Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўын және де кеңейтиў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында саламат бәсекини күшейтиў, карантин шараятында жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлердиң ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм кириў имтиханларын талап дәрежесинде шөлкемлестириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021/2022 оқыў жылы қабыллаўынан баслап мәмлекетлик грант тийкарында кадрларды таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпа Өзбекстан Республикасында ҳәрекет етип турған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары (кейинги орынларда – филиаллар) және мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлери ушын да қәлиплестириледи. Онда:
филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик грант тийкарында кадрларды таяраў бойынша мәмлекетлик буйыртпа министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының (кейинги орынларда – кадрлар буйыртпашылары) жоқары мағлыўматлы кадрларға болған зәрүрлигинен келип шығып қәлиплестириледи;
филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған ҳәм оқыўды тамамлағаннан соң кадрлар буйыртпашысы системасында 5 жылдан кем болмаған мүддет даўамында ислеп бериў тилегин билдирген абитуриентлер менен үш тәреплеме (кадрлар буйыртпашысы – студент- жоқары билимлендириў шөлкеми) шәртнама дүзиледи;
филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған абитуриентлер кадрлар буйыртпашысы менен шәртнамаға қол қойыў тилегин билдирмеген жағдайда, шәртнама дүзиў ҳуқықы кириў имтиханларында топлаған баллар избе-излигине сәйкес түрде кейинги орындағы абитуриентке бериледи;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлердиң оқытыў қәрежетлери кадрлар буйыртпашылары тәрепинен Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан қапланады.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Норқулов) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Тошқулов), Қаржы министрлиги (Ишметов) ҳәм Әдиллик министрлиги (Давлетов) менен биргеликте еки ай мүддетте филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин қәлиплестириў тәртибин тастыйықласын.
- 2021/2022 оқыў жылы ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлери:
а) бакалаврлар таярлаў бойынша:
күндизги билимлендириў түрине – 113 530 етип 1-қосымшаға муўапық;
сыртқы билимлендириў түрине – 37 675 етип 1а-қосымшаға муўапық;
кешки билимлендириў түрине – 6 550 етип 1б-қосымшаға муўапық;
б) магистрлер таярлаў бойынша – 12 900 етип 2-қосымшаға муўапық;
в) филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик грант тийкарында кадрлар таярлаў бойынша – 500 етип 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2021/2022 оқыў жылы қабыллаўында:
абитуриентлерди дизимнен өткериў быйылғы жылдың 22-июнинен 22-июлине шекемги (22-июль күни де) мүддетте Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы және Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылатуғыны;
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў түри бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине қосымша 2 000 мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери ажыратылатуғыны;
Самарқанд ўәлаяты Ургут районын социаллық-экономикалық раўажландырыў және билимлендириў системасында кадрлардың турақсызлығын азайтыў мақсетинде бакалавриаттың күндизги билимлендириў түрине педагогика бағдарлары бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине усы район ушын қосымша 100 мәмлекетлик грант тийкарындағы мақсетли қабыллаў көрсеткишлери ажыратылатуғыны;
абитуриентлерге тест сораўы тапсырылатуғын пәнлер комплекси және пәнлердиң избе-излиги бирдей болған бесеўге шекем бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықы берилетуғыны;
абитуриентлерге дизимнен өтиў процесинде таңлаған бакалавриат тәлим бағдарларының үстинлигине қарап дәслеп мәмлекетлик грант, кейин ала төлем–контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў бойынша имканият берилетуғыны белгиленсин.
- 2021/2021 оқыў жылында Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияның (кейинги орынларда – Мәмлекетлик комиссия) қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик комиссияға төмендеги ҳуқықлар берилсин:
зәрүрлик болғанда, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм оқыў-методикалық тәмийинаттан келип шығып, жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин киргизиў және шөлкемлестрилетуғын жаңа жоқары билимлендириў мәкемелериниң қабыллаў параметрлерин белгилеў ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратурасына тийисли тармақлар ҳәм аймақлар бойынша мақсетли қабыллаў параметрлерин белгилеў;
жоқары билимлендириў мәкемелерине бакалавриаттың аралықтағы билимлендириў түрине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин тастыйықлаў;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң (өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша базалық төлем-контракт баҳасынан келип шығып, дифференцияластырылған төлем контракт минимал муғдарының бирден-бир көрсеткишлерин белгилеў;
профессионал билимлендириў мәселелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин тастыйықлаў.
- Халық билимлендириў министрлиги (Шерматов) Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Турдимов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Норқулов) және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Тошқулов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Самарқанд ўәлаяты Ургут районы ушын педагогикалық бағдарлары бойынша ажыратылған қабыллаў параметрлерин жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлип алып ислеў бойынша тийкарланған усынысларды Мәмлекетлик комиссияға киргизсин.
- а) 2021/2022 оқыў жылының қабыллаўында:
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура (клиникалық ординатура) қәнигеликлерине оқыўға қабыл етиў еки басқышта әмелге асырылатуғыны. Онда, биринши басқышта мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен таңланған қәнигеликке сай илимлер бойынша кириў имтиханлары, екинши басқышта Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен шет тили бойынша тест сынақлары өткерилетуғыны;
магистратура (клиникалық ординатура)ға қабыл етиўде шет тили бойынша тийисли дәрежедеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе абитуриентлер екинши басқышта шет тилинен тест сораўын тапсырыўдан азат етилетуғыны ҳәм оларға усы пән бойынша максимал балл берилетуғыны;
магистратура (клиникалық ординатура) қәнигелигине сай пәнлер бойынша имтиханлардың нәтийжелери имтихан өткерилгенинен кейин үш күн мүддетте мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен уйымлараралық электрон мәлимлеме алмасыў системасы арқалы Мәмлекетлик тест орайына усыныс етилетуғыны және усы мәкемениң рәсмий веб-сайтында жәрияланатуғыны;
абитуриенттиң шет тили бойынша тест сынағынан топлаған баллары ҳаққында мағлыўмат тест сораўлары өткерилген күнниң ертеңине ҳәм магистратураға (клиникалық ординатура) қабыллаў бойынша таңлаў нәтийжелери тест сораўлары толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланатуғыны;
б) 2021/2022 оқыў жылы қабыллаўынан баслап:
абитуриенттен айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханардан соң мәжбүрий үш – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сынақлары өткерилетуғыны;
нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жоқары билимлендириў мәкемелерине имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында кириў бойынша жеңилликке ийе болған шахслар улыўма қабыллаў параметрлеринен тысқары мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилетуғыны;
сырт ел пуқараларын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў белгиленген тәртипте өткерилетуғын сәўбетлесиў нәтийжелерине бола жоқары билимлендириў мәкемеси ректорының буйрығы тийкарында әмелге асырылатуғыны;
магистратура (клиникалық ординатура) қәнигеликлерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриентлердиң төлем–контракт суммасы бир студентке туўра келетуғын реал қәрежетлерден келип шығып, жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен еркин белгиленетуғыны;
в) 2022/2023 оқыў жылы қабыллаўынан баслап дизими усы қарарға 5-қосымшада келтирилген жоқары билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў параметрлери сырт мәмлекеттеги бас жоқары билимлендириў шөлкеми, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен келискен ҳалда усы жоқары билимлендириў шөлкемлери Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен тастыйықланатуғыны белгиленсин.
- 2021-жыл 15-июльден баслап студентлер оқыўын көшириўдиң төмендеги тәртиби енгизилсин, оған муўапық:
а) студентлер оқыўды сырт мәмлекетлерде ҳәрекет етип турған (соның ишинде, халықаралық рейтинглерде биринши 1 000 орыннан биреўин ийелеген ) жоқары билимлендириў шөлкемлеринен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириўде:
студенттен айрықша талант талап етилетуғын тәлим бағдарлары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар, басқа тәлим бағдарлары бойынша тест сораўлары өткериледи. Онда, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар тийисли жоқары билимендириў мәкемеси тәрепинен, тест сынақлары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткериледи;
тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бойынша өтиў баллары быйылғы жыл 25 июльге шекем, кейин ала ҳәр жылы 15-июльге шекем жоқары ҳәм орта арнаўлы биимлендириў министрлиги және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленеди және ғалаба хабар қуралларында жәрияланады;
өтиў балынан төмен балл топлаған студентлер бакалавриатқа қабыл етиўдеги тәртипке муўапық дифференцияластырылған төлем–контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи;
тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың нәтийжелери Мәмлекетлик тест орайы және жоқары билимлендириў мәкемелериниң рәсмий веб-сайтларында жәрияланады;
б) студентлер оқыўын сырт мәмлекетлерде ҳәрекет етип турған жоқары билимлендириў шөлкемлеринен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары билимендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириўге руқсат етилмейди;
в) студентлер оқыўын Өзбекстан Республиксының бир аймағында жайласқан мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесинен басқа аймағындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесине көшириўде:
оқыўды сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириўге себепли жағдайлар бар болғанда руқсат етиледи. Онда, оқыўды көшириў соралып атырған аймақта сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдары жоқ болса, оқыўды усы аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемесиниң басқа тәлим бағдарына көшириўге руқсат етиледи;
студенттиң республиканың бир аймағынан екинши аймағына турақлы жасаў ушын көшип өтиўи, өмирлик жолдасы ямаса ата-анасының жумыс ислейтуғын орны басқа аймаққа өзгертилиўи, неке дүзгеннен кейин өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймаққа көшип өтиўи себепли жағдай болып тән алынады;
студентлердиң оқыўын себепли жағдайлар болмағанда, сондай-ақ, сәйкес ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириў орнатылған тәртипте, тийисли бакалавриат тәлим бағдары ушын белгиленген дифференцияластырылған төлем–контракттың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик төлем тийкарында әмелге асырылады (усы киши бәнттиң екинши абзацында көрсетилген жағдайлар буған кирмейди);
г) студентлер оқыўын Өзбекстан Республикасында ҳәрекет етип турған филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринен:
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириў усы бәнттиң «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған тәртипте;
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириў орнатылған тәртипте, тийисли бакалавриат тәлим бағдары ушын белгиленген дифференцияластырылған төлем–контракттың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик төлем тийкарында әмелге асырылады;
д) спорт жарысларының жеңимпазы сыпатында жеңиллик пенен жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳәм күндизги билимлендириў түринде билим алып атырған студентлердиң оқыўын олардың арзаларына муўапық, сыртқы билимлендириў түриндеги сәйкес ҳәм түрлес тәлим бағдарына (сыртқы билимлендириў түри болған жағдайда) мәмлекетлик грант тийкарында көшириўге руқсат бериледи.
- Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (Ташкенбаев) Сыртқы ислер министрлиги (Арзиев) менен биргеликте 2021-жыл 15-июльге шекем қоңсы мәмлекетлерде ҳәрекет етип турған ҳәм ўәкилликли шөлкем тәрепинен аккредитациядан өткен жоқары билимлендириў шөлкемлериниң дизимин рәсмий веб-сайтында жәрияласын ҳәм усы дизимниң ҳәр жылы жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жылдың 12-ноябрьдеги «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына улыўма жаңа механизмлерин енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6110-санлы Пәрманында 2021/2022 оқыў жылынан баслап Гулистан мәмлекетлик университети, Қаршы мәмлекетлик университети, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында медицина факультетлерин шөлкемлестириў белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Хаджибаев), Туризм ҳәм спорт министрлиги (Абдухакимов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң (Тошқулов) Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетинде медицина факультетин шөлкемлестириў ҳәм 2021/2022 оқыў жылынан баслап денсаўлықты сақлаў тараўы ушын жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаўды жолға қойыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Ташкент медицина академиясы усы бәнтте көрсетилген билимлендириў мәкемелерине медицина факультетлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, оларды оқыў-методикалық жақтан тәмийинлеў ҳәм тәжирийбели профессор-оқытыўшылар менен толықтырыўда жәрдем берсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, 2021/2022 оқыў жылынан баслап Олимпиада ҳәм Паралимпиада, Азия ҳәм Параазия ойынлары ҳәм жәҳән чемпионатларында соңғы үш жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси (1-3-орын) болған спортшы–оқыўшылар мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлерине қосымша мәмлекетлик грант тийкарында кириў имтиханларысыз қабыл етиледи.
Онда, Олимпиада ҳәм Паралимпиада, Азия ҳәм Параазия ойынлары ҳәм жәҳән чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси (1-3-орын) болған спортшы-оқыўшылар қабыл етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларының дизими Туризм ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың тийкарланған усынысларына муўапық Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады және Туризм ҳәм спорт министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
- Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (Ташкенбаев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Тошқулов) және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша билимлендириў жумысын әмелге асырыў ушын олардың материаллық–техникалық базасы, профессор–оқытыўшылары ҳәм оқыў–методикалық тәмийнатқа қойылатуғын минимал талапларды (кейинги орынларда – минимал талаплар) ислеп шықсын ҳәм тастыйықлансын.
2022/2023 оқыў жылы қабыллаўынан баслап, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесине, олар минимал талапларға жуўап берген жағдайда, жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша билимлендириў жумысын әмелге асырыўға руқсат етилетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик комиссия бес күн мүддетте 2021/2022 оқыў жылы ушын:
Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Медициналық –социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң буйыртпаларына тийкарланып денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўи, ветеринария, медициналық-социаллық хызметлер тараўларында жоқары мағлыўматлы кадрларға зәрүрлик жоқары болған аймақлар ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде мақсетли қабыллаў параметрлериниң район (қала)лар кесиминдеги бөлистириўин;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин тәлим тиллерине қарап бөлистирилиўин;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының усыныслары тийкарында филиаллар ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң кадрлар буйыртпашылары және тәлим бағдарлары кесиминдеги бөлистирилиўин тастыйықласын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Тошқулов) бир ай мүддетте:
Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылында жаңадан киргизилип атырған бакалавриат тәлим бағдарлары және магистратура қәнигеликлери бойынша Жоқары тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторына белгиленген тәртипте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен жаңадан киргизилип атырған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң маманлық талаплары, оқыў режелери және пән бағдарламаларының ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелери 2021/2022 оқыў жылы ушын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша белгиленген төлем-контракт муғдары ҳаққындағы мағлыўматларды 2021-жыл 1-июльге шекем ғалаба хабар қуралларында жәрияласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери пандемия шараятында абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў ҳәм тест сынақларын өткериў процесслерин карантин және қәўипсизлик талапларына толық әмел еткен ҳалда жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- 2021/2022 оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында бакалавриат ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етилген шахсларды оқытыўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Қаржы министрлиги кадрлар буйыртпашылары тәрепинен усынылған тийкарланған есап-санақлар бойынша филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпаның параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген пуқаралардың оқытыў қәрежетлери басқышпа-басқыш қаплап барылыўын тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик тест орайына (Каримов) орайдың жумысын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қосымша штат бирликлерин енгизиў ҳуқықы берилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери еки ай мүддетте республиканың барлық аймақларында Мәмлекетлик тест орайына тийисли үлги типдеги павильонлардың қурылысы ушын белгиленген тәртипте жер участкаларының ажыратылыўын ҳәм 2021-жыл 1-июньге шекем усы павильонлардың қурып питкерилиўи және пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың 6 ҳәм 7-бәнтлери менен енгизилип атырған тәртип Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясына, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясына, Өзбекстан Республикасы Банк-қаржы академиясына ҳәм әскерий жоқары билимлендириў мәкемелерине енгизилмейтуғыны белгиленсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Тошқулов):
а) еки ҳәпте мүддетте:
2021/2022 оқыў жылынан баслап аралықтан билимлендириў шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизимин ҳәм тийисли тәлим бағдарлары ушын қабыллаў параметрлери бойынша усынысларды Мәмлекетлик комиссияға киргизсин;
Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (Ташкенбаев) менен биргеликте магистратура қәнигеликлери ҳәм оларға муўапық бакалавриат тәлим бағдарларының дизимин қайта көрип шықсын, жаңаланған дизимни тастыйықласын ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялансын;
б) үш ай мүддетте:
2022/2023 оқыў жылының қабыллаўынан баслап студентлерди магистратура (клиникалық ординатура)ға оқыўға қабыллаўдың жаңа тәртибин енгизиў ҳаққындағы;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
экономика тармақларында кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған пуқараларды мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрине сәўбетлесиў нәтийжелери бойынша дифференциялластырылған төлем-контракт тийкарында оқыў қабыл етиў тәртибин;
аралықтан билимлендириўди шөлкемлестириў ҳәм басқарыў тәртибин;
жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлерде докторантураға қабыл етиў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажларды белгилейтуғын Ҳүкимет қарарларын қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов ҳәм Мәмлекетлик тест орайының директоры М.М.Каримов белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 22-июнь.