Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация системаларын енгизиў елимизде алып барылып атырған социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий реформалар менен өзгерислерди нәтийжели әмелге асырыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша илажлардың көрилип атырғанына қарамастан «Электрон ҳүкимет» системасының енгизилиўине ҳәм нәтийжели жумыс ислеўине, мәлимлеме тараўындағы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўге тосқынлық етиўши бир қатар машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:
бириншиден, мәлимлемелестириў субъектлери тәрепинен нызам ҳүжжетлери, нормативлик ҳүжжетлер ҳәм мәмлекетлик стандартлардың орынланыўы үстинен қадағалаўдың ҳәм тексериўдиң әмелдеги механизми заманагөй талапларға муўапық емеслиги көрсетилип атырған хызметлер сапасының төменлеўине алып келмекте;
екиншиден, мәлимлеме қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға жуўапкер бирден-бир ўәкилликли уйымның жоқ екенлиги усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесизлигине себеп болмақта;
үшиншиден, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен енгизилип атырған аппарат қураллары ҳәм бағдарламалық өнимлерди экспертиза менен сертификациядан өткериў системасындағы кемшиликлер олардың «Электрон ҳүкимет» системасына жедел интеграцияласыўын төменлетпекте;
төртиншиден, телекоммуникация, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўындағы қадағалаў системасы, әҳмийетли мәлимлеме инфраструктурасының толық емеслиги мәмлекетлик мәлимлеме системаларының объектлери, санлы экономика ҳәм жеке мағлыўматлардың әззилеўине алып келмекте;
бесиншиден, бузғыншы күшлердиң заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ҳәм интернет тармағынан белсене пайдаланыўы халықтың, әсиресе, өсип киятырған әўладтың дүнья қарасы менен санасына унамсыз тәсир етпекте;
алтыншыдан, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў бойынша системалы жумыслардың жоқ екенлиги миллий мәлимлеме мәканын қорғаўдың заманагөй методларын енгизиў имканиятын бермей атыр.
Мәлимлеме тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат жүзеге шығарылыўының нәтийжелилигин арттырыў, телекоммуникация, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы қадағалаў системасын және де жетилистириў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша инспекцияны;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге көмеклесиў орайын сапластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер:
улыўма штат бирлиги 198, соның ишинде, аймақлық бөлимлерде – 110 болған Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик инспекциясы);
мәмлекетлик унитар кәрхана түринде Техникалық көмеклесиў орайы (кейинги орынларда – Орай);
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң «Қәўипсиз қала» жәмийетлик тәртибине көмеклесиў орайы шөлкемлестирилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге көмеклесиў орайының босап атырған 135 штат бирлиги Орайға өткерилсин.
- Мәмлекетлик инспекция Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша инспекцияның ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
Орай Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге көмеклесиў орайының ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны, «Қәўипсиз қала» жойбарын әмелге асырыўға байланыслы ҳуқықлары менен миннетлемелери буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.
Мәмлекетлик инспекция Орайдың шөлкемлестириўшиси болып есапланады.
- Төмендегилер:
а) Мәмлекетлик инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары, күнделикли басылымларды тарқатыў тараўында нызам ҳүжжетлери, нормативлик ҳүжжетлер ҳәм мәмлекет стандартларының талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
өз ўәкиллиги шеңберинде почта байланысы, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникация хызметлериниң сапалы көрсетилиўи, күнделикли басылымлар, фонограммалар, аудиовизуал шығармалар ҳәм ЭЕМ ушын бағдарламалардың тарқатылыўында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў илажларын тәмийинлеў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
фонограммалар, аудиовизуал шығармалар, ЭЕМ ушын бағдарламалар тарқатыўда (сатыў, ижараға бериў ҳәм ҳәммениң итибарына жеткериўде) авторлық ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлерине ҳәм нормативлик ҳүжжетлерге әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына муўапық мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер ҳәм уйымларда «Электрон ҳүкимет» системасында инфраструктураны раўажландырыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
жумыс ҳәм басқарыў процесслерин автоматластырыў, интегралласқан мәлимлеме системаларын, мағлыўматлар жеткериў ҳәм алмасыўдың уйымлараралық тармақларын енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў, мәмлекетлик мәлимлеме ресурсларының интеграциясы, соның ишинде, электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилиги;
«соңғы миля» принципи бойынша Интернет тармағынан кең полосалы пайдаланыўды, мультисервис байланыс тармақларының технологияларын, мобиль байланыс базарын, басқа да заманагөй телекоммуникация хызметлерин, сондай-ақ, почта байланысы хызметлерин ҳәм күнделикли басылымлар тарқатыўды кеңейтиў жолы менен телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
б) Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәлимлеме қәўипсизлигине ҳәзирги ўақыттағы қәўип-қәтерлер ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм топлаў, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме системаларына, ресурслары ҳәм мағлыўматлар базаларына нызамсыз кирип алыў жағдайларының алдын алыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели шөлкемлестириўшилик ҳәм программалық-техникалық шешимлерди оператив қабыл етиў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў;
нызам бузыўшыларды, мәлимлемелер мәканындағы рухсатсыз ямаса бузғыншы ҳәрекетлерди әмелге асырыўда пайдаланылатуғын методлар менен қуралларды таллаў, идентификациялаўда телекоммуникациялар тармақларының операторлары ҳәм провайдерлери, ҳуқықты қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў;
мәлимлемелестириў объектлеринде (мәмлекетлик сырлар буған кирмейди) аппарат қураллары ҳәм программалық өнимлерди, мәлимлеме-коммуникация технологияларын, телекоммуникация үскенелери ҳәм басқа да техникалық қуралларды аттестация, экспертиза ҳәм сертификациядан өткериў;
мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының мәлимлеме қәўипсизлиги сиясатын ислеп шығыў және әмелге асырыўда көмеклесиў;
мәмлекетлик мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары, сондай-ақ, интернет тармағы миллий сегментиниң мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
Интернеттиң миллий пайдаланыўшыларын Интернет тармағының миллий сегментинде мәлимлеме қәўипсизлигине пайда болып атырған қәўип-қәтерлер ҳаққында өз ўақтында хабардар етиў, сондай-ақ, мәлимлемелерди қорғаў бойынша мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекция ҳаққында реже 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекцияның дүзилмеси 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекцияның аймақлық бөлимлериниң үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июльдеги ПП-5490-санлы «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының 5- ҳәм 6- бәнтлери талаплары Мәмлекетлик инспекция тәрепинен әмелге асырылатуғын тексериўлерге қолланылмайтуғыны белгиленсин.
- Төмендеги тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) Ағымдағы тәмийнат (мийнет ҳақысына мәмлекетлик қосымша төлемлер ҳәм үстеме пуллар сақланған ҳалда), мәмлекетлик инспекция ҳәм Орайдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың хызметкерлериниң мийнетин қосымша материаллық хошаметлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады;
б) Орай хызметкерлерине мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўындағы айрықша мийнет шараятлары ушын хызметкердиң лаўазым айлығының кеминде 100 проценти муғдарында айлық үстеме белгиленеди;
в) 2019-жыл 1-январьдан:
мәлимлеме-коммуникация технологияларына, аппарат қураллары ҳәм программалық өнимлер, қорғаў қураллары ҳәм басқа да техникалық қуралларға техникалық тапсырмалар бойынша шешимлер Орай менен мәжбүрий тәртипте келисиледи;
мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлемелестириў объектлеринде (мәмлекетлик сырлар буған кирмейди) енгизилетуғын ҳәм пайдаланылатуғын аппарат қураллары менен программалық өнимлер мәжбүрий түрде Орайда аттестация ҳәм экспертизадан өткерилиўи зәрүр;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги мәлимлеме-коммуникация технологиялары, аппарат қураллары менен программалық өнимлер, қорғаў қураллары ҳәм басқа да техникалық қуралларға техникалық тапсырмалар бойынша шешимлерди Орай менен мәжбүрий келисилгеннен соң берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша инспекцияға бириктирилген транспорт қуралларын ҳәм басқа да мүлкти Мәмлекетлик инспекцияға;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге көмеклесиў орайына бириктирилген техникалық ҳәм транспорт қураллары, сондай-ақ, басқа мүлкти Орай балансына бийғәрез өткерсин, «Қәўипсиз қала» жойбарын әмелге асырыў ушын мөлшерленген мүлк буған кирмейди.
- Мәмлекетлик инспекция ҳәм Орай оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Ташкент қаласы, Дүрмен жолы көшеси, 31-жай мәнзилиндеги имаратта жайластырылсын.
- Төмендегилер:
«Өзбектелеком» АКға Орайды зәрүр байланыс қураллары ҳәм жоқары тезликтеги Интернет тармағы менен тәмийинлеў;
«Өзбекэнерго» АЖға Орайға ажырытылған имаратты мәжбүрий тәртипте резерв етилген үзликсиз энергия тәмийнаты менен тәмийинлеў усыныс етилсин.
14.Орай мәлимлеме тараўында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ушын алып кирилетуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, компьютер техникасы, программалық өнимлер, аппарат-программалық комплекслер, оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, аўысық бөлеклер, комплектлеўши бөлеклер ҳәм радиодетальларға бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) төлеўден азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң «қәўипсиз қала» жәмийетлик тәртибине көмеклесиў орайының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен уйымлық ҳүжжетлерди Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы қарарына муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Баслығы И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 21-ноябрь