Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Хызметлер тараўының мәмлекетимиз экономикасындағы үлесин көбейтиў, орынларда хызметлер тараўындағы бар имканиятларды толық иске қосыў, хызметлер түрлерин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў бойынша өз шешимин күтип атырған машқалалы мәселелерди шешиў, усы бағдарда исбилерменлик субъектлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың идеялары менен басламаларын хошаметлеў мақсетинде:

  1. 2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

экономикалық өсиўди тәмийинлеўде хызметлер тараўын  әҳмийетли драйверге айландырыў ҳәм 2023-жылға шекем  хызметлер көлемин  еки есеге арттырыў;

халыққа таяр бизнес жобалар ҳәм жойбарлар усыныс етиў, оларды кәсипке оқытыўдан исбилерменлик жумысын жолға қойыўға шекемги басқышларды қамтып алыўшы «комплексли хызметлер» көрсетиўди шөлкемлестириў;

республикада хызметлер тараўының раўажланғанлығын баҳалаў системасын енгизиў  арқалы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мәпдар шахслардың жуўапкершилигин күшейтиў;

хызметлер тараўында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, ҳәр бир  аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып хызметлердиң түрлерин кеңейтиў, аймақларда, әсиресе, аўыллық жерлерде транспорт, қаржы, сондай-ақ, банк, туризм және саўда хызметлериниң қамтып алыныўын кеңейтиў;

республиканың барлық аймақларындағы билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў хызметлери потенциалын арттырыў, олардың сапасын жақсылаў, онда жеке меншик секторды тартыў ушын  қолайлы экономикалық ҳәм инфраструктуралық шараятларды жаратыў.

  1. Төмендегилер:

2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдың мақсетли параметрлери 1.1-1.15-қосымшаларға муўапық;

Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша  2021-жылға мөлшерленген «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.Холхўжаев) мәпдар  министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте  2022 ҳәм 2023-жыллар ушын хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша «жол карталарын» ҳәр жылы 1-декабрьге шекем ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизип барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте 2021-2023-жылларда  хызметлер тараўын раўажландырыў аймақлық  бағдарламаларын  тастыйықласын.

Онда, аймақлық бағдарламаларға интакер исбилерменлердиң идеялары  тийкарында  халықтың мүтәжлиги бар хызметлерди  жолға қойыў бойынша жойбарларды киргизиў, сондай-ақ, орынларда усы хызметлерди көрсетиўши «хызмет көрсетиў комплекслери»ниң шөлкемлестирилетуғыны нәзерде тутылсын.

  1. 2021-жыл 1-июльден баслап республика аймақларында төмендегилерди нәзерде тутатуғын хызметлер тараўының раўажланғанлығы рейтинги енгизилсин:

хызмет көрсетиўши, соның ишинде, жаңадан шөлкемлестирилген субъектлердиң саны, хызметлер көлеми ҳәм түрлери, жаратылған жумыс орынлары, салық базасы ҳәм басқа да әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында тийисли тараўларға жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың аймақлық бөлимлериниң басшылары ҳәм басқарыў хызметкерлери, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала)лар ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарларының жумысын баҳалаў;

хызметлер тараўының раўажланыў рейтингин «BUSINESS INDICATOR»  автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасында қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм жәриялаў;

баҳалаў нәтийжелерин ҳәр ярым жылда  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиў;

баҳалаў нәтийжелери бойынша тийисли шөлкемлердиң басшы ҳәм басқарыў хызметкерлери, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала)лар ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары унамлы көрсеткишке ийе болғанда – оларды хошаметлеў және қанаатландырарсыз көрсеткишке ийе болғанда – интизамий жуўапкершиликке тартыў.

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан хызметлер тараўын раўажландырыў ушын коммерциялық банклерге 300 миллион АҚШ доллары эквивалентинде кредит линиясы ашылсын.

кредит линиясының 150 миллион АҚШ доллары  муғдарындағы қаржылары (1 транш) 2021-жыл 1-июльге шекем 3-қосымшаға муўапық  бөлистириў бойынша ажыратылатуғыны;

кредит линиясы қаржылары коммерциялық банклерге 7 жыл мүддетте, соның ишинде, 3 жыллық жеңилликли дәўир менен процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент бәнтке төмен етип берилетуғыны;

кредит линиясының 2-траншы 1-транштың ислетилиўи нәтийжелилигин баҳалаў нәтийжелери бойынша Экономикалық  раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң усынысына тийкарланып Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған бөлистириў бойынша ажыратылатуғыны;

коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер 4-қосымшаға муўапық хызметлер тараўындағы жойбарларды  әмелге асырыў (қаржы тараўын раўажландырыў  бойынша жойбарлар ҳәм хызметлер тараўында айланыс қаржыларды толықтырыў жағдайлары буған кирмейди) ушын 5 жылға шекемги мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында бир жойбар бойынша 2 миллиард сумға шекем муғдарда ажыратылатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери коммерциялық банклердиң кредитлери есабынан әмелге  асырылып атырған жойбарларға қосымша түрде  жойбар интакерлериниң кеминде жоқарыда көрсетилген муғдарлардағы өз қаржылары есабынан  қосымша  жойбарлар иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. «Өзмиллийбанк» АЖ коммерциялық банклерге қайта қаржыландырыў мақсетинде 2021-жылдың ақырына шекем 28 ири ҳәм орта қалаларда туризм, транспорт, медицина, билимлендириў объектлери ҳәм ири саўда комплекслерин шөлкемлестириў жойбарлары ушын халықаралық финанс институтларының 200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларын тартсын.
  2. «Өзмиллийбанк» АЖ жанында Хызметлерди раўажландырыў бойынша жойбарлаў-таллаў орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилгенлиги  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов) ҳәм Орай менен биргеликте хызметлер тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын тәжирийбели қәнигелерди тартқан ҳалда халықты кәсипке оқытыў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

2021-2023-жыллар даўамында  интакер исбилерменлик субъектлери тәрепинен   5-қосымшаға муўапық район (қалал)ларда  дийқан базарлары ҳәм саўда комплекслери қурылыўына  жәрдем берсин;

Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте  2021-жыл 1-сентябрьге шекем ири қалаларда, ўәлаят ҳәм район орайларында интакер исбилерменлик субъектлери менен биргеликте  саўда ҳәм кеўилашар көшелер  шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Жаңадан жаратылатуғын дийқан базарлары ҳәм саўда комплекслери устав  капиталында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәжбүрий қатнасығы бийкар етилсин.
  2. Саўда ҳәм кеўилашар көшелерде:

көшпели саўда объектлери ушын орынлар исбилерменлик субъектлерине электрон онлайн-аукцион тийкарында сатылсын;

барлық исбилерменлик субъектлерине жәмийетлик қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң бойсынған ҳалда 24 саат  ишинде күни-түни жумыс ислеў ҳуқықы берилсин.

  1. Ишки ислер министрлиги Миллий гвардия менен биргеликте бир ай мүддетте саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң 24 саат ишинде күни-түни жумыс ислеўине байланыслы жәмийетлик қәўипсизлик бойынша әпиўайыластырылған талапларды орнатыўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) және Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов) менен биргеликте бажыхана постлары аймағындағы бос жер участкалары және 6-қосымшаға муўапық жол-патруль хызмети постлары аймағындағы жер участкалары исбилерменлик субъектлерине саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў ушын  ажыратылыўын тәмийинлесин.

Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов)  еки ҳәпте мүддетте  тийисли уйымлар менен биргеликте бажыхана постлары аймағындағы бос жер участкаларының тастыйықланған дизимин өз рәсмий веб-сайтында жайластырсын  және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлерине усыныс етсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған жер участкалары исбилерменлик субъектлерине жойбар тийкарында саўда ҳәм хызмет көрсетиў мақсетлеринде жеңил түрдеги қурылмалар қурыў ушын кеминде 3-жыл мүддетке ижараға берилетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жайласқан жер майданлары ҳәм имарат-комплекслерден нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жумысшы топар 7-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.

Жумысшы топар  (Ж.Қўчқоров)  еки ай мүддетте:

социаллық  ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын  имарат ҳәм комплекслер қурыўды оптималластырған ҳалда оларды исбилерменлик субъектлерине тийисли имаратларда ижара тийкарында жайластырыў системасын кеңнен енгизиў илажларын көрсин;

дәслепки басқышта Ташкент қаласының Алмазар, Мирабад ҳәм Яккасарай  районларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жайласқан жер участкаларын ҳәм имарат-объектлерди хатлаўдан өткерген ҳалда олардың майданарын сын көзқарастан көрип шықсын ҳәм исбилерменлик субъектлерине  хызмет көрсетиў объектлерин қурыў ушын ажыратыў мақсетинде оптималластырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Онда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде бос турған, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл  3-апрельдеги ПҚ- 5053-санлы қарарына муўапық штат бирликлери оптималластырылыўы нәтийжесинде босаған жер участкалары, имарат-объектлер ҳәм орынлар барлығы инабатқа алынсын.

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап аралықтан (онлайн) билимлендириўге тийкарланған мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў ушын мүлклик ямаса басқа да айғақлы ҳуқықлар тийкарында имаратлардың бар болыўы ҳаққында талап бийкар етилсин.
  2. Мәмлекетлик статистика комитети 2021-жыл 1-октябрьге шекем сырт ел ҳәм жергиликли экспертлерди тартқан ҳалда хызметлер статистикасын жүргизиўди, соның ишинде, мәлимлеме-коммуникация ҳәм программаластырыў хызметлерин  есапқа алыў методологиясын халықаралық  стандартлар тийкарында жетилистирсин, республика аймақларында хызметлер тараўының раўажланыў жағдайын және нәтийжелилигин арттырыў имканиятын  бериўши есабат түрлерин ҳәм методологияларды ислеп шықсын.
  3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.Холхўжаев) Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасы, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте:

бир ай мүддетте  хызметлер тараўының раўажланыўын баҳалаў тәртиби ҳәм методологиясын нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте «BUSINESS INDICATOR» автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасының усы қарар талапларынан келип шығып жетилистирилиўин тәмийинлесин;

бир ай мүддетте  нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм С.Ў.Умурзаков, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша  2021-жыл 1-сентябрь ҳәм  2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине  мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл  11-май