Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халыққа жоқары маман қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўде ашық-айдынлық, әдиллик принциплери тийкарында заманагөй талапларға жуўап беретуғын нәтийжели хызмет көрсетиў системасын қәлиплестириў, ордер бериў механизмин жетилистириў ҳәм толық санластырыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2021-жыл 1-октябрьден баслап усы қарарға 1-қосымшада дизими келтирилген мәмлекетлик медицина мәкемелеринде (кейинги орынларда – қәнигелестирилген мәкемелер) Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға квота тийкарында ордер бериў тәртиби бийкар етиледи ҳәм қаржыландырыўдың жаңа механизми тийкарында оларды есапқа алыў ҳәм гезек пенен емлениўге жоллаўдың электрон мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – мәлимлеме системасы) енгизиледи.

Жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды қәнигелестирилген мәкемелерге емлениўге жоллаўда:

кеселликтиң аўыр дәрежесинен келип шығып мәлимлеме системасы арқалы гезекте турыўдың ашық-айдын механизмлери енгизилетуғыны;

кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли шахслар категориясына киретуғын пуқаралар «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына муўапық анықланатуғыны;

наўқасларға өзлериниң сораўлары, мүрәжатлары ҳәм гезеги ҳаққындағы мәлимлемени реал ўақыт режиминде алыў имканияты тәмийинленетуғыны;

наўқасларға, олардың кеселлигине муўапық қәнигелестирилген мәкемелерде емлениўлерин тәмийинлейтуғын, медициналық хызметтиң баҳасы көрсетилген ҳәм матрицалы штрих код (QR-код)қа ийе болған жоллама (кейинги орынларда – жоллама) берилетуғыны

жоллама  мәлимлеме системасында автоматластырылған тәризде қәлиплестирилетуғыны ҳәм мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде медициналық хызметлер алыў ҳуқықын беретуғыны;

наўқас емленгеннен кейин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры емлеген мәкемеге базалық баҳалар шеңберинде наўқасқа көрсетилген медициналық хызметлерди тийкарлайтуғын ҳүжжетлерге муўапық, жумсалған қаржыны Мәмлекетлик бюджет есабынан өткерип беретуғыны белгиленсин;

б) төмендегилер:

2021-жыл 1-ноябрьден баслап республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы ҳәм урология;

2022-жыл 1-январьдан кардиология, травматология ҳәм ортопедия ҳәм акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медицина орайлары тәрепинен көрсетилетуғын медициналық хызметлер жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен көрсетилиўине рухсат берилсин.

жеңиллетилген категорияға киретуғын шахслар медициналық хызмет көрсететуғын Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен шәртнамасы бар мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин өз тилегине бола еркин сайлаў ҳуқықына ийе болатуғыны;

жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық хызмет көрсететуғын мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине қойылатуғын талаплар Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғыны;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға медициналық хызмет көрсетиў Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен дүзилетуғын шәртнама тийкарында базалық баҳалардан келип шығып, әмелге асырылатуғыны;

в) әмелдеги ордер бериў тәртибине тийкарланып рәсмийлестирилген ордерлерден 2022-жылдың 1-январына шекем пайдаланыў мүмкин екенлиги;

г) 2022-жыл 1-январьдан баслап усы қарарға 2-қосымшаға муўапық мәмлекетлик медицина мәкемелеринде жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды электрон мәлимлеме системасы арқалы есапқа алыў ҳәм гезек тийкарында емлениўине жоллаў тәртиби енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға көрсетилген медициналық хызметлердиң сапасын баҳалаў ҳәм олардың тастыйықланған стандартларға муўапық екенлигин, ажыратылған қаржылардың нәтийжелилигин қадағалаў Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорына қосымша 8 штат бирлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының структурасын оптималластырыў ҳәм штат бирликлериниң санын қысқартыў ҳаққында»ғы ПҚ-5053-санлы қарарына муўапық оптмалластырылған штат бирликлери есабынан ажыратылсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы шөлкемлердеги хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының 14 бас қәнигеси лаўазымлары киргизилсин және олар денсаўлықты сақлаў аймақлық басқарыў уйымларында жайластырылсын.

Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Иноятовтың басшылығында жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў ҳәм қаржыландырыўға байланыслы ҳуқықый, финанслық ҳәм басқа да шөлкемлестириўшик мәселелерди шешиў бойынша жумысшы топар шөлкемлестирилсин ҳәм усы бағдарда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының жумысына жәрдемлесип барсын.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Бақлаў кеңесине (Л.Тўйчиев), зәрүр жағдайларда, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының атқарыўшы аппаратының тастыйықланған структурасына басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў ушын қәнигелестирилген мәкемелерди Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен дүзилген шәртнамалар тийкарында базалық баҳаларда қаржыландырыў механизми енгизилсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры (Ф.Шарипов) менен биргеликте 2021-жыл 15-сентябрьге шекем қәнигелестирилген мәкемелерди шәртнама тийкарында базалық баҳалардан келип шығып қаржыландырыў тәртибин тастыйықласын.

Қаржы министрлиги (Ж.Абруев) жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў ушын қәнигелестирилген мәкемелерге ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржыларының 2021-жыл 1-октябрь жағдайына қалдық бөлегин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорына өткерип берилиўин тәмийинлесин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев):

а) бир ай мүддетте:

Қаржы министрлиги менен биргеликте республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емленетуғын кеселликлердиң дизимин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен келискен ҳалда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша тастыйықланған стандартларға муўапық медициналық хызметлердиң базалық баҳаларын қәлиплестирсин және олардың жаңаланып барылыўын тәмийинлесин;

б) 2021-жылдың ақырына шекем дәлийллерге тийкарланған медицинаға муўапық заманагөй-диагностика усылларын ҳәм технологияларды киргизген ҳалда клиникалық протоколларды, диагностика ҳәм кеселликлерди емлеў стандартларын қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.

Онда, диагностика ҳәм емлеўдиң сапасына байланыслы стандартларды жаңалаў бойынша реже-графикти республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының кесиминде тастыйықласын ҳәм бул стандартлар Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды есапқа алыў ҳәм гезек тийкарында емлеўге жоллаўдың электрон мәлимлеме системасына интеграцияланатуғын мағлыўматлар дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов) 2021-жыл 1-октябрьге шекем:

а) денсаўлықты сақлаў тараўы ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан мәлимлеме системасын ислеп шықсын;

б) Қаржы министрлиги, Қорғаныў министрлиги ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте жеңиллетилген категорияға киретуғын шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды мәлимлеме системасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.

  1. Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы ушын Ташкент медицина академиясы клиникасының бос турған аймағында жаңа имарат-объектлер комплекси (кейинги орынларда – комплекс) қурылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

комплекстиң қуўатлылығы кеминде 650 стационар ҳәм 100 күндизги стационар орынлардан ибарат болатуғыны ҳәм 2023-жылдың 1-апрельине шекем пайдаланыўға тапсырылатуғыны;

Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы комплекс пайдаланыўға тапсырылғаннан кейин оған усы орайдың Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының филиалларын қосып алыў жолы менен қайта шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев), Қурылыс министрлиги (Б.Закиров), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) Корея Республикасының тәжирийбесин ҳәм заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда комплексти қурыў ҳәм үскенелеў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығып, 2021-жылдың ақырына шекем қурылыс жумысларын басласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-майдағы ПҚ-5130-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Республикалық гематология, онкология ҳәм радиология орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жумысшы топар (Б.Мусаев)қа:

а) белгиленген мүддетлерде комплексти пайдаланыўға тапсырыў, тараўдағы алдынғы сырт ел медицина мәкемелериниң тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда оның жумысын жолға қойыў, бул бағдарда шөлкемлестириўшилик, финанслық, материаллық-техникалық ҳәм басқа да мәселелерди өз ўақтында шешиў;

б) Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий орайы ушын:

2021-2022-оқыў жылынан баслап жоқары медициналық билимлендириў мәкемелери магистратурасы ҳәм клиникалық ординатурасында тар тараў қәнигелерин таярлаў;

Республикалық орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң маманлығын арттырыў және оларды қәнигелестириў орайы тәрепинен орта медицина хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев), Сыртқы ислер министрлиги (А.Камилов), Өзбекстан Республикасының Корея Республикасындағы елшиханасы (В.Фен) менен биргеликте Корея Республикасының жетекши илимий ҳәм медициналық орайлары менен биргеликте онкология, гематология, радиология, клиникалық иммунология, жоқары технологиялық трансфузиология, лаборатория ҳәм басқа да бағдарлар бойынша кадрларды таярлаў және олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2021-жыл 1-августтан баслап онкология, онкогематология ҳәм гематология мәкемелериниң паллиатив жәрдем көрсетиў бөлимлериниң шыпакерлери, отра ҳәм киши медицина хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақысына мийнеттиң денсаўлық ушын оғада қәўипли жағдайлары ушын 25 процент муғдарында ҳәр айлық үстеме ҳақы төлеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Э.Боситханова) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-январьдан баслап басқышпа-басқыш:

район (қала)лық медицина бирлеспелериниң 46 туўыў бөлимлери негизинде 4-қосымшаға муўапық районлараралық перинатал орайларды әмелдеги штатлар шеңберинде шөлкемлестириў;

аналар, жаңа туўылған нәрестелер ҳәм балалар ушын аймақларда нәтийжели перинатал, неонатал педиатриялық хызметлерди алыў имканиятын жаратыў;

регионаллық перинатал орайларды жетилистириў ҳәм 3-дәрежели акушерлик мәкемелерди белгиленген талапларға муўапық үскенелеў илажларын көрсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев) менен биргеликте 2021-жыл 1-ноябрьге шекем халықаралық финанс шөлкемлериниң кредит қаржыларын оптималластырыў есабынан республикадағы туўыўға жәрдем бериўши мәкемелерди заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў ушын халықаралық финанс шөлкемлери менен сөйлесиўлер өткерсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў тараўында қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев):

а) 2021-жыл 1-сентябрьге шекем:

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм оның аймақлық уйымларында жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға республика көлеминде медициналық хызметлерди көрсетиў, олардың мүрәжатларын қабыл етиў, мәсләҳәт бериў ҳәм мәлимлеме усыныўға мөлшерленген бирден-бир қысқа санлы бийпул «оператив байланыс»ты жолға қойсын;

шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалардың имаратларында, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм қәнигелестирилген мәкемелердиң рәсмий веб-сайтларында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң көлемлери, қәнигелестирилген бийпул медициналық жәрдемди көрсетиў шәртлери менен тәртиби ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў материалларын тарқатыў илажларын көрсин;

б) 2021-жыл 1-октябрьден баслап қәнигелестирилген мәкемелердиң рәсмий веб-сайтларында бөлимлер кесиминде орынлардың саны, соның ишинде, бос орынлардың саны, көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң түрлери ҳәм баҳаларының жайластырылыўын және турақлы жаңаланып барылыўын тәмийинлесин;

в) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте қәнигелестирилген мәкемелерде жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў бойынша енгизилип атырған механизмлердиң мазмун-мәниси кең жәмийетшиликке ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, рәсмий веб-сайтлар, сондай-ақ, басқа да мәлимлеме ресурслары арқалы, соның ишинде, баспасөз конференциялары, брифинглер, пресс клуб додалаўларын шөлкемлестириў арқалы жедел жеткерилиўин, түсиндирилиўин ҳәм кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 6 -қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Денсаўлықта сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, оның орынбасарлары А.Ш.Иноятов, А.А.Азизов, У.Ю.Собиров, Э.И.Баситханова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 28-июль