Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформаларды избе-из даўам еттириў, соның ишинде, басқарыўды жетилистириў, тараўды раўажландырыўдың келешектеги перспективаларын белгилеў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы сапалы медициналық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў мақсетинде:
- Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты (кейинги орынларда – Институт) етип қайта шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы болмаған кеселликлерге қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў, халықтың турақлы медициналық мәдениятын қәлиплестириў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
алдыңғы ҳәм қолайлы сырт ел тәжирийбеси тийкарында денсаўлықты сақлаў системасы жумысының баслы бағдарлары, орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли раўажланыў сценарийлары ҳәм стратегиялары бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў;
медициналық статистиканы қәлиплестириў ҳәм алып барыў, статистикалық көрсеткишлерди қәлиплестириўде халықаралық стандартлар ҳәм методикаларды енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў, медицина тараўындағы статистикалық мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў, улыўмаластырыў, таллаў, тарқатыў ҳәм сақлаў бағдарындағы жумысларды жетилистириў.
2024-жыл 1-январьдан Институт ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлерине бола, тийисли түрде, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм оның аймақлық басқарыў уйымларының хызметкерлерине теңлестирилетуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Институт пенен биргеликте еки ай мүддетте 2024-2026-жыллары саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дурыс аўқатланыўды системалы үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайыдырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм онда, төмендегилерди нәзерде тутсын;
саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылған жылына 25 ке шекем промо-роликлер, бағдарлама ҳәм телекөрсетиўлер таярлаў;
уялы телефон пайдаланыўшыларына кеселликлер профилактикасы ҳәм саламат турмыс тәризиниң тийкарлары бойынша ҳәр күни қысқа хабарлар (SMS) жибериў;
журналистлер ҳәм басқа да баспасөз ўәкиллери арасында ҳәр жылы «Саламат турмыс тәризи бойынша жылдың ең жақсы үгит-нәсиятшысы» таңлаўын өткериў;
базарлар, самолёт, поезд, автобус, метро, супермаркетлер ҳәм пуқаралар көп жыйналатуғын басқа да орынларда саламат турмыс тәризи бойынша роликлер қойып бериў, радиомәсләҳәтлер бериў ҳәм буклетлер тарқатыўды тәмийинлеў.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел консалтинг компанияларын тартқан ҳалда 2023-жылдың ақырына шекем алдыңғы тәжирийбе тийкарында төмендегилерге тийкарғы итибарды қаратқан ҳалда «Халық саламатлығы-2030» миллий стратегиясы ислеп шығылыўын тәмийинлесин:
халықты максимал қамтып алған ҳалда басланғыш медициналық-санитария хызметин оған және де жақынластырыў;
пуқаралардың саламат турмыс тәризин, саламат аўқатланыўын ҳәм физикалық белсендилигин қоллап-қуўатлаў, оларды халық арасында ҳәр тәреплеме үгит-нәсиятлаў;
аналықты ҳәм балалықты қорғаў, халықтың бул бағдардағы талапларын қанаатландырыў;
қәнигелескен медициналық жәрдем көлемин кеңейтиў;
денсаўлықты сақлаў системасын толық санластырыў, қағазпазлыққа, тийкарсыз бюрократияға ҳәм гезеклерге шек қойыў, халыққа медицина мәкемелерине мүрәжат еткенинде қолайлықлар жаратыў;
заманагөй ҳәм нәтийжели басқарыў усылларын енгизиў ҳәм медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў;
кадрлар потенциалын арттырыў, медициналық билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў;
жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў сондай-ақ, ири мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў;
медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
фармацевтика тармағын нәтийжели тәртипке салыў.
- Төмендегилер Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң структурасына өткерилсин:
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги;
2024-жыл 1-январьдан Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры.
- Усы Пәрманның 5-бәнтинде көрсетилген мәкемелер Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң структурасына еркин юридикалық тәреп статусы ҳәм олардың жумысын қаржыландырыўдың әмелдеги дәреклери ҳәм тәртибин сақлап қалған ҳалда өткерилетуғыны;
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги фармацевтика санааты турақлы раўажланыўы ушын жуўапкершиликти толық жуўапкершилликке алатуғыны;
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының бақлаў кеңеси медициналық жәрдемниң кепилленген көлеми шеңберинде медициналық хызмет көрсетиў ушын тартылатуғын жеткерип бериўшилер (мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес)ди, сатып алынатуғын медициналық жәрдемлер көлемин еркин белгилейтуғыны ҳәм өз бюджетин қәлиплестиретуғыны;
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры 2027-жыл 1-январьдан Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамынан шығатуғыны ҳәм еркин қор сыпатында жумыс алып баратуғыны;
Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңиллетилген категорияға кириўши шахсларға диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша тастыйықланған стандартларға муўапық медициналық хызметлердиң базалық баҳалары Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлиги сондай-ақ, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети менен келисилген ҳалда белгиленетуғыны;
денсаўлықты сақлаў министри ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры атқарыўшы директоры 2026-жылдың ақырына шекем медициналық қамсызландырыўдың республика бойлап толық енгизилиўи ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.
- 2024-жыл 1-январьдан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында төмендегилерди бирлестириў арқалы юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Медицинаны раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры (кейинги орынларда – Медицинаны раўажландырыў қоры) шөлкемлестирилсин:
Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларды саламатландырыўға жәрдеслесиў қоры;
Қыстаўлы медициналық жәрдемди раўажландырыў қоры;
Қәбилетли ҳәм тәжирийбели медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў қоры;
Спинал булшық ет атрофиясы диагнозы қойылған наўқас балаларды қоллап-қуўатлаў қоры.
- Төмендегилер 2024-жыл 1-январьдан Медицинаны раўажландырыў қорының қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы ажыратылатуғын 350 миллиард сум муғдарындағы қаржылар;
спинал булшық ет атрофиясы диагнозы қойылған балаларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм дәри қуралларын бийпул жеткерип бериў қәрежетлери ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;
қәбилетли ҳәм тәжирийбели медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, медицина мәкемелерине тартыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы ажыратылатуғын 50 миллиард сум муғдарындағы қаржылар;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң бос турған имаратлары, көшпес мүлк объектлери ҳәм жер участкаларын ғалабалық саўдалар (аукцион)да сатыўдан түсетуғын қаржылардың республикалық бюджетке өткерилетуғын 50 проценти;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң мүлкин ижараға бериўден түсетуғын түсимлердиң, Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының операциялық қәрежетлерин шегирип таслаған ҳалда, жергиликли бюджетлерге өткерилетуғын 100 проценти;
халықаралық финанс институтларының, ҳүкиметлик ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем қаржылары;
Ғазнашылық хызмети комитети тәрепинен Медицинаны раўажландырыў қорының ўақтынша бос қаржыларын коммерциялық банклер депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Медицинаны раўажландырыў қорының қаржылары төмендегилерге жумсалатуғыны:
денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы мәмлекетлик медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, программалық өнимлер сатып алыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация тармақларына техникалық хызмет көрсетиў;
медициналық әсбап-үскенелер, компьютерлер, планшетлер, мультимедиа ҳәм тармақ қурылмалары, бағдарламалық тәмийнатларды сатып алыў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм раўажландырыў;
денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы мәмлекетлик медициналық мәкемелериниң хызметкерлерин сырт елде таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, оқытыў, қәнигелик арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды республикада шөлкемлестириў ушын сырт ел қәнигелерин тартыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў;
денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары, сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң кадрлар потенциалын беккемлеўге қаратылған илажларды қаржыландырыў;
онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлер бойынша жоқары технологиялық қурамалы операцияларды әмелге асырыў ушын қәнигелерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин тартыў;
жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартыў, денсаўлықты сақлаў тараўындағы кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде экспертлик топардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў;
онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын тийисли медицина мәкемелерин капитал ҳәм ағымдағы оңлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў, оларға әсбап-үскенелер, дәри қураллары, медициналық қураллар, лаборатория реактивлери ҳәм басқа да керекли қуралларын сатып алыў;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизим тийкарында аўыр кеселликке шатылған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың республикада әмелде асырылмайтуғын хирургиялық операцияларды сырт еллерде өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў;
онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларға республика аймағындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң жоқары технологиялық диагноз ҳәм емлеў-профилактика хызметлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасы хызметкерлерин оқытыў, қайта таярлаў ҳәм стажировкасын шөлкемлестириў, соның ишинде, сырт еллерге сапарларын, Өзбекстан аймағынан тысқарыда өткерилетуғын конференциялар, семинарлар ҳәм басқа да илажларда қатнасыўын, хызмет сапарына жиберилиўин шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў;
жоқары ҳәм орта медицина билимлендириў мәкемелериниң қәбилетли студентлерине арнаўлы стипендиялар төлеўге жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў;
Медицинаны раўажландырыў қоры ҳәм оның дирекциясы, сондай-ақ, Институт ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаўға байланыслы қәрежетлерди қаплаў;
Денсаўлықты сақлаў министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған басқа да илажларды сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў.
- 2024-жыл 1-январьдан Денсаўлықты сақлаў министрлиги орайлық аппараты структурасында министрлик басқарма хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Медицинаны раўажландырыў қоры дирекциясы шөлкемлестирилсин.
- Медицинаны раўажландырыў қоры усы Пәрманда нәзерде тутылған бирлестирилип атырған қорлардың барлық миннетлемелери ҳәм дәраматлар дәреклери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
Медицинаны раўажландырыў қорының қаржылары оның бақлаў кеңеси қарарына тийкарланып қатаң түрде усы Пәрманда көрсетилген бағдарларға қаратылатуғыны;
Медицинаны раўажландырыў қорының ағымдағы финанс жылында пайдаланылмаған (өзлестирилмеген) қаржылары кейинги финанс жылына өткерилетуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте Медицинаны раўажландырыў қор ҳаққындағы режени сондай-ақ, оның бақлаў кеңеси қурамын тастыйықласын.
Онда, Медицинаны раўажландырыў қоры қаржыларын жумсаўдың ашық-айдын тәртибин, оның дәраматлары ҳәм қәрежетлери ҳаққында есап бериўшиликти, сондай-ақ, жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелерин нәзерде тутыў.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 6-сентябрь