Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Усы жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спортшыларының ҳәр тәреплеме таярлығы ҳәм табыслы қатнасыўын тәмийинлеў, оларда алтын, гүмис ҳәм бронза медалларын қолға киргизген спортшыларды материаллық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, елимизде Олимпиада ҳәм Паралимпиада ҳәрекетлерин және де раўажландырыў мақсетинде:

  1. 2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХXII жазғы Олимпиада ҳәм ХVI Паралимпиада ойынларында (кейинги орынларда – Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары) қатнасатуғын Өзбекстан спорт делегациясының қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов), Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Р.Шаабдурахманов), Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев)не төмендеги ўазыйпаларды орынлаў жүкленсин:

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында қатнасыў ҳуқықын беретуғын лицензияға ерискен спортшылар ушын оқыў-шынығыў жыйынларының жуўмақлаўшы басқышын нәтийжели ҳәм сапалы шөлкемлестириў;

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларының қатнасыўы ушын оларды спорт қураллары (соның  ишинде, арнаўлы спорт қураллары), рәсмий кийим ҳәм спорт экипировкасы менен тәмийинлеў;

Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларының қатнасыўын тәмийинлеў ушын оларды шығарып салыў, жайластырыў, салтанатлы түрде күтип алыў илажларын шөлкемлестириў.

  1. 2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХXII жазғы Олимпиада ҳәм ХVI Паралимпиада ойынларына таярлық көриў ҳәм қатнасыў қәрежетлериниң сметасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2021-жыл 24-июнь жағдайына Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында қатнасыў ҳуқықын бериўши жәми 101 лицензия қолға киргизилгени;

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары басланғанға шекем олимпиада спорт түрлери бойынша қосымша квоталар ажыратыў, паралимпиада спорт түрлери (парадзюдо, парапауэрлифтинг, паражүзиў, параакадемиялық ескек есиў ҳәм басқалар) бойынша қосымша 17 лицензияны қолға киргизиў күтилип атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын сапалы таярлаўды шөлкемлестириў бойынша Республикалық комиссия (А.Орипов)ға Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары басланғанға шекем оларда қатнасыў ҳуқықын бериўши қосымша лицензиялар санынан келип шығып усы қарар менен тастыйықланып атырған 1- ҳәм 2-қосымшаларға тийисли түрде комиссия протоколы менен өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

Республикалық комиссия Паралимпиада ойынларына таярланыў ҳәм қатнасыўдың анық муғдарын белгилесин.

  1. а) Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшылары төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны:

алтын медаль ушын – 200 000 АҚШ доллары;

гүмис медаль ушын – 100 000 АҚШ доллары;

бронза медаль ушын – 50 000 АҚШ доллары;

б) усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Миллий антидопинг агентлиги (Н.Турсунов) Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында:

Спортшылар тәрепинен антидопинг қағыйдаларына қатаң бойсыныўы үстинен нәтийжели антидопинг қадағалаўын әмелге асырсын;

Өзбекстан спорт делегациясын антидопинг темаларына байланыслы тийисли оқыў-мәлимлеме материаллары ҳәм ҳәр қыйлы көргизбели мағлыўматлар менен тәмийинлесин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги (А.Камилов) Өзбекстан спорт делегациясының Нарита халықаралық аэропортында иммиграция қадағлаўынан өтиўине жәрдемлессин.
  2. Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов):

Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларының Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында қатнасыўы ушын Өзбекстан Республикасы пуқарасының сырт елге шығыў биометрикалық паспорты өз ўақтында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;

шығарып салыў ҳәм күтип алыў илажларында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў, сондай-ақ, Өзбекстан спорт делегациясы транспорт қуралларының Ташкент қаласы аймағында шығарып салыўын шөлкемлестириў бойынша зәрүр шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Транспорт министрлиги (И.Махкамов):

Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети және Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетиниң талапларына тийкарланып усы жылдың июль-сентябрь айларында Токио қаласына рейслер шөлкемлестирилиўин, сондай-ақ, Өзбекстан спорт делегациясы ушын авиабилетлер брон етилиўин;

«Ташкент-Токио-Ташкент» жөнелиси бойынша чартер рейслериниң шөлкемлестирилиўин ҳәм әмелге асырылыўын;

Өзбекстан спорт делеациясы ағзаларына тийисли болған спорт қураллары ҳәм үскенелериниң Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропорты арқалы бийпул өткерилиўин;

Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропортының улыўма залында «жасыл коридор» шөлкемлестириў ҳәм усы коридор арқалы Өзбекстан спорт делеациясы ағзаларын шығарып салыўды тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов) Өзбекстан спорт делеациясы ҳәм олардың қол жүклери (спорт аўқатлары, спорт қураллары, үскенелер, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм препаратлар және басқалар) бажыхана қадағалаўынан өткерилиўин ҳәм рәсмийлестириў жумысларының жеделлик пенен әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Миллий олмпиада комитети (Р.Шаабдурахманов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) «Дәри-Дәрмақ» АК (У.Салихбаева), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) менен биргеликте Өзбекстан спорт делеациясын зәрүр болған үскенелер, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм препаратлар менен тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) спортшылардың Олимпиада алды оқыў-шынығыў жыйынлары, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында қатнасыўы ҳаққында қысқа метражлы видеороликлер және арнаўлы көрсетиўлер таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  4. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Р.Шаабдурахманов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте бес күн мүддетте Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары даўамында шөлкемлестириў жумысларын жеделлик пенен шешиў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде миллий штабларды шөлкемлестирсин ҳәм жумысын жолға қойсын.
  5. Өзбекстан Миллий олмпиада комитетине және Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетине Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық көриў ушын спорт қураллары, үскенелер, делегацияның рәсмий кийимлери (экипировкасы), спорт медицинасы үскенелери, медициналық-биологиялық препаратлар сатып алыў бойынша сырт ел ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар менен шәртнамаларды, сондай-ақ, оқыў-шынығыў жыйынлары болып өтетуғын спорт базалары, жатақхана, спорт заллары ҳәм спорт үскенелериниң ижаралары ҳаққында және аўқатланыўды шөлкемлестириў бойынша шәртнамаларды, бурынғысынан өзгеше тәризде, мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында тийисли дағаза жайластырмастан ҳәм электрон саўдаларсыз, тендерсиз, тиккелей рәсмийлестириў ҳәм төлемлерди әмелге асырыўға руқсат берилсин.
  6. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте және спорт федерациялары (ассоциациялары)н тартқан ҳалда төмендеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын киргизсин:

а) бир ай мүддетте – олимпиада резервлери колледжлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бойынша колледжлердеги спорт билимлендириў бағдарларының олимпиада спорт түрлери менен избе-из байланыслылығын тәмийинлеў, аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың жаңа системасын енгизиў, тренер ҳәм қәнигелерди материаллық хошаметлеў системасын жақсылаў бойынша;

б) 2021-жыл 1-декабрьге шекем:

командалық спорт түрлери (баскетбол, гандбол, шөп үстинде хоккей, волейбол ҳәм басқалар)н раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, бул бойынша талантлы жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) системасын енгизиў, район (қала)лық, ўәлаятлық, республикалық ҳәм халықаралық жарыслар ҳәм турнирлерди шөлкемлестириў және өткериў, тренер ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша;

суў спорты түрлери (суў полосы, жүзиў, синхрон жүзиў, суўға секириў ҳәм басқалар)н раўажландырыў, суў спорты сарайларын қурыў, жеке меншик суў спорты мектеплерин шөлкемлестириўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң баслығы Р.М.Шаабдурахманов ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

 Өзбекстан Республикасы

 Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 25-июнь