Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Оториноларингология тараўында медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халықтың мүтәж қатламларына жоқары маман қәнигелестирилген медициналық хызметлер көлемин кеңейтиў, тараўдағы мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, медициналық кадрларды таярлаў ҳәм илимди раўажландырыў мақсетинде:
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан оториноларингология ҳәм бас-мойын хирургия ассоциациясының 2023-жыл 1-сентябрьден юридикалық тәреп статусына ийе болған Республикалық қәнигелестирилген оториноларингология ҳәм бас-мойын кеселликлер илимий-әмелий медицина орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- а) Орай:
оториноларингология бағдарындағы жумысларды муўапықластыратуғыны ҳәм «Орай – аймақлық медициналық мәкемелер – район (қала)лық медицина мәкемелери» системасы тийкарында өз жумысын шөлкемлестиретуғыны;
оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын кеселликлери тараўындағы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди жолға қоятуғыны, бул бағдарларда қәнигелерди оқытыў және олардың көнликпелерин раўажландырыў илажларын көрип, илимий мектепти қәлиплестиретуғыны;
аймақларда оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын кеселликлерин диагнозлаў ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын әмелиятқа енгизетуғыны ҳәм жоқары технологиялық әмелиятлар көлемин кеңейтетуғыны;
денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын кеселликлери профилактикасы оларды ерте анықлаў ҳәм емлеў бағдарламаларын әмелиятқа енгизетуғыны;
мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер менен биргеликте оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын кеселликлерин емлеўдиң заманагөй ҳәм жоқары технологиялық усылларын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери әмелиятына енгизетуғыны;
б) 2024-2025-оқыў жылынан баслап Орайда оториноларингология қәнигелиги бойынша медицина кадрларын клиникалық ординатура арқалы таярлаў шөлкемлестирилетуғыны;
в) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы көп тармақлы медициналық орайлардың оториноларингология бөлимлери Орайдың юридикалық тәреп статусына ийе болмаған аймақлық филиаллары есапланатуғыны.
Орай ҳәм оның аймақлық филиаллары медицина бағдарындағы жоқары, профессионал ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң тийисли кафедралары ушын клиникалық база сыпатында жумыс алып баратуғыны белгилеп қойылсын.
- Орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;
илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў шеңбериндеги грантлар;
төлемли хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июльдағы «Денсаўлықты сақлаў тараўында қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5199-санлы қарарына муўапық, жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў ушын қәнигелестирилген мәкемелерди Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен дүзилген шәртнамалар тийкарында базалық баҳаларда қаржыландырыў тәртиби Орай ушын 2024-жыл 1-январьдан баслап енгизилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап оториноларингология ҳәм бет-жақ хирургия бағдарындағы медициналық хызметлер жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер тәрепинен көрсетилиўине рухсат бериледи.
- 2023-2026-жылларда оториноларингология хызметин раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўын тәмийинлесин ҳәм Бағдарламаның орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте:
а) Корея Эксимбанки Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры (EDCF) есабынан 2023-2024-жылларда район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың көп тармақлы медициналық орайлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың балалар көп тармақлы медициналық орайлары, Ташкент қалалық емлеўханалардың оториноларингология бөлимлери ҳәм медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң клиникаларын, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның аймақлық филиалларын 2-қосымшаға муўапық зәрүр медициналық әсбаплар менен үскенелеў ушын 17 миллион АҚШ долларын қаратсын;
б) 2024-2025-жылларда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендеги илажларды әмелге асырыў ушын 8,6 миллион АҚШ долларын қаратыў илажларын көрсин:
Орайда «Жоқары дем алыў жоллары ағзалары физиологиясы ҳәм патологиясы», «Еситиў ҳәм теңсалмақлық ағзалары физиологиясы ҳәм патологиясы», «Фониатрия ҳәм ронхопатия» илимий лабораторияларын, симуляциялық әмелий лабораторияларды, 5 хирургиялық блокти ҳәм 60 орынларды заманагөй медициналық әсбаплар менен үскенелеў;
Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медициналық орайында «Еситиўдиң әззилеўин диагнозлаў, емлеў ҳәм реабилитация машқалалары» илимий лабораториясын шөлкемлестириў;
Ташкент медициналық академиясы көп тармақлы клиникасы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медицина орайын заманагөй медициналық әсбаплар менен үскенелеў.
- 2024-жылдан баслап:
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына бола аудиоскрининг нәтийжеси бойынша анықланған әззи еситетуғын балаларды кохлеар имплантация әмелиятына таярлық дәўиринде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қосымша жылына кеминде 2 000 санлы еситиў қурылмалары менен тәмийинлеў жолға қойылатуғыны;
Әндижан мәмлекетлик медициналық институты клиникасының ўақытша қысқартылатуғын орынлары ҳәм штат бирликлери есабынан Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның аймақлық филиаллары қабыллаў-диагностика бөлиминде күни-түни хызмет көрсететуғын қосымша оториноларинголог ҳәм бет-жақ хирурги штат бирликлери киргизилетуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен биргеликте оториноларингология бойынша амбулатор ҳәм стационар шараятта жәрдем көрсетиўши мәмлекетлик медициналық мәкемелер ушын штат нормативлерин көрип шығыў ҳәм келешекте талаптан келип шығып оларға өзгерислер киргизип барыў илажларын көрсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына бола усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер 2024-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июльдағы «Денсаўлықты сақлаў тараўында қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5199-санлы қарары 1-бәнтиниң «б» киши бәнти төмендеги редакцияда билдирилсин:
«б) төмендегилер:
2021-жыл 1-ноябрьден көз микрохирургиясы ҳәм урология;
2022-жыл 1-январьдан кардиология, травматология ҳәм ортопедия ҳәм акушерлик ҳәм гинекология;
2022-жыл 1-июльдан хирургия ҳәм нейрохирургия;
2024-жыл 1-январьдан оториноларингология ҳәм бет-жақ кеселликлери бағдарындағы медициналық хызметлер жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер тәрепинен көрсетилиўине рухсат берилсин».
- Орай Ташкент қаласы, Яшнабад районы, Мақтымқулы көшеси, 103-жай мәнзилинде жаңадан қурылып атырған көп тармақлы клиниканың имарат ҳәм объектлериниң бир бөлегине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги менен биргеликте 2023-жылы Мәмлекетлик бюджеттен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан Орайды реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў илажларын көрсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 1-август