Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Кейинги жылларда республика экономикасында мәмлекеттиң ролин ҳәм қатнасын қысқартыў, экономика тармақларын басқарыўға базар принциплерин ҳәм механизмлерин кеңнен енгизиў, сондай-ақ, халықтың абаданлығын ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў бойынша анық мақсетке қаратылған илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, экономика уйымларының әмелдеги структурасы, олардың жумысын шөлкемлестириў принципи ҳәм усыллары экономиканы басқарыўдың замана талапларына, сондай-ақ, экономика тармақларындағы структуралық өзгерислерге жуўап бермейди.

Атап айтқанда, экономиканың өзгериўи шараятында мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарланған мақсетли бағдарларын (индикаторларын) қәлиплестириў, сондай-ақ, әмелдеги ишки ҳәм сыртқы факторларды және реформалардың стратегиялық әҳмийетли бағдарларын есапқа ала отырып, экономикалық өсимниң жаңа дәреклерин анықлаў системасы жоқ.

Экономиканың аймақлық ҳәм тармақлық раўажланыўы, соның ишинде, урбанизация потенциалын әмелге асырыў арқалы теңсалмақлылықты тәмийинлеў ушын өндирис күшлерин жайластырыў бағдарындағы жумысларды муўапықластырыў системасы керекли дәрежеде жолға қойылмаған.

Базар принциплерин кеңнен енгизиў, жергиликли өндиристи диверсификациялаў, базарды бәсекиге шыдамлы товарлар менен толықтырыў ҳәм оларды сыртқы базарларға бағдарлаў көлемлерин кеңейтиў бойынша зәрүр илажлар ислеп шығылмай атыр.

Нәтийжеде, турақлы жумысшы орынларын жаратыў дәрежеси төменлигинше сақланып қалып атырғаны халықты, әсиресе, аўыл халқын турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў имканиятын бермейди ҳәм сапалы инсан капиталын раўажландырыўға тосқынлық етеди.

Экономика уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, оларды елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў «локомотивине» айландырыў, экономиканы басқарыўдың базар механизмлерин енгизиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына тийкарланып белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

макроэкономикалық индикаторларды таллаў ҳәм прогнозлаў тийкарында экономиканы басқарыўдың базар механизмлерин енгизиў ҳәм экономиканың реал секторының жағдайы, сыртқы базарларының конъюнктурасы және глобаллық ҳәм регионаллық раўажланыў тенденциялары менен байланыслы ҳалда экономиканың тийкарғы тараўларын раўажландырыў стратегиясын қәлиплестириў;

жеке исбилерменликти раўажландырыўды хошаметлеў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм «қупыя» экономиканың үлесин қысқартыў ушын қолайлы шараят жаратыў, соның ишинде, экономика процесслеринде мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў, финанслық ҳәм өндирислик ресурслардан пайдаланыўдың қолайлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, киши санаат зоналарының потенцалынан нәтийжели пайдаланыў арқалы буған ерисиў;

миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм диверсификациялаўды, сондай-ақ, аймақлар ҳәм тармақларды раўажландырыўдың сәйкеслигин тәмийинлеў мақсетинде өндирис күшлерин нәтийжели жайластырыў, аймақлардың бар тәбийғый ҳәм экономикалық  ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў тийкарында елимиз санаатын раўажландырыў стратегиясын (моделлерин) ислеп шығыў;

инновациялық исленбелер менен технологияларды енгизиў, мийнет өнимдарлығын арттырыў, қайта ислеў тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе таяр бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў тийкарында товар базарларының тең салмақлылығын тәмийинлеў бойынша системалы илажларды әмелге асырыў;

экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеўге қаратылған санаат сиясатын арттырыў, өндиристи локализациялаўды тереңлестириў тийкарында оның импортқа бойсыныўын азайтыў арқалы миллий экономиканың экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде сыртқы экономикалық жумысты раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын ислеп шығыў; сондай-ақ, республика аймақлары ҳәм сырт еллер арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын кеңейтиў;

урбанизация тараўында мәмлекетлик сиясатты күшейтиў, өндирислерди ақылға уғрас жайластырыў, турақ жайларды инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура менен биргеликте қурыўды есапқа алған ҳалда урбанизация процесслерин мәмлекет тәрепинен нәтийжели тәртипке салыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, жер участкаларына байланыслы базар механизмлерин енгизиў;

турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеў, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, санаат потенциалын беккемлеў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыў мақсетинде инвестицияларды тартыў тараўлары менен тармақларын анықлаў арқалы елимиздиң жедел инвестициялық сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға қатнасыў;

миллий экономиканы раўажландырыў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыўдың тийкарғы ресурслары ҳәм факторларынан бири сыпатында инсан капиталының дәрежесин ҳәм сапасын, бәринен бурын аўыллық жерлерде, жақсылаў бойынша комплексли таллаў алып барыў ҳәм илажларды ислеп шығыў;

экономика уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўин тәмийинлеў, кадрларды таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, министрлик аппараты ҳәм оның структуралық бөлимлериниң, бәринен бурын өзине бириктирилген тараўдағы анық нәтийжелерге ерисиў, алдына қойылған ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ушын хызметкерлердиң жеке жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған жумыс түрлерин ҳәм усылларын жетилистириў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўға жәрдемлесиў, елимизди раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў шеңбериндеги жойбарларды, олардың жойбар алды, жойбарлаў ҳәм тендер жүжжетлерин, техникалық тапсырмаларын экспертизадан өткериў бойынша уйымлараралық  комплексли системаны қәлиплестириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги елимизди социаллық-экономикалық ҳәм индустриал раўажландырыў тараўында мәмлекетлик сиясатты, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы инвестициялық сиясатының стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламалары Өзбекстан Республикасының орта мүддетли инвестициялық сиясаты тийкарында ислеп шығылатуғыны;

Өзбекстан Республикасының орта мүддетли инвестициялық сиясатының стратегиясы Өзбекстан Республикасы  Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасын 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў Концепциясы, аймақлар ҳәм тармақларды раўажландырыў концепциялары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети тәрепинен тастыйықланған бағдарлама ҳәм қарарлар тийкарында қәлиплестирилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл етилген ҳәм нормативлик-ҳуқықый характерге ийе қарарлардың орынланыўы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мүлкшилик түрине ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын мәжбүрий есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, оның система ҳәм аймақлық шөлкемлерин қаржыландырыў ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, бюджеттен тысқары қорлар ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа да қаржылардың есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын, соның ишинде, мәмлекетлик раўажланыў бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламаларды жуўмақлаўшы басқышта Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келисиў Әдиллик министрлигине ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын киргизиўден алдын әмелге асырылады;

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қоры, киши санаат зоналары дирекциялары Экономика ҳәм санаат министрлигине раўажланыў мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламаларға киргизилген жойбарлардың, сондай-ақ, киши санаат зоналары аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректе мағлыўмат берип барады;

инвестициялық сиясат стратегиясының орынланыўы Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен мәмлекетлик раўажланыў бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламаларды таярлаў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў арқалы әмелге асырылады;

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги,өз ўәкиллиги шеңберинде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди бийкар етиў ямаса қайта көрип шығыў бойынша усыныс киргизиў ҳуқықына ийе;

киши санаат зоналары аймағында нырқы 7,0 миллион АҚШ доллары эквиваленти есабынан жоқары болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша административлик кеңеслердиң қарарлары  Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келисилиўи зәрүр;

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги төмендеги мақсетлер ушын шәртнама тийкарында, соның ишинде, сырт еллик консультантлар ҳәм экспертлерди, сондай-ақ, техникалық жәрдем ҳәм грант қаржыларын тартыўға рухсат етилсин:

инвестиция ҳәм санаат сиясаты стратегияларын ислеп шығыў тараўында алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм енгизиў, сондай-ақ, министрликке жүкленген басқа да ўазыйпалар менен тапсырмаларды орынлаў;

министрлик ҳәм оның структуралық бөлимлериниң хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, социаллық-экономикалық ҳәм индустриал раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша изертлеўлер өткериў, инвестициялық сиясаттың стратегиясын ислеп шығыў;

сырт еллердиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары менен нәтийжели және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Финанс министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ислеп шығылған Өзбекстан Республикасын 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў Концепциясының жойбары тийкарында, аймақлар ҳәм тармақларды раўажландырыў концепциялары және экспертлер жәмийетшилиги арасындағы додалаўлардың нәтийжелерин есапқа алған ҳалда 2019-жыл 1-июньге шекем Концепцияның, соның ишинде, инвестициялық сиясат стратегиясын өз ишине алған жуўмақлаўшы вариантын белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты қурамында институттың улыўма штат бирлиги шеңберинде 10 адамнан ибарат Хызметкерлердиң маманлығын арттырыў оқыў орайы шөлкемлестирилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Финанс министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) киши санаат зоналары қатнасыўшылары ушын жеңиллик ҳәм преференцияларды оларды әмелдеги қатнасыўшылар ушын 2020-жыл 1-январьға шекем сақлап қалған ҳалда бийкар етиў;

б) киши санаат зоналары қатнасыўшыларына төмендеги ҳуқықларды бериў:

өз қаржылары есабынан қурылған имаратлар менен объектлерге (ямаса олардың бир бөлегине) мүлк ҳуқықын орнатылған тәртипте рәсмийлестириў;

инвестиция ҳәм басқа да социаллық миннетлемелерди толық орынлаған жағдайда, бирақ киши санаат зонасы қатнасыўшысы статусын алған дәўирден баслап кеминде 5 жыл мүддет өткеннен кейин, өзлерине берилген имаратлар менен объектлерди (ямаса олардың бир бөлегин) меншиклестириў;

реконструкциялаў ямаса капитал оңлаўды өз қаржылары есабынан әмелге асырған жағдайда, бирақ киши санаат зонасы қатнасыўшысы статусын алған дәўирден баслап кеминде 3 жыл мүддет өткеннен кейин, имаратлар менен объектлерди (ямаса олардың бир бөлегин) меншиклестириў.

Сондай тәртип орнатылсын, оған бола имаратлар менен объектлерди (ямаса олардың бир бөлегин) реконструкциялаў ямаса капитал оңлаў ушын киши санаат зонасы қатнасыўшысы тәрепинен ажыратылған қаржылар оларды меншиклестириўде есапқа алынады.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

усы Пәрман талапларынан келип шығып, санаат тараўындағы хожалық басқарыў уйымларының ўазыйпаларын, функцияларын ҳәм ўәкилликлерин қайта көрип шығыў бойыншы усыныслар;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – финанс министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 10-январь