Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Елимизде жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия үнемлеўши технологияларға тийкарланған ыссыхана хожалықларын раўажландырыў және аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт көлемлерин арттырыў, сондай-ақ, тараўға тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм маман қәнигелерди кеңнен тартыў, өз бизнесине ийе шаңарақларды көбейтиў мақсетинде:
- Төмендегилер республикамызда заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
заманагөй ыссыхана хожалықларын биринши гезекте, онда жетистирилетуғын өнимлер бойынша импортты қысқартыў ҳәм зәрүр үскене ҳәм техникалар ислеп шығарыўды локализациялаў есабынан шөлкемлестириў;
ыссыхана хожалықлары ушын туқым, нәл ҳәм төгинлердиң инвесторлар тәрепинен турақлы жөткерип берилиўин шөлкемлестириў;
шөлкемлестирилетуғын ыссыхана хожалықлары ушын толық агросервис хызметлерин көрсетиў, маман агрономларды бириктириў ҳәм заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў;
сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда ыссыхана хожалықлары жумысшыларын оқытыў арқалы тараў бойынша жетерли көнликпелерге ийе болған қәнигелерди таярлаў;
ыссыханалардың өнимдарлығын ҳәм нәтийжелилигин жыл даўамында өним алыў әмелиятын енгизиў арқалы арттырыў.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар (кейинги орынларда – инвесторлар) тәрепинен ислеп шығарылатуғын заманагөй ҳәм энергия үнемлеўши әсбап-үскенелерден пайдаланған ҳалда ыссыхана хожалығына ийе болыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў тилегин билдирген халықтың (кейинги орынларда – интакер халық) талап ҳәм мүтәжликлеринен келип шығып:
интакер халық қыйтақ жерлери ҳәм шаңарақларында майданы кеминде 10 сотих болған ыссыханалар (кейинги орынларда – ыссыханалар) қурыў;
аўыл хожалығында пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданлары, резервтеги зүрәәтлилиги төмен болған пахта ҳәм ғәлледен қысқарған атызлар, жарамсыз деп табылған бағ ҳәм жүзим жетистириў орынлары жайласқан бос жер майданларында ҳәр бириниң майданы кеминде 20 сотих болған турақ жай комплексин де қамтып алған ыссыханалар (кейинги орынларда – үй жай ыссыхана комплекслери) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Үй-ыссыхана комплекслерин қурыў, үскенелеў ҳәм эксплуатациялаў мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын. Онда, жойбар шеңберинде:
а) мәмлекет шериги:
аўыл хожалығында пайдаланыўға киргизилген жер майданлары, резервтеги зүрәәтлилиги төмен болған пахта ҳәм ғәлледен қысқарған майданлар, сондай-ақ, жарамсыз деп табылған бағ ҳәм жүзим жетистириў орынлары жайласқан бос жер майданларын инвесторлар арасында өткерилетуғын ашық таңлаў жуўмақлары бойынша ижара ҳуқықы тийкарында ажыратады;
үй-ыссыхана комплексине сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары (соның ишинде газ, суў, электр энергиясы, ишки жол) тартылыўын тәмийинлейди;
усы қарардың 4- ҳәм 5-бәнтлеринде көрсетилген жеңилликлерди усынады;
б) инвесторлар:
жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлериниң (ТЭТ, сызылмалар ҳәм басқалар) таярланыўын ҳәм экспертизадан өткерилиўин тәмийинлейди;
үй-ыссыхана комплекслерин қурыў, үскенелеў ҳәм эксплуатациялаўға байланыслы жойбарлардың концепциясы, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген тәртипте ислеп шығады;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге муўапық қурылыс, үскенелеў ҳәм эксплуатациялаў қәрежетлери бойынша миннетлемелердиң орынланыўын өз қаржылары ямаса нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырады;
үй-ыссыхана комплекслери пайдаланыўға тапсырылған сәнеден баслап шәртнамада келисилген мүддетке шекем жетистирилген өнимлерди сыртқы ҳәм ишки базарларда сатыў ҳәм есабын жүргизиў жумысларын әмелге асырады;
мәмлекет шериги ҳәм интакер халық пенен дүзилген шәртнамалардың шәртлерине әмел етеди;
үй-ыссыхана комплекслери пайдаланыўға тапсырылған сәнеден баслап келисилген мүддет ҳәм муғдарда хызмет ҳақы төлеў миннетлемесин өз мойнына алады ҳәм интакер халық жумыс ислеп атырған үй-ыссыхана комплексин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим мүддети тамам болғаннан соң мәмлекет шеригине өткерилген жағдайда бийпул тәризде интакер халыққа белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлейди;
в) интакер халық:
үй-ыссыхана комплекслери пайдаланыўға тапсырылған сәнеден баслап келисилген мүддетке шекем дүзилген шәртнама тийкарында үй-ыссыхана комплекслеринде өзин-өзи бәнт еткен ҳалда жумыс алып барады және оларда өнимлер жетистириў менен шуғылланады;
келисилген мүддет жуўмақланғаннан соң үй-ыссыхана комплекслерин мүлк ҳуқықы тийкарында, олар жайласқан жерди ижара ҳуқықы тийкарында (ижара шәртнамасының әмел етиў мүддетине) бийпул қабыл етип алады және келешекте оннан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди.
- 4. а) интакер халықты таңлаў инвесторлар ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
б) интакер халық ҳәм инвесторлардың талаплары менен имканиятларынан келип шығып, олар арасында дүзилген шәртнама тийкарында ыссыханалар қурылысы олардың хожалықлары ҳәм қыйтақ жерлеринде тәреплердиң өз қаржылары, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
в) үй-ыссыхана комплекслериниң қурылысы ушын:
инвесторлардың өз қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерине қадаған етилмеген басқа да дәреклер тартылатуғыны;
сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын (газ, суў, электр энергиясы, ишки жол) тартыў жумыслары жергиликли ҳәкимлердиң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компанияларының буйыртпалары тийкарында әмелге асырылатуғыны және Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламаларында «Еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте ири өндирислик жойбарларды инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў» бағдары ушын нәзерде тутылған орайласқан капитал қойылмалар есабынан қаржыландырылатуғыны;
г) ыссыханалар ҳәм үй-ыссыхана комплекслеринде өним жөтистириў менен шуғылланып атырған пуқараларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдеги «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиаўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4742-санлы қарарында белгиленген жеңилликлер ҳәм шараятлардың енгизилетуғыны белгиленсин.
- 5. Төмендегилер:
үй-ыссыхана комплекслерин қурыў ҳәм сырт елден алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын жыйналатуғын айрықша бөлеклерден ибарат таяр ҳалдағы заманагөй ыссыхаалар 2021-жылдың 31-декабрине шекем бажыхана бажысынан азат етилсин;
ыссыханалар ҳәм үй-ыссыхана комплекслерин ислеп шығарыў ушын сырт елден алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын материаллар, шийки затлар ҳәм комплектлеўши бөлеклер 2023-жылдың 31-декабрине шекем бажыхана бажысынан азат етилсин;
ыссыханалар ҳәм үй-ыссыхана комплекслери ушын жер салығының ставкалары және үй-ыссыхана комплекслери қурамындағы турақ жайлар ушын мүлк салығының ставкалары олар пайдаланыўға тапсырылған сәнеден баслап үш жыл даўамында 50 процент муғдарында орнатылсын.
Онда, импорт етилетуғын товарлардың Өзбекстан Ресепубликасында ислеп шығарылыўы ҳаққында экспертиза жуўмағы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» МУК тәрепинен бериледи.
- 6. Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте үй-ыссыхана комплекслерин қурыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша район ҳәкимликлери, инвесторлар ҳәм интакер халық арасында дүзилетуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимниң үлги түрин таярлап, еки ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлерине усыныс етсин. Онда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимниң үлги түрине үй-ыссыхана комплексинен инвесторлардың пайдаланыў мүддети және үй-ыссыхана комплексинде турақ жай ҳәм ыссыхананың майданына байланыслы ҳәм басқа да шәртлер киргизиледи.
- 7. Аўыл хожалығы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте:
үй-ыссыхана комплекслериниң қурылысы ушын аўыл хожалығында пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданлары, резервтеги зүрәәтлилиги төмен болған пахта ҳәм ғәлледен қысқарған майданлар, сондай-ақ, жарамсыз деп табылған бағ ҳәм жүзим жетистириў жерлери жайласқан бос жер майданларын анықласын;
бир майданда кеминде 100 үй-ыссыхана комплексиниң жайластырылыўын нәзерде тутқан ҳалда, олардың жайластырылыўы бойынша мәнзилли бағдарлама жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған мәнзилли бағдарлама тийкарында инвесторларға үй-ыссыхана комплекслериниң қурылысы ушын жер майданларының белгиленген тәртипте ижара ҳуқықы тийкарында ажыратылыўын тәмийинлесин.
- 8. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлиги үй-ыссыхана комплекслери ушын сыртқы инженерлик коммуникация тармақларын (газ, суў, электр энергиясы, ишки жол) тартыў жумысларын қаржыландырыў мақсетинде орайласқан капитал қойылмалар есабынан қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- 9. Аўыл хожалығы министрлиги:
а) Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилер бойынша тийкарланған усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:
сырт ел компаниялары ҳәм маман қәнигелерди тартқан ҳалда Бухара районында «Заманагөй ыссыхана хожалығы» көргизбели семинарын шөлкемлестириў және оның шеңберинде тараўдағы машқала ҳәм шешимлерге қаратылған халықаралық илимий-әмелий конференцияны өткериў;
ыссыхана хожалықларының жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде туқымгершилик, нәлшилик, лаборатория ҳәм логистика мәселелерин қамтып алатуғын кластер системасын енгизиў;
тараўдағы жоқары билимлендириў ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде заманагөй ыссыхана хожалығын шөлкемлестириў, оларда кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиўдиң нәтийжели усылларын оқытыўды жолға қойыў;
б) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўалаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ҳәр жылы өткерилетуғын «Ташаббус» таңлаўы шеңберинде «Ең алдынғы ыссыхана хожалығы» номинациясын енгизсин;
в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳакимликлери менен биргеликте заманагөй ыссыхана хожалықларының әҳмийети, имканиятлары ҳәм қолайлықларын кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятласын, онда ыссыхана ҳәм үй-ыссыхана комплекслериниң жумысын жаратыў және кеңнен үгит-нәсиятлаўға бағышланған көргизбели басылымлар ҳәм методикалық қолланбаларды жаратыў ҳәм халыққа тарқатыў илажларын көрсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 1 Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Мәҳәлле», «Өзбекстан 24», «Ёшлар» ҳәм жергиликли телеканалларда заманагөй ыссыхана хожалықларын қурыў, ресурс үнемлеўши алдынғы технологияларды кеңнен енгизиўге байланыслы арнаўлы көрсетиўлер шөлкемлестирилиўин және турақлы көрсетип барылыўын тәмийинлесин.
- 11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаўда жеке жуўапкер етип экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў ҳәм орынлап барыў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Ресепубликасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Ресепубликасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 7-июнь