Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Кейинги жылларда  базар реформаларын избе-из тереңлестириў ҳәм экономиканы либералластырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, бәсекини раўажландырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жедел раўажланыўын хошаметлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды.

Экономикалық раўажланыўдың бүгинги басқышы исбилерменлик субъектлериниң кредит ресурсларына, инвестицияларды тартыўға ҳәм алдыңғы бизнес жойбарларды қаржыландырыўдың жаңа механизмлерине болған күшли талапты жүзеге келтирмекте.

Соның менен бирге, гиреў менен тәмийинленген кредиторлардың талапларын кредит қаржылары қайтарылыўының кепили болып есапланған гиреўдеги мүлктиң қунынан қанаатландырыў системасының нәтийжелилиги қосымша қаржыны тартыў имканиятына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Нызамшылықта белгиленген имканияттың болыўына қарамастан, банклер ҳәм басқа да кредит шөлкемлери тәрепинен автотранспорт қуралларынан басқа көшиўши мүлкти гиреў сыпатында қабыл етиў, сондай-ақ, гиреў предмети баҳасының кредит муғдарынан бир қанша көп болса да, гезектеги гиреўди қабыл етиў әмелияты қолланылмай атыр.

Елимизде инвестициялық орталықты және де жақсылаў, тиккелей инвестицияларды тартыўды хошаметлеў, инвесторлардың елимизде исбилерменлик жумысын жолға қойыў ҳәм жүргизиўге болған исенимин беккемлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Орайлық банктиң 2019-жыл 1-январьдан төмендеги тәртипти орнатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

гиреў менен тәмийинленген кредиторлардың талапларын гиреўге қойылған мүлк қунынан қанаатландырыў қарыздар өз миннетлемелерин орынламаған ямаса зәрүр дәрежеде орынламаған жағдайларда гиреў реестрине қарыздардың мүлкине болған ҳуқықлары ҳаққында жазыў киргизилген сәнеге бола календарь избе-излигинде әмелге асырылады. Онда, усы тәртип қарызлардың есап бетиндеги ақша қаржылары оған қойылған барлық талапларды қанаатландырыў ушын жетерли болмаған жағдайда, ақша қаржыларын есаптан шығарыў орнына енгизилмейди;

гиреў реестрине қарыздардың мүлкине болған ҳуқықлары ҳаққында жазыў киргизген кредитор – гиреўге алыўшылар өз талапларын қанаатландырыўда гиреў реестрине тийисли жазыўды киргизбеген кредитор- гиреўге алыўшыларға салыстырғанда тийкарғы ҳуқыққа ийе болады;

мүлкти сатып алыўды оны тәмийнат сыпатында қойыў есесине қаржыландырған кредитор гиреў реестрине тийисли жазыўды киргизген жағдайда, усы мүлк есабынан өз талапларын қанаатландырыўда тийкарғы ҳуқыққа ийе болады;

гезектеги гиреўге қойыўға гиреў реестрине тийисли жазыўды киргизиў шәрти менен бурынғы гиреўге алыўшының келисимисиз рухсат етиледи;

гиреўге қойыўшы тәрепинен гиреў предметин ижараға бериўге гиреў реестрине тийисли жазыўды киргизиў ҳәм бул ҳаққында гиреўге алыўшыны хабардар етиў шәрти менен гиреўге алыўшының келисимисиз рухсат етиледи.

  1. Төмендегилер:

шәртнамада басқаша қағыйда белгиленген болмаса, қарыздардың миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў ушын берилген мүлктен пайдаланыў ямаса оны сатыўдан алынған өним ҳәм дәраматларға (түсимге) кредитордың тийкарғы ҳуқықы;

лизинг, бөлип-бөлип төлеўди нәзерде тутатуғын алды-сатты, ижара ямаса басқа келисимлердиң объекти болған және усы келисимлерде миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў ушын қойылған мүлкке (мүлк ҳуқықына) гиреў ушын белгиленген өндириў қаратыў тәртиби;

жазба келисим бар болған жағдайда, гиреў предметиниң ямаса кредитордың миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеў предмети сыпатында қойылған көшиўши мүлкке өндириўди қаратыўға суд буйрығы институты енгизилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

мүлк пенен тәмийинленетуғын миннетлемени усы мүлк қунынан қапланыўын мүмкин болған миннетлемениң максимал суммасын көрсетиў жолы менен анықлаўға рухсат етиледи;

миннетлемелердиң орынланыўын мүлк пенен тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын келисимлер, соның ишинде, гиреў шәртнамасы миннетлемелер орынланыўының мүлклик тәмийнаты предметин толық билдирмей, оны улыўмалық сыпатлаў арқалы, соның ишинде, айрықша категория бойынша дүзилиўи мүмкин;

гиреўге алыўшылар ҳәм басқа да кредиторлардың талап етиў ҳуқықын тәмийинлеў ушын гиреўге қойылған және олардың талаплары бойынша өндириў қаратылған мүлк кредитке, бөлип-бөлип төлеўге, лизингке ямаса нызам ҳүжжетлери  менен қадаған етилмеген басқа да келисимлер арқалы реализацияланыўы, ижараға берилиўи мүмкин, суд қарарлары ҳәм басқа да уйымлардың қарарларын орынлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық мүлкти мәжбүрий реализациялаў жағдайлары буған кирмейди.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты қаплаў бойынша талаплар ҳаққындағы жазыўлар гиреў реестрине өз ўақтында киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки бир ай мүддетте юридикалық ҳәм физикалық шахслардан гиреў реестрине жазыў киргизиў ушын, сондай-ақ, гиреў реестринен көширме бериў ушын өндирилетуғын төлемлердиң муғдарын кеминде еки есеге азайтыўды нәзерде тутатуғын нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы қарардың норма ҳәм талапларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.
  4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин кеңнен сәўлелендириўди шөлкемлестирсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 23-ноябрь