Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жасларды өз үстинде турақлы ислеўге умтылдырыў ҳәм билимли жасларды және де қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-2022-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатының күндизги тәлим түрине кириў имтиханларында (тест сынақлары, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан, жазба имтихан) ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Өзбекстан РеспубликасыПрезиденти гранты(кейинги орынларда ­ Президент гранты) енгизилсин.
  2. а) Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатының күндизги тәлим түрине кириў имтиханлары нәтийжелерине бола, тәлим тараўлары кесиминде, тәлим алыў тилиниң қандай болыўына қарамастан, республика бойынша ең жоқары балл топлаған абитуриентлердиң 200 и Президент грантына талапкер болатуғыны белгилеп қойылсын.

Онда:

Президент гранты ушын ажыратылған квотаның тәлим тараўлары бойынша бөлистирилиўи ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады;

белгили бир билимлендириў тараўы ушын ажыратылған Президент гранты квотасы бойынша соңғы орындағы абитуриент ҳәм оның менен бирдей балл топлаған барлық пуқаралар Президент грантына талапкер болады;

б) нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға кириўде қосымша балл түринде жеңиллик берилетуғын категориядағы абитуриентлердиң кириў имтиханлары нәтийжелерине бола топлаған балына қосып берилген баллар Президент грантына талапкерлерди анықлаўда есапқа алынбайды;

в) Президент грантына талапкер болған абитуриентлердиң дизими ҳәр жылы кириў имтиханлары ҳәм таңлаў толық жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен тасыйықланады;

г) Президент грантына талапкер болған абитуриентлер мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи;

д) Президент гранты ийелери биринши курста барлық пәнлерди «айрықша» баҳаларға оқыған, руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында табысларға ерискен бул грантқа талапкер студентлер арасынан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Республика жоқары билимлендириў кеңеси ҳәм Жаслар ислери агентлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў тийкарында анықланады;

е) өткерилген таңлаў нәтийжелерине бола жеңимпаз болған студентлерге Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди.

Бунда студентке:

Президент гранты ушын белгиленген стипендия екинши курстың оқыў жылының басынан айма-ай төленеди ҳәм усы мүнәсибет пенен оған улыўма шәртлерде белгиленетуғын стипендия тайынланбайды;

оқыў семестри жуўмағына көре кеминде бир пәннен өзлестириў көрсеткиши «айрықша» баҳа болмағанда, Президент гранты ийелерине келеси оқыў семестри даўамында улыўма тәртипте белгиленетуғын стипендия тайынланады ҳәм төленеди;

гезектеги оқыў семестриниң жуўмағына бола барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек «айрықша» баҳа болғанда, Президент гранты ушын белгиленген стипендия қайта тайынланады ҳәм төлеп барылады;

ж) оқыўдың ақырына шекем Президент грантын үзликсиз алған студентлер бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес ҳәм түрлес қәнигелик бойынша магистратураға кириў имтиханларысыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етиледи.

  1. Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Президент грантына талапкер болған абитуриентлердиң дизимин ҳәр жылы кириў имтиханлары толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте билимлендириў тараўлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм бакалавриат тәлим бағдарлары кесиминде қәлиплестирип, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияға киргизип барсын.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Жаслар ислери агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем, атап айтқанда, төмендегилерди нәзерде тутыўшы Президент гранты ийелерин таңлаў тийкарында анықлаў тәртибин Министрлер Кабинетине киргизсин:

а) таңлаўда қатнасыў ушын жоқары билимлендириў мәкемеси ректоры (директоры) тәрепинен биринши курста барлық пәнлерди «айрықша» баҳаларға оқыған Президент грантына талапкер студентке оның оқыў дәўириндеги табыслары, атап айтқанда, илимий-изертлеў жумысы, интакерлиги, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди өзлестиргенлиги, үлгили минез-қулыққа, тараўы бойынша зәрүр билимге ҳәм республикада алып барылып атырған реформаларға өзиниң пуқаралық позициясын билдире алыў көнликпелерине ийе екенлиги сыяқлы жеке пазыйлетлери бойынша минезлеме бериў;

б) Президент грантына талапкер студентлерге төмендеги минимал талапларды қойыў:

оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарына байланыслы конференция (таңлаў)ларда қатнасыў;

оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарына сай кеминде еки илимий-изертлеў жумысы (шығарма)н жәриялаў;

мәмлекетлик тил менен бир қатарда кеминде бир шет тилин (ҒМДА еллериниң мәмлекетлик тиллеринен тысқары) ҳәм Өзбекстан тарийхын билиў.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                              Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 6-июль