Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде еркин экономикалық зоналардың жумысын тәртипке салатуғын нызамшылық базасы қәлиплестирилди, административлик функцияларды орайластырмаў және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы еркин экономикалық зоналары менен киши санаат зоналарының административлик кеңеслери (кейинги орынларда – административлик кеңеслер) ўәкилликлерин кеңейтиў арқалы олардың жумысын басқарыў механизми әпиўайыластырылды.
Соның менен бирге, еркин экономикалық зоналарды шөлкемлестириў ҳәм жумыс көрсетиў әмелиятын үйрениў олардың нәтийжели жумыс жүргизиўге тосқынлық ететуғын системалы машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенлигин көрсетпекте.
Атап айтқанда, административлик кеңеслер ҳәм еркин экономикалық зоналар дирекциялары жумысының жетерлише нәтийжели емеслиги, сондай-ақ, транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасының төмен раўажланғанлығы инвестициялық жойбарларды жедел әмелге асырыўға тосқынлық етпекте ҳәм еркин экономикалық зоналардың потенциаллы инвесторлар ушын тартымлылығын төменлетпекте.
Еркин экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырыўда мәмлекетлик басқарыў уйымлары функцияларының тәкирарланыўы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен байланыслы шөлкемлестириўшилик мәселелерин шешиўдиң кешигиўине алып келмекте.
Еркин экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын буннан былай да әпиўайыластырыў, инвестицияларды тартыў ушын шараятларды жақсылаў, инвестициялқ жойбарларды жедел әмелге асырыўды тәмийинлеў, сол тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде:
- Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын жер майданларын ажыратыў, район (қала) ҳәкиминиң жер майданларын ажыратыў ҳаққындағы айрықша қарарысыз, административлик кеңеслердиң инвестициялық жойбарларды таңлаў ҳәм әмелге асырыў ушын еркин экономикалық зоналар аймағында жайластырыў ҳаққындағы протоколлары менен рәсмийлестирилетуғыны;
еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарларды жайластырыўдың шәрти сыпатында жумыс баслағаннан кейин екинши финанс жылы жуўмақларына бола еки жыл даўамында жыллық ислап шығарылған өнимниң 25 процентинен аз болмаған, кейинги жыллары 50 проценттен аз болмаған муғдарда экспорт етиў белгиленетуғыны. Усы шәртлер орынланбаған жағдайда исбилерменлик субъектиниң еркин экономикалық зонасының қатнасыўшысы статусы және бурын берилген жеңилликлердиң бийкар етилетуғыны;
еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша административлик кеңеслер тәрепинен қарарлар бизнес режелер ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» (кейинги орынларда – Орай) МУКтың унамлы шешими бар болған жағдайда қабыл етилетуғыны;
Орайдың әмелге асырылып атырған жойбарлардың бизнес-режелери ямаса олардың техникалық-экономикалық негизлемелери бойынша шешимлер бериў мүддетлери жигирма календарь күнинен артпаўы зәрүр екенлиги;
административлик кеңеслер тәрепинен өндирис жойбарларын еркин экономикалық зоналар аймағында жайластырыў бойынша инвестициялық буйыртпаларды көрип шығыў мүддети Орай тәрепинен шешим бериў процеси менен бирге отыз календарь күнинен артпаўы зәрүр екенлиги;
еркин экономикалық зоналар қатнасыўшылары тәрепинен бажыхана жеңилликлери қолланылған жағдайда импорт етилген товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи товарлар дизимин ҳәр тәреплеме экспертизадан өткериў нәтийжелери бойынша Орайдың унамлы шешими бар болған жағдайда әмелге асырылатуғыны;
товарлардың дизимин ҳәр тәреплеме экспертизадан өткериў бойынша Орайдың шешим бериў мүддети он бес календарь күнинен артпаўы зәрүр екенлиги;
еркин экономикалық зоналар қатнасыўшыларына берилген жеңилликлер тек ғана еркин экономикалық зоналар аймағында ислеп шығарылған өнимлерге қолланылатуғынлығы;
еркин экономикалық зоналардың бас режелери административлик кеңеслер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғыны;
еркин экономикалық зоналар дирекцияларының директорларын тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў административлик кеңеслер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр шеректе дирекция басшыларының мақулланған инвестициялық жойбарларының әмелге асырылыў бойынша есабатларын тыңлайтуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Наўайы» еркин экономикалық зонасының жумысын ең жақсы дүнья тәжирийбесине тийкарланған ҳалда жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин:
«Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясы» МУКтың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасын акционерлик жәмийетине өзгертип, оның балансына «Наўайы» еркин экономикалық зонасы аймағындағы инженерлик-коммуникация тармақларының объектлерин мәмлекетлик үлес сыпатында, сондай-ақ, «Наўайы» еркин экономикалық зонасының барлық жер майданларын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў;
«Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясы тәрепинен еркин экономикалық зонаның қатнасыўшыларына, соның ишинде, маркетинг, консальтинг, логистика, коммуналлық-турмыслық, мийманхана, билимлендириў, қамсызландырыў ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да түрдеги хызметлерди көрсетиў;
«Наўайы» еркин экономикалық зонасы аймағында әпиўайыластырылған виза режимин ҳәм хызметкерлерди, соның ишинде, сырт ел пуқараларын жумысқа жаллаў тәртибин енгизиў;
еркин экономикалық зона қатнасыўшылары ушын лицензия ҳәм рухсатнама алыўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў. Онда «Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясына қатнасыўын бақлаў ҳәм талабанның қәнигелик талапларына муўапықлығын тастыйықлаў ўәкиллиги бериледи;
«Наўайы» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы жойбарларды жайластырыў шәртлерин орынламаған жағдайда оның менен дүзилген шәртнаманы тек ғана суд тәртибинде бийкар етиў тәртибин орнатыў;
«Наўайы» еркин экономикалық зонасы аймағында сырт ел пуқаралары ушын қолайлы жасаў, мийнет шараятларын жаратыў.
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине:
инвестицияларды, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын еркин экономикалық зоналар аймағына тартыў;
еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў;
еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарларды өз ўақтында иске қосыўға тосқынлық етип атырған себеплерди анықлап, жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў илажларын көрген ҳалда, жойбарлардың орынланыўы менен қатнасыўшылар жумысының нәтийжелилиги үстинен турақлы мониторинг алып барыў;
б) Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигине:
инвесторларды тартыў мақсетинде еркин экономикалық зоналар аймағында зәрүр шараятларды жаратыў, соның ишинде, инженерлик-транспорт инфраструктурасы, социаллық-турмыслық ҳәм мәдений-жәмийетшилик объектлер менен тәмийинлениў дәрежесин жақсылаў;
еркин экономикалық зоналардың қәнигелисиўи ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўындағы ролин белгилеў ҳәм сол тийкарда жойбарларды таңлап алыўдың анық өлшемлерин, берилип атырған жеңилликлер менен мәмлекет көмегиниң басқа да түрлерин белгилеў;
в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
администравтивлик кеңеслер ҳәм еркин экономикалық зоналар дирекцияларының жумысын муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў;
еркин экономикалық зоналар аймағында жойбарларды әмелге асыратуғын инвесторлар ушын және де қолайлы шараятларды жаратыў, олар ислеп шығарып атырған өнимди экспортқа жеткерип бериўди көбейтиў мақсетинде нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тәртипте усынысларды киргизиў;
еркин экономикалық зоналар дирекциялары жумысының үстинен тәсиршең қадағалаўды орнатыў, министрликлер, уйымлар, хожалық басқарыў уйымларына және еркин экономикалық зоналар дирекцияларына жүкленген ўазыйпалар менен функциялардың орынланыўын тәмийинлемеген басшыларға жуўапкершилик илажларын көриў ҳаққындағы усынысларды киргизиў;
еркин экономикалық зоналардың қатнасыўшысы статусын тоқтатыў ямаса бийкар етиў, административлик кеңеслер, еркин экономикалық зоналар дирекциялары ямаса басқа да уйымлар менен шөлкемлердиң инвесторлар тәрепинен өз мойнына алған миннетлемелерин орынламағаны ҳаққындағы усыныслары тийкарында административлик кеңеслердиң хожалық жүргизиўши субъектлерди еркин экономикалық зоналар аймағында жайластырыў бойынша қарарларын бийкар етиў;
г) Экономка тараўларын раўажландырыў, инвестициялық ҳәм сыртқы саўда сиясатын әмелге асырыў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң бөлимлерине:
еркин экономикалық зоналардың раўажланыўы ҳәм жумыс көрсетиўи, олардың аймақларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен байланыслы мәселелерди шешиў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумысты муўапықластырыўды тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли бөлимлериниң, сондай-ақ, Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери биринши басшыларының усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша есабатларын ҳәр шеректе тыңлаў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
- Еркин экономикалық зоналар дирекцияларына өз аймақларының бас режелери менен архитектуралық-режеслестириў жумысларын ислеп шығыўда буйыртпашы сыпатында қатнасыў ҳуқықы берилсин.
- Төмендегилер:
2019-жылда еркин экономикалық зоналардың автомобиль жоллары, суў тәмийнаты ҳәм канализация тармақларын қурыў және оңлаў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары административлик кеңеслериниң жаңаланған үлгидеги қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети:
а) экономика министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-апрелине шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Еркин экономикалық зоналарды раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин:
еркин экономикалық зоналардың қәнигелесиўи, инвестициялық жойбарларды таңлап алыўдың анық өлшемлери, берилип атырған жеңилликлер менен мәмлекет көмегиниң басқа да түрлерин белгилеў;
инвесторларды тартыў мақсетинде еркин экономикалық зоналар аймағында зәрүр шараятларды жаратыў, соның ишинде, инженерлик-транспорт инфрасруктурасы, социаллық-турмыслық ҳәм мәдений-жәмийетшилик объектлер менен тәмийинлениў дәрежесин жақсылаў;
еркин экономикалық зоналардың басқарыў системасын, соның ишинде, дирекциялардың жумысын шөлкемлестириўде бирден-бир стандартларды белгилеў, көрсетилип атырған хызметлердиң дизимин кеңейтиў, сондай-ақ, еркин экономикалық зоналар дирекцияларын исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, сырт ел компанияларына исенимли басқарыўға бериў жолы менен жетилистириў;
б) Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине Административлик кеңеслер ҳәм еркин экономикалық зоналардың дирекциялары жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы режени тастыйықлаў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин, онда еркин экономикалық зоналардың министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўиниң тәртибин нәзерде тутсын;
в) административлик кеңеслер ҳәм еркин экономикалық зоналардың дирекциялары менен биргеликте еки ай мүддетте:
нәтийжесиз пайдаланылып атырған жер участкаларын қайтарған ҳалда, еркин экономикалық зоналардың қатнасыўшылары менен жерден пайдаланыў шәртнамаларын қайта көрип шығыў ямаса қосымша жойбарларды әмелге асырыў есабынан ҳәм жерден мақсетке муўапық пайдаланыў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў;
еркин экономикалық зоналардың белгиленген мүддетлерде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды басламаған қатнасыўшылары менен келисимлерди бийкар етиў;
қысқа мүддетлерде өндиристи жолға қойыўды есапқа алып, қалақ жойбарлар бойынша тармақ кестелерин дүзиўди тәмийинлесин;
г) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:
буйыртпашылар тәрепинен дәслепки мағлыўматларды Интернет тармағы арқалы санлы таңбадан пайдаланған ҳалда киргизиў, сондай-ақ, жойбарларды белгилеў өлшемлер тийкарында қатаң белгиленген анық автоматикалық алгоритм бойынша баҳалаў имканиятын беретуғын, еркин экономикалық зоналар аймағында жойбарларды әмелге асырыў ушын арзаларды административлик кеңеслер тәрепинен көрип шығыўдың электрон системасын;
еркин экономикалық зоналар қатнасыўшыларының өндирис қуўатлықларын өз ўақтында иске қосыўы, өнимлерди экспорт етиўи, жаңа жумыс орынларын жаратыўы және инвестициялық миннетлемлерди орынлаўы үстинен оператив қадағалаўды алып барыў имканиятын беретуғын еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарларды мониторинг етиўдиң автоматластырылған системасын;
усы Пәрманның талаплары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 25-октябрьдеги «Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3356-санлы қарары 12-бәнтиниң талапларын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасы еркин экономикалық зоналары бирден-бир порталының жаңаланған версиясын ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
д) Экономика министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-мартына шекем еркин экономикалық зоналар бойынша қабыл етилген Нызамшылық базасын хатлаўдан өткерсин ҳәм тиккелей әмел ететуғын «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин ҳәм онда усы Пәрман қағыйдалары және кейин ала өз күшин жойытатуғын Өзбекстан Республикасының «Еркин экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Нызамының нормаларын нәзерде тутсын;
е) Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўге «Жол картасы»нда белгиленген илажларды қаржыландырыўды нәзерде тутсын;
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Автомобиль жоллары бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте:
бир ай мүддетте еркин экономикалық зоналар ушын инфраструктураларды қурыў бойынша ҳүкимет қарарларының әмелий орынланыўын талласын, зәрүр жағдайларда, қаржыландырыў көрсеткишлери менен дәреклерин қайта көрип шықсын және ҳәр бир еркин экономикалық зона кесиминде Инфраструктураны жедел раўажландырыў бағдарламасын тастыйықласын;
еки ай мүддетте ҳәр бир еркин экономикалық зона бойынша инженерелик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын басқышпа-басқыш қурыў тармақ графиклерин тастыйықласын, олардың ислеп шығарыў объектлерин қурыў және иске қосыў мүддетлери менен байланысыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилерге:
Экономика тармақларын раўажландырыў, инвестициялық ҳәм сыртқы саўда сиясатын әмелге асырыў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға – министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының еркин экономикалық зоналардың раўажланыўы ҳәм ислеўи, сондай-ақ, олардың аймағында инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў менен байланыслы жумысын муўапықластырыў;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Р.Лиге – Орай тәрепинен еркин экономикалық зоналар аймағында әмелге асырылатуғын жойбарлардың бизнес-режелери ямаса техникалық-экономикалық тийкарлары бойынша шешимлердиң өз ўақтында берилиўи;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң басшылары С.Р.Холмуродовқа, С.Х.Бекеновқа, Л.Ш.Қудратовқа – административлик кеңеслер тәрепинен еркин экономикалық зоналар аймағында ислеп шығарыўды жайластырыў ушын инвестициялық буйыртпалардың өз ўақтында көрип шығылыўын ҳәм инвестициялық жойбарларды еркин экономикалық зоналар аймағында жайластырыў бойынша қарарлардың өз ўақтында қабыл етилиўин;
Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри М.Х.Салиевқа, «Өзбекэнерго» АЖ басқарма баслығы У.М.Мустафоевқа, «Өзтрансгаз» АЖ басқарма баслығы Б.Б.Эшмуродовқа, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ бас менеджери-инженери Х.Н.Хасиловқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәкимлерине – сыртқы инфраструктураларды қурыў ҳәм оларға еркин экономикалық зоналар қатнасыўшыларының жалғаныўы және өндирис талаплары ушын электр энергиясы, тәбийғый газ, суў ҳәм сыртқы канализация тармақлары менен үзликсиз тәмийинлениўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети бир ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 21-декабрь