Өзбекстан Республикасы Президентиниң парманы
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты, мәлимлеме алыў еркинлигин тәмийинлеў арқалы жәмийетлик қадағалаўды жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Барлық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, соның ишинде, Есап палатасы, Орайлық банк, суд ҳәм прокуратура уйымлары және олардың структуралық ҳәм аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалар (кейинги орынларда – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер) тәрепинен Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлардың дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) Әдиллик министрлиги ҳәм тийисли министрликлер және уйымлар менен биргеликте таллаўлар тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлар дизимин және де кеңейтиў бойынша турақлы түрде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныслар киргизип барсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлкетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:
а) ҳәр жылы:
1-мартқа шекем өз жумысына байланыслы есапты (мәмлекетлик сырлар ҳәм хызметте пайдаланыў ушын мөлшерленген мағлыўматлар буған кирмейди) рәсмий веб-сайтларына жайластырып, 10-мартқа шекем оны кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында додалаў орны ҳәм ўақты ҳаққында хабар береди;
1-апрельге шекем өз жумысына байланыслы есапты кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында додалаў ушын баспасөз конференцияларын өткереди;
б) 2021-жыл 1-июльден баслап төмендегилер ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталына (кейинги орынларда – Портал) ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтларына жайластырып, оларды ҳәр шеректе жаңалап барады:
әмелге асырылған мәмлекетлик сатып алыўлар, соның ишинде, тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер);
лаўазымлы шахслардың хызмет сапарлары ҳәм сырт елден келген мийманларды күтип алыў қәрежетлери (хызмет сапарлары ямаса сапар етиўдиң мақсети, суткалық ақша, транспорт ҳәм жасаўға байланыслы қәрежетлер, буған мәмлекетлик сырлар ҳәм хызметте пайдаланыў ушын мөлшерленген мағлыўматлар кирмейди);
Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен салық ҳәм бажыхана жеңилликлери және преференциялар, соның ишинде, индивидуаллық жеңилликлер берилген субъектлердиң бенефициарлары (жуўмақлаўшы мәпдар физикалық тәреплер), олар тәрепинен төленген салықлар ҳәм финанслық көрсеткишлер;
өзлериниң жыллық қәрежетлер сметасы ҳәм оның орынланыўы, соның ишинде, объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары, автотранспорт қуралларын сатып алыў қәрежетлери;
в) 2021-жыл 1-июльден баслап өз жанында жумыс алып барып атырған жәмийетлик кеңеслер менен биргеликте рәсмий веб-сайтларда төмендеги мағлыўматларды жайластырып, олардың ҳәр шеректе жаңаланып барылыўын тәмийинлейди:
жәмийетлик кеңестиң тастыйықланған ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар менен бир қатарда олардың байланыс мағлыўматлары (телефон, почта ҳәм электрон мәнзиллери);
жәмийетлик кеңестиң мәжилислери ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер;
мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асыратуғын комиссияның тастыйықланған ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар (фамилиясы, исми ҳәм әкесиниң исми, жумыс орны менен ийелеп турған лаўазымы);
лицензия ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўге ўәкилликли ҳәм хабарды қабыл ететуғын уйымлардың аймақлар кесиминде жуўапкер хызметкерлери, соның ишинде, усы категориядағы ҳүжжетлерди бериўди шөлкемлестиретуғын тийисли комиссия ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар (фамилиясы, исми, әкесиниң исми, ийелеп турған лаўазымы).
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Мәмлекетлик тест орайының төмендеги имтиханларды өткериў процесин Интернет тармағында жанлы эфирге узатыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў ушын тест ҳәм дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура (клиникалық ординатура) басқышына қабыллаў имтиханлары;
республикадағы ямаса сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемесинен республикадағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўды көшириў тилегин билдирген студентлерден алынатуғын имтиханлар;
сырт мәмлекетлерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыўда талапкерлерден алынатуғын тест сынақлары.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Мәмлекетлик тест орайы, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:
системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымларды тартқан ҳалда 2021/2022-оқыў жылының қабыллаўына шекем «transfer.edu.uz» платформасы негизинде усы бәнтте көрсетилген имтихан процесслерин Интернет тармағында жанлы эфирге узатыўды тәмийинлейтуғын, барлық пайдаланыўшылар ушын ашық болған «imtihon.uz» веб-платформасын иске қоссын;
бир ай мүддетте имтиханларды (тест сынақларын) өткериў процесин Интернет тармағында жанлы эфирге узатыў бойынша техникалық талапларды (орнатылатуғын видеокамералар ҳәм сүўреттиң сапасы, схемасы ҳәм басқалар) ислеп шықсын;
усы бәнтте көрсетип өтилген талапларға әмел етпейтуғын жуўапкерлерге қатаң жуўапкершилик илажларды көриў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәм Ҳүкиметке киргизип барсын.
- Төмендегилер 2021-жыл 1-июльден баслап дизимге алынған мағлыўматларды Порталға жайластырыў ҳәм олардың ҳәр шеректе жаңаланыўын тәмийинлесин:
Есап палатасы, Қаржы министрлиги, қадағалаўшы уйымлар – мәмлекетлик сыр болған мағлыўматлардың ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырдың қорғалыўын тәмийинлеген ҳалда өткерилген ҳәр бир ревизия ҳәм тексериў (қадағалаў объектиниң исми, ревизия ямаса тексериўдиң мақсети менен мүддетлери, оны өткерген мәмлекетлик хызметкердиң лаўазымы, фамилиясы, исми) ҳаққындағы мағлыўматларды (тийисли қадағалаўшы уйымның басшысын хабардар еткеннен кейин):
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги – устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплер ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалар (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар)дың дизимин (мәмлекет атынан акционер (қатнасыўшы, мүлк ийеси) функцияларын әмелге асырып атырған шөлкем, кәрхана, аймағы, салық төлеўшиниң идентификация номери, мәмлекетлик үлеси ҳаққындағы мағлыўматларды көрсеткен ҳалда), сондай-ақ, устав фондының (устав капиталының) 50 проценти ҳәм оннан асламы мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға тийисли болған юридикалық тәреплердиң дизимин;
Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери – өзлери акционер (қатнасыўшы, мүлк ийеси) функцияларын атқарыўшы мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың атқарыў уйымы (директор, басқарманың баслығы, басқарманың ағзалары) ҳәм бақлаў кеңеси ағзаларының исми менен фамилиясы ҳаққындағы мағлыўматларды;
Мәмлекетлик салық комитети – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен жыл (шерек)дың жуўмағы бойынша төленген дивидендлер ҳаққындағы мағлыўматларды;
Қаржы министрлиги – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға жумсалған Мәмлекетлик бюджет қаржылары, тийислисинше сырт елден тартылған қаржылар, соның ишинде, мәмлекеттиң сыртқы қарзының суммалары олардың жумсалыўы ҳаққындағы мағлыўматларды;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги – мәмлекетлик мәкемелердиң дизимин (шөклемлестирилген сәнеси, жоқары турыўшы уйым) ҳәм меншиклестирилген мәмлекетлик мүлк объектлери ҳаққындағы мағлыўматларды (мәмлекетлик сырды қурайтуғын қупыя ўазыйпа жүкленген мәмлекетлик кәрханалар ҳәм мәкемелер буған кирмейди).
- Қаржы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем Порталдың мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети 2021-жыл 1-августқа шекем турақлы түрде жаңаланып барылатуғын Аң аңлаў ҳәм аңшылық хожалықлары ҳаққындағы мәлимлеме базасын Комитеттиң рәсмий веб-сайтында ҳәм Порталда иске қоссын.
Онда, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен биргеликте «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы Нызамның 36-статьясында көрсетилген мағлыўматлар менен бир қатарда төмендеги мағлыўматлар усы мәлимлеме базасында сәўлелендирилиўин тәмийинлесин:
аңшылық хожалығын жүргизиў ушын аң аңлаў орынларын бериў ҳаққындағы дүзилген барлық шәртнамалар, аңшылық хожалығын жүргизиў ҳуқықы сапластырылған жағдайлар ҳәм өндирилген ҳақы муғдарлары;
жабайы ҳайўанларды услаўға байланыслы рухсатнама берилген барлық шахслар ҳәм рухсатнамадағы мағлыўматлар ҳәм өндирилген ҳақы муғдарлары;
Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген жабайы ҳайўанларды тәбийғый орталықтан ажыратып алыўға байланыслы берилген барлық рухсатнамалар ҳәм олардағы мағлыўматлар және өндирилген ҳақы муғдарлары;
Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң тоғай-аңшылық хожалықлары тәрепинен берилген аңшылық жолламалары (жабайы ҳайўанларды услаў карточкасы) ҳәм өндирилген ҳақы муғдарлары.
- Агентликтиң мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпаларын белгилеў мақсетинде:
а) Агентликке төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўын муўапықластырыў ҳәм турақлы мониторин етиў, соның ишинде, олардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен белгиленген мағлыўматларды Интернет тармағына жайластырыў (жәриялаў) бойынша миннетлемелериниң есабын жүргизиў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы үстинен ғалаба хабар қураллары арқалы нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыў бойынша илажлардың ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўине жәрдемлесиў;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларынан келип шығатуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығына байланыслы әҳмийетли мәселелерди «Mening fikrim» веб-порталы арқалы улыўмахалықлықлық додалаўға шығарыў;
Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлар дизимин үзликсиз толықтырыў, жетилистирип барыў ҳәм жаңалап барыў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў;
ғалаба хабар қураллары арқалы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерине «мәмлекетлик уйымлардағы жумыстың ашық-айдынлығы, жәриялылығы ҳәм есап бериўи» мәдениятын сиңдириў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың халық алдында есап бериўин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылыўын шөлкемлестириў;
б) Агентлик структурасында басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў басқармасы шөлкемлестирилсин;
в) Агентлик:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашық-айдынлыққа байланыслы нызамшылық ҳүжжетлеринде көрсетилген талапларды турақлы түрде бузып атырған айыпкер лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип барсын;
ҳәр жылы жумыс бағдары бойынша ерискен тийкарғы жетискенликлер және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ушырасып атырған кемшиликлер бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме таярласын ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайты арқалы жәриялап барсын;
«Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Нызам әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды, сондай-ақ, Жер жүзилик әдил судлаў жойбарының «Ҳүкиметтиң ашық-айдынлығы» индикаторы бойынша Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаўға байланыслы комплексли илажларды әмелге асырсын.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў бөлимшелерине усы уйымларда ашық-айдынлыққа байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин.
- Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Әдиллик министрлиги, Агентлик ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекет сырларды сақлаў ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
шеклеп қойылған мәлимлемелердиң дизими, оннан пайдаланыў ҳәм мағлыўматларды бундай мәлимлемелер қатарына киргизиў және шығарыў тийкарлары, мүддетлери ҳәм тәртиби;
шеклеп қойылған мәлимлемелердиң дизимине кирмейтуғын мағлыўматларды қупыяластырыўды қадаған етиў;
шеклеп қойылыўы пуқаралардың жеке қәўиписзлигине қәўип туўдыратуғын мәлимлемелердиң мәмлекетлик сырларға киргизилиўин қадаған етиў;
пуқаралар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәмлекетлик хызметкерлери, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға мәмлекетлик сырды қурайтуғын мағлыўматлар менен исте пайдаланыўға руқсатты рәсмийлестириў шәртлери ҳәм тәртиплери;
мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыўы ҳәм алдынғы тендецияларды есапқа алған ҳалда мәмлекетлик сырларды сақлаўдың заманагөй механизмлерин ислеп шығыў ҳәм жетилистириў.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлық дәрежесин және де арттырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Агентлик Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2021-жыл 1-октябрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша жумысты тәртипке салыўшы, соның ишинде, мониторинг өткериў, әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаў, ашық-айдынлық индексин есаплаўға қаратылған Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысындағы ашық-айдынлықты мониторинг етиў ҳәм баҳалаў бойынша методиканы ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.
- 2021-жыл 1-декабрьден баслап:
усы Пәрманның 11-бәнтинде көрсетилген методика тийкарында ҳәр жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында Ашық-айдынлық индекси анықланатуғыны;
Агентлик Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги және Әдиллик министрлиги менен биргеликте белгиленген тәртипте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында Ашық-айдынлық индексин анықлаў бойынша илажларды көретуғыны, нәтийжелерди өз рәсмий веб-сайтлары ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа жеткерилиўин тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Олий Мажлис палаталарына өз рәсмий веб-сайтларында төмендеги мағлыўматларды жайластырыў усыныс етилсин:
парламентлик қадағалаў объектлериниң есабатларын тыңлаў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарлар;
Нызамшылық палатасында депутаттың ҳәр бир нызам (қарар) жойбарын қабыл етиў ямаса оннан бас тартыўдағы, сенатордың ҳәр бир нызамды (қарарды) мақуллаў ямаса оннан бас тартыўдағы қатнасы ҳаққындағы мағлыўматлар;
Олий Мажлис Сенатының ағзасы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутаталары ўәлаятлық және Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депуталары, сайлаў округлери және олардың электрон почта мәнзиллери ҳаққындағы мағлыўматлар.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Агентлик:
а) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын сәўлелендириўге байланыслы мақалалар ҳәм телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин;
б) мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте 2021-жыл 1-декабрьден баслап төмендеги илажлар телеканаллар, сондай-ақ, Интернет тармағы арқалы жанлы эфирге узатылыўын тәмийинлесин:
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты мәжилислери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси сессиялары (жабық мәжилислер буған кирмейди);
тәреплердиң келисими менен пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм жәмийетлик тәртипке қәўип туўдырыўшы, халықтың саламатлығын сақлаў, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы, соның ишинде, мәмлекетлик хызметкерлердиң кәсиплик жумысына байланыслы ҳуқықбузарлықларға байланыслы ислер, сондай-ақ, айырым шаңарақлық келиспеўшиликлерге байланыслы пуқаралық ислер бойынша суд мәжилислери (жабық суд мәжилислери буған кирмейди).
- Усы Пәрманда көрсетилген қағыйда ҳәм тәртиплердиң бузылыўы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы сыпатында баҳалансын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Агентлик, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте халықаралық стандартларды инабатқа алған ҳалда:
2022-жыл 1-январьға шекем «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызам жойбары концепциясын;
2022-жыл 1-апрельге шекем усы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Агентлик Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 16-июнь.