Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетте май ислеп шығарыў тармағын раўажландырыў, халықтың талабын және де толығырақ қанаатландырыў мақсетинде өндирис көлемлерин арттырыў ҳәм таяр өнимлердиң ассортиментлерин көбейтиў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, ҳақыйқый жағдай соны көрсетеди, май ислеп шығарыў тармағын басқарыўдың бирден-бир системасының жолға қойылмағанлығы, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын қадағалаў механизминиң нәтийжесизлиги менен байланыслы машқалалардың бар екенлиги алдынғы технологияларды өзлестириўге, инвестицияларды тартыўға ҳәм тармақтың жедел раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте.
Шийки зат базасының шекленгенлиги ақыбетинде тармақ кәрханаларының өндирислик қуўатлықларынан пайдаланыў дәрежеси 50 проценттен аспайды, ол мәмлекет қатнасындағы май ислеп шығарыў кәрханаларының жумыс нәтийжелилиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығының төменлеўине алып келмекте.
Экономикада мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў, республика май ислеп шығарыў тармағының инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды енгизиў ушын шараят жаратыў мақсетинде:
- Май ислеп шығарыў санааты кәрханалары, «Ўзпахтаёғ» АЖ, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң (кейинги орынларда-Агентлик):
«Ўзпахтаёғ» АЖ тийкарында Өзбекстан Республикасы май ислеп шығарыў санааты кәрханалары ассоциациясын (кейинги орынларда-«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы) шөлкемлестириў ҳәм оған «Ўзпахтаёғ» АЖға тийисли болған мүлк ҳәм басқа да қаржыларды, сондай-ақ, дебитор және кредитор қарыздарлықларды өткериў, «Ўзпахтаёғ» АЖға тийисли хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы көшпес мүлк ҳәм акциялар пакети (үлеси) буған кирмейди;
хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы «Ўзпахтаёғ» АЖның акциялар пакети (үлеси)н 1-қосымшаға муўапық Агентликке өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
ықтыярлы түрде ағза болған май ислеп шығарыў санааты кәрханалары ҳәм шөлкемлери «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы ағзалары есапланады;
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы атқарыў аппаратының структурасын тастыйықлаў оны шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилиси қарары менен әмелге асырылады;
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы басшысы ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң усынысына тийкарланып оны шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилиси қарары менен сайланады;
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясының жумысын ағымдағы тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў оның ағзаларының төлемлери ҳәм ажыратпалары және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.
- «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
май өнимлериниң шийки затларын қайта ислеў ҳәм май өнимлерин ислеп шығарыў бойынша бирден-бир комплекс сыпатында май ислеп шығарыў санаатын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў, сондай-ақ, заманагөй базар қатнасықларын тармаққа кеңнен енгизиў;
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясына ағза шөлкемлердиң ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў;
ишки ҳәм сыртқы базарда маркетинг изертлеўлерин шөлкемлестириў, тармақты раўажландырыўдың орта ҳәм узақ мүддетли бағдарламаларын ислеп шығыў және әмелге асырыўда қатнасыў, шийки затты терең қайта ислеўде ҳәм сапалы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў, азықлық-жем базасын кеңейтиў, ишки базарды май өнимлери менен толық тәмийинлеўде тармақ кәрханадарына жәрдемлесиў;
май өнимлерин ислеп шығарыў бойынша алдынғы шет ел тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйрениў, өндиристи модернизациялаў ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелеўде, жоқары өнимли заманагөй инновациялық технологияларды енгизиўде, усы мақсетлер ушын инвестицияларды, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўда тармақ кәрханаларына жәрдемлесиў;
май ислеп шығарыў тармағының стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системаларын халықаралық талапларға ҳәм стандартларға үйлестириў арқалы оны жетилистириў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў;
шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм май ислеп шығарыў тармағы шөлкемлериниң майлы өсимлик туқымларын жетистириўшилер менен өз-ара қатнасықлары механизмин жетилистириў;
май ислеп шығарыў санааты тараўында кадрларды таярлаўға болған реал зәрүрликти ҳәм перспективалы бағдарларды анықлаў, қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириўде қатнасыў, усы тараўда илимий-изертлеў жумысларын тереңлестириў;
тармақты жедел раўажландырыў ҳәм май ислеп шығарыў санаатының турақлы жумыс ислеўине тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды таллаў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ, усы тараўдағы нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў.
- 2022-жыл 1-январьға шекем:
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы мүлк салығын ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығын төлеўден азат етилетуғыны;
шөлкемлердиң шәртнамалар тийкарында «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясына ажыратпалары юридикалық шахслардың пайда салығының салыққа тартылатуғын базасынан шығарылатуғыны белгиленсин.
- «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы қурамына киретуғын шөлкемлер 2021-жыл 1-январьға шекем:
өсимлик майын ислеп шығарыў мақсетинде импорт етилетуғын май шийки затларының көлеми СЭЖ ТН кодлары 1201-1207 топары (соя собығы, айғабағар ҳәм басқа да май өсимликлериниң туқымлары) бойынша бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымлары буған кирмейди);
өсимлик майын ислеп шығарыўшылар импорт етилген май шийки затлары есабынан ислеп шығарылған өнимлердиң көлемлери бойынша қосымша қун салығын төлеўден азат етилсин.
- «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы қурамына киретуғын май ислеп шығарыў санааты кәрханаларына 2022-жыл 1-январьға шекем республикада ислеп шығарылмайтуғын, май өнимлерин ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын СЭЖ ТН кодлары 2815, 3802, 3815 топары бойынша үскенелер, комплектлеўши буйымлар, материаллар (каустикалық сода, активлестирилген тәбийғый минерал өнимлер ҳәм катализаторлар) импортында бажыхана декларациясы қабыл етилген күннен баслап қосымша қун салығын төлеўди 90 күнге кешиктириў имканияты берилсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў бойынша қарыздарлық суммасын қосымша қун салығы бойынша улыўма есап-санақта жабыўды нәзерде тутатуғын «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы қурамына киретуғын май ислеп шығарыў санааты кәрханаларына қосымша қун салығын төлеў бойынша кешиктирип бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов бир ай мүддетте:
а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын Май ислеп шығарыў санаатында әмелдеги ислеп шығарыўшыларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў және жаңаларын шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша «Жол картасын» тастыйықласын:
әмелдеги ислеп шығарыўшыларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў бойынша 150 миллион АҚШ доллары муғдарында 37 инвестициялық жойбарларды 2019-2020-жылларда әмелге асырыў;
таяр өсимлик майы импортын басқышпа-басқыш қысқартыў менен бир ўақытта бар өндирислик қуўатлықлардан пайдаланыўды 90 процентке шекем жеткериў ҳәм жоқары қосымша қунлы май өнимлерин ислеп шығарыў мақсетинде май шийки затларын алып кириў көлемлерин көбейтиў;
2021-жылға шекем республикада альтернатив майлы өсимликлер жетистириў көлемлерин көбейтиў есабынан май шийки затларын топлаў муғдарын 100 мың тоннаға шекем жеткериў;
2021-жылға шекем өсимлик майын ислеп шығарыў көлемлерин 400 мың тоннаға шекем жеткериў;
жойбар қуны 100 миллион АҚШ доллары болған перспективалы инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын сырт ел инвесторларын тартыў;
б) баҳалардың турақлылығын ҳәм ишки базардың май өнимлерине болған талабын бир өлшемде тәмийинлеў мақсетинде 50 мың тонна көлемли заманагөй май шийки затларын сақлаў сыйымлылықларын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасын» тастыйықласын.
- Агентлик 2019-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте сатылатуғын акция пакетлери (үлеслери)н баҳалаў процесслериниң ашық-айдынлығын, олардың басланғыш баҳасын, сондай-ақ, саўданы шөлкемлестириў ҳәм өткериў шәртлерин тәмийинлеген ҳалда усы қарардың 1-қосымшасына муўапық өткерилетуғын хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери)н белгиленген тәртипте сатыў илажларын көрсин.
- Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы ҳәм Агентлик пенен биргеликте май ислеп шығарыў тармағына кәрханалардың үзликсиз ислеп шығарыў жумысын тәмийинлеў ушын жетерли шийки зат базасына ийе болған сырт ел инвесторларын ҳәм жетекши май өнимлерин ислеп шығарыўшыларды тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:
Агентлик, «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте устав қорында мәмлекеттиң үлеси болған май ислеп шығарыў кәрханаларының бос турған жер участкаларын инвентаризациядан өткерсин ҳәм оларды қәнигелескен киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының резервине өткериў бойынша усыныс киргизсин;
еки ай мүддетте усы қарардың 2-қосымшада көрсетилген май ислеп шығарыў кәрханаларының босайтуғын аймақларында қәнигелескен киши санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа – май ислеп шығарыў тармағына кәрханалардың үзликсиз өндирислик жумысын тәмийинлеў ушын жетерли шийки зат базасына ийе болған сырт ел инвесторларын ҳәм жетекши май өнимлерин ислеп шығарыўшыларды тартыў;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Б.Т.Юсуповқа – фермер хожалықлары тәрепинен соя ҳәм альтернатив майлы өсимликлердиң туқымларын жетистириўди шөлкемлестириў илажларын көриў, олардың есабын жүргизиў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин;
«Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бар шийки зат ресурсларынан, инфраструктуралар, мийнет ресурслары ҳәм базар талапларынан және аймақтағы қолда бар қуўатлықлардан келип шыққан ҳалда май өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларды жойбарластырыўда исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы менен биргеликте май санааты тармағында әмелге асырылып атырған реформаларды ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте май санааты тармағы кадрларын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша илимий-әмелий орайды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясына жүкленген ўазыйпаларды сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўда әмелий жәрдем көрсетсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясының статистикалық мағлыўматларын мәжбүрий тарқатыў реестрине киргизсин.
- «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы Ташкент қаласы, Шота Руставели көшеси, 8-жай мәнзили бойынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 16-январь