Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халықтың кепилленген ҳәм сапалы медициналық жәрдем алыў имканиятын кеңейтиў, аймақлық медицина мәкемелеринде көрсетилетуғын медициналық хызметлер көлемин ҳәм сапасын арттырыў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Корея Республикасы Ҳүкимети тәрепинен «Аймақлық медицина мәкемелерин медициналық әсбап-әнжамлар менен үскенелеў» жойбарын (кейинги орынларда – Жойбар) әмелге асырыў ушын Корея экспорт-импорт банкиниң Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры (кейинги орынларда – ЭРБ қоры)нан Өзбекстан Республикасына 10 жыл жеңиллетилген дәўир менен 40 жыл мүддетке жәми 74 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги Корея вонында жеңиллетилген қарыз ажыратылыўы мақулланғанлығы;
Жойбардың улыўма баҳасы 88,78 миллион АҚШ долларын, соның ишинде, 74 миллион АҚШ доллары қарыз қаржылары ҳәм 14,78 миллион АҚШ доллары салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў түринде Өзбекстан Республикасының Жойбарды әмелге асырыўдағы үлесин қурайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў, оны муўапықластырыў, сондай-ақ, ЭРБ қорының қарыз қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым болып есапланатуғыны;
«Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ ЭРБ қорының қарыз қаржылары бойынша есап-санақларды әмелге асырыў бағдарында қаржы агенти болып есапланатуғыны;
ЭРБ қорының қарыз қаржыларын қайтарыў, соның ишинде, қосымша ҳақы ҳәм процентлер, басқа да төлемлер менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржылары есабынан қапланатуғыны;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы «O‘zmedimpeks» мәмлекетлик мәкемеси Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде тендер комиссиясының жумысшы уйымы ҳәм дүзилген шәртнамалар бойынша контрагент болып есапланатуғыны;
Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде сатып алынатуғын ҳәм алып кирилетуғын товарларға (хызметлерге) төлениўи керек болған қосымша қун салығы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленетуғыны. Онда, салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң қолланылатуғыны ямаса бюджет қаржылары есабынан төлеп берилиўи нәтийжесинде үнемленген қаржылар Өзбекстан Республикасының Жойбарды әмелге асырыўға қосқан үлеси сыпатында есапқа алынатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
«Аймақлық медицина мәкемелерин медициналық әсбап-әнжамлар менен үскенелеў» жойбарының тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
«Аймақлық медицина мәкемелерин медициналық әсбап-әнжамлар менен үскенелеў» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде ЭРБ қорының қарыз қаржыларын қайтарыў, соның ишинде, қосымша ҳақы ҳәм процентлер төлеўдиң прогноз кестеси 2-қосымшаға муўапық;
«Аймақлық медицина мәкемелерин медициналық әсбап-әнжамлар менен үскенелеў» жойбары шеңберинде сатып алынатуғын медициналық үскенелердиң аймақлар бойынша бөлистирилиўи 3, 3а-3н-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Корея Экспорт-импорт банки арасында қол қойылған қарыз келисими бойынша юридикалық шешим берсин.
- «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖға ЭРБ қорының қарызы бойынша есап-санақларды әмелге асырыў ушын Корея Республикасының ўәкилликли банки менен банклераралық шәртнамаға қол қойыў ўәкиллиги берилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина мәкемелериниң талаплары ҳәм хатлаў нәтийжелери тийкарында медициналық әсбап-әнжамлардың дизими, муғдары ҳәм техникалық сыпатламаларына өзгерислер киргизилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Жойбар шеңберинде:
мәпдар министрлик ҳәм уйымларға зәрүр есабат ҳәм ҳүжжетлер ЭРБ қорының талаплары ҳәм Өзбекстан Республикасы нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық өз ўақтында таярланыўын ҳәм усынылыўын;
Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде Жойбарға тартылыўы нәзерде тутылған медицина мәкемелериниң нәтийжели жумыс алып барыўын;
сатып алынатуғын медициналық әсбап-әнжамлар ҳәм материаллар жеткерип берилгенге шекем медицина мәкемелеринде үскенелерди жайластырыў ҳәм орнатыў ушын тийисли имаратлар таярланыўын;
медицина хызметкерлериниң жеткерип берилетуғын медициналық әсбап-әнжамлар ҳәм заманагөй технологиялар ҳәм мәлимлеме техника қуралларынан пайдаланыў бойынша оқытылыўын;
белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң сораўнамасына тийкарланып товарлар менен үскенелерди сатып алыў, белгиленген мәнзилге жеткерип бериў бойынша хызметлерди, сондай-ақ, Жойбарды қаржыландырыў бойынша басқа да қәрежетлерди әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржылар ажыратсын;
Жойбарды қаржыландырыў ушын 2024-жылдан баслап зәрүр қаржылардың Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Есап палатасы Жойбар шеңберинде тартылатуғын ҳәм ажыратылатуғын қаржылардан нәтийжели пайдаланылыўы, сондай-ақ, Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларында нәзерде тутылған көрсеткишлерге ерисилиўи бойынша турақлы қадағалаў орнатсын.
- Сыртқы ислер министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң виза талапнамаларына бола усы Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел қәнигелери ушын кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм басқа да ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйыртпасына тийкарланып Жойбарды әмелге асырыў ушын тартылатуғын сырт ел қәнигелерине көп мәртелик виза мүддетлериниң өзлестирилиўин, сондай-ақ, ўақытша жасаў орны бойынша дизимге алыныўын ҳәм оның мүддети создырылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 31-июль