Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Денсаўлықты сақлаў системасында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, басланғыш буўынды кеселликлерди ерте анықлайтуғын ҳәм емлейтуғын системаға айландырыў, санластырыў жумысларын жеделлестириў, тараўды раўажландырыўдың тығыз ҳәм узақ мүддетли перспективаларын белгилеў, медициналық хызметлер көлемин арттырыў ҳәм сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, бәсеки ҳәм жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, медицина  хызметкерлериниң билимин арттырыў, билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылығының тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеў  ҳәм төмендеги жаңа басқарыў системасын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

а) денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев:

министрлик системасы ҳәм уйымға тийисли шөлкемлердиң жумысына улыўма басшылық етеди,  олардың жумысы  нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлейди, жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялар толық орынланыўы ушын  жеке жуўап  береди,  усы шөлкемлер менен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етеди;

қыстаўлы медициналық жәрдем, республикалық медицина (республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларынан тысқары) және медициналық билимлендириў мәкемелериниң  жумысын шөлкемлестиреди,  басшыларының жумысын баҳалайды, лаўазымға тайынлайды ҳәм лаўазымынан азат етеди , олар ушын үскене, дәри ҳәм медицина қураллары сатып алыў бойынша тендерлер өткериў ўәкилликлерин, системада  коррупцияның алдын алыўға қаратылған барлық илажларды әмелге асырады;

б) денсаўлықты сақлаў министриниң  биринши орынбасары А.Ш.Иноятов:

шаңарақлық шыпакерлик пункти, шаңарақлық поликлиника, район (қала) лық көп  тармақлы  орайлық поликлиника ҳәм емлеўханасында (кейинги орынларда – басланғыш медициналық-санитариялық  мәкемелер)  медициналық хызметлерди көрсетиўге ҳәм сапасына, оларды үскенелеўге және медицина хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыўға  жеке  жуўапкер  есапланады;

басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелерде  штатлар  нормативи, Шыпакерлер ҳәм орта медицина хызметкерлерине қәниге талаплары, үскенелеў стандартларын және емлеў протоколларын тастыйықлайды, шәртнамаларына қол қояды,  олардың басшыларының жумысын баҳалайды, талабанларды береди, лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизеди, бул мәкемелер ушын үскене, дәри ҳәм медицина қуралларын сатып алыў бойынша тендерлер өткериў ўәкилликлерин әмелге асырады, бул мәкемелердиң жумысына байланыслы қарарлар қабыл етеди;

в) денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.А.Азизов:

медицина тараўында санластырыў, қаржыландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў ҳәм раўажландырыўға жеке жуўапкер  есапланады және усы мәселелер бойынша  қарарлар  қабыл етеди.

жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын  тендерлер  өткереди,  шәртнамаларға  қол қояды, санластырыў, қаржыландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мәселелери бойынша мәмлекетлик медицина мәкемелериниң  басшыларына талабанларды береди, лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў  бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар  киргизеди, халықраралық қаржы шөлкемлери менен ислесиў мәселелери бойынша еркин қарарлар қабыл етеди;

г) денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары У.Ю.Собиров:

республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары (кейинги орынларда – республикалық қәнигелестирилген орайлары) ҳәм көп тармақлы ўәлаятлық емлеўханаларды реформалаў, оларды басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелер менен байланыстырыў және  орынларда  ислесиў системасын жолға қойыў бойынша жеке жуўапкер  есапланады;

республикалық қәнигелестирилген орайлар ҳәм олардың филлиалларының басшыларына талабанларды бериў, басшыларды лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў, оларды үскенелеў бойынша жойбарлар ислеп шығыў,  тендерлер өткериў  ҳәм  шәртнамалар дүзиў,  усы орайларға бюджет қаржылары ҳәм бийпул емлениўге ордерлерди бөлистириў,  сондай-ақ, емлеў протоколларын  тастыйықлаў ўәкилликлерин әмелге асырады;

д) денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары  Э.И.Баситханова:

аналар ҳәм балаларды қәўип топарларына ажыратып, олар менен мәнзилли  ислесиўди шөлкемлестириў,  халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге  жеке жуўапкер есапланады;

 аналық ҳәм балалық мәселеринде халықаралық шөлкемлердиң грантларын тартыў, қаржыларды бөлистириў, жергиликли атқарыўшы уйымлар, мәҳәлле, жаслар, спорт ҳәм билимлендириў тараўларындағы мәмлекетлик уйымлардың саламат турмыс  тәризи бойынша жумысын  муўапықластырып барыў ўәкиллигин  әмелге асырады.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) бир ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген тийкарғы бағдарлар және енгизилип атырған жаңа басқарыў системасынан  келип шығып:

денсаўлықты сақлаў министри орынбасарларының анық  ўазыйпалары ҳәм функцияларының бөлистирилиўин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери менен биргеликте  аймақлық денсаўлықты сақлаў уйымларының  анық  ўазыйпалары  ҳәм функцияларының бөлистирилиўин тастыйықласын;

министрликтиң орайлық аппаратында  инвестициядан кейинги дәўирин мониторинг етиў  ушын  әмелдеги штатлардың саны шеңберинде жуўапкер болған  структуралық бөлим шөлкемлестирсин.

  1. 2021-жыл 15-июньннен баслап басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелерде дәри ҳәм медициналық буйымлар ушын бириктирилген халықтың жан басына ажыратылған қаржы муғдары орташа 3 есеге арттырылсын.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы мақсет ушын  2021-жыл ушын инвестициялық жойбарларды оптималластырыў есабынан 165 миллиард сум  муғдарында қаржы ажыратсын және усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер ушын қаржыларды  2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде  нәзерде тутсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери Экономикалық раўажланыў ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов, А.Бобоев), Денсаўлықты  сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) менен биргеликте  бир ҳәпте мүддетте  медицина тараўында инвестициялық жойбарларды оптималластырыў  есабынан ҳәр бир ўәлаят кесиминде үнемленетуғын қаржыларды анықласын.

3.Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев, А.Иноятов):

а) Мәмлекетлик басқарыў академиясы (А.Бекмуродов) менен биргеликте алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында медицина тараўында басқарыў  бойынша еки ҳәптелик оқыў курсларын  шөлкемлестирсин ҳәм жылдың ақырына шекем ўәлаят, район (қала)лық медицина басқармалары баслықларының оқытылыўын тәмийинлесин.

Онда, оқыў курсларын  шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлер Медицина шөлкемлерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады;

б) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги (А.Хасанов) менен биргеликте  бир ай мүддетте барлық денсаўлықты сақлаў системасы шөлкемлери басшыларының жумысын  баҳалаў рейтингин енгизсин және ҳәр шеректе нәтийжелерди Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизип барсын;

в) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норкулов) ҳәмде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры (Ф.Шарипов) менен биргеликте  бир ай мүддетте  Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларынан келип шығып, басланғыш  буўында медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлериниң дизимин тастыйықлап,  барлық аймақларда әмелиятқа киргизсин.

  1. «Өзавтосанаат» АЖ (Ш.Умурзаков) 2021-жыл 1-октябрьге шекем орынларда, әсиресе, алыс ҳәм шетки аймақларда халықты мәнзилли профилактикалаў ҳәм скрининглеў жумысларын шөлкемлестириў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленген арнаўлы автобуслардың кеминде 3 тәжирийбе үлгисин жаратсын ҳәм киргизсин.
  2. 2021-жыл 1-июньнен баслап:

а) Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасы структураларына әмелдеги штат бирликлери шеңберинде баслықтың  санластырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик  бойынша орынбасары лаўазымы енгизилетуғыны. Онда,  бул лаўазымларға тайынланып атырған шахслардың алдынғы мәмлекетлик шөлкемлердеги жумыс орны бойынша айлық мийнет ҳақысы муғдары жоқары болған жағдайда, олардың алдынғы жумыс орны бойынша айлық мийнет ҳақысы муғдары сақлап қалынатуғыны.

Санластырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша орынбасары  өз жумысында тиккелей денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Азизовке бойсынатуғыны ҳәм есап беретуғыны ҳәм А.Азизов Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты   сақлаў министрлиги, ўәлаятлардың денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасы жумысының санластырыў нәтийжелилиги бойынша жуўапкер есапланатуғыны, олардың жумысына баҳа беретуғыны;

б) ҳәр бир шаңарақлық шыпакерлик пункти, шаңарақлық поликлиника және район (қала)лық көп тармақлы орайлық  поликлиникасында электрон система менен ислейтуғын биреўден IT оператор – мийирбийке лаўазымы киргизилетуғыны. Онда, бул лаўазымлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл 5-майдағы «Денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған  реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳаққында»ғы ПП-6221-санлы Пәрманына муўапық ажыратылып атырған  штат  бирликлери есабынан қәлиплестирилетуғыны;

в) басқа район (қала) лық және барлық ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеў-профилактика мәкемелеринде олардың әмелдеги штат бирликлери шеңберинде IT оператор – мийирбийке  лаўазымы киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов):

еки ҳәпте мүддетте IT оператор – мийирбийкелер ҳәм басқа да денсаўлықты сақлаў системасы хызметкерлериниң компьютер билимданлығын арттырыў мақсетинде оларды оқытыў бойынша бағдарлама ислеп шықсын;

реже-кестеге тийкарланып IT  оператор – мийирбийкелер және басқа да денсаўлықты  сақлаў системасы хызметкерлериниң компьютер билимданлығын арттырыў мақсетинде  оларды район (қала) IT орайларында  бийпул оқытыў сабақларын   шөлкемлестирсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (О.Пекось), басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем тараўда үлкен тәжирийбеге ийе болған жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери және шөлкемлерин тартқан ҳалда  Денсаўлықты сақлаў тараўын  2025-жылға шекем санластырыў (E-health -2025) стратегиясын  ҳәм оны әмелге асырыўға байланыслы жыллар бойынша «Жол қартасы»н тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң  қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Мәмлекетлик медицина мәкемелерин 2021-2023-жылларда заманагөй компьютер үскенелери менен тәмийинлеў реже-кестеси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2021-жылдың ақырына шекем 17 400 заманагөй компьютер үскенелерин сатып алыўға байланыслы қаржылар халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан, жетпеген бөлеги болса ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылыўын нәзерде тутсын.

Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары (А.Азизов)на системаны санластырыў ушын заманагөй компьютер ҳәм мәлимлеме техника қуралларын ислеп шығарыўшылардың ең жақсы усынысларын сайлап алыў жолы менен сатып алыўға, бурынғысынан басқаша тәризде, руқсат берилсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигинде орайласқан сатып алыўлар нәтийжесинде жумсалған бюджет қаржылары медицина тараўын санластырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў ҳәм кеңейтиў, IT-тараўындағы жетекши жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер менен компанияларды тартыўға бағдарланатуғыны;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги системаны реформалаўға ажыратылатуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт елли ҳүкимет финанслық шөлкемлерин қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларда товарлар (жумыслар, хызметлер)ды мәмлекетлик сатып алыў комиссиясының қурамы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2021-жыл 1-июльден баслап район (қала)лық медицина бирлеспелеринде компьютер үскенелери бойынша техникалық хызметкер лаўазымлары компьютер техникасы хызмети бойынша инженер лаўазымларына алмастырылсын және оларға заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў ўазыйпалары жүкленсин.

Онда, компьютер техникасы хызмети бойынша инженерлерге берилетуғын ҳәр айлық үстемениң муғдары хызметкердиң лаўазым мийнет ҳақысынан 100 проценттен аз болмаған муғдарда белгиленентуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасының енгизилиўин жеделлестириў мақсетинде 2021-жыл 1-августтан баслап басқа аймақларда да басқышпа-басқыш төмендеги илажларды әмелге асырсын:

медициналық үскенелер, буйымлар, компьютер техникасы ҳәм басқа да қуралларды хатлаўдан өткериў, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң дизимин қәлиплестириў;

медицина мәкемелерин кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болатуғын медициналық техника менен үскенелеў;

шаңарақлық шыпакер жолламасы тийкарында кепилленген пакетке киргизилген бийпул медициналық хызметлер көрсетиў системасын шөлкемлестириў.

Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев, Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте медициналық қамсызландырыў системасының айрықша элементлерин басқа да аймақларда енгизиўди баслаў бойынша анық усыныс киргизсин.

  1. 2021-жыл 1-июльден баслап жумыс стажы бес жыл болмаған жоқары мағлыўматлы медицина хызметкерлерин мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине жумысқа қабыл етиўге байланыслы талаплар мәмлекетлик медициналық мәкемелерге теңлестирилетуғыны белгиленсин.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети (Б.Юсупалиев) бир ай мүддетте мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң жумысын шөлкемлестириўде имарат ҳәм объектлерге белгиленген санитариялық қағыйдалар, нормалар менен гигиеналық нормативлерди халықаралық стандартлардан келип шығып, қайта көрип шықсын.

  1. 2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлардың филиалларын шөлкемлестириў реже-кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

а) жаңадан шөлкемлестирилип атырған филиаллар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық медициналық мәкемелердиң негизинде, олардың әмелдеги штат бирликлери ҳәм ажыратылған қаржылар шеңберинде, сондай-ақ, юридикалық тәреп статусына ийе болмаған тийкарда шөлкемлестирилетуғыны;

б) денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары  У.Собиров ҳәм республикалық қәнигелестирилген орайлардың басшылары филиаллар тәрепинен:

кеселликлерди орынларда ерте анықлаў, профилактикалық илажларды әмелге асырыў, шеберлик сабақларын өткериў;

диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиў, жоқары сапалы медициналық хызметлерди көрсетиў, соның ишинде, телемедицинаны енгизиў және раўажландырыў;

кеселликлер регистрин жаратыў, илимий изертлеўлерди алып барыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, олардың жумысына байланыслы басқа да мәселелерди (медициналық үскенелер ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, маман қәнигелер менен толықтырыў) шешиў бойынша жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Э.Баситханова):

а) 2021-жыл 1-августтан баслап Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында перинатал ҳәм скрининг орайлары ҳәм бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелердеги аналар ҳәм балалар денсаўлығына жуўапкер структуралар («Ҳаял-қызлар мәсәләҳәтханасы», перинатал скрининг ханасы, «медицина бригадалары» қурамындағы шаңарақлық шыпакер, педиатр ҳәм басқалар)дың ҳәмиледар ҳаялды комплексли бақлаўы бойынша төмендеги илажларды нәзерде тутатуғын өз-ара бирге ислесиўин ҳәм муўапықластырылыўын тәмийинлеўши бирден-бир системасын енгизсин:

ҳәмиледар ҳаялды комплексли бақлаў бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў;

перинатал ҳәм скрининг орайлары менен басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелердеги аналар ҳәм балалардың денсаўлығына жуўапкер структуралар тәрепинен бирден-бир мағлыўматлар базасына зәрүр мағлыўматларды киргизиў, сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаяллардың медициналық картасын жүргизиў;

қәлиплескен мағлыўматларға тийкарланып ҳәмиледар ҳаялларға зәрүр мәсләҳәтлерди бериў;

б) денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Азизов пенен биргеликте ҳәмиледар ҳаялдың ең ерте мүддетлерде есапқа алыныўы, оның ҳәр күнги жағдайындағы өзгерислерди комплексли қадағалап барыў ушын 2021-жылдың ақырына шекем бирден-бир электрон базаның жаратылыўын тәмийинлесин;

в) Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.Шин) ҳәм Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте еки ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерде дурыс аўқатланыўды жолға қойыў мақсетинде 2021/2022-оқыў жылынан баслап жаңаланған аўқатланыў рационын ҳәм усы бағдар менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине болған талапларды тастыйықласын ҳәм әмелиятқа киргизсин. Онда, балалардың денсаўлығына зыян ҳәм раўажланыўына унамсыз тәсир көрсететуғын барлық азық-аўқат өнимлерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплердиң аймағында сатыўға шеклеўлер қойылсын.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети (Б.Юсупалиев) мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерде балалардың денсаўлығы менен қәўипсиз аўқатланыўын тәмийинлеў мақсетинде белгиленген санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық норамтивлерге сөзсиз әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):

аналар ҳәм балалар, репродуктивлик жастағы ҳаяллардың саламатлығын тәмийинлеў ушын зәрүр дәри-дәрмақ ҳәм медицина қураллары («К» витамин, сурфактант ҳәм басқалар) менен қосымша тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылы 26 миллиард сум ажыратсын, 2022-жылдан баслап усы бәнттеги қәрежетлер ушын зәрүр қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын;

балалар медициналық ҳәм туўыў мәкемелеринде жоқары технологиялы лабараториялық үскенелерден толық түрде және нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджеттен реактив, реагентлер, жумсаў үскенелери ҳәм сервис хызметлер ушын қосымша 8 миллиард сум ажыратсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды жеделлестириў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын халықаралық экспертлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте ислеп шығыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

Министрлер Кабинети, Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған буйыртпаларына бола Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан «Денсаўлықты сақлаў стратегиясы – 2030»ды ислеп шығыў, сырт елли ҳәм жергиликли экспертлер ҳәм шөлкемлерди тартыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиев Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев), Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги (А.Хасанов) менен биргеликте бир ай мүддетте денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарлары, аймақлық денсаўлықты сақлаў басқармалары баслықларының жумысын баҳалаў системасын енгизсин ҳәм ҳәр ярым жылдың жуўмағы менен тийисли усынысларды киргизип барсын.

Онда, нәтийже көрсеткен, хызмет сапасын жақсылап, халықты разы еткен басшыларды тийисли Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасы шөлкемлериниң қаржылары есабынан хошаметлеў ҳәм жумысларды қанаатландырарсыз шөлкемлестирген жуўапкер кадрларға илажлар көриў белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар 4-қосымшаға муўапық киргизилсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, оның орынбасарлары А.Ш.Иноятов, А.А.Азизов, У.Ю.Собиров, Э.И.Баситханова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
  4. Усы қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 25-май