Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Көп жыллық пидәкерли мийнети менен мәмлекетимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм экспорт потенциалын және де беккемлеў, аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳәмде оны комплексли модернизациялаў, тараўға инновациялық технологиялар, заманагөй илим жетискенликлери, кластер системасын кеңнен енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, барлық түрдеги аўыл хожалығы егинлеринен жоқары ҳәм сапалы зүрәәт жетистирип, ел-журт абаданлығын арттырыў, дәстурханларынмыздың молшылығын тәмийинлеўге қосқан ылайықлы үлеси, аграр секторда реформаларды, мәмлекетлик бағдарламаларды табыслы әмелге асырыў, жер ҳәм суў ресурсларынан рационал пайдаланыў егин майданларының мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша үлкен хызметлери ҳәмде жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медаллар менен сыйлықлансын:

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Матякубов Искандар – Елликқала районындағы жеке қыйтақ жер ийеси

«Дўстлик» ордени менен

Қурбаниязов Мурат Кожаметович- Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң агроисбилерменликти қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Джуманазаров Алишер Рустамович- Нөкис районындағы «Nukus Agro Impex» жуўапкершилиги шекленген жәмийиети директоры

Карамова Тамара Асеновна – Кегейли районындағы «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығы бажбаны

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл  8-декабрь