Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Елимизде шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын реформалаў шеңберинде аймақларды санитариялық тазалаў бойынша көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм аймақлардан алып шығыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.
Халыққа санитариялық тазалаў хызметлерин көрсетиўдиң көлеми артпақта, соның ишинде, аймақларда 174 районлық (қалалық) филиаллардан ибарат 13 «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханалары шөлкемлестирилди, бул тараўға электрон таңлаўлар тийкарында аймақларды бириктириўдиң ашық-айдын механизмлери арқалы исбилерменлик субъектлери белсене тартылмақта.
Шығындылар менен байланыслы инфраструктура жетилистирилмекте, тастыйықланған бағдарламалар шеңберинде жаңа шығынды жыйнаў шақапшалары қурылмақта ҳәм контейнерлер менен тәмийинленбекте, шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў жумыслары менен шуғылланатуғын шөлкемлердиң транспорт сарайлары жаңаланбақта.
Соның менен бирге аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў жумысларында айырым машқалалардың бар екенлиги шығындылар менен байланыслы нәтийжели системаны қәлиплестириўге ҳәм тараўды және де раўажландырыўға тосқынлық етпекте, атап айтқанда:
бириншиден, төлем тәртиби дәрежесиниң төменлиги қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсететуғын шөлкемлердиң (кейинги орынларда – хызмет көрсететуғын шөлкемлер) финанслық көрсеткишлерине унамсыз тәсир көрсетип, тийкарғы қорларды жаңалаў ҳәм хызметлер сапасын арттырыўға инвестиция киргизиў имканиятларын шеклемекте, сондай-ақ, бул тараўға исбилерменлик субъектлерин тартыўға тосқынлық етпекте;
екиншиден, тутыныўшылардың ҳәм олар тәрепинен төленген төлемлердиң бирден-бир есабы әмелде жүргизилмей атыр, бул болса усы тараўда нақ ақша қаржыларының банктен тысқары айланыўына ҳәм оларды өзлестириў жағдайларына тийкар жаратпақта;
үшиншиден, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары аймақларды санитариялық тазалаў ҳәм олардағы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын жетерли финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик имканиятына ийе емес;
төртиншиден, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында өз-ара бирге ислесиўдиң, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамалары тийкарында бирге ислесиўдиң анық ҳәкимшилик ҳәм базар механизмлери ислеп шығылмаған.
Турмыслық шығындылар менен байланыслы системаны және де раўажландырыў, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў тараўында төлем тәртибин беккемлеў, халықтың сапалы санитариялық тазалаў хызметлери менен тәмийинленгенлик дәрежесин арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы (кейинги орынларда – Бюро)на 2019-жыл 1-январьдан баслап қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлер толық ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў бойынша қосымша ўазыйпа жүкленсин.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
а) қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер халық тәрепинен төлем әмелге асырылған өткен айдан кейинги айдың оныншы сәнесинен кешикпей бирден-бир транзит банк есап бетлерине төленеди ҳәм кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң арнаўлы ғазна есап-бетлерине өткериледи;
б) хызмет көрсететуғын шөлкемлер тәрепинен қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў бойынша халыққа көрсетилген хызметлер ушын төлем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында дүзилетуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимлер менен шәртнамаларға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен орайластырылған ҳалда әмелге асырылады;
в) қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төлем тутыныўшылар ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында дүзилетуғын шәртнамаларға муўапық тиккелей хызмет көрсететуғын шөлкемлерге 100 процент алдыннан төлеў тийкарында әмелге асырылады;
г) қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер төлеў бойынша физикалық шахслардан қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы шағымлар Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң (кейинги орынларда – Мәмлекетлик экология комитети) аймақлық уйымлары тәрепинен төлем алты айдан артық төленбеген жағдайда судларға киргизиледи;
д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң арнаўлы ғазна есап бетлеринде жыйналған қаржылар тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында дүзилген шәртнамаларға муўапық хызмет көрсететуғын шөлкемлер тәрепинен қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў бойынша халыққа көрсетилген хызметлер ҳақысын орайласқан тәртипте төлеўге, сондай-ақ, усы Пәрманның 4-бәнтинде нәзерде тутылған мақсетлерге жумсалады.
- Мәмлекетлик экология комитетиниң аймақлық уйымлары жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда санитариялық тазалаў хызметлерин шөлкемлестириў орайлары (кейинги орынларда – санитариялық тазалаў орайлары) 1-қосымшаға муўапық үлги структура тийкарында шөлкемлестирилсин.
Онда, ҳәр бир район (қала)ға санитариялық тазалаў орайларының биреўден қәнигеси бириктирилип, олар тийисли район (қала) ҳәкимликлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў жумысларына, сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлери менен ислесиўге жуўапкер екенлиги белгиленсин.
Төмендегилер санитариялық тазалаў орайларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
қатты шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлериниң көрсетилиўин шөлкемлестириў ушын аймақларды исбилерменлик субъектлерине бириктириў мақсетинде электрон таңлаўларды шөлкемлестириўде буйыртпашының жумысшы уйымы ўазыйпасын әмелге асырыў;
қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлерди төлеўши физикалық шахслардың (соның ишинде, олар менен бирге жасайтуғын шахслардың) ҳақыйқый есабы район (қала) ҳәкимликлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте жүргизилиўин, сондай-ақ, усы мәлимлеме қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлерди төлеў ҳәм есабын жүргизиўдиң бирден-бир электрон системасына өз ўақтында киргизилиўин шөлкемлестириў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер ҳәм халыққа қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамалар бойынша миннетлемелердиң хызмет көрсететуғын шөлкемлери тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын тарифлерди белгиленген тәртипте қәлиплестириўди шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери арнаўлы ғазна есап бетлеринде жыйналған қаржылар есабынан орайласқан төлемлерди әмелге асырыў арқалы халыққа көрсетилген қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын хызмет көрсететуғын шөлкемлер менен өз-ара есап-санақларды тәмийинлеў;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте аймақларды санитариялық тазалаў ҳәм шығындылар менен байланыслы мәселелер бойынша түсиник жумысларын алып барыў;
Бюро, район (қала) ҳәкимликлери, хызмет көрсететуғын шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўди әмелге асырыў.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери арнаўлы ғазна есап бетлеринде жыйналған қаржылардың:
5 процентинен көп болмаған муғдары ҳәр жылы тастыйықланатуғын қәрежетлер сметасы шеңберинде санитариялық тазалаў орайларының жумысын қаржыландырыўға жумсалатуғыны;
5 проценти Мәмлекетлик экология комитети тәрепинен тастыйықланатуғын смета бойынша Санитариялық тазалаў бойынша қәнигелестирилген кәрханалардың республикалық бирлеспеминиң жумысын қаржыландырыўға, сондай-ақ, шығындылар менен байланыслы инфраструктураны раўажландырыў илажларын әмелге асырыўға жумсалатуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик экология комитети 2019-жыл 1-январьға шекем:
Бюроға тийисли ўазыйпалардың өткерилиўин есапқа алып, «Таза аймақ» ҳәм «Арнаўлытранс» мәмлекетлик унитар кәрханаларындағы жеке тәртиптеги ҳәм көп квартиралы турақ жайлар участкаларының қадағалаўшылары штатлар санының қысқартылыўын тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлерди төлеў ҳәм есабын жүргизиўдиң бирден-бир электрон системасының ислеўин, сондай-ақ, системаға санитариялық тазалаў орайлары ҳәм Бюроның жалғаныўын тәмийинлесин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер менен биргеликте қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлерди төлеўши физикалық шахсларды хатлаўдан өткерсин, оларға жеке есап бетлери ашылыўын, сондай-ақ, бар қарыздарлығы ҳаққында мәлимлеме қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлерди төлеў ҳәм есабын жүргизиўдиң бирден-бир электрон системасына киргизилиўин тәмийинлесин.
- Қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында:
а) Бюро қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халықтан мәжбүрий төлемлер толық ҳәм өз ўақтында түсиўин тәмийинлеў, усы тараўдағы қарыздарлықты азайтыў ушын жуўапкер екенлиги;
б) хызмет көрсететуғын шөлкемлер Қатты ҳәм суйық турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин көрсетиў қағыйдаларына қатаң муўапық ҳалда қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен дүзилетуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер менен шәртнамалардағы миннетлемелерге әмел етиў ушын жуўапкер екенлиги;
в) Мәмлекетлик экология комитети:
қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлерди төлеў ҳәм есабын жүргизиўдиң бирден-бир электрон системасын қәлиплестириў, усы системаның басқарылыўын ҳәм үзликсиз жумыс жүргизиўин тәмийинлеў;
шығындылар менен байланыслы тараўдағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды белгиленген тәртипте әмелге асырыў ушын жуўапкер екенлиги;
г) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери өзлериниң арнаўлы ғазна есап бетлеринде жыйналған қаржылардың усы Пәрманның 2-бәнти «д» киши бәнтинде ҳәм 4-бәнтинде нәзерде тутылған мақсетлерге өз ўақтында қаратылыўын шөлкемлестириў ушын жуўапкер екенлиги белгиленсин.
- Бюро бир ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки менен биргеликте халық қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлерди төлеў ушын түсимлердиң ҳақыйқый есабын ҳәм мониторингин жүргизиў имканиятын беретуғын бирден-бир транзит банк есап бетлериниң ашылыўын тәмийинлесин;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм халық бирден-бир транзит банк есап бетлери және қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлерди халық тәрепинен төлеў тәртиби ҳаққында хабардар етилиўин тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик экология комитети ҳәм Бас прокуратура басқа министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2018-жыл 20-декабрьге шекем Қатты ҳәм суйық турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин көрсетиў қағыйдаларының жаңа басылымдағы жойбарын белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин, онда:
шығындылар менен байланыслы тараўдағы ақырғы өзгерислерди инабатқа алған ҳалда тутыныўшылар, хызмет көрсететуғын шөлкемлер, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары арасындағы жаңа ҳуқықый қатнасықлар тәртиби;
қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлерди төлеўши физикалық шахслардың есабын жүргизиў, сондай-ақ, белгиленген тарифтен келип шығып төлениўи зәрүр болған айлық мәжбүрий төлемлер муғдарын белгилеў механизмлери;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы үлги келисимди ҳәм халыққа қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы үлги шәртнаманы тастыйықлаў нәзерде тутылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, мәмлекетлик экология комитети басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәнисин, соның ишинде, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў зәрүрлиги, усы тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылатуғын жуўапкершилик илажлары ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Мәмлекетлик экология комитети Әдиллик министрлиги, Бюро, басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы Пәрманға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 22-ноябрь