Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халықты социаллық қорғаўға қаратылған системалы жумысларды даўам еттириў ҳәм материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың перзентлерин кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў қәрежетлерин бюджет қаржылары есабынан қаплаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-июльдеги «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП–6260-санлы Пәрманында«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги ҳәр бир перзенти ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилиўи белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2021-жылдың август айында халықтың төмендеги қатламларына 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем (кейинги орынларда бир мәртелик материаллық жәрдем) көрсетилсин:
бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы яки напақасын алыўшы шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине;
майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға.
- Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги перзентлерине бир мәртелик материаллық жәрдем пулларын төлеў қәрежетлери республика бюджети қаржылары;
бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҳәм басқа да уйымлардан бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы яки напақасын алыўшы шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине, сондай-ақ, майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға бир мәртелик материаллық жәрдем пулларын төлеў қәрежетлери бюджеттен тысқары Пенсия қоры және министрлик ҳәм уйымларға ажыратылған бюджет қаржылары.
- Төмендегилер бир мәртелик материаллық жәрдемниң усы қарарға муўапық мақсетли ҳәм мәнзилли жеткерилиўин тәмийинлеў бойыншажеке жуўапкер етип белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлери басшылары «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги перзентлери санынан келип шығып, төлем ведомостлары қәлиплестирилиўи және районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери арқалы оларға материаллық жәрдем пулларының быйылғы жыл 25-августқа шекем мәнзилли жеткерилиўин тәмийинлеў ҳәм қадағалаў бойынша;
бюджеттен тысқары Пенсия қоры, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, суд ҳәкимиятының жоқары уйымларынан тийислилиги бойынша бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ҳәм напақасын алыўшы шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине, сондай-ақ, майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының пенсияларды (напақаларды) төлеў ушын белгиленген мүддетлерде ҳәм мәнзилли жеткерилиўин шөлкемлестириў бойынша;
Қаржы министрлиги зәрүр қаржылардың Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қорынан өз ўақтында ажыратылыўы бойынша.
- Қаржы министрлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардыңмақсети ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен жарытыў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министриТ.А.Ишметов белгиленсин.
қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-октябрьге шекем мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 30-июль