Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жылларда республикада турақ жайлар ҳәм социаллық-турмыслық объектлер қурылысын раўажландырыў ҳәм инженерлик-коммуникация ҳәм жол транспорт инфраструктураларын жаңалаў есапқа алынған ҳалда елатлы пунктлерди қалалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң заманагөй архитектуралық келбетин қәлиплестиретуғын қала қурылысы ҳүжжетлери менен тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар системалы тийкарда әмелге асырылмақта.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде республиканың 96 қаласы ҳәм 87 қалалық посёлкасы бас режелер менен тәмийинленди, 550 аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларды архитектуралық-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарларына ийе.
Жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм республика регионларында перспективалы ҳәм экономикалық нәтийжели инвестициялық шешимлерди ислеп шығыўды ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестириўде олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде 26 жетекши жойбарлаў-излеў шөлкеми және «Ўзшаҳарсозлик ЛИТИ»МУКтың 12 филиалы шөлкемлестирилген.
Бирақ, қалалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлери менен толық тәмийинленбегени оларды режели раўажландырыў, социаллық-мәдений ҳәм өндирислик бағдарындағы объектлерди ақылға уғрас жайластырыў, раўажландырыўдың қысқа мүддетли, орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли перспективаларын есапқа алған ҳалда, инженерлик-коммуникация ҳәм жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға тосқынлық ететуғын фактор болып қалмақта. Соның ишинде, 23 қала ҳәм 994 қалалық посёлкаларды, атап айтқанда, республиканың 138 қаласын ҳәм қалалық посёлкаларын бас режелер менен тәмийинлеў талап етиледи.
Жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң алдынғы инновациялық бағдарламалық шешимлер ҳәм заманагөй мәлимлеме базасы менен тәмийинлениўи елеге шекем жеткиликли емес, алдынғы шет ел тәжирийбеси төмен дәрежеде енгизилмекте, тармақ ушын зәрүр маманлыққа ийе болған кадрлар таярлаў толық дәрежеде әмелге асырылмай атыр, бул, тийкарлы түрде жойбар өнимлериниң сапасына тәсир етпекте.
Биринши гезекте, қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, олар менен елатлы пунктлерди өз ўақтында қамтып алыўды тәмийинлеў, жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жақсылаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен қала қурылысы тараўы қәнигелерин таярлаў сапасын арттырыў бағдарында қала қурылысы тараўындағы жумыслардың жағдайын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:
- Төмендегилер:
2018-2022-жылларда республика қалалары менен қалалық посёлкаларының бас режелерин, сондай-ақ, аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектуралық-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарларын ислеп шығыўдың жыйналған параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
2018-2022-жылларда республика қалалары менен қалалық посёлкаларының бас режелери жойбарларын ислеп шығыў бағдарламалары 2-а ҳәм 2-б қосымшаларына муўапық;
2018-2019-жылларда елатлы пунктлерди толық режелестириў жойбарлары ислеп шығылыўы менен бир ўақытта аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектуралық-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарларын ислеп шығыў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;
ислеп шығылып атырған қала қурылысы ҳүжжетлериниң сапасын жақсылаў, жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, қала қурылысы тараўында қәнигелер таярлаўды жетилистириў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша комплексли илажлар 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы ПП-4944-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы комплексли илажлар бағдарламасына муўапық ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының белгиленген шегаралары ҳәм дүзилген карталары тийкарында 2019-жыл 1-февральға шекемги болған мүддетте 2020-2022-жылларда елатлы пунктлерди толық раўажландырыў жойбарлары ислеп шығылыўы менен бир ўақытта аўыл пуқаралар жыйынларының аймақларын архитектуралық-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарларын ислеп шығыў бағдарламасының таярланыўын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарар менен тастыйықланған бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша буйыртпашы функциясы Қарақалпақстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс комитетине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық архитектура ҳәм қурылыс бас басқармаларына жүкленсин.
- 4. Төмендегилер:
«ЎзбекшаҳарсозликЛИТИ» МУК – қалалар менен қалалық посёлкалардың бас режелери жойбарларын ислеп шығыўшы;
«Тошкентбошплан ЛИТИ» МУК – Ташкент ҳәм Самарқанд қалалары, Ташкент ўәлаяты қалалары менен қалалық посёлкалардың бас режелери жойбарларын ислеп шығыўшы;
«Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ – аўыллық жерлерде аўыллардың ҳәм қалалық посёлкалардың бас режелерин, аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитехтуралық-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарларын ҳәм олардың қурамында толық режелестириў жойбарларын және усы толық режелестириў жойбарлары ушын топогеодезия карталарын ислеп шығыўшы;
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы «Жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2946-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген регионаллық жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлери – жойбарға бола халық саны 20 мың адамнан кем болған қалалық посёлкалардың бас режелерин ислеп шығыўшылар;
«ЎзГАШКЛИТИ» МУК – топография-геодезия жумысларын ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын инженерлик-геологиялық излеўлерди атқарыўшы етип белгиленсин.
- Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлиги Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджетти ҳәм Өзбекистан Республикасын раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарларын қәлиплестириўде усы қарар менен тастыйықланған жойбарларды әмелге асырыўды қаржыландырыўға белгиленген тәртипте зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- 6. Төмендегилер:
жойбарға бола халықтың саны 20 мың адамнан аз болған қалалар менен қалалық посёлкалардың бас режелери, қағыйдаға бола, ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында анықланатуғын усы қарардың 4-бәнтинде көрсетилген жойбарлаў-излеў шөлкемлери тәрепинен ислеп шығылыўы кереклиги;
регионаллық жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлери тәрепинен ислеп шығылған елатлы пунктлердиң бас режелери тек ғана тийисли түрде «Ўзшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК ҳәм «ТошкентбошпланЛИТИ» МУКтың бас жойбарлаў-излеў шөлкемлери менен келисилгеннен соң тастыйықланыўы кереклиги;
Ташкент қаласы, Ташкент ўәлаяты қалалары ҳәм қалалық посёлкалардың және басқа да қалалардың бас режелерин ислеп шығыўға Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети менен дүзилген лицензия келисимлери тийкарында архитектура-қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳуқықына лицензия алынбастан шет ел жойбарлаў-излеў шөлкемлери таңлаў тийкарында тартылыўы мүмкин екенлиги;
Қарақалпақстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы архитектура ҳәм қурылыс бас басқармаларының жанында «Архитектура-режелестириў бюросы» мәмлекетлик унитар кәрханалары тастыйықланған бас режелерге ийе болған елатлы пунктлердиң майданы он гектардан зыят болмаған аймақларында олардың бөлимлерин толық режелестириў жойбарларын ҳәм қурыў жойбарларын ислеп шығыўға ҳақылы екени белгилеп қойылсын.
- 7. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети 2-а қосымшаға муўапық 2018-2022-жылларда республика қалалары менен қалалық посёлкалардың бас режелерин ислеп шығыў бағдарламасы ҳәм 2-б қосымшаға муўапық 2018-2022-жылларда республика қалалық посёлкаларының бас режелери жойбарларын ислеп шығыў бағдарламасы шеңберинде қалалар менен қалалық посёлкалардың бас режелерин ислеп шығыў бойынша потенциаллы жойбарлаў-излеў шөлкемлери 2018-жыл февраль айы даўамында белгиленетуғынын, сондай-ақ, келеси жылларда көрсетип өтилген бағдарламалардың параметрлерин таярлаў шеңберинде ҳәр жылы:
1-декабрьге шекем – ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында қалалар менен қалалық посёлкалардың бас режелерин ислеп шығыў бойынша жойбарлаў-излеў шөлкемлери белгилениўин;
1-январьға шекем – қала қурылыс ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша жойбарлаў-излеў жумысларының тастыйықланған мәнзилли ҳәм титул дизимлериниң тастыйықланыўын, соңғылығында жойбарлаў-излеў шөлкемлери менен шәртнамалар дүзилиўин;
«Ўзбекшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК, «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ, «ЎзГАШКЛИТИ» МУК ҳәм регионаллық жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлери менен биргеликте усы қарар менен тастыйықланған бағдарламаларда нәзерде тутылған мүддетлерде қалалар менен қалалық посёлкалардың бас режелери және аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектура-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарлары ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- 8. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети:
«Ўзбекшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК ҳәм «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ менен биргеликте қала қурылысы ҳүжжетлериниң әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, қалаларды, қалалық посёлкалар менен аўыллық елатлы пунктлерди қурыўда оларға әмел етилиўи бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының турақлы түрде мониторингин алып барсын, соңынан мониторинг нәтийжелерин ҳәр бир жылдың жуўмағы бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
Жоқары билимлендириў мәкемелери базасында қәниге архитекторларды, жойбарластырыўшылар менен қурылысшыларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды жетилистириў шөлкемлестирилиўин нәзерде тутқан ҳалда, «Ўзбекшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК, «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ ҳәм регионаллық жойбарлаў-излеў шөлкемлери тәрепинен ислеп шығылатуғын қала қурылысы ҳүжжетлери сапасының арттырылыўын тәмийинлесин.
турақ жайларды, социаллық тараў объектлерин, инженерлик-коммуникация ҳәм жол транспорт инфраструктураларын қурыўда қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- 9. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
турақ жайлар, социаллық тараў объектлери менен инфраструктураның үлги жойбарлары тийкарында қалалар, қалалық посёлкалар менен аўыллық елатлы пунктлердиң қурылысы тийисли елатлы пунктлердиң тастыйықланған қала қурылысы ҳүжжетлерине ҳәм зәрүрлик болғанда оларға белгиленген тәртипте киргизилетуғын дүзетиўлерге қатаң муўапық түрде қурылыўын;
регионларды социаллық-экономикалық раўажландырыўды режелестириўде ҳәм аймақларды қурыўда қала қурылысы ҳүжжетлериниң әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- 1 Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын жетилистириў мақсетинде белгиленген тәртипте:
еки ай мүддетте «Ўзбекшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК ҳәм «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖның жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң структурасына аймақларды режелестириў ҳәм қурыў бойынша ҳүжжетлерди ислеп шығыў процесинде олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўды, сондай-ақ, алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, көлемли-режелестириў жағынан жойбарластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилиўин;
жойбарлаў-шөлкемлери менен қала қурылысы жумысының басқа да қатнасыўшылары арасында тийисли әҳмийетли мәлимлемени тез ҳәм кең көлемли тарқатыў имканиятын беретуғын заманагөй техникалық дәрежедеги мәлимлеме-талқылаў базасы шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- 11. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жойбарластырыўдың, қурылыс процесин шөлкемлестириўдиң ҳәм басқарыўдың жаңа усылларын, сондай-ақ, алдынғы қурылыс технологияларын енгизиў бойынша алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў мақсетинде архитектура тараўында шет ел илимий-изертлеў шөлкемлери менен жақыннан бирге ислесиўде Өзбекистан Республикасының шет елдеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине ҳәр тәреплеме көмеклессин.
- 12. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
билимлендириўдиң жаңа талап етилген бағдарлары (қурылыста маркетинг, қурылыста менеждмент ҳәм басқалар) бойынша қурылыс тармағында жүзеге келип атырған кадрларға болған талаплардан келип шығып, ҳәр жылы 1-декабрьге шекем билимлендириўдиң усы бағдарларын ашыў ҳәм келеси оқыў жылында олар бойынша қабыллаў квоталарын белгилеў ушын Өзбекистан Республикасы Экономика министрлигине бирден-бир формаларға муўапық анықланған талаплар бойынша тийкарланған усынысларды киргизсин;
тармақ қәнигелериниң маманлығын арттырыў ушын системалы тийкарда тәжирийбе алмасыўды ҳәм мақсетли тәжирийбе арттырыўларды шөлкемлестириў ушын ҳәр жылы 1-декабрьге шекем жетекши қәнигелескен шет ел жоқары билимлендириў ҳәм изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиў бағдарламалары ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- 13. 5-қосымшаға муўапық Өзбекистан Республикасының айырым қарарлары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – «Өзбекистан темир жоллары» АЖ басқармасы баслығы А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң баслығы Б.И.Закировқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 2-февраль
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018–2022-жылларда елатлы пунктлерди бас режелер менен тәмийинлеў, жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын жақсылаў, сондай-ақ, қала қурылысы тараўында қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Соңғы жылларда республикада қала қурылысын жетилистириў тараўында комплексли илажлар әмелге асырылды. Заманагөй социаллық объектлер ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеген ҳалда халықтың абаданлық дәрежесин арттырыў, арзан ҳәм қолайлы және ықшам турақ жайға болған талапларын қанаатландырыў бағдарындағы жумыслар қалалар менен аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетинде сезилерли өзгерислер пайда етпекте.
Соның менен биргеликте заманагөй имаратларды, объектлерди, көп функциялы комплекслерди қурыўға ғана емес, ал елатлы пунктлерде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға көмеклесетуғын жаңа дем алыў бағларын, қыябанларын, суў бассейнлери менен спорт объектлерин, сондай-ақ, рекреация зоналарын қурыўға ҳәм барларын абаданластырыўға үлкен итибар берилмекте.
Раўажланыўдың бас режелерин ислеп шығыў процеси аймақларды режели ҳәм басқышпа-басқыш қурыўдың тийкары болып есапланады.
Усы фактор есапқа алынған ҳалда төмендеги илажлар көрилди:
бириншиден, мақсетли мәмлекетлик бағдарламаларға муўапық 96 қала ҳәм 87 қалалық посёлкалар ушын бас режелер ислеп шығылды ҳәм 550 аўыл пуқаралар жыйынлары ушын аймақларды архитектуралық режелестириўди шөлкемлестириў жойбарлары таярланды;
екиншиден, бас режелерди сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығыўды тәмийинлеў мақсетинде республика аймақларында қосымша түрде 26 жетекши жойбарлаў-излеў шөлкеми ҳәм «ЎзшаҳарсозликЛИТИ» мәмлдекетлик унитар кәрханасының 12 филиалы шөлкемлестирилди, қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўға тартылған бас жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын жетилистириў илажлары белгиленди.
Соның менен биргеликте қалалық ҳәм аўыллық елатлы пунктлерди қала қурылысы ҳүжжетлери менен тәмийинлеў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, министрликлер менен ведомстволар тәрепинен көрилген илажлар толық болмағаны себепли 23 қала, 994 қалалық посёлка ҳәм 922 аўыл халқы жасайтуғын орынлар тастыйықланған қала қурылысы ҳүжжетлерине ийе емес.
Жойбарлаў шөлкемлериниң заманагөй техникалық қураллар, алдынғы инновациялық бағдарламалық өнимлер ҳәм зәрүр мәлимлеме базасы менен толық тәмийинленбегени жойбарлаў өними сапасының төменлеўине ҳәм ислеп шығыў мүддетлериниң созылыўына алып келмекте. Шет ел тәжирийбесин үйрениўде ҳәм кадрларды таярлаў процесинде системаның жоқлығы да жойбарлаў-излеў жумысларының сапасына унамсыз тәсир етпекте.
Қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўды ҳәм әмелге асырыўды, олар менен елатлы пунктлерди өз ўақтында қамтып алыў ушын шараятлар жаратыўды, жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириўди, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен архитекторларды, қурылысшыларды ҳәм тармақтың басқа да қәнигелерин таярлаў сапасын арттырыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018-2022-жылларда елатлы пунктлерди бас режелер менен тәмийинлеў, жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын жақсылаў, сондай-ақ, қала қурылысы тараўында қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда төмендеги илажлар нәзерде тутылған:
биринши – 2018-2022-жылларда республика қалалары менен қалалық посёлкалардың бас режелери жойбарларын ислеп шығыў бағдарламалары, 2018-2019-жылларда елатлы пунктлерди толық режелестириў жойбарлары ислеп шығылыўы менен бир ўақытта аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектуаралық-режелестириўди шөлкемлестириў жойбарларын ислеп шығыў бағдарламасы ҳәм Ислеп шығылып атырған қала қурылысы ҳүжжетлериниң сапасын жақсылаў, жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, қала қурылысы тараўында қәнигелер таярлаўды жетилистириў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша комплексли илажлар тастыйықланды;
екинши – 2018-2020-жыллар дәўиринде 23 қала ҳәм 115 қалалық посёлканың бас режелери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы менен Жиззақ ўәлаятында 55 аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектуралық режелестириўди шөлкемлестириў жойбарларының ислеп шығылыўы белгиленди;
үшинши – қала қурылысы ҳүжжетлериниң сапасын жақсылаў ҳәм өз ўақтында ислеп шығыў мақсетинде усы қарар менен тастыйықланған бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша буйыртпашы функциясы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жанында «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компанияларынан Қарақалпақстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс комитетине, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық архитектура ҳәм қурылыс бас басқармаларына алып берилди;
төртинши – қәнигелестирилген жойбарлаў шөлкемлери «Ўзшаҳарсозлик ЛИТИ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм «ТошкентбошпланЛИТИ» мәмлекетлик унитар кәрханасы менен бир қатарда Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы «Жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2946-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген регионаллық жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлери жойбарға бола халықтың саны 20 мың адамнан аз болған қалалық посёлкалардың бас режелерин ислеп шығыўға тартылмақта. Соның менен биргеликте «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖге аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын архитехтуралық-режелестириўди шөлкемлестириў жойбарларын ислеп шығыў менен биргеликте қосымша толық режелестириў жойбарларын және усы толық режелестириў жойбарлары ушын топогеодезия карталарын ислеп шығыў жүкленбекте;
бесинши – Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине, сондай-ақ, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлигине Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде тийисли қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутып, усы қарар менен тастыйықланған бағдарламаларды әмелге асырыўды қаржыландырыўға ҳәр жылы зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлеў жүкленеди;
алтыншы – қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўға тар шеңбердеги республиканың жойбарлаў шөлкемлерине монопол ҳуқық берилиўи әмелиятынан ўаз кешиў мақсетинде қарар менен биринши мәрте Ташкент қаласы, Ташкент ўәлаяты қалалары менен қалалық посёлкаларының және басқа да қалалардың бас режелерин ислеп шығыўға шет ел жойбарлаў-излеў шөлкемлерин таңлаў тийкарында тартыў нәзерде тутылмақта;
жетинши – жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине еки ай мүддетте «Ўзбекшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК ҳәм «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖның жетекши жойбарлаў-излеў шөлкемлери структурасына аймақларды режелестириў ҳәм қурыў бойынша ҳүжжетлерди ислеп шығыў процесинде олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўды, сондай-ақ, алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда көлемли-режелестириў жағынан жойбарластырыўды нәзерде тутатуғын әҳмийетли өзгерислер киргизилиўин, сондай-ақ, жойбарлаў-шөлкемлери менен қала қурылысы жумысының басқа да қатнасыўшылары арасында тийисли әҳмийетли мәлимлемени тез ҳәм кең көлемли тарқатыў имканиятын беретуғын заманагөй техникалық дәрежедеги мәлимлеме-талқылаў базасы шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды;
сегизинши – алдынғы шет ел тәжирийбесин пуқта ҳәм системалы үйренбей ҳеш бир тараўда алдынғы технологияларды енгизиўден реал нәтийжелерге ерисип болмайтуғынын инабатқа алған ҳалда Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине архитектура тараўында шет ел илимий-изертлеў шөлкемлери менен жақыннан бирге ислесиўде Өзбекистан Республикасының шет елдеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине ҳәр тәреплеме көмеклесиў тапсырылды;
тоғызыншы – Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине тармақ қәнигелериниң маманлығын арттырыў ушын системалы түрде тәжирийбе алмасыўды ҳәм мақсетли тәжирийбе арттырыўларды шөлкемлестириў ушын ҳәр жылы 1-декабрьге шекем жетекши қәнигелескен шет ел жоқары билимлендириў ҳәм изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиў бағдарламалары ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлеў тапсырылды;
оныншы – Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине билимлендириўдиң жаңа талап етилген бағдарлары бойынша кадрларға болған талаплардан келип шығып, ҳәр жылы 1-декабрьге шекем билимлендириўдиң усы бағдарларын ашыў ҳәм олар бойынша қабыллаў квоталарын белгилеў ушын Өзбекистан Республикасы Экономика министрлигине бирден-бир формаларға муўапық анықланған талаплар бойынша тийкарланған усынысларды киргизиў ўазыйпасы жүкленди.
Ислеп шығылып атырған қала қурылысы ҳүжжетлериниң сапасын жақсылаў, жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, қала қурылысы тараўында қәнигелер таярлаўды жетилистириў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша комплексли илажлар қала қурылысы тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳәм нормативлик-техникалық базаны жетилистириўге бағдарланған илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылғанын атап өтиў керек.
Қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў бағдарламаларының тастыйықланыўы қысқа мүддетте барлық қалаларды, қалалық посёлкалар менен аўыл аймақларының бир бөлегин қала қурылысы ҳүжжетлери менен тәмийинлеў имканиятын береди, бул болса елатлы пунктлердиң келбетин жақсылаўға унамлы тәсир етеди, қөшелер менен басқа да аймақларды тәртипсиз ҳәм өзбасымшалық пенен қурыў жағдайларының алдын алады, яғный халықтың қолайлы жасаў дәрежесин арттырыўға көмеклеседи.
Халықтың турмыслық жағдайы ушын қолайлы орталық жаратыў, өндирис, социаллық ҳәм инженерлик-транспорт инфраструктурасы раўажланған абадан елатлы пунктлерди қурыў жаңа қала қурылысы сиясаты әмелге асырылыўының нәтийжеси болыўы керек.