Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Усы жыл даўамында елимиздиң сыртқы экономикалық тараўында сыртқы саўда көлеми менен экспортты системалы түрде жедел арттырыўға қаратылған структуралық өзгерислер әмелге асырылды, атап айтқанда, валюта сиясаты либералластырылды, административлик тосқынлықлар сапластырылды, экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлери ушын баҳаларды қәлиплестириў ҳәм төлемниң базар механизми енгизилди.
Товарлар (жумыслар, хызметлер)ды, соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкили) арқалы реализациялаўдан түскен улыўмалық түсиминде экспорт үлеси 15 проценттен жоқары болған юридикалық шахсларға юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ҳәм бирден-бир салық төлеми бойынша салық салынатуғын базаны азайтыў имканияты берилди.
Соның менен бирге, әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги үстинен турақлы түрде алып барылып атырған мониторинг сыртқы саўда ҳәм экспорттың улыўмалық унамлы динамикасына қарамастан олардың көлемлериниң реал өсиў пәтлери экономиканы модернизациялаў пәтлерине муўапық емеслигин көрсетпекте.
Биринши гезекте бәсекиге шыдамлы абзаллықларға ийе болған тармақларда бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлердиң сақланып қалып атырғанлығы экспорт көлемлериниң салмақлы өсиўин тәмийинлеўге тосқынлық етпекте. Соның ишинде:
бириншиден, өндирис қуўатлықларынан ҳәм кең түрдеги шийки зат, сондай-ақ, мийнет ресурслары бар болған және сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы болған жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди ислеп шығарыўды тәмийинлейтуғын абзаллықлардан толық көлемде пайдаланылмай атыр;
екиншиден, экспорт ететуғын кәрханалардың жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў қураллары раўажланбай атыр, экспорталды ҳәм экспортты қаржыландырыў механизмлери жоқ;
үшиншиден, терең маркетинг изертлеўлерин өткериў, узақ мүддетли турақлы сыртқы базарларды қәлиплестириў ҳәм сырт елде сыртқы саўда инфраструктурасын жаратыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр;
төртиншиден, ҳәр қыйлы хызмет түрлериниң экспортын шөлкемлестириў ҳәм алға қойыў бойынша системалы жумыслар жоқ, оларды көрсетиў ушын зәрүр инфраструктура раўажланбаған.
Товарлар ҳәм хызметлер экспортының көлемин түп-тийкарынан арттырыў, экспортқа қолайлы өнимлердиң номенклатурасын кеңейтиў, сыртқы саўданың тең салмақлылығын тәмийинлеў ҳәм валюта түсимлерин көбейтиў мақсетинде:
- Исбилерменлик субъектлерине төмендегилерде ҳәр тәреплеме көмеклесиў Министрлер Кабинетиниң комплекслери, Сыртқы саўда министрлиги, Экономика министрлиги, министрликлер, уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары, басқа шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жоқары қосымша қунға ийе экспортқа қолайлы бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды көбейтиў, хызметлер (туристлик, медицина, билимлендириў, транспорт, қурылыс ҳәм басқалар) экспортының көлемин кескин арттырыў және оларды көрсетиў ушын тийисли инфраструктураны жедел қурыў;
өзи ислеп шығарған өнимлерди жеткерип бериўде шериклерди излеў және шөлкемлер ҳәм кәрханалар менен шәртнамалар дүзиў.
- Сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Орайлық банктиң Экспортты қоллап-қуўатлаў миллий системасын шөлкемлестириў ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилерди белгилеў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:
а) экспорт жумысына мәлимлеме-аналитикалық көмеклесиў бойынша:
экспортты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў, экспорт потенциалын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда көмеклесиў;
маркетинг, баҳаның қәлиплесиўи, транспорт логистикасы, сертификатлаў, стандартластырыў ҳәм сапа қадағалаўы, салық және бажыхана ҳәкимшилиги (соның ишинде, сырт елдеги) мәселелери, «бир айна» принципи тийкарында сыртқы базарларға кириў шараятлары бойынша экспорт етиўшилерге ҳәм олардың сырт елдеги шериклерине мәлимлеме-мәсләҳәт көмегин көрсетиў;
сырт ел сатып алыўшысын излеўге ҳәм экспорт шәртнамасын дүзиўге шекем сөйлесиўлер процесине, соның ишинде, олардың жойбарларын таярлаўға көмеклесиў;
республикалық министрликлер ҳәм уйымлар, ўәлаятлар және район ҳәкимликлери менен миллий өнимлерди сырт елге экспорт етиў, экспорт етиўшилерди экспортты қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар, бар жеңилликлер менен преференциялар, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпалары ҳәм функциялары ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеўде системалы бирге ислесиўди тәмийинлеў;
аймақларда мәлимлеме-мәсләҳәт орайларының тармағын шөлкемлестириў;
жергиликли экспорт ететуғынлар, ислеп шығарылатуғын өнимлер ҳәм хызметлер базасын тәмийинлеў арқалы электрон сыртқы саўда майданшаларын жүргизиў, ислеп шығарыў ҳәм экспорт жумысы менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине жетекши халықаралық электрон коммерциялық майданшаларына кириў ушын жәрдем көрсетиў;
исенимли сапалы өним жеткерип бериўши сыпатында жергиликли ислеп шығарыўшылардың ҳадаллығын дәлиллеў ушын, соның ишинде, ҳәр жылы «Made in Uzbekistan» миллий көргизбесин, тармақ ҳәм регионаллық товарлар көргизбелери менен саўда ярмаркаларын өткериў, халықаралық көргизбелерде ҳәм презентацияларда қатнасыў жолы арқалы өзбек брендлери менен өнимлерин сырт елде алға қойыў бойынша «Made in Uzbekistan» бағдарламасын әмелге асырыў;
экспорт етиўди баслап атырғанлар ушын оқыў семинарлары ҳәм тренинглер, исбилерменлер ушын сырт еллерге сыртқы саўда мәселелери бойынша саўда миссияларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў;
б) экспорт жумысын финанслық қоллап-қуўатлаў бөлиминде:
экспорт етиўши кәрханаларды финанслық ресурслар менен тәмийинлеў, шийки зат емес экспорттың көлеми, миллий экспорт етиўшилер ҳәм олардың өнимлерин сатып алатуғын еллердиң санын арттырыўға көмеклесиў;
көргизбе стендларын шөлкемлестириў ҳәм республикалық кәрханалардың халықаралық саўда ярмаркалары, презентациялары ҳәм реклама кампанияларында қатнасыўы, соның ишинде, дәстүрий миллий өнимлер менен брендлерди потенциал базарларда алға қойыўды қаржыландырыў;
миллий өнимлерди сырт ел ўәкилликли уйымлары тәрепинен рәсмийлестирилиўи арқалы стандартластырыў менен сертификатластырыўдың ҳәм республикамыздағы, ҳәм сырт елдеги халықаралық системаларын енгизиў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў мақсетинде экспорт етиўши кәрханаларға мақсетли қаржылай жәрдем көрсетиў;
финанслық қоллап-қуўатлаў ҳәм миллий экспортты қамсызландырыўдың заманагөй механизмлерин табыслы қолланған сырт еллердиң тәжирийбесин есапқа алып, соның ишинде, халықаралық финанс институларын тартқан ҳалда экспорталды ҳәм экспортты қаржыландырыў, экспорт кредитлери менен тәўекелшилигин қамсызландырыў механизмлерин енгизиў;
саўданы қаржыландырыў ушын халықаралық ҳәм сырт ел финанс институтларының қаржылары менен жеңиллетилген кредитлерин тартыў;
басқа да комплексли финанслық ҳәм консалтинг хызметлерин көрсетиў.
- Экспортты қоллап-қуўатлаў миллий системасының жумысы Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны белгиленсин.
- Сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Орайлық банк, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:
Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки жанындағы Киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң экспортын қоллап-қуўатлаў қоры тийкарында Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлигин шөлкемлестириў;
«Өзбекинвест» экспорт-импорт миллий қамсызландырыў компаниясына экспорт кредитлери менен операцияларын қамсызландырыў ўазыйпасын жүклеў ҳәм оны Сыртқы саўда министрлигине өткериў;
Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министрин «Өзагроэкспортбанк» акционерлик коммерциялық банки Бақлаў кеңесиниң баслығы етип сайлаў;
Өзбекстан Республикасының сырт елдеги елшиханалары жанында саўда ўәкилханаларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жылдан баслап ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде 15 миллион АҚШ долларынан аз болмаған муғдардағы қаржыны Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлигине ажыратыўды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте:
бир ай мүддетте Экспортты қоллап-қуўатлаў миллий системасының жумысын шөлкемлестириў бойынша оның нәтийжели жумыс көрсетиўи шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў дәреклерин, сондай-ақ, экспортшыларды финанслық қоллап-қуўатлаў ҳәм экспорт процесинде қәўип-қәтерлерди қамсызландырыў механизмлери, экспортшыларды кемситиўши илажлар, тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлардан қорғаўды нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине;
бир ҳәпте мүддетте «Өзагроэкспортбанк» акционерлик коммерциялық банкиниң устав капиталын минимал талап етилген дәрежеге көтериў бойынша усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-декабарь