Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

БМШ Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў, Аралбойы регионын экологиялық ҳәм гуманитарлық кризис жүз берип атырған аймақтан экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасының басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәи технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясы (кейинги орынларда – арнаўлы резолюция) қабыл етилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы резолюцияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Аралбойы регионын экологиялық инновавциялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў мақсетинде төмендеги усыныслары мақуллансын;

а) Аралбойы регионында сиясий-ҳуқықый инновациялар арқалы структуралық ҳәм трансформациялық өзгерислер ушын қолайлы орталық жаратыў және институционаллық базаны раўажландырыў ( жуўапкер – Инновациялық раўажланыў министрлиги).

Инновациялық раўажланыў министри  И.Абдурахмонов:

Нөкис қаласында  «Жас илимпазлар академиясы»н және жас илимпазларды, стартап жойбарларының ийелерин, изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша  Жаслар технопаркин шөлкемлестирсин;

Аралбойы халықаралық инновациялық орайы жанында өсимликлер туқымларының генбанки менен тәмийинленген лаборатория, бизнес-акселератор оқыў орайы ашылыўын тәмийинлесин;

б) Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды санластырыў ҳәм инновациялық қатнасларды әмелге асырыў (жуўапкер – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети).

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Максудов:

жоқ болып кетиў қәўпи астында болған өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы  объектлериниң  электрон карталаў ҳәм мағлыўматлар базасы  жаратылыўын;

шығындыларды қайта ислеў, полигонларды рекультивациялаў ҳәм экологиялық таза энергия ислеп шығарылыўын тәмийинлесин;

в) Аралбойы регионында социаллық тараўды раўажландырыў ҳәм халықты қоллап-қуўатлаўдың инновациялық технологиялары менен механизмлерин енгизиў (жуўапкер – Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги).

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары И.Норқулов:

пуқаралардың бет келбети бойынша анықлаў технологиясын енгизиўди;

қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланып автоном ишимлик шор суўды дузсызландырыў технологиясын ислеп шығыўды тәмийинлесин;

г) Аралбойы регионында экономикалық ҳәм финанслық инновациялық механизмлерден кеңнен пайдаланыў, экономика тармақларында ресурсларды үнемлеўши, «жасыл» ҳәм циркуляр (шығындысыз, регенератив ҳәм нәтийжели) заманагөй инновациялық технолгияларды кеңнен қолланыў (жуўапкер – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги).

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Воитов:

Қарақалпақстан Республикасында 2,5 мың гектар  майданда пахта, ғәлле, гүнжи, мәкке ҳәм шарўашылық ушын азықлық егинлерди суўғарыўда жаўынлатып суўғарыў системасын  енгизсин;

сынаў лабораторияларын модернизацияласын (азық-аўқат, аўыл хожалығы, электротехника, жеңил санаат) ҳәм үлгилерди лабораторияға жеткериў бойынша логистика хызметин жолға қойсын;

д) Аралбойы регионында илимди раўажландырыў, илимий изертлеўлер өткериў, интеллектуаллық мүлк объектлериниң жаратылыўы ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў, соның менен бирге, илимий-инновациялық қолланбаларды енгизиўде жергиликли ҳәм халықаралық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў  (жуўапкер – Инновациялық раўажланыў министрлиги).

Инновациялық раўажланыў министри И.Абдурахмонов:

Қарақалпақстанның  экологиялық картасын  жаратыў ҳәм сол тийкарда  экотуризмди нәтийжели шөлкемлестириў  механизмин ислеп шықсын;

 шорланған топырақлар балл бонитетин  анықлаў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелери аралық комплексли  биохимиялық анализлеў орайын шөлкемлестирсин;

 е) арнаўлы резолюция ҳәм усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў және сырт ел инвестицияларын тартыў (жуўапкер – Сыртқы ислер министрлиги).

Сыртқы ислер министриниң орынбасары  Ғ.Фозилов:

сыртқы жәрдем қаржыларын ажыратыўшы донор мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары, қорлар ҳәм компаниялар менен БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст қорына  ресурсларды мобилизациялаў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлессин;

Аралбойы регионындағы социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық мәселелер ҳаққында  видеороликлер ислеп шықсын және сырт ел ғалаба хабар қуралларында ҳәм  социаллық тармақларда жайластырсын;

ж) Аралбойы регионында инновациялық жойбарларды қаржыландырыўдың ишки дәреклерин қәлиплестириў ҳәм муўапықластырыў  (жуўапкер – Қаржы министрлиги).

Қаржы министри  Т.Ишметов:

Мәмлекетлик бюджеттиң 2022-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар ушын тастыйықланатуғын қәрежетлер параметрлеринде усы қарар менен тастыйықланып атырған «Жол картасы» ҳәм инновациялық жойбарлар дизиминде белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын  зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;

Ташкент қаласындағы ири исбилерменлик субъектлерине Қарақалпақстан Республикасында экологиялық инновациялар ҳәм технологияларды қолланыўға қаратылған  жойбарларды әмелге асырыўға әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. Төмендегилер:

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша тийкарғы инновациялық жойбарлар дизими  (кейинги орынларда – инновациялық жойбарлар) 2-қосымшаға муўапық;

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын  әмелге асырыў бойынша Уйымлараралық комиссия қурамы  (Кейинги орынларда – Уйымлараралық комиссия) 3-қосымшаға муўапық;

«Жол картасы» ҳәм инновациялық жойбарларда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, монитронгин және қадағалаўын әмелге асырыў ушын уйымлараралық жумысшы топарлар (кейинги орынларда – жумысшы топарлар) қурамлары 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер Уйымлараралық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

усы қарар және арнаўлы резолюцияда белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажлар орынланыўының әмелге асырылыўын шөлкемлестириў, жуўапкер орынлаўшылардың есабатларын тыңлаў ҳәм додалаў;

сыртқы жәрдем қаржыларын ажырататуғын донор мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары, қорлар ҳәм компаниялардың қаржыларын усы қарар және арнаўлы резолюцияда белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажлардың орынланыўын әмелге асырыў ушын тартыўда жәрдемлесиў;

усы қарар және арнаўлы резолюцияда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы және нәтийжелери ҳаққында дүнья жәмийетшилиги ҳәм жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырыў жумысларын шөлкемлестириў;

жумысшы топарлардың жумысын нәтийжели муўапықластырыў, олардың әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы есабатларын ҳәр шеректе тыңлап барыў ҳәм олардың алдындағы анық ўазыйпаларды белгилеў.

  1. Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы интакер исбилерменлик субъектлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында экологиялық инновациялар ҳәм технологияларды қолланыўға қаратылған жойбарлардың әмелге асырылыўында әмелий жәрдем берсин.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов), Сыртқы ислер министрлиги (Ғ.Фозилов), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги  (А.Воитов, Б.Абидов), Аралбойы халықаралық инновация орайы  (Н.Мирзамуратов) 2021-жыл ноябрь айында Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў мәселелерине бағышланған халықаралық конференцияны шөлкемлестириў ҳәм өткериў илажларын көрсин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) Сыртқы ислер министрлиги (Ғ.Фозилов) ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов)  менен биргеликте:

министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине сыртқы жәрдем қаржыларын ажыратыўшы донор еллер, халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары, қорлар ҳәм компаниялардың қаржыларын тартыў және инновациялық жойбарларды қаржыландырыўға бағдарлаўда жәрдемлессин;

еки ай мүддетте «Аралбойы регионы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» концепциясы және «Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў бойынша ҳәр тәреплеме «Жол картасы»н тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Олий Мажлис палаталарына усы қарар және арнаўлы резолюция шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳаққында тәсиршең ҳәм турақлы парламентлик қадағалаўды орнатыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси, мақсет ҳәм ўазыйпалары және оның шеңберинде ерисилген нәтийжелердиң турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инновациялық раўажланыў министри И.Абдурахмонов, қаржы министри Т.Ишметов,  Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Максудов, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары  А.Воитов, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары  И.Норқулов, сыртқы ислер министриниң орынбасары  Ғ.Фозилов  ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 29-июль