Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Елимизде денетәрбия ҳәм спортты және де раўажландырыў, оларды ғалабалық ҳәрекетке айландырыў, халықтың физикалық қәбилетин анықлаў ҳәм хошаметлеў, зыянлы әдетлер және ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2021-жыл 1-августтан баслап Халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы (кейинги орынларда – баҳалаў системасы) енгизилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы мақсети етип белгиленсин:
халықтың барлық қатламлары арасында денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў арқалы физикалық қәбилет ҳәм ҳәрекет белсендилигин жетилистириў және зыянлы әдетлер ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыў, сондай-ақ, саламат турмыс тәризиниң көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм физикалық таярлық дәрежесин арттырыў;
жасларда ерк-ықрар, өз күши ҳәм имканиятларына исеним сыяқлы пазыйлетлерди беккемлеў, оларда мәртлик, ўатансүйиўшилик ҳәм садықлықты раўажландырыў, елимиздиң даңқын қорғай алатуғын, физикалық күшли ҳәм интеллектуал потенциаллы Ўатан қорғаўға мүнәсип резерв кадрларды таярлаў;
республикамыз аймағында, соның ишинде, алыс аймақларда жайласқан аўыллар, мәҳәллелерде халықты саламатландырыў жумысларын және де раўажландырыў;
халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаўдың халықаралық стандартларын ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин қолланыў.
- Баҳалаў системасы бойынша спорт сынаўлары (кейинги орынларда – спорт сынаўлары) арнаўлы ҳәм қәлеўли түрде халықтың жети жастан жетпис жасқа шекемги қатламы ҳәм оннан үлкенлердиң физикалық таярлығын анықлайтуғыны;
спорт сынаўлары басқыш ҳәм қурамалылық дәрежесинен келип шығып 15 түрдеги, соның ишинде, узақ ҳәм қысқа аралықларға жуўырыў және жүзиў, турникте тартылыў, затларды ылақтырыў ҳәм басқа да шынығыўлардан ибарат болатуғыны;
спорт сынаўлары қатнасыўшыларына 11 жас категориясы бойынша ийелеген орны ҳәм дәрежесине қарай спорт разрядлары ҳәм атақлары берилетуғыны және олар материаллық ҳәм басқа да саўғалар менен хошаметленетуғыны;
Туризм ҳәм спорт министрлиги сынаў илажлары өткерилиўиниң шөлкемлестириўшиси болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Спорт сынаўларының өткерилиўин тәмийинлеў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында спорт сынаўларының өткерилиўин тәмийинлеў бойынша аймақлық жумысшы топарларының үлги (кейинги орынларда – аймақлық жумысшы топарлары) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер:
а) Республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип:
ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы және барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде спорт сынаўларын өткериў «жол картасы» ҳәм мүддетлерин белгилеў;
аймақлық жумысшы топарлар және барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бул тараўдағы жумысын муўапықластырыў, олар тәрепинен орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларды тыңлаў және анықланған кемшиликлерди сапластырып барыў;
спорт сынаўларын табыслы тапсырғанлардың жоқары рейтинг нәтийжелерин дизимге алыў системасын жолға қойыў;
ҳәўескер спортшылардың физикалық ҳәм психологиялық таярлығын жақсылаўға қаратылған илимий-инновациялық изертлеўлер алып барылыўын қоллап-қуўатлаў;
жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў тийкарында район (қала)ларда спорт сынаўлары өткерилиўи шөлкемлестирилиўин, сондай-ақ, бул бағдарда жаратылған шараятларды турақлы түрде үйренип барыў;
спорт сынаўларын тапсырыўда рекорд нәтийжелерге ерискен жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин хошаметлеў;
б) аймақлық жумысшы топарлардың тийкарғы ўазыйпалары етип:
район (қала)ларда физикалық белсендиликти қоллап-қуўатлаў ҳәм ғалабалық спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў ушын жетерли шараятлар жаратыў;
аўыллық жерлерде спорт акциялары, ҳәўескерлик чемпионатларын, конкурсларды шөлкемлестириў арқалы спорт сынаўларының үгит-нәсиятланыўын және өткерилиўин шөлкемлестириў;
спорт сынаўларының (ықтыярлы ҳәм арнаўлы талапларын орынлаған) жеңимпазларын сыйлықлаў илажларын салтанатлы түрде әмелге асырыў;
спорт сынаўлары өткерилетуғын сәне, өтетуғын орны, режеси ҳәм шәртлери ҳаққында кеминде бир ай алдын ғалаба хабар қуралларында дағаза берилиўин тәмийинлеў;
район (қала)ларда спорт сынаўларының арнаўлы талапларын орынлаў ушын өз алдына орайларды шөлкемлестириў ҳәм зәрүр жағдайларда спорт сынаўларын өткериў ушын жеке меншик шериклерди тапқан ҳалда тийисли шараятларды жаратыў;
зәрүр жағдайларда спорт сынаўларын жетилистириў ҳәм бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм Республикалық комиссияға киргизиў;
арнаўлы спорт сынаўлары нәтийжелериниң орынларда әдил ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеген ҳалда рәсмийлестирилиўи бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:
спорт сынаўларының ҳәр жылы турақлы түрде өткерилип барылыўында халықтың барлық қатламларының қәлеўлери бойынша белсене қатнасыўын тәмийинлеў илажларын көрсин;
спорт сынаўларын өткериў, жеңимпазларды хошаметлеў ҳәм мийнет жәмәәтлеринде жумыс ислеп атырған «Спорт үгит-нәсиятлаўшысы» хызметкериниң қысқа мүддетли қәнигелик арттырыўына байланыслы қәрежетлерди нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясына (К.Рафиков):
мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлердиң денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көриў;
спорт сынаўларын табыслы тапсырған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерине ҳәр жылы бир мәрте дем алыў орынлары ямаса санаторийларға жеңиллетилген жолламалар бериў тәртибин енгизиў усыныс етилсин.
- а) Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) – спорт сынаўларын өткериўде аймақлық жумысшы топарларға жәрдемлесиўге, соның ишинде, мәҳәлле профилактика инспекторлары тәрепинен өз аймағында жасаўшы (турақлы ямаса ўақтынша) жәмлеспеген жаслар ҳәм халықтың дизими қәлиплестирилиўине;
б) Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдошев) – спорт сынаўлары өткерилетуғын орынлар (майданлар ҳәм спорт имаратлары)да және олардың әтирапында айрықша жағдайлардың алдын алыўға ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша барлық зәрүр илажлардың белгиленген тәртипте әмелге асырылыўына;
в) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев):
барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейтуғын денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын шахсларды және денетәрбия ҳәм спорт илажларын таярлаў және өткериў бойынша жуўапкерлерди күнделикли түрде медициналық тексериўден өткериўге;
қатнасыўшыларға жоқары дәрежеде медициналық хызмет көрсерилиўине, спорт илажлары өткерилетуғын орынларда зәрүр медициналық әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақлар және тез жәрдем автомашиналары нәўбетшилиги шөлкемлестирилиўине;
г) Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети (Б.Юсупалиев) – спорт сынаўлары болып өтетуғын орынлардың санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық талапларға сәйкес болыўына;
д) Миллий гвардия (Р.Джураев) – спорт сынаўлары өткерилетуғын, қатнасыўшылар жайласатуғын, аўқатланатуғын, адамлар баратуғын орынларда ҳәм олардың қоршаған аймақларында жәмийетлик тәртипти сақлаўға, жол ҳәрекети қатнасыўшылары ушын ажыратылған автотранспорт қуралларын жол-патруль хызметиниң автомашиналары жәрдеминде бақлаўға;
е) Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) – системадағы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы ҳәм барлық хызметкерлеринен спорт сынаўларының қабыл етилиўине;
ж) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) – системадағы билимлендириў мәкемелериниң студент ҳәм барлық хызметкерлеринен спорт сынаўларының қабыл етилиўине;
з) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Маматов) және Жаслар ислери агентлиги (А.Саъуллаев) – мәҳәлле ҳәм аўыллардағы бәнт болмаған халықтың барлық қатламынан спорт сынаўларының қабыл етилиўине;
и) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) – усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы барлық қәрежетлердиң өз ўақтында қаржыландырылыўына;
й) Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Қўлдошев), Миллий гвардия (Р.Джураев), Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.Азизов) – системадағы барлық хызметкерлерден спорт сынаўларының қабыл етилиўине жуўапкер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Туризм ҳәм спорт министрлигиниң спорт сынаўларын табыслы тапсырған шахслар ушын «Жисмоний тайёргарлик даражаси» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Онда, спорт сынаўларының арнаўлы талапларын орынлаған жеңимпазлар I, II ҳәм III дәрежели көкирек белгилери менен сыйлықланады.
- Баҳалаў системасы бойынша жас көрсеткишлеринен келип шығып спорт сынаўларының арнаўлы талапларын табыслы орынлаған шахслар бир жыл даўамында төмендеги жеңилликлер ҳәм хошаметлеўлерден пайдаланады:
мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызмет төлеминиң 50 процентин шегирме менен төлейди ҳәм мүддетли әскерий хызметке бириншилер қатарында үстинлик пенен жибериледи;
арнаўлы талапларды орынлаған жеңимпазларға (I орын) «Темурбеклер мектеби»не тест сынақларысыз таңлаўдан тысқары оқыўға кириўде;
бийпул тәризде мәмлекетлик район (қала)лық көп тармақлы медицина мәкемесинде бир мәртелик тереңлестирилген медициналық тексериўден өтеди;
арнаўлы талапларды орынлаған жеңимпазларға (I орын) улыўма пайдаланыўдағы мәмлекетлик жолаўшы тасыў қала транспортында бийпул және аймақлараралық ҳәрекетлениўде 50 процент шегирмели төлем менен жеңиллетилген жүриў ҳуқықы бериледи (такси, соның ишинде жөнелисли такси кирмейди);
перзентлери жасап атырған орындағы улыўма билимлендириў мектеби, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, сондай-ақ, жазғы саламатландырыў дем алыў орайларына гезексиз жайластырылады;
барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери жумыс орны есабынан дем алыў орайлары ҳәм санаторийларға бийпул жолламалар бериледи;
республикамыз аймағында жумысқа ямаса оқыўға қабылланыўда физикалық таярлық талап етилетуғын имтихан (жоқары билимлендириў мәкемелери спорт бағдарларынан тысқары), сынаў, әмелий шынығыўларда үстинлик (имтиханда максимал балл ямаса әмелий шынығыўлардан азат етилиўи) бериледи.
Усы қарар менен белгиленген спорт сынаўларын өткериў ҳәм жеңимпазларды хошаметлеўге байланыслы ҳәр жылғы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Туризм ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) және мәпдар спорт федерация (ассоциация)ларының спорт сынаўларын баҳалаў системасы нормалары, спорт разрядлары ҳәм атақлары, өткериў графиклери ҳәм қатнасыўшылар ушын усыныслар платформасын (www.jtdss.uz) және спорт сынаўлары қатнасыўшылары ҳаққындағы бирден-бир электрон базаны жаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Онда, Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов):
а) 2021-жыл 1-августқа шекем спорт сынаўларының платформасы (www.jtdss.uz) ҳәм бирден-бир электрон базасының жумысын толық жолға қойсын;
б) ҳәр жылы март айының ақырына шекем аймақлар кесиминде спорт сынаўларын өткериў ўақты, орны ҳәм спорт имаратларының мәнзиллери, төрешилер ҳаққындағы ҳәм басқа да толық мағлыўматларды платформада жайластырып барсын ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятласын;
в) ҳәр жылдың жуўмағы менен спорт сынаўларын табыслы тапсырған пуқаралардың ең жоқары нәтийжелери ҳәм рекорд орнатқанлар ҳаққындағы талланған мағлыўматларды платформада ҳәм бирден-бир электрон базада жүргизиў әмелиятын енгизсин.
Платформа ҳәм бирден-бир электрон базаны ислеп шығыў, оларға хызмет көрсетиў ҳәм кейин ала модернизацяилаў бойынша буйыртпашының функциялары Туризм ҳәм спорт министрлигине жүкленсин.
Туризм ҳәм спорт министрлиги спорт сынаўларының платформасы турақлы түрде әдил ҳәм жедел ислеп турыўына, сондай-ақ, оның турақлы техникалық қоллап-қуўатланыўына, мағлыўматларды таллаў, дүзилген рейтинглердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге жуўапкер болып есапланады.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) менен биргеликте «Бирден-бир мийнет миллий системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппараты комплексинде электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында пуқаралардың жеке мағлыўматларын спорт сынаўлары табыслы тапсырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар менен толтырып барыў әмелиятын енгизсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов):
а) бир ай мүддетте Халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша спорт сынаўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы режени, «Жисмоний тайёргарлик даражаси» көкирек белгиси ҳәм гүўалығының сыпатламаларын тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) еки ай мүддетте:
Мәмлекетлик статистика комитети (Б.Бегалов) менен биргеликте халықтың спорт сынаўлары менен қамтып алыныўын баҳалаў нормаларын ислеп шығып, барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери кесиминде рейтинг тийкарында таллаў системасын енгизсин;
барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң спорт үгит-нәсиятлаўшылары тәрепинен спорт сынаўлары өткерилиўин тәмийинлесин және олар тәрепинен хызметкерлер арасында спорт сынаўларын тапсырыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларының алып барылыўын жолға қойсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына спорт сынаўларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықты спорт сынаўларының мүддети ҳаққында хабардар етиў мақсетинде тийисли телерадиоканаллар эфиринде дағазаларды бериў, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелериниң жумысын және спорт пенен шуғылланыўдың инсан өмири ҳәм саламатлығын тәмийинлеўдеги әҳмийетин үгит нәсиятлаўшы көрсетиў және еситтириўлерди эфирге бериў усыныс етилсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 16-июнь