Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан халқының улыўма миллий байлығы есапланатуғын мәдений мийрасымызды қорғаў, илимий үйрениў ҳәм оннан пайдаланыў бағдарында елимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Бухара, Самарқанд, Хийўа ҳәм Шаҳрисабз қалаларының тарийхый орайлары ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мәдений мийрасы дизимине, «Байсын мәдений орталығы», «Шашмақам музыкасы», «Наўрыз», «Катта ашула», «Аския», «Палаў мәденияты ҳәм дәстүрлери» кандидатурасы Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине, Усман Қураны, Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтының қолжазбалар топламы, Хийўа ханлығы канцеляриясы ҳүжжетлери Жәҳән естелиги дизимине киргизилгени елимиз мәдений мийрасының дүнья жүзи көлеминде тән алынғанына айқын мысал бола алады.
Ески жазба дәреклерди сақлаў, изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў системасы буннан былай да жетилистирилди, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайы ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ушын жуўапкер уйымның шөлкемлестириўшилик-штат структурасы тараўда мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын бермей атыр.
Тараўда фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди шөлкемлестириўде илим ҳәм инновациялық технологиялардың жетискенликлеринен өнимли пайдаланбаў нәтийжесинде жойбарлаў, реставрация-тиклеў жумыслары материаллық-мәдений мийрас объектлериниң бийбаҳалығын сақлап қалыўға кери тәсир етпекте.
Материаллық-мәдений мийрас объектлерин қорғаў, илимий үйрениў, олардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм елимиздиң туристлик потенциалын арттырыўда олардың орны ҳәм әҳмийетин арттырыў және материаллық мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўды түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў илимий-өндирислик бас басқармасы және оның аймақлараралық (аймақлық) мәмлекетлик инспекциялары негизинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас департаменти (кейинги орынларда Департамент деп аталады) және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары дүзилсин.
Департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
материаллық мәдений мийрас, соның ишинде, археологиялық мийрас объектлери, музей экспонатлары ҳәм коллекциялар және мәдений байлықларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўға байланыслы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
материаллық мәдений мийрас объектлериниң мәмлекетлик кадастр жүргизиў, тарийхый, илимий, көркем ямаса айрықша мәдений қунға ийе болған объектлерди анықлаў, оларды ҳүжжетлестириў ҳәм мәмлекетлик есапқа алыў, материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери категориялары ҳәм қорықланатуғын теграларын белгилеў, сондай-ақ, олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмиийнлеў;
тарийхый-мәдений ҳәм жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлериниң экспертизасын, материаллық мәдений мийрас объектлериниң тарийхый-мәдений баҳасын ҳәм уникаллығын сақлаўға байланыслы жумысларды зыян жеткермеген ҳалда әмелге асырылыўы бойынша үзиликсиз илимий-техникалық қадағалаўды алып барыў;
айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений ҳәм жәҳән мәдений мийрас объектлериниң қатарына киргизилген аймақларда қала қурылысы ҳәм басқа да хожалық жумысларын олардың тарийхый-мәдений орталығы, тәбийғый ландшафты ҳәм өзине тән өзгешелигин сақлап қалған ҳалда алып барыўды муўапықластырыў;
археологиялық затлардың мәмлекетлик катологин жүргизиў, археологиялық изертлеўлерди әмелге асырыў тәртибине ҳәм шәртлерине әмел етиў, археологиялық затлардың өз ўақтында есапқа алыныўы ҳәм мәмлекетке тапсырылыўын қадағалаў және оларды илим, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелерине бириктириў, сондай-ақ, археологиялық изертлеўлер бойынша илимий есабатларды қабыл етиў, экспертизадан өткериў ҳәм архивин жыйнаў, археологиялық естеликлерди концервациялаў және музейлестириў;
миллий музей қорының мәмлекетлик катологин жүргизиў музей экспонетларын ҳәм коллекцияларын музей фонды қараўынан шығарыў ямаса басқа музей фондына өткериў, мәдений байлықларды реализациялаў ушын рухсатнамалар бериў, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен қорғаў дизимлерине ҳәм реестрлерине киргизилген мәдений байлықлар, соның ишинде, музей экспонатлары ҳәм коллекциялары, ески жазба дәреклердиң пүтин сақлаўын ҳәм есабы жүргизилиўин тексериў, миллий архив фонды буған кирмейди;
илимпазлар, халық усталары, реставраторлар, экспертлер менен тығыз бирге ислесиў, оңлаў шеберлигиндеги өзине тән усыл, дәстүр ҳәм мектеплерди раўажландырыўды, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў;
материаллық мәдений мийрас объектлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, тараўға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин, инновациялық ҳәм алдыңғы информация-технологияларын нәтийжели енгизиў, электрон хызметлерди раўажландырырыў;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, финанс институтларының грантлары, кредитлери ҳәм қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы музейлер жумысын муўапықластырыўшы уйымлараралық кеңес және Мәдений ҳәм археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў мәселелерин муўапықластырыў бойынша Ҳүкимет комиссиясы сапластырылсын, олардың ўазыйпасы ҳәм функциялары Департаментке жүкленсин.
- а) Департамент юридикалық шахс есапланатуғыны ҳәм мәмлекетлик мәкеме тәризинде шөлкемлестирилетуғыны;
б) Департамент баслығы лаўазымы бойынша Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары есапланатуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
в) бас архитектор ҳәм бас инспектор Департамент баслығының орынбасарлары есапланатуғыны және Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң усынысы тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
г) Департамент:
материаллық мәдений мийрас, соның ишинде, археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында арнаўлы ўәкилликли мәкеме есапланатуғыны;
өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа да шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралаар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер басшыларына материаллық мәдений мийрас объектлери тараўында анықланған нызамды бузыўшылық жағдайларын, оларға имкан беретуғын себеплер менен шәртлерди сапластырыў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныснама киргизилетуғыны;
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў илимий-өндирислик бас басқармасының ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны, мийнетке байланыслы қатнасықлар буған кирмейтуғыны;
д) материаллық мәдений мийрас объектлерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ҳәм еслатлы пунктлердиң бас режелери Департамент пенен келисилиўи мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2019-2021-жылларда материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў, илимий-изертлеў, үгит-нәсиятлаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды түп-тийкарынан жетилистириў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги (Б.С.Сайфуллаев):
Қаржы министрлиги, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте «Жол картасын»да нәзерде тутылған тийисли илажларды қаржыландырыў дәреклерин ҳәм муғдарларын белгилеў бойынша ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизип барсын;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте тараўға жеңилликли сырт ел кредитлерин ҳәм грантларын тартыў бойынша халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елдеги донорлар менен системалы жумыслар алып барсын.
- Департамент жанында тарийх, архитектура, материаллық мәдений мийрас тараўында илимий, әмелий тәжирийбеге ийе болған 11 илимпаз ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерден ибарат Илимий-эксперт кеңеси дүзилсин.
Илимий-эксперт кеңесиниң қурамы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны ҳәм оған Департамент баслығы басшылық ететуғыны;
Илимий-эксперт кеңеси ағзаларына мәмлекетлик суд экспертлери ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелер енгизилетуғыны;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери ҳәм олардың қорықланатуғын зоналарында жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация ҳәм басқа да хожалық жумыслары, сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў және илимий-техникалық изертлеўлер өткериўге байланыслы жойбарлар Департамент тәрепинен Илимий-эксперт кеңес пенен келисилетуғыны ҳәм оның жуўмағы Департамет ушын мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң қаржылары төмендегилердиң есабынан қәлиплестирилетуғын юридикалық шахс статусына ийе болмаған Департаменттиң бюджеттен тысқары Мәдений мийрас қорының (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын;
Департамент, оның аймақлық басқармалары ҳәм мәмлекетлик музей қорықханаларына тийисли материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин ижараға бериўден түскен қаржылардың 90 процент муғдары, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайлар буған кирмейди;
мәмлекетлик мүлк болған басқа да шөлкемлерге тийисли материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин ижараға бериўден түскен қаржылардың 50 процент муғдары;
Департамент ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлериниң тарийхый-мәдений экспертизасын өткериўден, сондай-ақ, сақлаўға байланыслы жумыслардың жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери экспертизасын ҳәм илимий-техникалық қадағалаўды әмелге асырыўдан түскен қаржылар;
материаллық мәдений мийрас объектинде сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў ҳәм мәдений байлықларды реализациялаў ушын рухсатнамалар бериўге төленген жыйымлар;
материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны және материаллық мәдений мийрас объектлерин жоқ етиў, бузыў ямаса оларға зыян жеткергени ушын төленетуғын жәриймалар;
мәмлекетлик мүлк есапланған материаллық мәдений мийрас объектлерине жеткерилген зыянды қаплаў бойынша қаржылар;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар.
- 8. Қордың қаржылары:
материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў;
материаллық мәдений мийрас объектлериниң мәмлекетлик кадастрын, археологиялық затларды ҳәм миллий музей фондының мәмлекетлик каталогларын жүргизиў;
материаллық мәдений мийрас объектлерин илимий ҳәм илимий-техникалық изертлеў, археологиялық объектлерде қазыў жумысларын алып барыў. оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў;
Департамент ҳәм аймақлық басқармалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, информациялық-коммуникация технологияларын енгизиў, электрон хызметлерди раўажландырыў;
экспертлерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин тартыў, Илимий-эксперт кеңес ағзалары, Департамент ҳәм аймақлық басқармалардың хызметкерлерин материаллық хошаметлеў;
нызам ҳүжжетлеринде белгиленген Департамент жумысы менен байланыслы басқа да илажларды әмелге асырыў ушын жумсалады.
- 9. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясының:
Бухара мәмлекетлик көркем-архитектуралық музей қорықханасы, Самарқанд мәмлекетлик бирлескен тарийхый-архитектуралық көркем музей-қорықханасы, Хийўа «Ийшан қала» мәмлекетлик музей-қорықханасын тийисли түрде «Бухара», «Самарқанд», «Ийшан қала» мәмлекетлик музей-қорықханалары етип қайта атаў;
Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында тийисли түрде «Сармишсой», «Шаҳрисабз», «Термиз» ҳәм «Қоқан» мәмлекетлик музей-қорықханаларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 1 Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мийрасы дизимине тарийхый-мәдений қуны бойынша киргизилген республикадағы аймақлар айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақлар есапланады және оларда режелестирилген қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысыларының жойбарлары Департамент және ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мийрас орайы менен мәжбүрий тәртипте келисилген ҳалда әмелге асырылады;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлериниң миллий дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлеринен пайдаланыў тәртибин белгилеў, келиўшилер ушын шараят жаратыў менен байланыслы мәселелер мәжбүрий тәртипте туризм тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен келисиледи;
мәмлекетлик көшпес мүлк есапланған материаллық мәдений мийрас объектлерин оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында ямаса бийпул пайдаланыў ҳуқықы тиийкарында бириктириў Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында әмелге асырылады;
археологиялық қазылмалар тәбийғый жемирилиў, басқа да ҳәрекет ҳәм жағдайлар қәўпи астындағы және әҳмийетли илимий қунға ийе археологиялық естеликлерде әмелге асырылады ҳәм олардың дизими Департамент тәрепинен жәриялап барылады;
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сақлаўға байланыслы жумыслар әмелге асырылатуғын материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлериниң дизими ҳәр жылы Департамент тәрепинен оның аймақлық басқармаларының усынысына тийкарланып қәлиплестириледи;
материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлеринде сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыўға қәнигелескен шөлкемлердиң дизими қәлиплестириледи және бул дизимнен таңлаў тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асыратуғын шөлкемлер анықланады;
белсенди пуқаралар ерки менен ҳәм таңлаў тийкарында мәҳәлле пуқаралар жыйынлары кеңесиниң қарары менен материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў бойынша жәмийетлик инспектор етип тастыйықланады, олардың нызам ҳүжжетлери бузылыўына байланыслы мүрәжатлери Департамент ямаса оның аймақлық басқармалары тәрепинен мәжбүрий тәртипте мәмлекетлик қадағалаў тәризинде тексериледи, бунда административлик ҳуқықбузарлық ямаса жынаят анықланса, жәмийетлик инспекторлар Қордың қаржылары есабынан ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.
- 11. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги (Б.С.Сайфуллаев):
2019-жылдың 1-февралына шекем Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлеринде сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыўға қәнигелескен шөлкемлердиң дизимин қәлиплестирсин және оның турақлы жаңаланып барыўын тәмийинлесин;
2019-жылдың 1-апрелине шекем Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес пенен бирегликте материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерине жәмийетлик инспекторларды бириктириў илажларын көрсин;
2019-жылдың 1-июнине шекем Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлериниң миллий дизимин қәлиплестирсин ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 12. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Madaniyat va Ma’rifat» телеканалы Департаменттиң материаллық мәдений мийрас объектлерин илимий тийкарларда үгит-нәсиятлаў ҳәм аудиовизуал шығармаларды таярлаў бойынша бас мәлимлеме шериги сыпатында белгиленсин.
- 13. Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа – пуқта таңлаў тийкарында Департаментти жоқары маманлықтағы, инталы, мәдений-мийрас мәселелери бойынша зәрүр билим ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Б.С.Сайфуллаевқа – «Жол картасын» әмелге асырыў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў және олардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатылыўы, Департамент жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, қолда бар шөлкемлестириўшилик-техникалық, қаржылық, ҳуқықый ҳәм басқа да мәселелерди шешиў;
министрлик ҳәм уйымлар басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – «Жол картасы»нда нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўын дурыс шөлкемлестириў және илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыў илажларын көриў бойынша жеке жуўапкерлик жүкленсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
Департамент жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын;
нызам ҳүжжетлерине усы қарарадан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа, Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 19-декабрь