Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

 

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5538-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик инспекция) және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 1-марттан баслап сырт еллерде берилген билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў) тәртибин енгизиў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын:

а) Өзбекстан Республикасы аймағында өз алдына бөлимлери (филиаллары) ҳәм қоспа билимлендириў мәкемелери жумыс алып барып атырған сырт ел билимлендириў мәкемелеринде билим алған Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың (кейинги орынларда – пуқаралар);

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Мәмлекетлик инспекцияның қоспа қарары менен дизими ҳәр жылы тастыйықланатуғын халықаралық тән алынған шөлкемлердиң (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education, Academic Ranking of World Universities) рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1 000 орынды ийелеген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралардың;

қараўында жоқары билимлендириў мәкемелери болған Өзбекстан Республикасы  министрликлери менен уйымларының жолламалары тийкарында қәнигелерди мақсетли таярлаў ушын сырт еллер тәрепинен ажыратылған квоталар (грантлар) есабынан билим алған пуқаралардың;

1992-жыл 1-январьға шекем сырт ел билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирген пуқаралардың;

Жоқары билимлендириўде сапаға кепиллик бериў Европа ассоциациясының (European Association for Quality Assurance in Higher Education) толық ҳуқықлы ағзалары – ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен аккредитация етилген билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралардың, дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын бағдарлар, қәнигеликлер ҳәм кәсиплер буған кирмейди;

Америка Қурама Штатлары, Австралия Аўқамы, Израиль Мәмлекети, Канада, Сингапур Республикасы, Корея Республикасы, Япония мәмлекетлериниң усы мәмлекетлердиң ўәкилликли шөлкемлери тәрепинен аккредитация етилген билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралардың, дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын бағдарлар, қәнигеликлер ҳәм кәсиплер буған кирмейди;

сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелерди мақсетли таярлаў ушын Өзбекстан Республикасының министрликлери менен уйымлары тәрепинен ажыратылған қаржылардың есабынан билим алған пуқаралардың;

Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары, Өзбекстан Республикасы  Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларда билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тиккелей (арнаўлы сынақларсыз) тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў);

б) билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў) ҳаққындағы арзаларды тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасының бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Мәмлекетлик инспекцияға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

Өзбекстан Республикасы  билимлендириў мәкемелериниң рейтингин дүзиў ҳәм рәсмий түрде жәриялаў;

оқыўшылардың билим дәрежесин баҳалаў бойынша халықаралық бағдарламалар ҳәм изертлеўлерде Өзбекстан Республикасының қатнасыўын тәмийинлеў;

дүньяның жетекши рейтинг шөлкемлери менен бирге ислесиў ҳәм миллий жоқары билимлендириў мәкемелериниң усы рейтинглерге кириўине ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў.

  1. Миллий жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын үйрениў және бул мәкемелерде кадрлар таярлаўдың сапасын, соның ишинде, халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў арқалы арттырыў бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныслар киргизип барыў ушын жуўапкер болған Мәмлекетлик инспекция баслығының биринши орынбасары лаўазымы киргизилсин.

Мәмлекетлик инспекция баслығының биринши орынбасары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны және статусы, медициналық ҳәм транспорт тәмийнаты шараятлары бойынша министрдиң биринши орынбасарына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик инспекцияның басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 108 адамнан ибарат жаңаланған шөлкемлестириў структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Мәмлекетлик инспекцияның баслығына, зәрүр жағдайларда,  хызметкерлердиң орнатылған шекленген улыўма саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў фонды шеңберинде Мәмлекетлик инспекцияның структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Мәмлекетлик инспекция мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

билимлендириў мәкемелериниң рейтингин белгилейтуғын дүньяның жетекши рейтинг шөлкемлери менен бирге ислесиў орнатсын;

2019-жыл 1-апрельге шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениўдиң нәтийжелерине бола, билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында ҳүкиметлик қарардың жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2019-жыл 1-июньге шекем билимлендириў мәкемелери, педагог хызметкерлери, билим алыўшылар, тәлим-тәрбия процеси ҳәм басқа да зәрүр мәлимлемелер ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириўди өз ишине алған билимлендириўдиң сапасын тәмийинлейтуғын мәлимлеме системасын енгизиў бойынша усыныслар таярласын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2019-жыл 1-февральдан:

педагог кадрларға биринши ҳәм жоқары қәнигелик категориясы, жетекши ҳәм бас оқытыўшы лаўазымын бериў, сондай-ақ, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде бул қәнигелик категориясына ҳәм талапкерлерге қәнигелик категориясын бериўде төленетуғын жыйымлардан түсетуғын қаржының 50 проценти Мәмлекетлик инспекцияның бюджеттен тысқары Раўажландырыў қорына қаратылатуғыны (кейинги орынларда – Қор);

Қорға түсетуғын қаржылардың 80 процентине шекем болған муғдары Мәмлекетлик инспекция баслығының қарарына бола, лаўазымлық айлығының 200 процентине шекемги муғдарда айлық үстемелер төлеў, материаллық жәрдем көрсетиў, хызмет ўазыйпаларын ҳүжданлы түрде ҳәм инта менен атқарғаны ушын сыйлықлаў ақшалары, сондай-ақ, мәмлекеттиң ишинде ҳәм сырттағы хызмет сапарлары қәрежетлерин төлеў тәризинде хызметкерлердиң материаллық хошаметлениўине қаратылыўы мүмкин екени белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик инспекцияға Қордың қаржылары есабынан төмендеги қәрежетлерди төлеўге рухсат етилсин:

Мәмлекетлик инспекцияға жүкленген ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер, илимий ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, жетекши халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң қәнигели кадрлары, соның ишинде, билимлендириў тараўындағы сырт ел экспертлери ҳәм сырт елде жасап атырған ўатанласларды мәсләҳәтшилер сыпатында тартыў;

Мәмлекетлик инспекция хызметкерлерин илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелерде, соның ишинде, сырт елде оқытыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў;

Мәмлекетлик инспекция, оған уйымлық бойсынатуғын шөлкемлер ҳәм аймақлық бөлимлериниң жумысына замаангөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Финанс министрлиги ҳәм Мәмлекетлик инспекция тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерге муўапық Мәмлекетлик инспекцияның имаратлары менен объектлерин реконструкциялаўды Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың келеси жыллардағы мәмлекетлик бағдарламаларына киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – жүкленген ўазыйпалардың зәрүр дәрежеде орынланыўы бойынша министрликлер менен уйымларды муўапықластырыў, сондай-ақ, усы қарардың орынланыўын турақлы көрип шығыў бойынша;

Мәмлекетлик инспекцияның баслығы У.Н.Ташкенбаевқа – усы қарарға муўапық енгизилетуғын сырт еллерде берилген билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў) тәртибиниң әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бул тараўдағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша сапалы ҳәм пухта ислеп шығылған усынысларды киргизиў бойынша жеке жуўапкер екенликлери көрсетип өтилсин.

  1. Мәмлекетлик инспекция мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

а) төмендеги бойынша жаңа жыйымлар муғдарларын тастыйықлаў:

сырт еллерде берилген билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў);

миллий билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен берилген рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў;

б) нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 16-январь