Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республиканың туризм потенциалын және де арттырыў, инновациялық туризм инфраструктураларын жаратыў ҳәм оларға инвестициялардың тартылыўын шөлкемлестириў, Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында «Чимган» халықаралық улыўма мәўсимлик курортын қурыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Франция Республикасы Ҳүкимети арасында 2021-жыл 10-майда «Чимган» халықаралық улыўма мәўсимлик курортын қурыў жойбары (кейинги орынларда – Жойбар)н әмелге асырыў ушын Финанслық протокол ҳәм усы протокол бойынша 2022-жыл 22-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Франция Республикасы Ҳүкимети арасында 47,9 миллион евро муғдарындағы қарыз қаржыларын тартыў бойынша Әмелге асырыў келисимине қол қойылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Әдиллик министрлиги Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Франция Республикасы Ҳүкимети арасында дүзилген Әмелге асырыў келисимине белгиленген тәртипте юридикалық жуўмақ берсин.
- Жойбар шеңберинде «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ тәрепинен 20 миллион АҚШ доллары муғдарында берилетуғын кредиттиң гиреў тәмийнаты сыпатында «Белдирсай-Чимган-Нанай» халықаралық улыўма мәўсимлик курортын қурыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша жойбар офиси» мәмлекетлик унитар кәрханасы (кейинги орынларда – Жойбар офиси) тәрепинен сатып алынатуғын үскенелер белгиленсин.
- Жойбар аймағының шегарасына шекем сыртқы инженерлик тармақлары ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў жумысларын орынлаўда:
«Өзсуўтәмийнат» АЖның «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба» суў объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы» УК суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тармақларын қурыў;
«Аймақлық электр тармақлары» АЖ-электр энергиясы менен тәмийинлеў;
Автомобиль жоллары комитети – Жойбарлаў аймағындағы мәмлекетлик әҳмийеттеги автомобиль жолын қурыў (жол бойында сыртқы жақтыландырыў қуралларын орнатыў ҳәм абаданластырыўды инабатқа алған ҳалда), Жойбарлаў шеңберинде 2 515 метр бәлентликтеги орта-станциясына шекем ўақтынша жол өткериў;
«Өзбектелеком» АК – телекоммуникация тармақларын тартыў ҳәм орнатыў жумысларын орынлаў бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.
Буйыртпашы етип белгиленген шөлкемлер еки ай мүддетте жойбарлаў шөлкемлерин орнатылған тәртипте өткерилетуғын таңлаў (тендер) саўдалары арқалы анықлап, олар тәрепинен жойбарластырыў жумысларының басланыўын тәмийинлесин.
- Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Энергетика министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Автомобиль жоллары комитети, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзсуўтәмийнат» АЖ, «Өзбектелеком» АК Жойбарлаў аймағы шегарасына шекем сыртқы инженерлик тармақлары ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў бойынша әмелге асырылатуғын қурылыс-инженерлик жумысларының 2024-жыл Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизилиўин, сондай-ақ, усы бағдарлама шеңберинде аймақларды инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексинде Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалар бойынша толық ямаса айырым бөлегин халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлериниң қаржылары (қарызлары, кредитлери) есабынан Өзбекстан Республикасында әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде юридикалық шахслар тәрепинен алынатуғын товарларға бажыхана бажысынан азат етиў түриндеги тариф жеңилликлери берилиўиниң белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Пайда болатуғын қосымша қун салығының суммасы тезлестирилген тәртипте қаплансын (қайтарып берилсин).
- Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде Жойбарлаў офиси менен дүзилген шәртнамалар шеңберинде транспорт шөлкемлери Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына кириў жыйымларынан ҳәм Өзбекстан Республикасының улыўма пайдаланылатуғын автомобиль жолларында аўыр жүкли ҳәм ири габаритли транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын төлемлерден азат етилсин.
- Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде Жойбарлаў офиси, бас жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жойбарлаў шөлкемлерине Өзбекстан Республикасына алып кирилип атырған товарлар, әсбап-үскенелерди «бажыхана қоймаханасы» бажыхана режимине рәсмийлестирген ҳалда жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң қоймаханаларына жайластырыўға руқсат берилсин.
- Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде 2024-жыл 31-декабрьге шекем:
Жойбарлаў офисине, бурынғысынан басқаша тәризде, инженерлик-коммуникация ҳәм инфраструктура объектлеринен тысқары бөлеги ушын қурылыс-монтажлаў жумысларын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў менен бир ўақытта (параллель жойбарластырған ҳалда) орынлаўға руқсат берилсин;
тартылған жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем, сондай-ақ, Франция компанияларының Консорциумы ағзасы болған «Pa548a4ch3» компаниясы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы аймағында жойбарластырыў жумысын әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, шөлкемлери, жәмийетлери ҳәм билеспелери тәрепинен берилген руқсат бериўши ҳүжжетлер (лицензиялар)ге тийкарланып әмелге асыратуғыны инабатқа алынсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 24-марттағы «Экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын қысқартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-102-санлы қарарына 2-қосымшадан 592 ҳәм 606-позициялар шығарып таслансын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.А.Абдухакимов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 8-август