Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Республикамызда балықшылық тармағын жедел раўажландырыў, балық өнимлерин ислеп шығарыўдың заманагөй ҳәм инновациялық усылларын енгизген ҳалда көлемлерин арттырыў, тараўды тәртипке салыў бойынша бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, олардың орынланыўын сапалы ҳәм пухта тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Соның менен бирге, интенсив усылда балық жетистириў бойынша жумысларға жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр, аймақларда балықшылық тармағын раўажландырыўда жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў, балықшылық хожалықларын қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар жетерли емес.
Балықшылық хожалықларына бириктирилген суў бассейн майданларынан илимий қатнас тийкарында нәтийжели пайдаланыў, олардың мелиоративлик жағдайын жақсылаў, сондай-ақ, ресурсты үнемлейтуғын технологиялар менен инновацияларды кең көлемде енгизиў жумысларына жетерлише итибар берилмей атыр.
Жасалма суў бассейнлериниң өнимдарлығын арттырыў ушын балықшылық хожалықларының минерал төгинлерге болған талабы толық қанаатландырылмай атыр. Сондай-ақ, минерал төгинди басқа алтернатив төгинлер менен алмастырыў бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып барыў жолға қойылмаған.
Балықты интенсив усылда жетистириў, аўлаў ҳәм қайта ислеў ушын зәрүр әсбап-үскенелер, қурал ҳәм механизмлерди жергиликли ислеп шығарыў жолға қойылмаған. Соның ақыбетинде көплеген исбилерменлер ўақтын ҳәм қаржысын артықша жумсап, оларды сырт елден сатып алмақта.
Балықшылық тараўына тиккелей сырт ел инвестицияларын киргизиў жумыслары зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилмеген, бул бағдарда сырт еллер ҳәм шөлкемлер менен нәтийжели, өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылмаған.
Республикамызда интенсив усылда балық жетистириўди басқышпа-басқыш жолға қойыў ҳәм хошаметлеў, бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўға инновациялық идеялар, илимий қолланбалар, заманагөй технологиялар ҳәм илим жетискенликлерин кең көлемде енгизиў, балықшылық тармағын буннан былай да қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң үзликсиз суў менен тәмийинлеў имканияты болған жасалма суў бассейн майданлары бар балықшылық хожалықларын басқышпа-басқыш интенсив усылда балық жетистириўге қәнигелестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ислеп шығылған 2019-жылда республикамызда:
балық жетистириў ҳәм аўлаў прогноз параметрлери 1- ҳәм 1а-қосымшаларға муўапық;
балық жетистириў объектлери менен қурылмаларын қурыўдың прогноз параметрлери 2-қосымшаға муўапық;
балықшылық хожалықларына аралас жем ҳәм минерал төгин (аммофос) жеткерип бериўдиң прогноз параметрлери 3-қосымшаға муўапық;
репродуктор ҳәўизлерди шөлкемлестириў, балық шабақларын жетистириў, балық өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў қуўатлықларын иске қосыўдың прогноз параметрлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Ипотека банк» АКИБ пенен биргеликте усы қарарға тийкарланып орнатылған прогноз параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм балықшылық хожалықлары кесиминде мәнзилли илажлар бағдарламаларын ислеп шығып тастыйықласын, олардың нәтийжели ҳәм толық орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан эквиваленти 50 миллион АҚШ доллары муғдарында «Ипотека банк» АКИБтиң устав капиталындағы мәмлекет үлеси арттырылсын.
«Ипотека банк» АКИБ устав капиталына жиберилетуғын Қордың қаржылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-январьдағы ПҚ- 2718-санлы «Азық-аўқат, былғары аяқ-кийим ҳәм фармацевтика санаатында инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ тәрепинен ашылған кредит линиясы қаржыларының есабынан ажыратылатуғыны белгиленсин.
Қор үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген қаржыларды «Ипотека банк» АКИБ устав капиталына өткерип берилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети орнатылған тәртипте «Ипотека банк» АКИБ тәрепинен шығарылатуғын акциялардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
- «Ипотека банк» АКИБ устав капиталына киргизилип атырған эквиваленти 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы Қордың валюта қаржыларынан зәрүрлик болғанда балықшылықты раўажландырыў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын пайдаланылатуғыны;
исбилерменлик субъектлерине усы бәнтте нәзерде тутылған қаржылардың орнына кредитлер коммерциялық процент ставкасы бойынша оның 50 процентин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан конпенсациялаған ҳалда берилетуғыны;
«Ипотека банк» АКИБ кейинги 5 жыл даўамында белгиленген тәртипте Қордың үлесин ҳәр жылғы сап пайда есабынан акциялардың базар баҳасында, бирақ номинал баҳасынан төмен болмаған баҳада сатып алатуғыны белгилеп қойылсын.
«Ипотека банк» АКИБ балықшылық тараўын раўажландырыўды қаржыландырыў ушын берилген жойбарларды терең таллаўлар тийкарында рентабельлик, нәтийжелилик ҳәм ақша ағымларының кредит және олар бойынша процентлерди өз ўақтында қайтарыўды тәмийинлейтуғын жойбарлардың кредитлениўин әмелге асырады.
- Балықшылық жойбарларының көлеми ҳәм оны әмелге асырыў ушын зәрүр болған валюта түрине қарамастан, коммерциялық банклер тәрепинен 2019-2020-жылларда ажыратылып атырған кредит проценти ушын Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан компенсация бериўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:
айланыс қаржыларын толтырыўға (балық шабақлары, аралас жем, минерал төгин ҳәм басқалар) коммерциялық банк тәрепинен орнатылған кредит ставкасының 25 проценти муғдарында;
нәсилли ана балық ҳәм балық уўылдырығы, жабық суў айланба системасы, қәпес (садок) қурылмаларында ҳәм басқа да интенсив усылларда балық жетистириўди шөлкемлестириў, балық өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў, инкубация цехлары менен репродукторларды шөлкемлестириў, ҳәўизлер қурыў және қайта оңлаў, арнаўлы техника ҳәм басқа да тийкарғы қуралларды сатып алыў ҳәм қурыў ушын коммерциялық банк тәрепинен орнатылған кредит ставкасының 50 проценти муғдарында.
Коммерциялық банклер балықшылық жойбарларын қаржыландырыўды кеңейтиў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел банклериниң қаржыларын тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр жылы 15 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қаржыларды 2019-2020-жыллар даўамында тийисли жылдың 1-февралына шекем балықшылық жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына өткерип берсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы, «Ипотека банк» АКИБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң балықшылық тараўында толық системалы (инкубация цехы, шабақ ҳәм товар балық жетистириў, жоқары белокқа бай балық жеми, қайта ислеў ҳәм сақлаў) өндириске қәнигелестирилген балықшылық кластерлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Шөлкемлестирилип атырған балықшылық кластерлериниң жыллық балық жетистириў қуўатлылығы кеминде 50 тонна болған жағдайда олар 2019-жыл 1-январьдан баслап дәслепки үш жыл даўамында барлық салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардан азат етилетуғыны белгиленсин.
Аўыл хожалығы министрлиги Суў хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы, «Ипотека банк» АКИБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте потенциаллы исбилерменлик субъектлерин, қаржыландырыў дәреклери ҳәм жер майданларын анықлап, 2019-2021-жыллары балықшылық кластерлерин шөлкемлестириўдиң мәнзилли бағдарламасының жойбарын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- «Өзэлтехсанаат» АК Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте балықты интенсив усылда жетистириў, аўлаў ҳәм қайта ислеў ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскене, қурал ҳәм механизмлер ислеп шығарыўды 2019-жылдың ақырына шекем локализациялаў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети республикамызда балықты интенсив усылда жетистириў, аўлаў ҳәм қайта ислеў ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскене, қурал ҳәм механизмлерди ислеп шығыў мақсетинде «Өзэлтехсанаат» АК тәрепинен усынылған жойбар ҳүжжетлерине тийкарланып сырт ел инвесторларын тартсын.
- 2021-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте:
нәсилли ана балық, балық уўылдырығы, сондай-ақ, республикамызда ислеп шығарылмайуғын инкубация, лаборатория, интенсив усылда балық жетистириў, балық аўлаў, балық өнимлерин қайта ислеў, музлатыў ҳәм сақлаў ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскенелер, қурал механизмлер ҳәм олардың аўысық бөлеклери, альтернатив энергия тәмийнатының үскенелери, мелиорация жумыслары ушын арнаўлы техникалар ҳәм тири балық тасыўшы транспорт қураллары;
сырт ел шөлкемлери ҳәм олардың сыңар кәрханалары, фирма дүканлары, диллерлик тармақлары және исбилерменлик субъектлери тәрепинен балықшылық хожалығы талабы ушын сырттан келтирилетуғын аралас жем ҳәм минерал төгин (аммофос) бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.
- «Өзхимиясанаат» АЖ балықшылық хожалықларына талап етилетуғын 30,7 мың тонна минерал төгин (аммофос)ниң 2019-жыл даўамында ислеп шығарылыўын ҳәм биржа саўдаларына қойып барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги 2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте прогнозластырылған суў муғдарынан келип шығып, орнатылған тәртипте жумыс ислеп атырған балықшылық хожалықлары менен суўдан пайдаланыў бойынша шәртнама дүзилиўин ҳәм балықшылық хожалықлары ушын белгиленген суў муғдарының кепилленген түрде жеткерип берилиўин тәмийинлесин.
Суў там-тарыслығы шараятында балықшылылқ хожалықлары тәрепинен жасалма суў бассейнлерине басқа дәреклерден қосымша суў алып келиў илажлары көриледи ҳәм бул жумыслар балықшылық хожалықларының өз қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- Жаңадан шөлкемлестирилип атырған жасалма суў басеейнлеринде балық жетистириў жойбарларына жер участкалары:
тек ғана интенсив усыл ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологиялар қолланылғанда;
суў менен кепилликли тәмийинлеў ҳәм жерлердиң мелиоратив жағдайына унамсыз тәсириниң жоқ екенлиги бойынша Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министрлигиниң жуўмағы тийкарында ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Балықшылық хожалықларының жасалма суў бассейни майданлары ҳәм ишки канал, коллектор ҳәм дренажлардағы мелиорация және тереңлестириў жумыслары Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасындағы қәнигелестирилген шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады.
Балықшылық хожалықлары жасалма суў бассейни майданларында ишки канал, мелиорация ҳәм тереңлестириў бойынша орынланатуғын жумыслар балықшылық хожалықларының өз қаржылары;
барлық коллектор ҳәм дренажларда мелиорация бойынша орынланатуғын жумыслар Министрлер Кабинети жанындағы Суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы:
«Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте балықшылық тараўында илим ҳәм өндирис интеграциясын буннан былай да күшейтиў мақсетинде үзликсиз бирге ислесиўди жолға қойсын, балықшылық тараўындағы бар машқалаларды сапластырыў бойынша «жол картасы» ислеп шығылыўын;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте балықшылық тараўы раўажланған сырт еллердиң алдынғы ҳәм заманагөй технологиялары тийкарында жасалма суў бассейни майданларында интенсив усылда балық жетистириўди шөлкемлестириў бойынша методикалық усыныслар ҳәм үлги жойбарлар ислеп шығылып орынларға жеткерилиўин;
«Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте жасалма суў бассейнлеринде балық жетистириў өнимдарлығын арттырыў ушын жумсалатуғын минерал төгинди (аммофос) басқа да альтернатив төгин менен алмастырыў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыўды, олар ҳаққында балықшылық хожалықларына түсиник жумысларын шөлкемлестирсин.
- «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы Балықшылық илимий-изертлеў институтының илим тараўын раўажландырыў, инновациялық идеялар, илимий қолланбалар, заманагөй технологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў мақсетинде 2019-жылда ассоциацияның Балықшылықты раўажландырыў қорының есабынан 1 миллиард сум қаратсын.
- «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының илим ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм жаңа түрдеги балықларды локализациялаў мәселелери бойынша баслық орынбасары лаўазымын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
«Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте инновациялық идеялар, илимий қолланбалар, заманагөй технологиялар ҳәм илим жетискенликлерин балық жетистириў ҳәм оны қайта ислеў тармағына бағдарлаў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жаңадан енгизилген лаўазымға сырт ел қәнигесин тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларын қәлиплестириўде балықшылық шөлкемлериниң суў бассейни жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша инновациялық қолланбалар ҳәм заманагөй технологиялардың ислеп шығылыўын нәзерде тутатуғын илимий жойбарлардың киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3680-санлы қарары 3-бәнтиниң екинши абзацы «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының ағзалары болған балықшылық фермер хожалықларына қолланылмайтуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте балықшылық хожалықларына жасалма суў бассейни майданларында жетистирилген балық өнимдарлығынан келип шығып, сондай-ақ, бул тараўдағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин инабатқа алған халда диференциялластырылған бирден-бир жер салығының ставкаларын қолланыў бойынша усыныс киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте:
дийқан базарлары ҳәм халық көп болған аймақларда балық сатыўды шөлкемлестириў ушын аквариумлар орнатылыўын ҳәм қәнигелескен саўда орынларының шөлкемлестирилиўи бойынша мәнзилли бағдарламаларды тастыйықласын;
балықшылық тараўына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде инвестициялық жойбарлардың дизимин пуқта ислеп шығып, сырт ел шериклерин тартыў ушын Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Ипотека банк» АКИБға усыныс етсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, басқа да министрликлер ҳәм уйымлар «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясына усы қарар ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери менен жүкленген ўазыйпалардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы ушын ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин.
- Айдар-Арнасай көллер системасында интенсив усылда балық жетистириўди раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша комиссия шөлкемлестирсин ҳәм оның қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Комиссия (С.Р.Холмуродов) үш ай мүддетте Айдар-Арнасай көллер системасында тәбийғый фаунаны қорғаў, балықлардың жаңа түрлерин жетистириў, балықшылық кластерлерин шөлкемлестириў, рухсатсыз балық услаўға қарсы гүресиўдиң нәтийжели механизмин енгизиў, сырт ел инвестицияларын тартыў, соның ишинде, «Айдар-Арнасай көллер системасының дирекциясы» МУК тың басқарыў нәтийжелилигин сын көзқарастан үйренип шығыў, көллер системасын исенимли басқарыўға бериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Мәмлекетте аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалар, сырт ел туристлери, түрли еллердиң балықшылық тараўының ўәкиллери, эксперт ҳәм қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда 2019-жылдан баслап ҳәр жылы ноябрь айында балықшылыққа байланыслы көргизбе өткериў әмелияты енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа – аймақлардың балықшылықты раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарларын қаржыландырыў ушын потенциаллы инвесторларды излеў, балықшылық тараўына инвестицияларды тартыў, тартылып атырған қаржылардың өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, Комиссияның нәтийжели жумысын шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлерине – қарар менен тастыйықланған прогноз параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм балықшылық хожалықлары кесиминде мәнзилли илажлар бағдарламаларын өз ўақтында ислеп шығып тастыйықлаў ҳәм олардың орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барыў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа – усы қарарда белгиленген бюджеттен қаржыландырыў илажлары ушын қаржылардың өз ўақтында ҳәм толық ажыратылыўы;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Б.Т.Юсуповқа – усы қарар менен тастыйықланған прогноз көрсеткишлердиң орынланыўы үстинен хожалықлар кесиминде мониторинг системасының орнатылыўы ҳәм олардың есабының жүргизилиўи, балықшылық кластерлери жумысының шөлкемлестирилиўи ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилиўи;
Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраевқа – балықшылық хожалықлары менен суўдан пайдаланыў бойынша шәртнама дүзилиўи ҳәм оларға белгиленген суў муғдары кепилликли түрде жеткерип берилиўи;
Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Кучкаровқа – тәбийғый суў бассейнлерин балық пенен толтырыў жумыслары, балық ресурсларының қорғалыўы ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланылыўы және балық аўлаў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен системалы қадағалаў орнатыў;
«Өзхимиясанаат» АЖ баслығы А.А.Абдуллаевқа – минерал төгин (аммофос)ниң вегетатив мәўсимде белгиленген муғдарда биржа саўдаларына шығарылыўы;
«Өзэлтехсанаат» АК баслығы А.А.Абдуллевқа – балықты интенсив усылда жетистириў, аўлаў ҳәм қайта ислеў ушын қурал, әсбап-үскене ҳәм механизмниң республикамызда ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте балықшылық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ғалаба хабар қуралларында турақлы жарытып барыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-майдағы «Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2939-санлы қарарына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:
тийисли рухсаты болмай турып ямаса қадаған етилген орынларда яки қадаған етилген мүддетлерде, қадаған етилген қураллар ямаса усыллар менен балық услағаны, сондай-ақ, балық услаўдың басқа да қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти буннан былай да күшейтиў ҳаққында;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 6-ноябрь