған мүддетте ашық саўдаларсыз, тиккелей лицензияның әмел етиў мүддети ҳәм жер асты участкаларының шегараларына муўапық ажыратып берилетуғыны;

руда емес пайдалы қазылмалар жер участкаларының шегараларын орнында белгилеў жумыслары Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жанындағы Кән-геология жумысын қадағалаў инспекциясының аймақлардағы бөлимлери тәрепинен бир ўақыттың өзинде жер астынан пайдаланыўшының қатнасында әмелге асырылатуғыны;

жер астынан пайдаланыўшыларға берилетуғын лицензиялардың әмел етиў мүддети тамамланғанда ямаса мүддетинен бурын бийкар етилгенде Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен бул ҳаққында үш күн мүддетте Мәмлекетлик салық комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жазба мағлыўмат берилетуғыны;

руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензияның әмел етиў мүддети тамамланғанда ямаса мүддетинен бурын бийкар етилгенде тийисли жер майданлары жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен резервке қайтарылатуғыны;

руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў көлемлери жер асты участкаларынан пайдаланыўшылар тәрепинен үзликсиз еки жыл даўамында орынланбаған жағдайда (форс-мажор жағдайларынан тысқары) ҳақыйқатында қазып алынған көлемнен келип шығып, руда емес пайдалы қазылмалар резервлериниң өзлестирилмей қалатуғын бөлеги мәмлекет балансына ҳәм олар жайласқан жер участкалары жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары резервине қайтарылатуғыны, бунда, бурын берилген лизенция қайта рәсмийлестирилместен жер асты участкаларынан пайдаланыў шәртлерине тийисли өзгерислер киргизилетуғыны;

руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў шәртлеринде жер астынан пайдаланыўшылардың инвестициялық миннетлемелери нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2019-жыл 1-июльден Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан анықланған руда емес пайдалы қазылмалар кәнлери;

2020-жыл 1-январьдан барлық руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензиялар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасындағы электрон аукцион жуўмақлары тийкарында 20 күннен аспаған мүддетте бериледи.

Бунда, жер астын геологиялық жақтан үйрениў жумысларын қаржыландырған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өзлери излеп тапқан кәннен пайдалы қазылмаларды қазып алыўға лицензия алыўда олардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықлары сақланып қалынады.

Руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын саўдаға қойыўдың басланғыш төлеми аукцион шөлкемлестириў менен байланыслы барлық қәрежетлер жыйындысынан аз болмаған суммада белгиленеди.

  1. Руда емес пайдалы қазылмалар жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында реализациялаўдан алынған пул қаржылары ҳәм услап қалынған гиреў суммасы, аукцион шөлкемлестириў менен байланыслы төлем суммалары шегирилген ҳалда теңдей үлеслерде:

руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысы алып барылатуғын аймақлардағы тийисли район (қала)лардың жергиликли бюджетлерине;

минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толықтырыў жыллық мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўға мақсетли бағдарланған ҳалда Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң арнаўлы ғазнашылық есап бетлерине өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Тәбийғый безеўге қолайлы тасларды (мрамор, гранит, травертин ҳәм ҳәк) қазып алыў ҳәм олардың техноген минерал өнимлеринен пайдаланыў ушын лицензияға ийе болған барлық хожалық жүргизиўши субъектлер 2022-жыл 1-январьға шекем:

белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша өзиниң өндирислик зәрүрликлери ушын сырттан алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын тәбийғый безеўге қолайлы тасларды қазып алыў, оларды қайта ислеў, сондай-ақ, тәбийғый безеўге қолайлы таслардың тәбийғый техноген минерал өнимлерин қайта ислеўге мөлшерленген арнаўлы техника ҳәм үскенелер бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етиледи;

тәбийғый безеўге қолайлы тасларды қазып алыў, оларды қайта ислеў, сондай-ақ, тәбийғый безеўге қолайлы таслардың техноген минерал өнимлерин қайта ислеў жумысы бойынша юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығын есаплаўда бул салық бойынша белгиленген ставка еки есеге азайтылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

cыртқы базар конъюнктурасын үйренип, руда емес пайдалы қазылмаларды терең қайта ислеўди ҳәм олардан ислеп шығарылатуғын таяр өнимлер экспортын кеңейтиў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм орайластырылған дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғын қурылыс объектлеринде жергиликли руда емес шийки зат тийкарында ислеп шығарылған қурылыс материалларын, соның ишинде, тәбийғый безеўге қолайлы тасларды кеңнен қолланыўды және руда емес пайдалы қазылмалар нызамсыз қазып алынған жағдайларда олардың қунын анықлаў тәртибин белигилейтуғын Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. «Ўзқурилишматериаллари» АЖ 2019-жыл 1-мартқа шекем республика аймақларында анықланған барлық тәбийғый безеўге қолайлы таслардың миллий брендин ҳәм катологин жаратсын, олардың кеңейтилген таныстырыў мәресимин өткерсин және ҳәр жылы бир мәрте катологиниң жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятлары ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте Жиззақ ўәлаятының Фориш районын Наўайы ўәлаятының Нурата районы менен байланыстыратуғын темир жол тармағын қурыў мәселесин ҳәр тәреплеме үйренип шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына бул мәселе бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети 2019-жыл 1-апрельге шекем:

анықланған руда емес пайдалы қазылмалар кәнлери ҳәм перспективалы майданлардың мәмлекетлик кадастрын хатлаўдан өткерсин;

хатлаў нәтийжелери бойынша, руда емес пайдалы қазылмалар жер асты участкалары ҳәм перспективалы майданлар ҳаққында толық (карта, фото ҳәм видео) мағлыўмат бериў, интерактив мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳәм бул процесслерди пайдаланыўшылар тәрепинен онлайн бақлап барыў имканиятын беретуғын комитеттиң жаңаланған рәсмий веб-сайтын ҳәм оның мобиль версиясын жаратсын;

руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензиялар бериўде «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында электрон аукционын өткериў регламентин тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жанындағы Кән-геология жумысын қадағалаў инспекциясына (кейинги орынларда Инспекция деп аталады) пайдалы қазылмалардан нызамсыз пайдаланыў жағдайларының алдын алыў, анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша төмендеги қосымша ўазыйпалар жүксенсин:

ҳуқықбузарлықларды профилактика етиўдиң алдыңғы усылларын енгизиў, уйымлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, жумысында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланыў;

пайдалы қазылмалардан нызамсыз пайдаланыў анықланған жағдайлар бойынша қәрежетлерди рәсмийлестириў, маркшейдерлик жумысларын өткерген ҳалда келтирилген зыян муғдарын анықлаў;

анықланған ҳуқықбузарлықлар ҳәм олардың ақыбетлери ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етип барыў, тараўда ҳуқықты кеңнен қолланыў әмелияты ҳәм нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети пайдалы қазылмалардан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын анықлаў бойынша қадағалаў илажларын әмелге асырыўда Инспекция менен өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги және Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң юридикалық шахс статусына ийе болмаған Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жанындағы Кән-геология жумысын қадағалаў инспекциясын раўажландырыў қорын (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Қордың қаржылары төмендеги дәреклерден қәлиплестириледи:

жер астынан пайдаланыў тараўында белгиленген илажларды бузғаны ушын өндирилген жәриймалар суммасының 80 проценти муғдарындағы ажыратпалар;

жер асты пайдалы қазылмаларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайлары бойынша анықланған зыян суммасының 20 проценти муғдарындағы ажыратпалар;

Қордың ўақытша бос қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәраматлар.

Қордың қаржылары Инспекцияның материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, қазып алынған пайдалы қазылмалардың ҳақыйқый көлемин анықлаў ушын исленетуғын маркшейдерлик жумысларын  қаржыландырыўға және хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге мақсетли қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине геологиялық сүўретлеў жумысларында, исленетуғын маркшейдерлик өлшемлеринде және қәўипли геологиялық процесслерин үйрениўде ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды сатып алыў, алып келиў ҳәм олардан пайдаланыўға рухсат берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте үш ай мүддетте руда емес пайдалы қазылмалардан нызамсыз пайдаланғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 26-декабрь