Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Кейинги жылларда мәмлекетимизде суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар көрилди.
2008-2017-жыллар даўамында Мәмлекетлик бюджеттен 2 172,8 километр ирригация тармақлары, 368,8 километр лотоклы суўғарыў тармақлары, 347 гидротехникалық қурылмалар, сондай-ақ, 83,7 куб м/сек улыўма суў жеткерип бериў көлемине ийе болған насос станциялары, улыўма көлеми 1 581,3 миллион куб/м болған суў сақлағышлар ҳәм басқа да объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 3,2 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылды, соның нәтийжесинде 1,7 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын жерлердиң суў тәмийнатын жақсылаўға ерисилди.
Буннан тысқары, бул дәўир ишинде мелиорация объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларына 2,5 триллион сум ажыратылып, 2,5 миллион гектар суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланыўына, жер асты суўларының турақлылығы тәмийинлениўине ҳәм нормада услап турылыўына ерисилди.
Соның менен бирге, жумыслардың ҳақыйқый жағдайын таллаў аўыл хожалығында, әсиресе, пахта шийки затын жетистириўде илимий тийкарланған агротехникалық илажларды әмелге асырыў ҳәм суўғарыўдың суўды үнемлейтуғын технологияларын енгизиўде айрықша изде қалыўға жол қойылып атырғанынан дәрек бермекте, атап айтқанда:
бириншиден, тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў, бул технологиялардан пайдаланып атырған пахта шийки затын өндириўшилерди, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм бул системаларды комплектлеўши буйымлар менен тәмийинлейтуғын жергиликли өндириўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлери жоқ;
екиншиден, жоқары зүрәәтлиликке, тәбийғый ҳәм мийнет ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға ерисиўди тәмийинлейтуғын республиканың топырақ-ықлым ҳәм басқа да шараятларды есапқа алған ҳалда ислеп шығылған тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўдиң илимий тийкарланған агротехникалық қағыйдалары жоқ;
үшиншиден, заманагөй тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыў, жойбарлаў ҳәм қурыў, пахта шийки затын жетистириўде өнимниң сапасын қадағалаў мәселелери итибардан шетте қалмақта;
төртиншиден, тамшылатып суўғарыў системасынан пайдаланған ҳалда жетистириўге мөлшерленген сортларды жаратыў мақсетинде аўыл хожалығы егинлериниң, әсиресе, ғаўашаның жергиликли сортлары селекциясы тараўында илимий излениўлерди жеделлестириўге күшли зәрүрлик бар;
бесиншиден аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын зәрүр болған аўыл хожалығы техникасы, машина ҳәм механизмлерин ислеп шығарыў жолға қойылмаған;
алтыншыдан, суўғарыўдың суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларынан пайдаланыў ҳәм илимий тийкарланған агротехникалық қағыйдаларды, сондай-ақ, алдыңғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм ноу-хауларды әмелиятқа енгизиў бойынша кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системалары заман талапларына жуўап бермейди;
Суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм үнемли пайдаланыў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын буннан былай да жақсылаў, аўыл хожалығы егинлериниң, әсиресе, ғаўашаның зүрәәтлилигин арттырыў, сол тийкарда аўыл хожалығы өндирисиниң турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер ғаўаша жетистириўде тамшылатып суўғарыў системасын енгизиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
ғаўаша жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологияларынан пайдаланыў бойынша жойбарларды әмелге асырып атырған пахта шийки затын ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың тәсиршең системасын енгизиў, тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм олардың комплектлеўши буйымларын ислеп шығарыўшыларды хошаметлеў механизмин жетилистириў;
қолда бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, тамшылатып суўғарыў жолы менен ғаўаша жетистириў тараўындағы инновациялық идеяларды, илимий-изертлеў исленбелерин, заманагөй технологиялар ҳәм илимий жетискенликлерди кеңнен енгизиў;
республика аймақларының топырақ-ықлым ҳәм басқа да шараятларын есапқа алған ҳалда тамшылатып суўғарыў технологияларын қолланыў ушын илимий-әмелий ҳәм методикалық тийкарларды қәлиплестириў;
тамшылатып суўғарыў технологияларын қолланған ҳалда пахта жетистириўде пайдаланылатуғын аўыл хожалығы техникасы, машина ҳәм механизмлерди, сондай-ақ, минерал төгинлер ислеп шығарыўды жолға қойыў;
суўғарыўдың суўды үнемлейтуғын технологияларын енгизиў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша қәниге кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў.
- 2018-жылы «Иштихон Нурли Давр» (Иштихон районы) ҳәм «Мароқанд Кластер» (Нарпай районы) фермер хожалықлары және «PengSheng» өзбек-қытай қоспа кәрханасы (Сырдәрья районы) 200 гектардан аслам жерде тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў бойынша жойбарлар әмелге асырылған болып, бул усыл усы жерлерде суўды еки есе үнемлеў менен бирге, ҳәр гектардан 40-45 центнерге шекем, республика бойынша орташа зүрәәтлиликтен 1,5-1,7 есе жоқары көрсеткишке ерисиў имканиятын бергени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизген пахта шийки затын өндириўшилер, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби белгиленсин. оған муўапық:
а) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан пахта шийки затын өндириўшилерге тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў ушын пахта шийки заты егилетуғын жердиң ҳәр бир гектарына 8 миллион сум субсидия бериледи;
б) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан пахта шийки затын өндириўшилерге тамшылатып суўғарыў системаларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерди сатып алыў ушын ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлери коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасынан бир гектарға 20 миллион сумнан аспайтуғын 10 процентлик пункти муғдарында қапланады;
в) бюджет қаржыларын алыўшылар менен дүзилетуғын импорт шәртнамаларын экспертизадан өткериў ҳәм дизимге алыў талабы пахта шийки затын өндириўшилер тәрепинен тамшылатып суўғарыў технолгиясын енгизиў бойынша жумыслар шеңберинде дүзилетуғын шәртнамаларға енгизилмейди;
г) пахта шийки затының жергиликли ислеп шығарыўшылары, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў системасы ислеп шығарыўшылары тәрепинен алып келинетуғын, тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын зәрүр болған комплектлеўши бөлеклер ҳәм шийки зат 2021-жылдың 1-январына шекем 1-қосымшадағы дизимге муўапық бажыхана бажын төлеўден азат етиледи.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўге жәрдемлесетуғын жумысшы топарларды (кейинги орынларда – жумысшы топарлар) 2-қосымшаға муўапық үлги қурамда шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
а) жумысшы топарлардың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер есапланатуғыны белгилеп қойылсын:
тамшылатып суўғарыў технологиясын жедел ҳәм толық енгизиўде пахта шийки затын өнидириўшилерге ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик-техникалық жәрдем көрсетиў;
тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизетуғын пахта шийки затын өндириўшилерге сервис шөлкемлери және тамшылатып суўғарыў системасын ислеп шығарыўшылар тәрепинен сапалы сервис хызмети көрсетилиўин шөлкемлестириўди тәмийинлеў;
пахта шийки затын өндириўшилерге, соның ишинде, тамшылатып суўғарыў системаларын қурыў бойынша үлги жойбарларды усыныў арқалы суўғарыўдың суўды үнемлейтуғын технологияларын енгизиў усылларын өзлестириўде әмелий жәрдем көрсетиў;
бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў, сондай-ақ, пахта шийки затын өндириўшилерге тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў ушын кредит алыўға жәрдемлесиў;
суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларының енгизилиўин ҳәм оннан пайдаланыў нәтийжелилигин, соның ишинде, суўғарыў суўы, минерал төгинлер ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслардан пайдаланыў көлемлерин қысқартыў көрсеткишлериниң системалы мониторинг етилиўин шөлкемлестириў;
анықланған машқалалы мәселелерди шешиў бойынша жедел илажлар көриў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр айда мағлыўмат берип барыў;
б) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў мәселелери мәлимлеме-таллаў департаменти жумысшы топарлардың жумысын муўапықластырыўшы (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы) есапланады;
в) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Муўапықластырыўшы жумысшы уйым есапланады;
г) Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ўәлаятлардағы аўыл хожалығы басқармалары жумысшы топарлардың жумысшы уйымлары есапланады.
Жумысшы топарлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламалар менен жойбарларды жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3939-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша аймақлық топарлар менен тығыз бирге ислесип жумыс алып баратуғыны белгилеп қойылсын.
- 2019-2020-жылларда пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша «Жол қартасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Муўапықластырыўшы:
а) бир ҳәпте мүддетте жумысшы топарлар қурамын тастыйықласын;
б) пахта шийки затын өндириўшилерге тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге байланыслы шөлкемлестириўшилик-техникалық мәселелерди шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының муўапықластырылған ҳалда жумыс жүргизиўин тәмийинлесин;
в) тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша жумысшы топарлар басшыларының есапларын ҳәр айда тыңлап барылыўын тәмийинлесин;
г) тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жойбарларын әмелге асырыў ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Админстрациясына усынып барсын;
д) 2019-жыл 1-ноябрьге шекем:
усы қарарда нәзерде тутылған тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўди хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын аўыл хожалығы егинлериниң басқа да түрлерин өндириўшилерге де енгизиў;
2020-жылы ҳәм келеси жылларда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў усыныс етилетуғын жерлер, сондай-ақ, олардың анық дизими бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы менен биргеликте:
бир ай мүддетте пахта шийки затын өндириўшилердиң тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге байланыслы қәрежетлерин қаплап бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
2019-жылы пахта шийки затын өндириўшилердиң тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге байланыслы, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процентлерди қаплаў қәрежетлери ушын 120 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин;
2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде пахта шийки затын өндириўшилердиң тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге байланыслы қәрежетлерин қаплаў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси «Ўзтўқимачиликсаноат» ассоциациясы және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте 2019-2020-жылларда усы қарарда нәзерде тутылған шәртлерде пахта шийки затын өндириўде тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў тилегин билдирген пахта шийки затын өндириўшилердиң аның дизимин қәлиплестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Суў хожалығы министрлиги, «Ўзбекнефтгаз» АЖ ҳәм «Ўзкимёсаноат» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте «Oltin Yo‘l GTL» қоспа кәрханасы ҳәм «Шўртан ГКК» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығарылатуғын полимер шийки заты базасында тамшылатып суўғарыў системаларын (трубалар, шлангалар, фитинглер, суў сақлаў сыйымлықлары, суў жеткерип бериў үскенелери ҳәм басқалар) ислеп шығарыў бойынша қолда бар қуўатлықларды таллаў тийкарында экономикалық нәтийжелиликтен келип шығып, Қашқадәрья ўәлаятында тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығаратуғын жаңа кәрхана шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына анық усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Суў хожалығы министрлиги жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
а) 2019/2020 оқыў жылынан баслап қәнигелестирилген жоқары оқыў орынларының тийисли тәлим бағдарларында;
студентлердиң тийисли әмелият дәўиринде суўды үнемлейтуғын системаларды қурыў ҳәм пайдаланыў процеси менен тиккелей таныстырып барыўды нәзерде тутатуғын суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды терең үйрениўин;
профессор-оқытыўшылар қурамының жетекши жергиликли ҳәм сырт елдеги билимлендириў және илимий-изертлеў институтларында суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыў бойынша стажировка өтеўин шөлкемлестирсин;
б) 2019-жыл 1-мартқа шекем аўыл хожалығы өндириўшилерин орынларға шыққан ҳалда қысқа мүддетли курслар тәризинде суўғарыўдың суўды үнемлейтуғын системалардан пайдаланыўға оқытыў бойынша бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте жергиликли ҳәм жәҳән илими менен әмелиятының ең жақсы жетискенликлеринен нәтийжели пайдалана отырып, 2019-2020-жылларда тамшылатып суўғарыў ушын бейимлестирилген тамыр систамасына ийе пахта сортларын жетистириў агротехнологиясын жаратыў тараўында илимий изертлеўлер алып барсын.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Ш.Р.Ҳамраевқа – аймақлардың өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда, тамшылатып суўғарыў системаларын қурыў бойынша үлги жойбарларды ислеп шығыў, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў системаларын қурыў ҳәм сервис хызметин көрсетиў бойынша жумысты бөлип алыўшы топарлар дүзилиўин тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Б.Т.Юсуповқа – аймақлардың топырақ-ықлым шараятынан келип шығып, тамшылатып суўғарыў системаларынан пайдаланған ҳалда пахта шийки затын өндириў ҳәм машиналар жәрдеминде жыйнап алыўдың технологиялық карталарын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлерине – қалыслық ҳәм ашық-айдынлық принциплерине тийкарланған ҳалда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлигине усы қарардың мазмун-мәнисин, сондай-ақ, 2019-жылы пахта шийки затын өндириўде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў процесин ҳәм нәтийжелерин кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Суў хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 27-декабрь