Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәҳәллелерде спорт инфраструктурасын раўажландырыў, спорт майданшаларының тазалығын сақлаў ҳәм әтирапын абаданластырыў бойынша жумысларды системалы жолға қойыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Жүриў, жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5382-санлы ҳәм 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-201-санлы қарарларына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги ПҚ-201-санлы қарары менен тастыйықланған Мәҳәллелерде жаслар арасында ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламысының 5-бәнтинде «Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған ҳәм аймақта спорт инфраструктурасы болған мәҳәлле сайланды командалары ушын универсал, стритбол ҳәм воркаут спорт майданшаларын (кейинги орынларда – спорт майданшалары) қурыў белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған ҳәм аймағында спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллениң сайланды командалары ушын 5 000 спорт майданшаларын 2030-жылға шекем шөлкемлестириўдиң улыўма параметрлери қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) 2024-жылдан баслап ҳәр жылы спорт майданшаларын шөлкемлестириў ушын қосымша талап етилетуғын қаржылардың Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- а) спорт майданшаларын қурыў «Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги спорт жарысларының республикалық басқышта жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған ҳәм аймақта спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллелерде (кейинги орынларда – спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллелерде) әмелге асырылатуғыны;
б) спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллелерде спорт майданшаларын қурыў жумысларын әмелге асырыў шеңберинде:
Ишки ислер министрлиги жанындағы Жазаны орынлаў департаменти – буйыртпашы;
Ишки ислер министрлиги жанындағы Жазаны орынлаў департаменти 13-санлы Жазаны орынлаў мәкемеси – жумысты бөлип алыў ислейтуғын болып есапланатуғыны.
Онда, усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыўға байланыслы қәрежетлер Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәр жылы:
1-январьға шекем спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллелер дизимин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине спорт майданшаларын қурыў мақсетинде тийисли жер участкасын белгиленген тәртипте ажарытаў ушын усынады;
1-мартқа шекем спорт майданшаларының қурылысы зәрүр болған спорт инфраструктурасы болмаған мәҳәллелердиң мәнзилли дизимин тастыйықлайды ҳәм буйыртпашыға жибереди;
1-апрельге шекем спорт майданшаларының қурылысын қаржыландырыў бойынша буйыртпашы менен шәртнама дүзеди ҳәм оны Ғазнашылық хызмети комитетинде белгиленген тәртипте дизимнен өткереди.
Онда, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен буйыртпашыға буйыртпа бирилген спорт майданшаларының баҳасына тең қаржы толық өткерип бериледи. Буйыртпашы тәрепинен системадағы шөлкемлерге ислеп шығарылатуғын инвентарьлар ушын 100 процент қаржылар алдыннан төлеп бериледи:
б) буйыртпашы ҳәр жылы:
1-мартқа шекем спорт майданшаларының үлги жойбарын Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен келиседи, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығады және олардың тийисли экспертизадан өткерилиўин тәмийинлейди;
1-апрельге шекем Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен усынылған дизим тийкарында қаржыландырыў көлемлерин көрсеткен ҳалда мәнзилли бағдарламаны ислеп шығады ҳәм министрлик пенен келисилген ҳалда оны тастыйықлайды;
15-апрельге шекем бас жумысты бөлип алып ислейтуғын менен жумысты бөлип алыў ислеў шәртнамасын дүзеди ҳәм спорт майданшаларын қурыў жумысларын әмелге асырады;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте қурып питкерилген спорт майданшаларының мәҳәллелерге қурып питкерилген спорт майданшаларын қабыллаў бойынша аймақлық қабыллаў комиссияларына (кейинги орынларда – аймақлық қабыллаў комиссиялары) белгиленген тәртипте тапсырылыўын тәмийинлейди;
в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
усы бәнттиң «а» киши бәнти екинши абзацына муўапық спорт майданшаларын қурыў ушын бир ай мүддетте белгиленген тәртипте жер участкаларының ажыратылыўын тәмийинлейди;
қурылған спорт майданшалары тийисли аймақлық қабыллаў комиссиялары тәрепинен белгиленген тәртипте қабыллап алыныўы ҳәм олардан нәтийжели пайдаланылыўын қадағалайды.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Жүриў», жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ – 5282-санлы қарары менен:
2021-2025-жылларда аймақларда бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлери ушын 1 164 спорт майданшаларын қурыў параметрлериниң тастыйықланғаны;
усы параметрлер шеңберинде 2023-жылы жәми 255 спорт майданшаларының қурылысы нәзерде тутылғаны;
2021-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджеттен усы қарар менен тастыйықланған бағдарлама ҳәм параметрлер толық орынланғанға шекем ҳәр жылы 104 миллиард сумнан қаржылар ажыратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2023-жыл 1-августтан баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Жүриў», жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ – 5282-санлы қарары шеңберинде:
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен зәрүрликке бола аймағында спорт майданшалары қурылатуғын мәҳәллелер дизими Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине усынылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте дизимдеги мәҳәллерде спорт майданшаларын қурыў ушын белгиленген тәртипте тийисли жер участкаларын ажыратыў бойынша қарарлар қабыл ететуғыны ҳәм бул ҳаққында Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигин хабардар ететуғыны;
буйыртпашы шөлкем тәрепинен тастыйықланған мәнзилли бағдарламаға тийкарланып еки ҳәпте мүддетте қурылатуғын спорт майданшаларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилетуғыны ҳәм қаржыландырыў ушын Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигине усынылатуғыны;
спорт майданшаларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериўге байланыслы қәрежетлер бас жумысты бөлип алып ислеўшиниң басқа қәрежетлери есабынан қапланатуғыны;
буйыртпашы ҳәм бас жумысты бөлип алып ислеўши арасында спорт майданшаларын қурыў бойынша дүзилген шәртнамалар Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертиза етиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен он жумыс күн ишинде көрип шығылатуғыны ҳәм тийисли шешим берилетуғыны;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги қаржыландырыўы тийкарында 2023-жыл ҳәм оннан кейинги жылларда алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан мәҳәллелер ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелери аймағында қурылған спорт майданшалары олар жайласқан аймағына қарап тийислилиги бойынша Мектпеке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары системасына өткерилетуғыны ҳәм сақланатуғыны. Онда, спорт майданшалары басқа мәмлекетлик шөлкемлерге де оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилиўи мүмкин екенлиги;
спорт майданшаларының жайласыў аймағына қарамастан (билимлендириў шөлкемлери аймағында сабақтан тысқары ўақытларда), барлық пуқаралар ушын пайдаланыў бийпул болатуғыны ҳәм ўақты шекленбейтуғыны;
спорт майданшаларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўды шөлкемлестириў мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
мәҳәллелерде қурылған спорт майданшаларының тазалығын сақлаў, әтирапты абаданластырыў жумысларын орынлаў ушын Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Жәмийетлик ислер қорының қаржылары есабынан бир штат бирлиги ажыратылатуғыны;
спорт майданшаларынан нәтийжели пайдаланыў, олардың жарамлылығын тәмийинлеў ҳәм ағымдағы оңлаў балансында сақлаўшы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги;
мәҳәллелердеги улыўма орта билим бериў мектеплерине тийисли аймақларда спорт майданшаларының қурылысын есапқа алсын ҳәм тийисли илажлар көрсин;
улыўма орта билим бериў мектеплери аймағында қурылған спорт майданшаларынан оқыўшылар, сондай-ақ, сабақтан тысқары ҳәм оқыў процесине кесент етпейтуғын ўақытларда мәҳәлле халқының бийпул пайдаланыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги аймақлық қабыллаў комиссиялары тәрепинен спорт майданшалары қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддетте усы объектлер бойынша мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлары белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеп барсын.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте қурылып атырған спорт майданшаларының әтирапында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде таза экологиялық орталық жаратыў мақсетинде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў ҳәм объект әтирапын көклемзарластырыў илажларын көрсин.
- Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған спорт майданшаларын қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте экспертизадан өткерсин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы бойынша мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине аймақларда қурылған спорт майданшалары және оларда шөлкемлестирилген ғалабалық спорт жарысларын ғалаба хабар қуралларында турақлы сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамов ҳәм ишки ислер министри П.Р.Бобожонов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи К.К.Куранбаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 28-июль